#раддия
#мақала
Ўақтымызды қәдирлейик
Дүнья тез пәт пенен раўажланып барар екен, инсан аңы да әне соған қарай хабар ҳәм мағлыўматлар ағымына сүңгип бара береди. Жигирма биринши әсирге келип пүткил инсаниятты интернет, социаллық тармақлар өзине сол дәрежеде жипсиз байлап алды, биз күнимизди оларсыз көз алдымызға келтире алмай қалып атырмыз. Қайсы тараў, қайсы хызмет түри яки жәмийетлик шөлкем болмасын өз искерлигине бул қолайлықларды киргизбеген болса, ямаса ҳәр қандай жастағы инсан ол ғарры болсын жас болсын, ҳәттеки еле тили шығып үлгермеген баладан баслап ҳәмме усы нәрсе менен бәнт. Ҳақыйқатында да, интернет бизиң көп жумысларымызды жеңиллеткендей, себеби баяғыдай хабар ямаса мағлыўматлар алмасыў ушын дүньяның арғы шети енди көзди бир ашып жумған шелли жақынласты. Мағлыўматларды сақлаў, көшириў ушын алдынғыдай арнаўлы қурылмалар енди керек емес. Демек инсанияттың жумыс кооэфиценти аңсатласып, бир қарағанда бос ўақты көбейгендей. Негизин алып қарағанда сондай болыў керек. Бирақ, бос ўақтымыз көбейген сайын, интернет, социаллық тармақлар улыўма алғанда телефон бизди өзине сол дәрежеде тартып, бос ўақыттың бәрин ийелеп алмақта. Ҳәттеки, бала-шағасы, ата-анасы ҳәм жақынларына да қаратыўы тийис болған итибарын өзине тартып, жәмийет арасында жеке шахсқа айландырып таслап атыр. Бурынлары ер адамлар жумыстан үйине келип үйиниң шарўалары, балаларының тәлим-тәрбиясы менен қызығатуғун болса енди, жумыстан шаршап келдим, бираз дем аламан деп телефонға, интернетке сүңгип, ярым ақшам болғанын билмей де қалады. Ал, ҳаяллар үйдиң жумыслары, азадалық, пәкизелик сыяқлы тийкарғы ўазыйпаларын қылып күнин өткизип, балаларына ғамхорлық, мийрим көрсететуғын болса, бүгинге келип телефон, интернет, социаллық тармақлар олардың усы күнделикли жумысларынан қолын иркетуғын, аналық, ҳаяллық миннетлеринен итибарсыз қылып атыр. Әсиресе, тармақларда пайдасыз нәрселер, ашынарлысы өсек, ғыйбат сыяқлы үлкен гүна ислерге себеп болып қалмақта. Жасы үлкен ата-апаларда өмири даўамында перзентлери ушын жасап өмириниң соңында рәҳәт көрип, балалары, ақлық-шаўлықлары дыққат-итибарында боламан деген үмитлер қылған болса, ҳәзир оларды өзлери сыяқлы телефонға байлап қойып атыр. Сол себепли жас кишилерге ақыл-нәсиятын айтып, жасы үлкенлик қылатуғын гезинде олар да телефон менен әўере. Ал, еле ембелек жүретуғын, зорға тәй-тәй басып киятырған нәрестен баслап мектеп жасындағы балалар телефон бермесе қыңырлық етип ата-анасын усы тыныш отырсын, жыламасын деп өз қолы менен усы нәрсени үйретип атыр. Олар усы жаста ойнап, жуўырып шаршамай, секирип тойматуғын дәўирде шынығыўы керек емеспеди?! Ең өкинишлиси әйне күш-қуўатқа толып илим-билимниң шыңларын ийелеў ушын аянбай оқып излениў керек болған жасларымыз, келешегимиз даўамшылары да усы кеселликке шалқасынан түскендей. Өмириниң бәҳәри болған бийбаҳа жаслығын социаллық тармақларда керекли керекиз нәрселер менен өткизип ўақтын, өмирин ысырап қылып атыр. Жасларымыз ўақытларын интернетте, социаллық тармақларда өткизер екен, олардың аңын зәҳәрлеўди мақсет еткен жаўыз нийетли кимселер оларды усы тәрептен аңлаўға кириседи. Интернетте жасларды ҳәр түрли болар-болмас контентлер, бийҳая фото-видеолар, өзлериниң бузғыншы идеяларын да сиңдириўге ҳәрекет етеди. Биз перзентлеримизди, келешек жасларымызды бундай иллетлерден аўлақ болыўын қәлесек, енди дәслеп бул иллетке қарсы тура алатуғындай иммунитет қәлиплестириўимиз зәрүр. Ўақыт деген бийбаҳа неъматты қәдирлеўимиз ушын алды менен өзлеримиз перзентлеримизге үлги, өрнек болыўымыз тийис.
Якупов Ахмет
“Салмен ийшан” жаме мешити имам-хатиби.
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube

Саламат ақыйда динимиз тийкары
Ақыйдасы беккем адам ҳеш ўақыт адаспайды. Итиқад динимиздиң тийкары, өмиримиз тамалтасы екен, оны туўры раўажландырыў лазым ҳәм шәрт. Бузғыншы ағымлар болса, ҳәр бир дәўирде бар болып, натуўры ислерди әмелге асырыўда халқымыздың муқаддес динимизге ықлас-муҳаббаты күшлилигинен пайдаланып қалыўға ҳәрекет етеди. Еле диний билимлерди жақсы ийелемеген адамларды туўры жолдан адастырыў ҳәрекетинде болады. Мысалы, қәлбеки салафийлик ағымы ағзалары Қуран тилаўат қылып, саўабын марҳумлардың руўхына бағышлаў дурыс емес, деп айтады. Олардың бул натуўры гәплерине жуўап ретинде төмендеги дәлийллерди келтирип өтемиз.
Әбу Ҳурайра разияллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдийсте Пайғамбарымыз әлайҳиссалам: "Кимде-ким қәбиристанға кирип Фатиҳа, Ихлас ҳәм Тәкасур сүрелерин оқып: "Кәләмыңнан тиләўат қылған сүрелеримниң саўабын қәбирде жатқан мүмин ҳәм мүминаларға бағышладым" десе, олар Аллаҳ таала алдында оған шәпәәтши болады", деди. (Имам Табараний рәўияты).
Әлий ибн Әбу Талиб каррамаллаҳу ўәжҳәҳудан рәўият қылынады, Расулуллаҳ саллаллаҳу әләйҳи ўә сәлләм: "Ким қәбиристаннан өтип атырып, Ихлас сүресин он бир мәрте оқып, саўабын қайтыс болғанларға бағышласа, оған олардың санындай саўап бериледи", деген.
Бурҳаниддин Марғинаний "Ҳидая" китабында исленген жақсы ислер саўабын өткенлерге бағышлаў жайыз екенлигине дәлийл сыпатында Расулуллаҳ саллаллаҳу әләйҳи ўә сәлләмның еки қошқардың бириншисин өзиниң, екиншисин пүткил үмметиниң атынан қурбанлық қылғаны ҳаққындағы ҳәдисти келтиреди.
Пайғамбарымыздың қурбанлығының биреўин үммет атынан қылғаны жақсы әмел, сондай-ақ саўабын басқалар ҳаққына бағышлаў жайыз екенин билдиреди.
Ҳасан Басрий раҳматуллаҳи әләйҳтың ҳәр пийшемби күни қәбиристанларды зыярат қылып, ол жердеги марҳумларға атап Қуран тиләўаты қылыў әдети болған.
Мине усы мысаллардың өзи-ақ қәлбеки салафийлердиң натуўры түсиниктеги адасқан ағым екенлигине дәлийл болады. Бизлерден болса, ҳәр бир пикирге билимге сүйенип, журтымыз уламаларының көрсетпелерин тыңлаған ҳалда туўры ақыйдада беккем болыў талап етиледи.
Аминжан Набатов Нөкис қаласы "Сәлмен ийшан" жаме мешити имам-хатиби
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•
https://t.me/Niyetuz

Telegram
NIYET.UZ | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.