Paziyletuz | Рәсмий канал
62.9K subscribers
25.3K photos
3.5K videos
33 files
30.8K links
Download Telegram
«Сиз бизге керексиз!» илажы Қарақалпақстанда

Бүгин Өзбекстан мусылманлары басқармасы жанындағы “Вақф” қайырқомлық фонды басламасы менен Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм «Вақф» қайырқомлық фонды Қарақалпақстан бѳлими менен биргеликте Нѳкис қаласындағы «Нурлы жол» тойханасында республикамыздағы еситиў ҳәм сөйлеў қәбилетинде нуқсаны бар, социаллық қорғаўға мүтәж 100 жерлеслеримизге “Сиз бизге керексиз!” ураны астында мәрипий иләж өткерилди. Онда Өзбекстан мусылманлары басқармасы, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм «Вақф» қайырқомлық фонды Қарақалпақстан бѳлими хызметкерлери қатнасты.
Иләжда сөзге шыққанлар Ислам дининиң мазмун-мәниси, ийман-исеним мәселеси ҳаққында түсиник бериў менен бирге, миссионерлик ҳәрекетлеринен сергек болыў кереклигин айтып өтти. Олардың ҳәр бирине “Қураны кәрийм” китабы саўға ға тарқатылып, азық-аўқатлық өнимлери ҳәм дастурхан жайылып, ас берилди.
Иләжға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов ҳәм «Вақф» қайырқомлық фонды Қарақалпақстан бѳлими баслығы И.Тажетдиновлар қатнасты.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Әдеплер_ғәзийнеси

Қарақалпақстан телеканалы арқалы эфирге берилип атырған "Әдеплер ғәзийнеси" көрсетиӯи

▶️ "Менменлик, мақтаншақлық ҳәм кибр" ҳаққында

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#Ҳикмет

     Ибн Мубарак раҳматуллоҳи алайҳи айтады:
     "Егер адам илим излеп жүрер екен, ол алым. Қашан өзин алым болдым деп ойласа, надан болып қалады".


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#аят #тәрбия

Ҳақыйқый шүкир не?

Шүкиримиз ҳақыйқый ҳәм кәмил болыўы ушын, төмендеги үш шәрт табылыўы керек:
Бириншиден, бизге берилген неъматларды иш-ишимизден тән алыўымыз лазым болады. Неъматты инкар етиў яки оны Аллаҳ таала бергенин тән алмаў – әйне нашүкирликтиң өзи.
Екиншиден, берилген неъматты тил менен билдириў шүкирдиң және бир дәрежеси есапланады. Бул ҳаққында Аллаҳ таала айтады:

«Ал, Рәббиңниң (саған берген бәрше) неъматы ҳаққында (адамларға) айтып бер!» (Зуҳа сүреси, 11-аят).
Үшиншиден, усы неъматты туўры жолға сарыплаў, оны жақсылық қылыўшыға қарсы ислетпеў. Соған көре, көз, қол, илим, байлық ҳәм басқа неъматларды гүна жолында пайдаланыў бендениң нашүкирлиги деп аталады.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#мағлыўмат

     Қызларыңызға Ҳадийша деп ат қойың!
     Уламалар: "Ҳадийша болған үйге пақырлық кирмейди" деп айтқан.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#қайырлы_түн

Әзизлер, ертеңги күниңиз бугинги күниңизден абзал болсын. Әтирапыңызға нәзер салсаңыз, шексиз неъматлар ишинде екениңизди аңлайсыз.

Аллаҳ таала бәрше жаманлықлардан аман сақлап, және бир таңға саў саламат жеткизсин.🤲

🌙ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!!!🌙

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#намаз_ўақытлары

Нөкис ўақты менен 11-июнь күнги намаз ўақытлары

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң екшемби күни



Екшемби күниңиз қайырлы болсын!

11-Июнь 2023
21-Зулқаъда 1444


🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!


👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум!
Аманлықта дийдарласыўды несийбемизге жазғанына шүкир!

🌸Өмириңиздиң және бир таңы мүбәрек ҳәм қайырлы болсын!

🌸Аллаҳым ҳәр бир қылып атырған қайырлы исиңизден басқан ҳәр бир қәдемиңизден разы болсын!

🌸Дениңиз саў, қәлбиңиз тыныш болыўын тилеймен.

🌸Ҳадал тапқаныңыз тек ғана қуўанышқа, жақсылыққа буйырсын.

🌸Ибадатларыңыз әжр-саўаплпрға толы болсын!

Күниңиз берекетли өтсин.

Қайырлы таң!!!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ҳикмет

"Ким Аллаҳ таала бенделериниң жақсылығына себебши болса, Аллаҳ оның зүрядына жақсылықлар берип турады".

Шайх Зулфиқар Аҳмад Нақшбандий


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#рәўият

ӘКЕНИ ҲҮРМЕТЛЕЎ ҲАҚҚЫНДА

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу бир күни жолда еки адамды көрип қалды. Олардың бири үлкен жаста, екиншиси киши еди. Ол кишисине:
«Бул адам кимиң болады?» – деди.
«Әкем», – деди.
«Оны аты менен атама. Алдына түсип жүрме. Оннан алдын отырма», – деди.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ҳикмет

    Пайдасыз нәрсениң бәршеси зыянлы

     Ҳәзирет Ашраф Әлий Таҳанаўий айтады:
     "Инсанның динине тийисли болған ямаса дүньясына тийисли болған әмели тексерилгенде үш түрли екени белгили болады. Көпшилик алымлар усы пикирге келген. Бириншиси пайдалы әмел, екиншиси зыянлы әмел, ал үшиншиси пайдасы да, зыяны да болмаған әмел. Бирақ жақсылап ойлап көрилсе, үшинши түрдеги (пайдасы да, зыяныда болмаған) әмел де екинши, яғный зыянлы әмел түрине қосылады. Себеби, пайдасыз изке сарп етилген ўақыт ҳәм қуўат қандайда бир пайдалы иске сарпланған да еди, буннан үлкен пайда болар еди. Мине усы пайдадан айрылыўдың өзи үлкен бир зыян".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ҳәдис

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўәсаллам айтты:
“Үш нәрсе бар, мен оларды ҳақыйқат деп билемен:
– Ким өзине зулым қылынғанда әпиў етсе, Аллаҳ оның менен әзизликти зияда етеди.
– Ким өзине тиленшилик есигин ашса ҳәм оның менен мал-дүньясы көбейиўин қәлесе, Аллаҳ оған жарлылық есигин ашып қояды.
– Ким өзине басқаларға садақа бериў есигин ашса ҳәм оның менен Аллаҳтың разылығын қәлесе, Аллаҳ оған тек көбейиўди зияда етеди”.


(Имам Байҳақый рәўияты)

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#неъмат

"Аллаҳ таала бир адамға бес нәрсени берсе, оның ушын басқа бес нәрсени таярлап қояды:

     1. Шүкиршилик неъматын берсе, оның ушын зыядалықты таярлап қояды.

     2. Дуўа етиў неъматын берсе, оның ушын қабыл болыўды таярлап қояды.

     3. Истиғфар айтыў неъматын берсе, оның ушын мағфиратты таярлап қояды.

     4. Тәўбе етиў неъматын берсе, оның ушын қабыл болыўды таярлап қояды.

     5. Садақа қылыў неъматын берсе, оның ушын қабыл етиўди таярлап қояды".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ҳаж

     Ҳаждың сүннетлери төмендегилер:

1. Иҳрамға кириў ушын ғусыл қылыў;
2. Иҳрамға кириў ўақтында хошийисли нәрселер сүртиў;
3. Ләббәйка айтыў;
4. Таўафул-қудум қылыў. Сәлемлесиў таўабы деп те аталады.
5. Таўап ўақтында үзликсиз жети мәрте айланыў;
6. Саъйдың жети рет барып-келиўин избе-из қылыў;
7. Саъйда таҳәратлы болыў;
8. Арафа түнинде Минада жатып қалыў;
9. Тас атыўды түнге қалдырмаў;
10. Ташриқ күнлери Минада жатыў.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz