Paziyletuz | Рәсмий канал
67.3K subscribers
24.3K photos
3.2K videos
33 files
29.9K links
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🙂🙂🙂🙂🙂

Ассаламу алайкум!

🌺🤲 Баслап атырған жаңа күниңиз мүбәрек болсын!
🌸🤲 Ҳәр бир ийгиликли ислериңизде Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

Қәлбиңиз ийманға,
Үйиңиз қуўанышқа,
Жүзиңиз нурларға,

🌸 Күниңиз қайырлы, жақсы әмеллерге толы болсын!🤲

🍃 Үйиңизди берекет тәрк етпесин!🤲

🌙 ЖУМА КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!

             ≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡
          🌸 Қайырлы күн әзизлер! 🌸
             ≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡


                ....🍃🌿🌸🌺🌸🌿🍃.....

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#күн_ҳәдиси

      Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Маған жума күни көп салаўат айтың. Себеби маған ҳәр жума үмметимниң маған айтқан салаўатлары көрсетиледи. Ким маған көп салаўат айтқан болса, (қыяметте) маған ең жақынлардан болады", – деген.

   📖 Имам Байҳақий рәўияты.

   🌿 Аллооҳуммә солли ўә сәллим ўә бәәрик ъаләә Муҳаммад ўә ъаләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн!

  🌿 Аллооҳумма солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммад!


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

👍👍 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа ўа саллам: «Ким «Каҳф» сүресин жума күни оқыса, қыямет күни оның қәдеми астынан нур шығып, пүткил аспанды жақтыландырады ҳәм оның еки жума арасындағы қәтелери кешириледи», деген.

📖 Имам Бухарий, Имам Муслим ҳәм Имам Аҳмад рәўият қылған.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рәўият

     Өткен уламалардан бири айтады: «Жума күни намазлыгер менен шамның арасында дуўа қылғанымда Рәббим дуўаларымды қабыл ете бергенинен ҳәтте (Рәббимнен бир нәрсени сораўға) уялатуғын болып қалдым».

   Әзизлер, бүгин Жума. Дуўалар қабыл болып, гүналар кеширилетуғын күн. Әсиресе рәўиятта келгениндей намазлыгер менен шамның арасында кеўилимизге түйип қойған жақсы нийет, арзыў-тилеклеримизди, шаңарақларымыз аманлығын Аллаҳ тааладан дуўа етип сорайық. Аллаҳ дуўаларымызды, тилеклеримизди қабыл етсин!

📖 Бул сәтлерди гәниймет билип, үнемли пайдаланып қалайық!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Алыс аймаққа хызмет сапары шѳлкемлестирилди

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы республикадағы мешитлерде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысыўы, имам-хатиблер менен ушырасыўы, олар менен мәсләҳәтлескен ҳалда ѳзиниң пикир ҳәм усынысларын берип атырғанлығы ҳаққында социаллық тармақларымыз арқалы хабар берилмекте.
Бүгин қазы Б.Разов Қоңырат районы бас имамы Р.Умаров пенен биргеликте республикамыздың ең шетки аймақларынан бири «Қарақалпақстан» посёлка пуқаралары жыйынында хызмет сапарында болды.
Посёлкадағы барлық қолайлықларға ийе, заманагѳй үлгиде қурып питкерилген «Бердақ баба» жаме мешитинде жәмәәтке «Ата-анаға жақсылық – үлкен саўап» атамасында жума баянаты менен бирге елимизде ҳүким сүрип турған тынышлық ҳәм қәтержамлықтың қәдирине жетиў, жасларымыздың тәрбиясына, илим-билим алыўларына итибар қаратыў, сырт еллерда ўақтынша жумыс ислеп атырған жерлеслеримизди сергекликке шақырыў, миллетлер аралық дослық, сондай-ақ, елимизде алып барылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаў ҳаққында айтып ѳтти.
Баянат соңында, «Бердақ баба» жаме мешити имам-хатиби Косутов Едилбекке ҳәм бир қатар нураныйлерге Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен миннетдаршылық билдирилди ҳәм естелик саўғалар берилди.
Жума намазынан соң Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы, халқымыздың пәраўанлығын сорап дуўалар қылынды. Бул дуўалардың шарапаты менен Аллаҳ таала журтымызды және де пәраўан, несийбелеримизди зыяда етсин…

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
«Қарақалпақстан» посёлкасы турғынлары менен ушырасыў

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов «Қарақалпақстан» посёлкасына еткен хызмет сапары даўамында посёлка турғынлары менен де ушырасып, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең кѳлемли реформалар, сыясий, социаллық-экономикалық раўажланыў бойынша қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси, барлық тараўлардағы соңғы ѳзгерислер, елимизде алып барылып атырған саўаплы ислер сондай-ақ, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың бос ўақытларын илим-билим алыўға бағдарлаў ҳаққында сѳз етти.
Ушырасыў даўамында «Қарақалпақстан» посёлка пуқаралар жыйыны баслығы Қутлы апа Қошымбетоваға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен миннетдаршылық билдирилди ҳәм естелик саўғалар берилди.
Сапар даўамында посёлкадағы қурылыс-ремонт, кѳгалландырыў ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысты. Посёлкадағы жәрдемге мүтәж 2 шаңарақ ҳалынан хабар алды, олардың турмыс тәризи менен жақыннан танысып, азық-аўқат ѳнимлеринен материаллық жәрдемлер берди.
Хызмет сапары соңында қазы Б.Разов Қоңырат районы бас имамы Р.Умаровқа «Қарақалпақстан» посёлкасы район орайынан алыс аймақта жайласқанлығын инабатқа алып, посёлкадағы «Бердақ баба» мешити имам-хатиби пенен тығыз байланыста болыўы кереклиги ҳаққында айтты ҳәм бир қатар тапсырмалар берди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🌙 ЖҮЗ САЛАЎАТ АЙТҚАН АДАМНЫҢ ЖҮЗ МҮТӘЖЛИГИ РӘЎА БОЛАДЫ

Ҳәзирети Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Қыямет күнинде ҳәр мәнзилде маған ең жақын болғаныңыз дүньяда маған көп салаўат айтқаныңыз болады. Ким жума күнинде ҳәм жума түнинде маған салаўат айтса, Аллаҳ таала оның жүз мүтәжлигин рәўа қылады: жетписи ақырет қәжетлеринен болып, отызы дүнья қәжетлеринен болады. Соң Аллаҳ таала бул иске бир периштени ўәкил қылады. Ол тап сизлерге саўғалар кирип келгениндей, мениң қәбириме кирип келеди ҳәм маған салаўат айтқан адамның хабарын айтады. Оның атын, насабын, қайсы қәўимнен екенине шекем мәлим етеди. Мен оны аппақ саҳифаға жазып қояман".

📖 Имам Байҳақийдиң "Шуъабул ийман"дағы рәўияты.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM