#Сораў_жуўап
❓Сораў: Мен ғам-қайғыдан шығыўға шара таба алмай атырман, қандай дуўа оқысам болады?
💬 Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. «Ләə ҳаўла ўалә қуўўата илла биллаҳ» кәлиймасын көп айтып жүриң. Себеби Имам Табароний ҳәм Имам Ҳәким Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳәдисте Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким: «Ләə ҳаўла ўалә қуўўата илла биллаҳ»ты айтса, тоқсан тоғыз дәртке даўа болады. Ең жеңили ғам-қайғы», деген. Ўаллоҳу аълам.
Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
❓Сораў: Мен ғам-қайғыдан шығыўға шара таба алмай атырман, қандай дуўа оқысам болады?
Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Сораў_жуўап
🙄 ИСЛАМДЫ ҚАБЫЛ ЕТКЕН ИНСАН
❓Сораў: Христиан дининдеги инсан Ислам динин қабыл етсе саўабы қандай болады? Өтиниш, сол ҳаққында мағлыўмат берсеңиз.
💬 Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Ислам динин қабыл еткен инсанның алдынғы гүналары кешириледи ҳәм тап анадан жаңа туўылғандай гүнасыз болады. Саҳиҳ ҳәдиси шәрийфлерде китап ийелеринен ким Пайғамбарымызға ийман келтирип мусылман болса, еки есе, яғный алдынғы дини ҳәм Ислам дининиң саўабын алыўы баян етилген. Таўфиқ Аллаҳтан.
Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
❓Сораў: Христиан дининдеги инсан Ислам динин қабыл етсе саўабы қандай болады? Өтиниш, сол ҳаққында мағлыўмат берсеңиз.
Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Сораў_жуўап
🙄 БАСҚАЛАРҒА САЎАП БАҒЫШЛАСА, ӨЗИНДЕ ДЕ СОЛ САЎАП ҚАЛАДЫ МА?
❓Сораў: Инсан саўаплы әмел қылып, өткенлерге бағышлайды. Мине, усы әмелиниң саўабы өзинде де қалады ма?
💭 Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Әлбетте, өзине де саўап қалады. "Ҳашиятут Таҳтаўий" китабында былай делинген: "Әҳли сунна ўәл жәмәә нәзеринде инсан қылған әмелиниң саўабын басқа инсанға бағышлаўы мүмкин. Бағышланған инсан тири яки мәйит болыўының әҳмийети жоқ. Бунда әмелди қылған инсанның саўабынан ҳеш нәрсе кемеймейди. Имам Табараний ҳәм Имам Байҳақий Ибн Умар разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Сизлерден бириңиз нәпил садақа берсе, оның саўабын ата-анасына бағышласын. Сонда садақаның саўабы ата-анасына болады ҳәм өзиниң де саўабы кемеймейди", деген". Бул мәнидеги гәплер басқа дереклерде де келген. Ўаллоҳу аълам.