Paziyletuz | Рәсмий канал
67.7K subscribers
24.2K photos
3.17K videos
33 files
29.8K links
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Таңғы_тилек

🌸 Жаңа ҳәптениң биринши күни мүбәрек болсын!

🌸 Жаңа ҳәптеден үмит еткен барлық жақсы нийетлериңиз әмелге ассын!

🌸 Күниңиз мазмунлы ҳәм жақсы хабарларға толы болсын!

🌸 Ҳәр бир қайырлы исте Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

🌸 Күниңиз қуўанышта ҳәм ийгиликли ислер менен және де мазмунлы өтсин!

🌸 Жақсылық ҳәм жақсылар мудамы жолдасыңыз болсын!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мағлыўмат #еслетпе

🌙 Қурбан ҳайыт байрамы зулҳижжа айының 10-күни. Зулҳижжа айының дәслепки он күни ең пазыйлетли, ҳәдислерде сол он күн ишинде қылынған әмеллердиң саўабы оғада жоқары екени айтылған.

(Айдың шығыўына қарап +/- бир күнге өзгериўи мүмкин.)

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ысырапгершиликке жол қоймаң!

⤵️ Ҳәр қашан ысырапгершиликке жол қойып, аўқатыңызды шығынды қутысына ылақтырып атырған ўақтыңыз дүньяда усындай адамлар бар екенин бир еслеп қойың!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙃Ҳаж ҳәм умраға тийисли пәтўалар

580-ПӘТЎА: Ҳаж ибадаты ақылы пүтин, балағат жасындағы саламат мусылман адамға жолға қәдир болса, өмиринде бир мәрте орынлаў парыз есапланады. Барып келиўге ҳәр тәреплеме қәдир болыўы менен сол жылы барыўы ўәжиб болады. Имам Муҳаммад раҳимаҳуллаҳтың нәзеринде сол жылы барыўы шәрт емес. Өмириниң ақырына шекем барса, жеткиликли. Бирақ, ўақтында, тезирек барғаны жақсы. Басқа фақиҳлардың нәзеринде қәдир болған жылы бармай кешиктирсе, гүнакар болады. Атап айтқанда, саламатлығы даўам етиўинен үмити аз болған адам кешиктирмегени мақул. Қәдир болған жыллары бармай кешиктирип жүргенде қайтыс болса, дүньядан гүнакар ҳалда кеткен болады.

Ҳаждың парыз болыў шәртлеринен бири – көлик пенен азық-аўқатқа қәдир болыў. Сондай-ақ, шаңарақ ағзалары ушын барып келгенге шекем жететуғын орташа муғдардағы напақаға да қәдир болыўы керек. Қолындағы қаржысы ҳажға жетерли, бирақ үйлениў нийети де болса, үйлениўди кейинге қалдырып, ҳажға барыўы лазым.

📖 «Оламгирия», «Табйин», «Мухтасар», «Хизона».

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ЫРЫСҚЫҒА ТИЙИСЛИ ҚАҒЫЙДАЛАР

🟢Биринши қағыйда: Ырысқы тек ғана мал-мүлик емес.

• Аллаҳға ийман (келтириў) де ырысқы,
• Аллаҳға ибадат қылыў да ырысқы,
• Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламды жақсы көриў де ырысқы,
• илим де ырысқы,
• ден-саўлық та ырысқы,
• шырайлы минез-қулық та ырысқы,
• жақсы ат та ырысқы,
• солиҳа
(жақсы) ҳаял да ырысқы,
• солиҳ перзент те ырысқы,
• баспана да ырысқы,
• жаратылысларға муҳаббат та ырысқы,
• мал-дүнья да ырысқы.

🟢Соған көре, ырысқы тек мал-дүнья емес екен. Мал-дүнья тек ғана ырысқының бир түри саналады. Егер мал-дүньядағы ырысқың аз болса, Аллаҳ саған басқа нәрселерде берген ырысқыларына қара, ден-саўлық, илим, қулық, солиҳа ҳаял, перзент сыяқлы Аллаҳ берген ырысқыларды есле.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#зикир

ИСТИҒФАР

Уламалар иси жүриспей атырған, табысынан берекет көтерилген, қарызға батқан, кеселлиги кетпей атырған, қыйыншылық шуқырына түсип қалған, сондай-ақ, бахты ашылмай атырғанларға, руўхый қәтержамлықтан айырылған адамларға көбирек истиғфар айтыўды усыныс еткен.

Абдуллаҳ ибн Аббас разыяллаҳу анҳума Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан рәўият қылады:

«Ким көп истиғфар айтса, Аллаҳ сол (бенде) ушын ҳәр қандай қайғы-уўайымнан, қыйыншылықтан шығыў жолын (пайда) қылады, оны өзи ойламаған тәрептен ырысқыландырады». (Әбиў Даўыд, Аҳмад, Табараний ҳәм Ҳәким рәўият қылған).

Бул рәўиятта айтылған гәп ҳақ екенине оғада көп мәрте гүўа болынған. Бул нәрсе өмирлик тәжирийбеден өткен. Тек ийман, намаз, тәўекел, ықлас, зикир-дуўа бирлессе, нәтийже береди, иншаллаҳ!

Әстәғфируллооҳә ўә әтуўбу иләйҳ!

Әстәғфируллооҳә ўә әтуўбу иләйҳ!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Пикирлеў

📖 Шаңарақлық хатмы Қуран режеси

🌙 "Ямаса оған (бираз ўақыт) қос (ярымынан көбирегинде уйқылаң) ҳәм Қуранды «тартийл» менен (дана-дана етип) тиләўат ет!" (Муззаммил сүреси, 4-аят).

Ҳасан ибн Солиҳ ибн Яҳя раҳимаҳуллаҳтың шаңарағы хатмы Қуран қылыўды әжайып усылда жолға қойған еди.
Ҳасан раҳимаҳуллаҳтың егизеги бар еди. Ата-анасы оларды Қуран муҳаббаты менен тәрбиялады.
Аға-ини егизеклер анасы менен бирге реже дүзип, түнди үшке бөлип алған еди:
👉 Ҳасан раҳимаҳуллаҳ түнниң әўелинде Қуран оқыйтуғын еди.
👉 Түнниң екинши бөлиминде Қуран оқыў гезеги инисине өтетуғын еди.
👉 Ал, түнниң қалған үшинши бөлиминде анасы Қуран оқыйтуғын еди.
Анасы қайтыс болғаннан кейин аға-ини түнди тең бөлип, Қуран оқыйтуғын болды.
Иниси де қайтыс болғаннан кейин, Ҳасан раҳимаҳуллаҳ бир өзи түнди Қуран қирәәти менен өткеретуғын болды.

📖 Имам Заҳабий раҳимаҳуллаҳ.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#жума_марузасынан
#әҳмийетли

📹  "Ер адам – шаңарақтың қорғаны".

🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱
    
🎤 Устаз Бахрамаддин Разов.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#намаз_ўақытлары

😑 Нөкис ўақты менен 21-май күнги намаз ўақытлары

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң Сийшемби күни

  Сийшемби күниңиз қайырлы болсын!

     21-Май                             2024
     13-Зулқаъда                          1445

🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#таңғы_тилек

🙄 АССАЛАМУ АЛАЙКУМ!

🌸 Аллаҳ таала жаңа күниңизди уўайым-қайғылардан пәк сақласын!

🌸 Аманлықта дийдарласыўды несийбемизге жазғанына шүкир!

🌸 Өмириңиздиң және бир таңы мүбәрек ҳәм қайырлы болсын!

☘️ Аллаҳым ҳәр бир қылып атырған қайырлы исиңизден басқан ҳәр бир қәдемиңизден разы болсын!

🌸 Дениңиз саў, қәлбиңиз тыныш болыўын тилеймиз.

☘️ Ҳадал тапқаныңыз тек ғана қуўанышқа, жақсылыққа буйырсын.

🌸 Ибадатларыңыз әжр-саўапларға толы болсын!

               Қайырлы таң!!!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мағлыўмат #еслетпе

🌙 Қурбан ҳайыт байрамы зулҳижжа айының 10-күни. Зулҳижжа айының дәслепки он күни ең пазыйлетли, ҳәдислерде сол он күн ишинде қылынған әмеллердиң саўабы оғада жоқары екени айтылған.

(Айдың шығыўына қарап +/- бир күнге өзгериўи мүмкин.)

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#дуўа

ҚАРЫЗҒА ЯКИ ҒАМҒА БАТҚАН БОЛСАҢЫЗ

Расулуллаҳ салллаллаҳу алайҳи ўа саллам саҳабаларынан бирине: "Аллаҳ ғамларыңды кетиретуғын ҳәм қарызларды үзетуғын кәлиймаларды үйретип қояйын ба?" деди. Ол: "Аўа, я Аллаҳтың Расулы!" деди. Пайғамбар алайҳиссалам: "Таң атқанда ҳәм кеш киргенде: "Аллаҳым! Сеннен ғам басыўынан, қапалықтан, әззиликтен, ериншекликтен, қорқақлықтан, сықмарлықтан, қарызға батыўдан ҳәм адамлардың үстем келиўинен пана сорайман, деп айт", деди.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мағлыўмат #қурбанлық

ҚУРБАНЛЫҚТЫҢ ТАРИЙХЫ

Қурбанлық ибадатының тарийхы жүдә ески болып, бүгинги көриниси ҳәзирети Ибраҳим алайҳиссалам ҳәм оның баласы Исмайыл алайҳиссаламға барып тақалады.
Ҳәзирети Ибраҳим бир күни баласы Исмайылды қурбанлық қылып атырғанын түсинде көреди, бул — иләҳий ўаҳий болады. Ҳәзирети Ибраҳим жағдайды баласына түсиндиреди, баласы да буған таяр, разы екенин айтады.
Ҳәзирети Ибраҳим баласы Исмайылды қурбанлық қылыўға таярланып атырғанда Аллаҳ таала олардың бул шын кеўилден иләҳий буйрыққа бойсынғаны себепли Исмайылдың орнына бир қой жибереди.
Ҳәзирети Ибраҳим Исмайылдың орнына бул қойды қурбанлық қылады.
Соннан бери қурбанлық сол тәризде Ибраҳим алайҳиссаламның сүннети есапланып келинген.

Бизлердиң шәриятымызға қурбанлық ибадаты ҳижрий 2-жылдан баслап енгизилген.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#зикир

🙄 Ибн Қаййим раҳимаҳуллаҳ айтады: "Әлбетте, жәннеттеги үйлер зикир себепли қурылады. Егер бенде зикирден тоқтаса, периштелер де (үйди) қурыўдан тоқтайды".

🤕 "Субҳаналлооҳи ўәлҳамду лилләҳи ўә ләә илләәҳә иләллаҳ ўаллоҳу әкбар".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#намаз_ўақытлары

😑 Нөкис ўақты менен 22-май күнги намаз ўақытлары

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң Сәршемби күни

  Сәршемби күниңиз қайырлы болсын!

     22-Май                                    2024
     14-Зулқаъда                          1445

🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#таңғы_тилек

🌺 Ийгиликли әмеллер қылыў ушын имканият берип, таңда оятқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын!

🌺 Аллаҳ таала бул муқаддес айда қылып атырған ибадатларыңызды қабыл етсин!

🌺 Жаңа күннен үмит еткен мақсетлериңизге жетиўиңизде Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

🌺 Күниңиз — жақсылық пенен басланып, үйлериңизге тынышлық ҳәм береке алып келсин!

🌺 Шаңарағыңызды бахыт, әўмет ҳеш қашан тәрк етпесин!

🤲 Бүгинги күниңиз нийет еткениңизден де абзал ҳәм пайызлы өтсин!