Paziyletuz | Рәсмий канал
63.5K subscribers
25.1K photos
3.44K videos
33 files
30.6K links
Download Telegram
#сораў_жуўап

Сораў:
Assalawma aleykum ustazlar. Tùngi waqitta tuqimliq shigip ketse, ùyde ģusil aliwģa uyde sharayati joq adam ne qilsa boladi? Taqarat alip tañ namazin oqiyberse bolama.

Жуўап:
Ўа алайкум ассалам. Үйинде болған адам ғусыл ўәжиб болған ҳалда, таҳәрат пенен намаз оқыўы дурыс емес. Мусылман адам кемтар болып жасаўға шақырылған, бирақ бул ғусыл ушын шараят жаратпаў керек дегени емес. Уламалардан бирине сиз айтқан сораў берилгенде: "Алдын ғусылға шараят жаратып, кейин жунуб болсын", деген екен.

https://t.me/paziyletuz
#сораў_жуўап

Сораў:
Ассалаума алейкум устазлар Алланын нуры жаусын сизлерге! Бир сорауым бар келиншегим менен ЗАГСте де НЕКЕде де бармыз.Бир кыз бир баламыз бар Алланын берген.Азгантаи келиспей калып едик телефон аркалы соилескенде (ол уйжагында болып атыр еди мен сырт елдемен)енди кайин енем менен келиншегим я телефоннан соилеспеиди я балларымды корсетпеиди меннен айып кеткен болса таубеге келдим.олардики дурыспа балларымды корсетпеимен деп отыр.маган кенес берсениз басым катып калды неге ондаи деп.
Алдыннан рахмет!


Жуўап:
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала шаңарағыңызға аўызбиршилик, берекет берсин.
Жәмийетте айырым шаңарақлардың сизиң аўҳалыңызға түсиўине жасларда диний илимниң саязлығы, жас шаңарақлардың шаңарақ алдындағы жуўапкершилигин, ақыретте Аллаҳ тааланың алдында жуўап бериўин сезинбегенликтен ямаса улыўма билмегенликтен келип шығып атыр. Бул орында еки тәреп арасында қандай гәп-сөз өткени бизге намәлим. Бирақ еки тәрептен қайсы бири Аллаҳтан көбирек қорқатуғын болса, Аллаҳтың разышылығына көбирек ериспекшимен дегени болса, әне сол көбирек ҳәрекет етип шаңарақты сақлап қалады.


https://t.me/paziyletuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🌼🌼🌼🌼🌼🌼

Ассаламу алайкум!

Сәршемби күни қайырлы болсын!

Бүгин Сәршемби
13-ноябрь, 2019
16-робиъул әўўәл, 1441

Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық-аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!

🌼🌼🌼🌼🌼🌼
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм каналымыз: @paziyletuz
👉 Инстаграм каналымыз: @paziyletuz
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Зикирдиң пайда ҳәм жемислери

1. Зикир шайтанды қуўады ҳәм сабайды.
2. Зикир Аллаҳ тааланы разы қылады.
3. Зикир ғам-қайғыларды кетиреди.
4. Зикир шадлық ҳәм қуўанышты шақырады.
5. Зикир қәлб ҳәм денени қуўатландырады.
6. Зикир қәлб ҳәм жүзди нурландырады.
7. Зикир ырысқы шақырады.
8. Зикир зикир етиўшиге салабат, шийрин өмир ҳәм гөззаллық алып келеди.
9. Ол Аллаҳ тааланың муҳаббатын әкеледи.
10. Зикир Аллаҳ таалаға жақынластырады. Бенде қанша көп зикир қылса, Аллаҳ таалаға сонша жақынласады.
11. Зикир зикир етиўшиге өзин бақлап барыўды үйретеди. Буның менен ол жақсылық есигинен киреди ҳәм Аллаҳға Оны көрип турғандай ибадат қылады.
12. Ол зикир етиўшиге Аллаҳға қайтыўды үйретеди.
13. Зикир зикир етиўшиге мәрипат есигин кең ашады.
14. Зикир себепли зикир етиўшини Аллаҳ зикир етеди.
15. Ол себепли қәлб тири болады.
16. Ол қәлб ҳәм руўҳға қуўат болады.
17. Зикир қәлбтиң татын кетирип, оны жылтыратады.
18. Ол қәтелерди жуўады.
19. Ол бенде менен Рәбби арасындағы айырылықты кетиреди.
20. Зикир бендени Аллаҳ тааланың азабынан қутқарады.
21. Зикир себепли тынышлық ҳәм мийрим нәзил болады.
22. Зикир мәжлислери периштелердиң мәжлиси.
23. Ол зикир етиўшини де, оның сәўбетлесин де саадатлы етеди.
24. Ол бендени қыямет күниниң ҳәсиретинен аман қылады.
25. Зикир себепли Аллаҳ таала зикир етиўшиге басқа сораўшыларға беретуғын сыйлықлардан көре абзалын береди.
26. Зикир ең аңсат, абзал ҳәм уллы ибадат.
27. Зикир жәннеттиң егини.
28. Зикир ушын ўәде етилген сыйлық ҳәм кеңшилик басқа әмеллерге ўәде қылынбаған.
29. Рәббимизди даўамлы рәўиште зикир қылыў бендениң еки дүньядағы бахытсызлығына себеп болатуғын умытылыўынан аман сақлайды.
30. Зикир зикир етиўши ушын бул дүньяда ҳәм қәбирде нур болады.
31. Ол қәлбти ғәплет уйқысынан ҳәм мүлгиўинен оятады.
32. Зикир тереги мәрипат мийўелерин береди.
33. Зикир етиўши өзи зикир қылған Аллаҳға жақын болады. Бул жақынлық муҳаббат, жәрдем, туўры жол ҳәм дослық пенен болады.
34. Зикир қул азат етиў ҳәм напақалар бериўге тең ибадат.
35. Ол шүкирдиң басы. Ким Аллаҳты зикир қылмаса, Оған шүкир қылмаған болады.
36. Қәлбте бир кеселлик болса, оны Аллаҳ тааланың зикиринен басқа нәрсе кетире алмайды.
37. Зикир неъматларды шақырады ҳәм бәле-апатларды жоқ етеди.
38. Ол зикир етиўшиге Аллаҳ тааланың ҳәм периштелердиң салаўат айтыўына себепши болады.
39. Аллаҳ таала зикир етиўшилер менен Өз периштелерине мақтанады.
40. Даўамлы зикир етиўши жәннеттке күлген ҳалда киреди.
41. Аллаҳ тааланың зикирин қылыў, Оған ибадат қылыўда ең үлкен жәрдем болады.
42. Зикир зикир етиўшиде қуўат ҳәм тырысқақлықтың пайда болыўына себеп болады.
43. Жәннет ҳәўлилери зикир менен қурылады. Зикир етиўши зикирден тоқтаса, периштелер де ҳәўлини қурыўдан тоқтайды.
44. Периштелер зикир етиўши ушын истиғфар айтады.
45. Таў ҳәм таслар Аллаҳты зикир етиўшилер менен мақтанады.
46. Аллаҳ тааланы көп зикир етиўши бенде еки жүзлиликтен аманда болады.
47. Әмеллер ишинде зикир етиўдиң өзине тән ләззети бар. Соның ушын да зикир мәжлислери жәннет бағлары деп аталады.
48. Жолда, үйде, сапарда зикирди даўамлы етиў бендениң қыямет күни гүўалары көп болыўына себеп болады.
49. Зикир жүзге бул дүньяда гөззаллық ҳәм ақыретте нур береди.
50. Ол бендениң Рәб тәрепинен тастыйықланыўына себеп болады.
51. Зикирди даўамлы етиў нәпил ибадатлардың орнына өтеди.
52. Бенде қурғын ўақтында Аллаҳты зикир етсе, Аллаҳ оны қыйыншылық ўақтында зикир етеди.
53. Зикир қәлбтиң шыпасы ҳәм еми.


https://t.me/paziyletuz
ЕКИ КИСИНИҢ АРАСЫН ЖАРАСТЫРЫЎ ПАЗЫЙЛЕТИ.

Әбиў Дарда разияллаҳу əнҳу рəўият етеди: “Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам саҳабаларына былай деди:
“(Нəпил) Ораза тутыў, (нəпил) намаз оқыў ҳəм (нəпил) садақа қылыўдан да абзал исти сизлерге айтайын ба?”.
Саҳабалар: “Аўа, (айтың), Я Расулуллаҳ!” – деди.
- Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Адамлар арасын жарастырыў. Себеби ортадағы қатнасықлар жақсы болмаўы ҳақыйқый мүсийбет” – деди”


Имам Термизий рəўияты.

✔️ Түсиндирме: Инсанлар арасында қапаласыўлар, келисбеўшиликлер, түсинбеўшиликлер себебинен өкпелесиўлер ҳəр заманда болып турады. Соны дүзетиў, еки қапаласқан достын жарастырып қойыўдың саўабы соншелли үлкен екен ҳəттеки қыйналып тутылған нəпил ораза, намаз, садақа қылыўдан да саўабы үлкен болады екен. Əтирапымыздағы қапаласқанларды жарастырып бундай үлкен саўапларды қолға киритиўге асығыў керек.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасалламға биринши мәрте ўаҳий келгенде неше жаста болған?
Anonymous Poll
30%
A) 25
54%
B) 40
10%
C) 35
6%
D) 63
#сийрат

Пайғамбарымыздың Хадижа анамызға үйлениўи

Мәккәда Хадижа деген ҳасылзада, ақыллы, әдепли, пазыйлетли ҳәм бай-дәўлетли ҳаял бар еди. Ол ери Әбиў Ҳола қайтыс болып, жесир қалғаннан кейин саўда ушын басқа ер адамларды иске жаллайтуғын еди.
Муҳаммад Мустафа саллаллаҳу алайҳи ўа саллам да Хадижа бинту Хуўайлид пенен келисип, оның саўдасы бойынша Шамға барып, саўда қылып келди. Усы саўда сапарларында Хадижаның хызметкери Майсара да оған жолдас болды. Бир-еки сапардан кейин өткир ақыл ийеси Хадижа Муҳаммад Мустафа саллаллаҳу алайҳи ўа салламның әпиўайы адам емес екенлигин сезип қалды. Ол адамдағы туўрылық, садықлық, ҳадаллық, қайыр-берекет ҳәм басқа қәсийетлер Хадижаны өзине тартты.
Буның үстине хызметкер Майсара сапар даўамында Муҳаммад Мустафа саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан көрген ақылға уғрас келмейтуғын жағдайларын айтып берди.
Мәккәның көплеп лаўазымлы адамларының саўшыларын қайтарған Хадижа, Муҳаммад Мустафа саллаллаҳу алайҳи ўа салламға турмысқа шығыўды нийет қылды. Ол өзиниң бул ҳаққындағы нийетлерин дослары арқалы Муҳаммад Мустафа саллаллаҳу алайҳи ўа салламға жеткизди.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ағасы Ҳамза саўшы болды. Еки тәрептиң разылығынан соң Әбиў Талиб неке хутбасын оқыды. Сонда Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламның жасы жигирма бесте еди.

"МУҲАММАД АЛАЙҲИССАЛАМ қысқаша өмир тарийхы" китабынан.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм каналымыз: @paziyletuz
👉 Инстаграм каналымыз: @paziyletuz
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#жақсылық

ЖАҚСЫЛЫҚҚА БАЙ ӨМИР ЕҢ МАЗМУНЛЫСЫ ЕСАПЛАНАДЫ

Жақсылық инсанды адамлар арасында сүйикли қылып қояды.
Аллаҳ таала ондай инсанға өзи күтпеген тәреплерден қуўаныш, сыйлықлар инам етеди.
Жақсылық қәлбти жумсартады, кеўилди кең қылады.

Соны билиң, сиз өзгелерге жақсылық қыла турып, ең биринши өзиңизге жақсылық қылып атырған боласыз!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм каналымыз: @paziyletuz
👉 Инстаграм каналымыз: @paziyletuz
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#уламалар_сөзи

Жалалатдин Румийдиң бир бәйти бар:

Таўафы бәйти Халил кари асан аст,
Таўафы бәйти Жалил кари мардан аст.


Мәниси: Халилдиң қурған үйин таўаф қылыў аңсат, Жалилдиң қурған үйин таўаф қылыў мәртлердиң иси.

Түсиндирме: Халил бул - Ибраҳим алайҳиссаламның сыпаты. Ол киси Халилуллоҳ, деп айтылады. Буның мәниси Аллаҳтың досты, дегени.
Жалил бул - Аллаҳ тааланың сыпатларынан бири, бул жерде Аллаҳ таала нәзерде тутылған.
Румий ҳәзиреттиң гәпиниң мәниси төмендегише:
Ибраҳим халилуллоҳтың қурған үйин, яғный Каабаны таўаф қылыў аңсат. Оған азырақ пул ҳәм ғайрат болса болды, қәлеген адам Каабатуллоҳтың таўаф ете алады.
Бирақ Жалилдиң қурған үйин, яғный адамның кеўлин зыярат етиў, кеўли кемтиклерге қарасыў, мүтәжин тәминлеп бериў тек ғана ҳақыйқый мәртлердиң иси.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#сийрат

Пайғамбарымыз уллы қулық ийеси!

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бәрше инсаныйлық пазыйлетлерге ийе еди.
Мөминлер анасы Айша разыяллаҳу анҳадан Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның минези ҳаққында сорағанда қысқа, бирақ көп мәнини өз ишине алатуғын сөз бенен, яғный оның минез-қулқы «Қуран» еди, деп жуўап берген.
Бул сөздиң мәниси Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның минез-қулқы, ҳәр бир ҳәрекети, сөйлеген сөзи Қуранға сәйкес келетуғын еди, дегени.
Қураны кәриймде буйырылған әдеп-икрамлылық өлшемлеринен туўры сөзлилик, сақыйлық, әдиллик сыяқлы ҳәм тағы басқа да жақсы пазыйлетлер менен Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәммеге өрнек болды.
Соның ушын да Аллаҳ таала «Қолам» сүресиниң төртинши аятында: «Ҳәм әлбетте сен уллы қулық үстиндесең», – деген.
Пайғамбарымыздың расгөйлиги, ўәдеге опа қылыўы, аманатқа қыянет етпейтуғыны пүткил арабларға белгили еди, соның ушын да Муҳаммадтың қасына «әмийн», яғный «исенимли» сөзин қосып айтатуғын болған.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм каналымыз: @paziyletuz
👉 Инстаграм каналымыз: @paziyletuz
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға ең биринши назыл болған аятлар қайсы?
Anonymous Poll
69%
A) "Фатиҳа" сүреси, дәслепки 3 аяты
8%
B) "Бақара" сүреси, дәслепки 5 аяты
2%
C) "Мулк" сүреси, ақырғы 3 аяты
21%
D) "Алақ" сүреси, дәслепки 5 аяты
#сораў_жуўап

Сораў:
Assalawma aleykum! Magan КАХФ surresinin tolıq oqiliwin, jazıp bere alasiz ba? Kirill ha'ripleri menen jazıp bere alasiz ba?

Жуўап:
Ўа алайкум ассалам. Каҳф сүреси 110 аяттан ибарат. Жазылыўы ярым парадан көбирек. Соның ушын арабий жазыўынан оқығаныңыз мақул. Ҳәзирги күнде Қуран оқып үйренбекшимен деген адамлар ушын үш айлық арнаўлы курс Нөкис қаласында бар.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#сораў_жуўап

Сораў:
Бизлер турмыс курган уактында ата аналарымыз неке окытыуды айтпаган турмыс курганымызга 25 жыл болды 4 баламыз бар оларга азан айтып ат койылмады метрикадагы ат .сорау енди неке кыйдырыуга болама? Балларымызга азан айттырыуга болама? Куйеуим 52 жаста.озим 46 жастаман. Тан намаз окып атырман.

Жуўап:
Ассаламу алайкум. Жасым өтип кетти, деп таслап қоймастан, еле де неке оқытыў керек. Кеш болса да, азан айттырғанның ҳеш зыяны жоқ. Ҳештен көре кеш жақсы.
Ата-ана алдында перзенттиң ўазыйпалары болғаны киби, перзенттиң алдында ата-ананың ўазыйпалары бар. Солардың ишинде ҳәр бир ата-ана өз перзентине Аллаҳты, жәннет-дозақты, биреўдиң ҳақысын жемеўди, ҳадал жасаўды, мудамы жақсылыққа умтылыўды, ҳәм басқа да билиўи лазым болған илимлерди үйретиўи лазым.
Айырым ата-аналар ўақтында өз ўазыйпасына итибарсызлық қылғаны, перзентлерине бул нәрселерди үйретпегени ақыбетинде шаңарақ қурғанда шәрт болған неке өз ўақтында қыйылмай қалған.
Перзентлер де ата-анасы үйретпеген болса да, ақылы тоқтап ақты аққа, қараны қараға айыра алатуғын жасқа жеткеннен кейин ең кеминди өзи излеп үйренип алыўы керек.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#сораў_жуўап

Сораў:
Ассалаумағалейкум Ұстаз. Менің бір сұрағым бар еді. Мен ауылдық жерде тұрамын. Ол жерде жұмыс орындары аз. Жақын арада бір магазинге сатушы болып жұмысқа орналастым. Ол жерде продукталар сатылады. Бірақ арақ пиво темекі насыбай да сатылады. Олар харам ғой. Мен соларды сатқаным үшін маған күнә жазылама.?

Жуўап:
Ўа алайкум ассалам. Мусылманшылықта ҳарам қылынған нәрселерди сатыў қадаған етилген. Қадаған етилген исти қылыў гүна екени күндей аян.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#сораў_жуўап

Сораў:
Ассалаума алейкум устаз. Сорауым кеште уйди сыпырма Хаял адам тунде сууга барма кеште тырнак алма дейди Бул каншелли дурыс. Жууап ушын алдыннан рахмет

Жуўап:
Ўа алвйкум ассалам. Бундай гәплерге исенбең. Итияж болса буларды түнде де қылса болады. Ҳеш зыяны жоқ.
Бундай гәплер өз-өзинен шықпаған. Геўгим түскенде үй сыпырғаннан күндизи жарық ўақытта сыпырған мақул, соның ушын түнде сыпырма делинген.
Ҳаял адам түнде суўға барыўы да қолайсыз, әсиресе аўыллық жерлерде түнде суў керек болса, ҳаял адам емес, еркек адамлар барғаны мақул.
Тырнақты да күндизи жарық ўақытта алған мақул.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#сораў_жуўап

Сораў:
Ассалаума алейкум устазлар, сорауым томендегише. Песин хам Намазлыгер намазлары каза болып калса Намазшамды окып болып казасын отесек болама яки куптаннан кейин окыймызба. Жууап ушын Рахмет устазлар

Жуўап:
Ўа алайкум ассалам. Мойнында қаза намазы жоқ адам, алдын қаза намазларын тәртип пенен оқып алады, соң кейинги намазын оқыйды. Бирақ кейинги намаздың ўақты шығып кетиў итималы болған жағдайда ғана сол намазды оқып алса болады. Бирақ бундай етип өмири даўамында қазасы жоқ адамлар аз.
Қаза намазларының саны алтаўдан көп болғанлар ушын тәртип шәрт емес. Олар миясар болғанын оқый береди. Яғный алдын ўақты кирген намазды оқып кейин қаза намазларын оқыса да болады.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#сораў_жуўап

Сораў:
Ассалаума алейкум. Мусылман хаял ямаса кыз намаз окыганда ораныуы шартпа.

Жуўап:
Ўа алайкум ассалам. Намаздың сыртындағы алты парыздың бири - сәтри әўрат, яғный әўрет жерлериниң жаўық турыўы. Намаз оқып атырған ҳаял-қызлар әўрет жерлерин, яғный қол алақанлары, аяқ табанлары ҳәм жүзинен басқа барлық жерлери кийим менен тосылыўы лазым.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#сораў_жуўап

Сораў:
Assalaumu aleyekum axli ilim ustazlar Men dari darmaq firmaga jumisqa kirip edim med predstavitel bolip darilerdi reklama qilamiz doktorlarga doktorlar darilerdi jazip berse aktsyasi bar darilerdin sol aktsya bergenimiz para bolip qalmayma juap ushin raxmet

Жуўап:
Ўа алайкум ассалам.
Докторлар наўқас адамға керекли дәрини жазып бериўи дурыс ҳәм бул ис оның өз ўазыйпасы. Бирақ керексиз дәри жазып бериўи ямаса арзан дәрини пәлен жерден ал деп, ортада олар менен келисип пул ислеўи ҳарам болады. Бул ҳарам ис болыўы менен бирге үлкен қыянет есапланып, бундай қылыўшылар қыянеткер болады.
Өзиниң керексиз товарларын өткериў ушын акциялар шөлкемлестирип, адамларға зыян ис қылыў да дурыс емес.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🌼🌼🌼🌼🌼🌼

Ассаламу алайкум!

Пийшемби күни қайырлы болсын!

Бүгин Пийшемби
14-ноябрь, 2019
17-робиъул әўўәл, 1441

Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық-аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!

🌼🌼🌼🌼🌼🌼
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм каналымыз: @paziyletuz
👉 Инстаграм каналымыз: @paziyletuz
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
ТАМСЫБАЎ
(әлбетте оқың)
Аўылда гүз болғаннан тамның үстин сыбаў әдети бар еди. Буның жазылмаған қағыйдасы бар. Бириншиден, ҳеш ким тамын жалғыз өзи сыбамайды: ҳәмме жәрдемге келеди. Екиншиден, жетим-жесир, жарлы-жарбақайлардың үйи ең биринши нәўбетте там сыбаў қылынады. Кейин, нәўбетпе-нәўбет даўам ете береди...
Муғәллимимиз тамсыбаўға айтқанда, әсиресе, көп адам жыйналды. Үйи үлкен жолдың бойында еди. Көшениң шетинен ылай ийлейтуғын етип қазылған екен. Сабан, үлкен жолдың көпшип турған топырағына қарысып, зор ийеленипти. Муғәллимимиздиң Азим аға деген қоңсысы ҳәммемизди басқарып турды. Биреў ылай салып берип турды, биреў шелеклеп ылай тасыды, биреў тамда турып илгек пенен ылай тартты, және биреў шын кеўилден берилип сыбай баслады...
Түске шекем ҳәмме исти питирдик. Ҳәўлиниң ортасындағы тут теректиң астында аўқатланып отырсақ, муғәллимимниң қартайған анасы келип қалды. (Кейин еситсек, бир ҳәпте алдын перзентли болған қызының үйине кеткен екен). Кемпир ҳасасын тақылдадып, туўры муғәллимимниң алдына барды.
- Не қылдың?! - деп баласының сәлемине де әлик алмай. - Не ис қылып қойдың?!
Ҳәммемиз ҳайран болып қалдық. Муғәллимим оқыўшыларының алдында уялып, бети қызарып кетти.
- Не қылыппан, апа? - деди көзи пырпырап.
- Дәрт! - кемпир ҳасасы менен жерге урды. - Саған қашан ақыл киреди, надан бала!
Кейин Азим ағаға қарап:
- Бул ақмақлық қылыпты, сиз қаяқта едиңиз? Неге көшеден ылай алдыңыз? Көшениң топырағына тийиўге бола ма, надан! Көпшиликтиң ҳақы ғой, бул!
Кемпир апа бир аз ҳалсызланып турды да, бирден жылап жиберип:
- Мен журттын ҳақына сыбалған тамның астында турмайман! - деди дә, сыпаның шетине барып, терис қарап отырып алды...
... Ҳәммемиз қайттан тамға шықтық... Сыбағанға қарағанда ылайды қайтарып алған қыйын болады екен. Биреўин де қалдырмай қырып тамнан түсирдик. Шелеклеп тасып көшедеги ойылған жерди толдырдық...
...Арадан жыллар өтип, кемпир апа қайтыс болғанда жүдә көп адам оны сол көшеден ақырғы мәнзилге шығарып салды...
Көшениң топырағы жыллы еди... Жағымлы еди...


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ