Paziyletuz | Рәсмий канал
63K subscribers
25.2K photos
3.48K videos
33 files
30.7K links
Download Telegram
#Әлбетте_оқың

ЕҢ ҮЛКЕН РӘҲӘТКЕ ЕРИСИЎДИҢ ЖОЛЫ

Егер күнине 10 бет китап оқылса, 1 айда 300 бет китап оқылады. 1 жылда болса 3600 бет болады.

3600 бет дегени, 300 бетлик 12 китап, ямаса 600 бетлик 6 китап, ямаса 1200 бетлик 3 китап оқыў дегени.

Демек, усы жол менен орташа есапта жылына 6-7 китап оқыў мүмкин.

Негизинде ҳәр күни 10 бет китап оқып турған адам, оқып баслағаннан 10-15 күн өткеннен кейин 10 бет оқыўға қанаат қылмайтуғын болып қалады. Ол кейин ала 20 бет, 30 бет, 50 бет ҳәттеки 100 беттен көбирек оқыўға қызығатуғын болып қалады. Булар тәжирийбелерде көп көрилген. Демек, жылына "3600 бет" деген нормамыз 5000 бет, 10 000 бетке шекем көтерилип кетиўи мүмкин.

Усы тақлетте 10 жыл китап оқыған адам 100 000 беттен аслам китап оқыйды. Бул дегени 200ден аслам китап оқыў дегени.

Енди, 200ден аслам китап оқыған адамның ой-өриси, сана сезими, пикирлеў қәбилети қандай болыўын бир ойлап көриң! Бул сезимди өзинде сезиниўдиң ҳәзлиги улыўма басқаша. Басқа бир дүньяда жасап атырғандай боласыз.

Бундай ҳәзликти сезиниўдиң бир ғана жолы, бүгиннен баслап 10 беттен китап оқып баслаў. 10 бет китап оқыўға тек 20-25 минут ғана ўақыт жетерли...

📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚📚

📱http://t.me/nasiyatuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#архив_жума_марузасынан

🔹 Тема: «Ананың перзентине болған мийрими»

🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱
    
🎙Устаз Бахрамаддин Разов.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🕌 Мойнақ районы бас имам-хатиби
🎤 Рахимжан Тлеўбаев

▶️ Тема:
📌 #МАЪРУЗА: Бир биримизге тек жақсылық қылайық
01:18
📥 19.2 Mб

Бизди социаллық тармақларда
бақлап барың!

http://paziylet.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#ҒӘПЛЕТТЕ_ҚАЛМАҢ!
🌙БАРААТ ТҮНИ: ЫРЫСҚЫЛАР БӨЛИСТИРИЛЕДИ, ТӘҒДИРЛЕР БЕЛГИЛЕНЕДИ, ГҮНАЛАР КЕШИРИЛЕДИ

🗣Еслетпе! Бул жылғы бараат түни 24 февраль шемби күнинен 25 февраль екшембиге өтер түнге туўры келмекте, иншааллаҳ.

☪️Бараат сөзи қандай мәнини билдиреди?

"Бараат" сөзи араб тилинде "азат болыў", "утысқа ерисиў" деген мәнилерди билдиреди. Бул түнниң бундай аталыўына себеп, онда Аллаҳ тааланың мийрими ҳәм кеңшилиги менен есапсыз инсанлар дозақтан қутылады.

⚡️ ТОЛЫҚ

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#дуўа #зикир

     ТАҢҒЫ ЗИКИР

     Умма Салама разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: "Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бамдад намазында сәлем берип:
     "Аллооҳуммә инний әс-әлукә ъилмән нәәфиъан ўә ризқон тоййибән ўә ъамәлән мутәқоббәләә", деп айтар еди".

     Мәниси: Аллаҳым, Сеннен пайдалы илим, пәкизе ырысқы, қабыл болатуғын әмел сорайман.

  😊 Ибн Мажа раўияты
     
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#видео_ролик

«РАМАЗАННЫҢ КИРИП КЕЛИЎИН БИРИНШИ ХАБАРЛАҒАНҒА ЖӘННЕТ ХОШ ХАБАРЫ БЕРИЛИЎИ ҲАҚЫЙҚАТ ПА?»

🎤 ТӨРЕБАЕВ КАМАЛБЕК
Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити имам-найыбы.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2024 #пикирлеў #оразаның_пазыйлети

​​     РАМАЗАН ИЙИСИ
 
     Инсан бир нәрсени қатты сағынса, ол жақынласқаны сайын сағынышының күшлилигинен, сол нәрсениң ийисин сезе баслайды.
      Юсуф алайҳиссаламның әкеси перзентин қатты сағынғанынан: «Мен Юсуфтың ийисин сезип атырман», – деген екен.
      Рамазан жақын. Бизлер оны сағындық па? Рамазанның ийисин сезип атырмыз ба?
     Көпшилик Рамазан берекетли ай, түнлери де, күнлери де узақ ўақыт даўам етеди, деп ойлайды.
       Бирақ, умытпаң, әзизлер Рамазан айы да басқа айлар сыяқлы 30 күннен ибарат!
       Ҳәр бир күни де басқа күнлер киби 24 саат!
       Рамазан айында да басқа айлар сыяқлы төрт ҳәпте бар, яғный Рамазан да басқа айлар киби тез өтип кетеди.


😢"Рамазан сағынышы" китабынан.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#жума_марузасынан

🔹 Тема: «Шаъбан айында ораза тутыўдың пәзилети»

🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱
    
🎙Устаз Бахрамаддин Разов.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#бараат_түни

☺️ Бүгин 24-февралдан 25-февралға өтер түни Бараат түни

😌 Бул түнде дуўалар қабыл болады.

Имам Шафеий раҳматуллаҳи алайҳ айтады:

“Бизге алдынғылардан бир гәп жетип келди, бес түндеги дуўалар қабыл болады: жумаға өтер түн, қурбан ҳайытқа өтер түн, ораза ҳайытқа өтер түн, Ережеп айының биринши сәнесине өтер түн ҳәм Шаъбан айының он бесине өтер түн”.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#бараат_оразасы

🙄 БАРААТ  ОРАЗАСЫ

25.02.2024 Екшемби

Аўыз жабыў ўақты (сәҳәрлик): 06:13

Аўыз ашыў ўақты (ифтарлық): 18:49



АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ:

😌 "Шаъбан айының бүгинги нәпил оразасын таң атқаннан күн батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллооҳу Әкбар".

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ:

🤫 "Я Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
​​#дуўа #бараат_түни

🤲 БАРААТ ТҮНИНДЕ ДУЎА ҚЫЛАЙЫҚ!!!

Бул дуўаны имкан дәрежесинде көбирек айтың!!!


😌 АЛЛАҲЫМ!
Басымнан аяғыма шекем, жаслығымнан бүгиниме шекем, өмиримнен өлимиме шекемги гүналарым ушын тәўбе қылдым!
😌 АЛЛАҲЫМ!
Өлим ҳақ, Азрейил алайҳиссаламды маған күлимлеген ҳалда жүзлестир!
😌 АЛЛАҲЫМ!
Көзимниң нурын, ақылым искерлигин, қол-аяқларымның күшин, денемниң дәрманын алып қойма!
😌 АЛЛАҲЫМ!
Нәзерим ибадат, тынышлығым пикирлеў, сөзлеримди зикир қылғайсаң!
😌 АЛЛАҲЫМ!
Дастығым намазжай, уйқым намаз, ҳәр демим зикир болсын!
😌 АЛЛАҲЫМ!
Көз ашып жумғаншелли бизлерди өз ҳалымызға таслап қойма!
😌 АЛЛАҲЫМ!
Ҳәр демимде тилимнен зикириңди, қәлбимнен шүкириңди ҳәм ақылымды пикирлеўден алыс қылма!
😌 АЛЛАҲЫМ!
Анадан қайта туўылғандай пәк ҳалда Саған жүзлениў ушын Өзиңе илтижа қыламыз!
😌 АЛЛАҲЫМ!
•Бизлерди солиҳ бенделериңнен әйле!
•Әмел дәптеримизде саўабы тоқмайтуғын әмеллерден жазылыўын несип ет!
•Наъийм жәннетиңниң мийрасхорлары болыўымызға көмек бер!
•Ата-анамды Өзиң әпиў етегөр!
•Устазларымды мийримиңе сазаўар етегөр!
•Қәбирде жүзлеримизди жарық қылагөр!
😌 АЛЛАҲЫМ!
•Бул дүньяда ишкенимиз зам-зам, о дүньяда кәўсар болсын!
•Бул дүньяда жүрер жолымыз ҳидаят, ақыретте жәннет болсын!
•Бул дүньядан алғанымыз жақсы минез-қулық, о дүньяда бараат болсын!
•Бул дүньяда кирген жеримиз Мәккә-Мадина, о дүньяда жәннети аъла болсын!
•Бул дүньяда нәремиз кәламың, о дүньяда жамалың болсын!
•Еки дүньяда тақўа, солиҳ әмел ҳәм шырайлы қулық жолдасымыз болсын!
•Перзентлеримизден бул дүньяда көз қуўанышы, ал ақыретте иззет тажы кийдиретуғын зүрядларды шығар!
😌 АЛЛАҲЫМ! БУЛ ТҮНДЕ, бизлердиң, ата-аналарымыздың, биз жақсы көрген бәрше инсанлардың гүналарын мағфират етилгенлерден, олардан разы болынғанлардан, гүналары кеширилгенлерден қылғайсаң!!!
Бироҳматикә я арҳамар роҳимийн!
Әмийн! Әмийн! Әмийн!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң екшемби күни



    Екшемби күниңиз қайырлы болсын!

     25-Февраль                       2024
     15-Шаъбан           1445


🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM