Paziyletuz | Рәсмий канал
67.2K subscribers
24.3K photos
3.21K videos
33 files
29.9K links
Download Telegram
#күн_ҳәдиси

      Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Маған жума күни көп салаўат айтың. Себеби маған ҳәр жума үмметимниң маған айтқан салаўатлары көрсетиледи. Ким маған көп салаўат айтқан болса, (қыяметте) маған ең жақынлардан болады", – деген.

   📖 Имам Байҳақий рәўияты.

   🌿 Аллооҳуммә солли ўә сәллим ўә бәәрик ъаләә Муҳаммад ўә ъаләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн!

  🌿 Аллооҳумма солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммад!


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

👍👍 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#жума_күни_сүннетлери

Жума күниниң сүннетлерине әмел етейик! Ҳәр бир сүннет әмел ушын көплеген саўапларға ийе боламыз.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#күн_аяты

🙄 "Ким Аллаҳға тақўа қылса, Ол оған шығыў жолын (пайда) қылады" (Талақ сүреси, 2-аят).

🔹Шолыў: Ибн Аббас разыяллаҳу анҳума аяты кәрийманың "шығыў жолы" бөлегин "дүнья ҳәм ақыреттеги ҳәр түрли тәшўишлерден оны қутқарады", деп тәфсир қылған.
🔹Әлий ибн Солиҳға көре, "шығыў жолы" Аллаҳ тааланың сол бендеге ырысқы бериў менен оны шад етиўи.
🔹Калбий аятты бундай тәфсир қылады: "Ким мүсийбет ўақтында сабыр етип, Аллаҳтан қорқса, Пәрўардигар оған дозақ отынан жәннет тәрепке бир шығыў жолын көрсетеди".
🔹Абул Әлия аятты: "Түрли машақат ҳәм тәшўишлерден шығыў жолы", деп түсиндирген болса,
🔹Рабиъ ибн Ҳайсам: "Адамды қыйнайтуғын ҳәмме нәрседен оған шығыў жолын көрсетеди", деп тәфсир қылған.
🔹Ҳусайн ибн Фазлға көре: "Ким парызларды орынлаўда Аллаҳтан қорқса, Аллаҳ оған жазаланыўдан қутылыў жолын көрсетеди".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇


  Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: 👍👍 paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Перзенттиң ата-ана қайтыс болғаннан кейинги 5 ўазыйпасы

😼Ата-анаңыз атынан садақа қылың:

⤵️ Анамыз Айша разыяллаҳу анҳа рәўият қылады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына бир адам келип: "Я Аллаҳтың Расулы, анамның жаны бирден шықты. Ўәсият қыла алмады. Егер сөйлесе, садақа қылатуғын еди, деп ойлайман. Оның атынан садақа берсем, оған саўабы жетеди ме?" деп сорады". Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Аўа", деди" (Имам Бухарий, Имам Муслим ҳәм Имам Насаий рәўияты).

⤵️ Саъд ибн Убада разыяллаҳу анҳу айтады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан: "Я Расулуллаҳ анам қайтыс болды. Анамның атынан қандайда бир нәрсе садақа қылсам болады ма? Қайсы садақа абзал?" деп сорадым. Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Адамларға суў үлесиў", деди" (Имам Насаий рәўияты).

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Пикирлеў

👎 Қуранға бийпәрўалық ақыбети

"Қуран тиләўат қылынғанда оны тыңлаң ҳәм тыныш турың. Қәнекей, рейим қылынсаңыз!" (Аъроф сүреси, 204-аят).

Қуран тиләўаты ўақтында басқа нәрселерге шалғымаў талап етиледи.

Бир адам бул ҳаққында рәўият қылады:

👉 Қуран оқып атырған едим, қолымда Мусҳаф (Қуран) бар еди.
👉 Телефоныма келген хабарларды оқыў пикири ойыма келди.
👉 Мен қирәәттен тоқтап, телефоныма келген хабарларды бирме-бир оқый басладым.
👉 Қуран қолымда турар еди.
Хабарлар арасында Мәлик ибн Динар раҳимаҳуллаҳтың төмендеги сөзлерин оқып, өзимнен уялып кеттим:


"Ким мақлуқатлардың сөзинен ўаз кешип, Аллаҳтың Сөзине дос болмаса, ҳақыйқатында да, ОНЫҢ ИЛИМИ АЗ, ҚӘЛБИ КӨР БОЛЫПТЫ ҲӘМ ӨМИРИН ЗАЯ ЕТИПТИ".

📖 Доктор Аҳмад Ийса ал-Маъсараўий.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#намаз_ўақытлары

😑 Нөкис ўақты менен 11-май күнги намаз ўақытлары

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң Шемби күни



  Шемби күниңиз қайырлы болсын!

     11-Май                             2024
     2-Зулқаъда                            1445



🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға бир дана салаўат айтыўдың пазыйлети:

⤵️ Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Үмметимнен ким маған қалыс болып қәлбинен бир дана салаўат айтса, Аллаҳ оған сол себепли:

— он мийрим жоллайды;
— он дәрежеге көтереди;
— он жақсылық жазады;
— он қәтесин өширеди".

📖 Имам Насаий, Табараний, Баззар рәўият қылған.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#әҳмийетли

📹  "Шаңарақта қәйинене-келин мүнәсибети"

🕌
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты,  Хожели районы "Пирим ийшан" жаме мешити имам-хатиби

🎙 Шерниязов Икрам

🎬 (Видео mp4)

🕐 03:02

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Перзенттиң ата-ана қайтыс болғаннан кейинги 5 ўазыйпасы

Ата-анаңыз дослары ҳәм жақынларын ҳүрмет етиң:

⤵️ Әбиў Усайд разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: "Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдында едик. Бир адам: "Я Аллаҳтың Расулы! Мен ушын ата-анама олар дүньядан өткеннен кейин ислейтуғын жақсылық қалды ма?", деп сорады. (Пайғамбар алайҳиссалам): "Аўа! Төрт қәсийет қалды:
— Оларға дуўа қылыў,
— Оларға истиғфар айтыў,
— Олардың келисимине опа етиў,
— Олардың досларын ҳәм оларсыз силаи раҳм болмайтуғын адамларды ҳүрмет етиў, деди".


🤲 Аллаҳ таала бәршемизге ата-анамыз тири ўақтында оларға жақсылықларды қылып, разылық ҳәм дуўаларын алыўға миясар етсин!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
«Аллаҳға мәкан бериў дурыспа?!»

🕌Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты,  Нѳкис қаласы «Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф» жаме мешити имам-хатиби

🎙 Жолаўшиев Айбек



👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

https://t.me/Samanbaymeshit
Зулқаъда айында қандай әмеллерди орынлаў керек?

🤲 Аллаҳ тааладан мағфират сораўды, истиғфар айтыўды көбейтиў.
🎁 Имканият жеткенше напақа, иҳсан ҳәм садақа бериң.
📖 Ҳәр күни Мулк сүресин оқың.
🚫 Инсанларға зулым қылмаң.
🔥 Ғәзебиңизди жутыўға әдетлениң.
📖 Зуҳа намазын оқың.
📖 Көбирек Қуран тиләўат етиң.
🌙 Нәпил оразалар тутың.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ҳаж зыяратына барыўшыларға зыярат тәртиплери түсиндирилди

Бүгин, Нѳкис «Имам ийшан Муҳаммад» жаме мешити мәжлислер залында усы жылы Ҳаж зыяратына барыўшыларға зыярат тәртиплерин түсиндириў ҳәм басқа да мәселелер бойынша жыйналыс болып ѳтти.
Жыйналыста Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов ҳәм басқа да тийисли шѳлкем ўәкиллери қатнасып, Ҳаж зыяраты әмеллерин орынлаўдың шәрий ҳүкимлери, атап айтқанда, Ҳаждың парыз ҳәм ўәжиблери, иҳрамға кириў, таўап ҳәм саъй қылыўдың тәртип-қағыйдалары, ҳаж қылыў ўақтында қадаған етилген әмеллерден сақланыў, соның менен бирге, Мадинаи мунаўўара ҳәм Мәккәи мукаррамадағы мүбәрек орынларды зыярат етиў әдеплери, сырт елге шығыў ҳәм кириў тәртиби ҳаққында айтып ѳтти.
Соның менен бирге, зыяратшыларға мүбәрек сапар даўамында мудамы салдамлы болыў, бир-биреўге жәрдем көрсетиў, зикир ҳәм ибадатларды көбейтиў ҳаққында да айрықша айтып өтти. Жыйналыс қатнасыўшылары ѳзлерин қызықтырған сораўларға баянатшылар тәрепинен керекли жуўаплар алды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#намаз_ўақытлары

😑 Нөкис ўақты менен 12-май күнги намаз ўақытлары

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM