Paziyletuz | Рәсмий канал
63.8K subscribers
25K photos
3.41K videos
33 files
30.5K links
Download Telegram
#әҳмийетли

Қурбанлық сойыў шүкиршилик қылыў белгиси

Қурбанлық сойыў яғный, бир жәниўардың қанын ағызыў қалайынша неъматларға шүкиршиликти аңлатады, деген сораўға уламалар төмендегише жуўап берген. Бенде өзине берилген неъматларға шүкир қылып жүриўи керек екени белгили. Ал, неъматларға шүкир қылыў сол неъматларды берген Аллаҳ таалан уллылаў ҳәм Оның көрсетпелерине муўапық ис қылыў менен болады. Соған көре, қурбанлық сойыў еки тәрептен неъматларға шүкиршилик белгиси есапланады:
1. Қурбанлық сойыў себепли шаңарағына, ағайин-туўысқанларына, қоңсы-қобаларына кеңшилик қылынады, кәмбағал жетим-жесирлерге садақа қылынады. Ал, бул ислер бенде ушын Рәббисиниң берген неъматларынан разы болып жасап атырғанын билдириў есапланады. Себеби, Аллаҳ таала:
"Ал, Рəббиңниң (саған берген бəрше) неъматы ҳаққында (адамларға) айтып бер!
Қурбанлық қылыў себепли бенде өзине неъматларды "сөйлеп атырған" болады. Соның ушын қурбанлыққа айып-кемшиликлерден саламат болған ең жақсы ҳайўан таңланады.
2. Қурбанлық сойыў Аллаҳ тааланың берген хабарын тастыйықлаў есапланады. Яғный, Аллаҳ таала шарўа ҳайўанларын инсанлар пайдаланыўы ушын жаратқан ҳәм оларды сойып жеўге руқсат берген:
"Ҳайўанлардан жүк көтеретуғынлары ҳəм (сойыў ушын) жатқызылатуғынларын (пайда етти). Аллаҳ сизлерге ырысқы етип берген нəрселерден жең".
Демек, қурбанлық қылыўшы мөмин, ҳайўанды себепсиз өлтиретуғын "мийримсиз" адам емес, бәлким өзин де, сол ҳайўанды да жаратқан ҳәм бул жәниўарды ырысқы қылып берген Аллаҳтың хабарын тастыйықлап атырған, ҳайўанларға зыян бериўден қатты сақланатуғын, ҳәттеки, ҳайўанның алдында пышақты да қайраўды дурыс деп билмейтуғын ең мийримли бенде есапланады.

https://t.me/paziyletuz
#рәўият

     Данышпанлардан бири айтады:

     "Басқа түскен қыйыншылықты жеңиўдиң еки жолы бар:

     1. Қолынан кеткенинен тысқары өзинде қалғанына қуўаныў;
     2. Мүсийбет артынан келетуғын рәҳәтти үмит етиў.

     Наданлар қыйыншылыққа жолықса еки нәрсеге тақатсызланады:

     1. Басқа түскен сынаў оған аўыр ҳәм көп көринеди;
     2. Мүсийбеттен кейин оннан да үлкен ҳәм жаманырағы келиўинен қорқып жасайды".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ҳәдис

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай деди:

     "Үмметим ишинде үмметиме ең мийримлиси Әбиў Бәкир;
     Аллаҳтың дининде ең қаттырағы (беккем услаўшысы) Умар;
     Ийбеси ең күшлиси Усман;
     Ең туўры ҳүким шығарыўшы Әлий;
     Аллаҳтың Китабын ең туўры оқыўшы Убай ибн Каъб;
     Ҳадал ҳәм ҳарамды ең жақсы билиўши Муъаз ибн Жабал;
     Мийрас илиминиң ең билимлиси Зайд ибн Сабит;
     Ҳәр бир үмметтиң аманатдары болады, бул үмметтиң ең аманатлысы Әбиў Убайда ибн Жарроҳ разыяллаҳу анҳулар болады".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ҳикмет

Данышпанлардан бири былай деди:

      "Ҳикметлер пайғамбарлық ғәзийнесинен алыныўын бил. Ал, олардың (пайғамбарлардың) ақырғысы Аллаҳ тааланың Расулы Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам".

Ҳәдиси шәрийфте: «Ҳикметли сөз мөминниң жойтып алған нәрсесиндей, мөмин оны қай жерде тапса оған ҳақлыдур»,  делинген.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ҳәдис

     Қараңғы түскенде балаларды жыйнап келиў

     Жәбир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

     "Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
     "Қуптанның қараңғысы – шайтанлардың қозғалыў сааты өткенше балаларыңызды жыйнаң", деди.

      Түсиндирме: Демек, кеш кириўи менен балаларды үйге топлап, жуўындырып, үйдеги ислер менен бәнт етиў керек екен. Бул ўақытта балалар көшеде қараўсыз қалса, оларға зыян жетиўи мүмкин екен. Себеби бул пайытта шайтанлар қозғалған ўақыт болады.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ҳәдис

     Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳу Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан ядлаў ҳәм түсиниў аңсат, анық ҳәм қысқа бир нәсият сорады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оның сораўына қысқа етип:
    "Ғәзепленбе!", деп жуўап берди.

    Түсиндирме: Өйткени, бул қәсийет ҳәр бир жақсылыққа гилт ҳәм бәрше жаманлықларға тосық бола алады.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#намаз_ўақытлары

Нөкис ўақты менен 8-июнь күнги намаз ўақытлары

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң пийшемби күни



Пийшемби күниңиз қайырлы болсын!

8-Июнь 2023
19-Зулқаъда 1444


🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!


👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#таңғы_тилек

🌙АССАЛАМУ АЛАЙКУМ!


Аманлықта дийдарласыўды несийбемизге жазғанына шүкир!

🌸Өмириңиздиң және бир таңы мүбәрек ҳәм қайырлы болсын!

🌸Аллаҳым ҳәр бир қылып атырған қайырлы исиңизден басқан ҳәр бир қәдемиңизден разы болсын!

🌸Дениңиз саў, қәлбиңиз тыныш болыўын тилеймен.

🌸Ҳадал тапқаныңыз тек ғана қуўанышқа, жақсылыққа буйырсын.

🌸Ибадатларыңыз әжр-саўапларға толы болсын!


Аллаҳтың аманлығы
Пайғамбар ﷺның дуўасы
Қуранның нуры, пазыйлети күн даўамында сиз бенен болсын!


Қайырлы таң!!!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ҳикмет

Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Мөмин бирадарыңызда бир кемшилик көрип, оған айтпасаңыз сизде жақсылық жоқ. Айтсаңыз, бирақ ол қулақ тутпаса ол адамда жақсылық жоқ».

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ҳаж

Ҳаж ибадатының парызлары

Ҳаж ибадатының парызлары үшеў:

1. Иҳрам байлаў;
2. Арафатта турыў;
3. Таўафул ифаза (ифаза таўабын) қылыў.
Бул әмеллерден биреўи орынланбай қалса, ҳаж ҳәм умра ибадаты бузылады. Және бул парызларға байланыслы болған шәртлер де бар:

1. Ҳажды нийет етиў;
2. Тәлбия айтыў.
3. Зыярат таўабының қөбисин орынлаў. Таўап жети мәрте айланыў болса, төрт айланыў парыз. Үш мәрте айланса таўап есапланбайды.
4. Таўап қылыўды нийет етиў. Бул парызлар таўаптың туўры болыў шәртлери болып есапланады.
5. Ҳаждың парыз әмеллериниң арасын тәртип пенен қылыў. Алдын иҳрамға кириў, кейин Арафатта турыў ҳәм зыярат таўабын орынлаў;
6. Ҳаждағы ҳәр бир парыз әмелди өз ўақтында орынлаў;
7. Ҳаждың ҳәр бир әмелин өз орнында орынлаў;
8. Арафатта турыўдан алдын жынсый жақынлықтан сақланыў;
9. Бир рәўиятқа көре таўапты ҳажарул асўадтан баслаў. Себеби, Пайғамбар алайҳиссалам мудамы оны қылғаны ушын ўәжиб.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#Илим

    Илимди уламалардан үйрениў утысқа ерисиў кемелериниң ең тийкарғысы. Илим алыўшы устаздан еки жақсылықты қолға киритеди:

    1. Изленип, үйренилген ҳақыйқый илимди қолға киритеди.
    2. Улама ҳәм устазлар менен болатуғын әдепти қолға киритеди.
    
    Себеби, ол илим үйрениў даўамында муғәллими менен бирге уламалардың қәдири ҳәм олар менен болатуғын әдепте жоқарылаўды үйренеди. Устазлар менен мәмиледе әдепти лазым тутар екен, демек, олардан илим ҳәм әдепти мийрас етип алады.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ҳикмет

ШЫРАЙЛЫ ҚУЛЫҚТЫҢ ҲАҚЫЙҚАТЫ

«Шырайлы қулықтың ҳақыйқаты үш нәрседе:

1. Инсанның өзгелерге жақсылық қылыўдан қайтпаслығы;

2. Өзгелерге зыян жеткериўден тыйылыўы;

3. Ашық жүз бенен мәмиле қылыўынан билинеди».


Ҳасан Басрий раҳимаҳуллаҳ

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#дуўа

Жаўын жаўып турғанда айтылатуғын дуўа

Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият етиледи: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «...егер жаўын жаўса: «Аллооҳуммә соййибән нәәфиъан» дейтуғын еди.

Мәниси: «Аллаҳым пайдалы жаўын қыл».

Әзизлер, жаўын жаўып турған ўақыт Аллаҳ тааланың мийрим есиклери ашылып турған ҳәм дуўалар қабыл болатуғын ўақыт. Солай екен, ўатанымыз, халқымыз, шаңарағымыз ҳәм өзлеримиз ушын жақсы дуўалар қылып алайық.

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#Ҳәдис

     Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

     "Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким қатты мүтәж адамға жәрдем берсе, Аллаҳ таала оған жетпис үш саўап береди. Оның биреўи пүткил ақыретти абат етиўге жетеди, ал қалғанлары ақыреттеги дәрежелерди уллы қылады", – деди".

     Әбиў Яъла ҳәм Баззар рәўияты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ҳәдис

     Жәннеттиң жүз дәрежеси

     Ибн Ўаҳб айтады: "Бир адам Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип: "Я Аллаҳтың Расулы, жәннетте неше дәреже бар?", деди.
     "Жүз дәреже", — деди Нәбий алайҳиссалам. Ҳәр бир дәрежениң арасы аспан менен жер арасындай келеди. Биринши дәрежениң ҳәўлилери, үйлери, есиклери, сыпалары ҳәм гилтлери гүмистен; екинши дәрежениң ҳәўлилери, үйлери, есиклери, сыпалары ҳәм гилтлери алтыннан; үшинши дәреженики яқыт, гәўҳар ҳәм ҳасыл тастан. Қалған тоқсан жети дәрежениң қандай екенин тек ғана Аллаҳ биледи".

     Имам Қуртубий рәўияты


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#қайырлы_түн

КЕШ КИРГЕНДЕ НЕ ДЕЛИНЕДИ?

Әбиў Ҳурайрадан рәўият қылынады:
«Әбиў Бакир:
«Я Аллаҳтың Расули! Маған азанда ҳәм кешқурын айтатуғын нәрсени үйретиң», – деди.
«Я ғайыпты ҳәм барлықты билиўши, аспанлар ҳәм жерди жаратыўшы Аллаҳым! Ҳәр бир ис Сениң қолыңда! Гүўалық беремен, Сеннен өзге илаҳ жоқ! Сеннен нәпсимниң жаманлығынан, шайтанның жаманлығынан ҳәм ширк келтириўден пана тилеймен» - де .
Буны азанда, кешқурын ҳәм уйықлаўға жатқаныңда айт» -
деди».



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#намаз_ўақытлары

Нөкис ўақты менен 9-июнь күнги намаз ўақытлары

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң жума күни



Жума күниңиз қайырлы болсын!

9-Июнь 2023
20-Зулқаъда 1444


🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!


👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#зикир

ЖУМА ТАҢЫНДА

Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким жума күни таң намазынан алдын:
"Әстәғфируллооҳәлләзий ләә иләәҳә иллә ҳуўәл ҳаййул қоййум ўә әтуўбу иләйҳ", деп үш мәрте айтса, Аллаҳ таала оның гүналарын теңиз көбигиндей көп болса да, кеширип жибереди", деди.

Мәниси: Ҳай (тири) ҳәм қоййум (ҳәмийше бар) болған Аллаҳтан басқа илаҳ жоқ ҳәм Оған истиғфар айтаман, Оған тәўбе қыламан.

Ибн Сунний рәўияты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz