NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.32K photos
571 videos
6.47K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#ҳикмет

Билесиз бе?! Ең жақсы, ең шырайлы ырысқы мал-дүнья емес.

Бәлки...
Тыныш, қанаатлы қәлб,
Анық ақыл, саламат пикир,
Ден-саўлық,
Әкениң дуўасы,
Ананың мийрими,
Аға - ининиң барлығы,
Перзенттиң күлкиси,
Достың итибары,

Аллаҳ ушын жақсы көрип дуўа қылыўшы инсанның барлығы сиз ушын ең абзал ырысқы.

Ана дуўасы ең абзалы...

Аллаҳ бул нематты сизден аямасын! Қайсы бири бул нематтан айырылған болса, орнын оннан жақсысы менен толтырсын!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#ҳикмет

Илим үш қарыстан ибарат:

-Ким илимде бир қарыс алдыға жылжыса, кибирленеди.
-Ким еки қарыс жылжыса, кишипейил болады.
-Ким үш қарыс жылжыса, еле көп нәрсени билмеслигин түсинип жетеди.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйықлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».

Қайырлы түн әзизлер!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
21-июль күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 05:00
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:30
  ШАМ — 20:40
  ҚУПТАН — 22:20

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 02:45
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 21:00
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

☀️ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!!!

Аллаҳ тааланың сәлеми,
Пайғамбар ﷺның дуўасы,
Қуранның нуры күн даўамында сиз бенен бирге болсын!

Жақсы нийетлер менен баслаған күниңизди, Аллаҳ таала жақсылықлар менен толтырсын!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң екшемби күни

21-Июль           2024
   15-Муҳаррам  1446

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден, үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

(Аллаҳ) өлиден тирини шығарады, тириден өлини шығарады ҳәм Жерди «өлгенинен» кейин «тирилтеди». Соған уқсап (тап шөплер өнгениндей) сизлер де (қыямет күни қәбирлериңизден) шығарыласыз.

Рум сүреси, 19-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#ҳикмет

Егер бир машқалаға дусласып қалсаң, тѳрт нәрсени еслеп, оны жеңиллет:
1.  Бул ўақтынша нәрсе;
2.  Бул тәғдиримде жазылған;
3.  Буннан үлкенирек машқалаға дусласыўым да мүмкин еди;
4.  Буған сабыр етсем, Аллаҳ таала мени саўаплар менен сыйлайды.


«Ҳикметлер булағы»нан.

┉┅━❀🌺❀━┅┉

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Перзенттиң анасына беретуғын сораўлары:

1. Бүгин қандай аўқат?
2. Саат неше болды?
3. Қашан алып бересиз?
4. Далада ойнайын?
5. Көйлегим қаяқта?
6. Маған неге алып келмедиңиз?
7. Және умыттыңызба?

Перзенттиң әкесине беретуғын сораўы:

1. Анам қаяқта?



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#дуўа

ШЫПА ДУЎАСЫ

Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өз шаңарақ ағзаларынан айрымларына пана тилегенде оң қолы менен сыйпап:

«Аллооҳуммә Роббән-нәәси әзҳибил-бәъсә, ишфи Әнтәш-шәфий ләә шифәә-ә илләә шифәә-укә, шифәән ләә юғоодиру сақоомәә»
.

"Аллаҳым, ҳәй инсанлардың Рәбби, кеселликти кеткизиўши! Изинде кеселликти қалдырмайтуғын шыпа бер. Шыпа бериўши тек Өзиңсең. Сеннен басқа шыпа бериўши жоқ"

("Ҳәдис ҳәм Турмыс" китабынан).



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#әҳмийетли #мағлыўмат #ҳәдис

Дүйшемби күни не ушын ораза тутылады?

Себеби бул уллы күн. Оның уллылығының биринши белгиси ақыр заман Пайғамбары, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Пил жылы, Робиъул әўўәл айы, дүйшемби күни дүньяға келген.

Сондай-ақ, Қураны кәриймниң биринши аятының түсиўи де Рамазан айының 17-күни, дүйшембиде болған. Бул күнлер дүнья тарийхындағы ең уллы, ең мүбәрек күнлер есапланады.

Ҳәдис китапларында бул күнниң оразасын тутыў усынылған.

Әбиў Қатада разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан дүйшемби ҳәм пийшемби күнлеринде ораза тутыўы ҳаққында сорадық.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Сол күни мен туўылдым ҳәм усы күни Қуран нәзил болды», деди».

Имам Әбиў Даўыт ҳәм имам Муслим рәўият еткен.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тилек #қайырлы_түн

🌙🤲🏻 АЛЛАҲЫМ!

🤲🏻 Түнимизди жақсылықлар түни қыл!
🤲🏻 Қәлблеримизди Өзиңнен қорқатуғынлар қәлбинен қыл!
🤲🏻 Әмеллеримизди тақўадарлар әмеллеринен қыл!
🌹 Жәннетиң менен ырысқыландыр!
🤲🏻 Әлемлер Рәббиси!

🍃🌹 Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам түслеримизге кирсин!

🌙ҚАЙЫРЛЫ ТҮН
!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_дуўа

ТАҢДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

Абдуллаҳ ибн Ғаннам разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким таң атқанда:

«Аллооҳуммә мәә асбаҳа бий мин ниъматин фәминкә ўаҳдәкә ләә шәрийкә ләк, фәләкәл ҳамду ўә ләкәш шукр»,

десе, күндиздиң шүкирин ада қылыпты. Ким усы дуўаны кеш киргенинде айтса, кешесиниң шүкирин ада қылыпты», деди .

Мәниси: Аллаҳым, мен менен таң аттырған неъматлар Сен тәрептен. Сен жалғызсаң, Сениң шеригиң жоқ. Саған ҳамд ҳәм шүкирлер болсын.

Әбиў Даўыт рәўияты.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң дүйшемби күни

22-Июль           2024
   16-Муҳаррам  1446

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден, үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
​​БАХЫТСЫЗЛЫҚ ТӨМЕНДЕГИ 6 НӘРСЕ МЕНЕН ЖӘМЛЕСПЕЙДИ

1. Анаға жақсылық пенен.
"Анама жаксылық қылыўшы қылды ҳәм залым, бахытсыз қылмады". (Марям сүреси, 32-аят)
2. Дуўа менен. "Рәббим, саған дуўа қылыў менен бахытсыз болмадым. (Марям сүреси, 4-аят).
3. Қуран менен. "Биз Қуранды саған бахытсыз болыўың ушын нәзил қылмадық". (Тоҳа сүреси, 2-аят).
4. Ҳидаятқа ериў менен. "Ким мениң ҳидаятыма ерсе адаспайды ҳәм бахытсыз болмайды". (Тоҳа сүреси, 123-аят).
5. Аллаҳтан қорқыў менен. "Қорыққан адам еслетпе алады ҳәм жаман адам оннан шетленеди". (Аъла сүреси, 10-аят).
6. Тақўа менен. "Мен сизларни лаўыллап турған дозақтан ескерттим. Оған жалғанға шығарған ҳәм жүз бурған адам киреди. Ал, тақўадар оннан узақ қылынады". (Лайл сүреси, 17-аят).
Аллаҳым бизлерди рахметиңнен үмитсиз болған бахытсызлардан қылма!

https://t.me/niyetuz
#БИЛЕСИЗ БЕ?

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жақсы көрген 8 нәрсе:

1. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Аиша разыяллаҳу анҳаны жақсы көрер еди.
2. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳуды жақсы көрер еди.
3. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Усама разыяллаҳу анҳуды жақсы көрер еди.
4. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам еки ақлықлары Ҳасан ҳәм Ҳусайн разыяллаҳу анҳуманы жақсы көрер еди.
5. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳалўаны жақсы көрер еди.
6. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам палды жақсы көрер еди.
7. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Уҳуд таўын жақсы көрер еди.
8. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өз Ўатанын жақсы көрер еди.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Видео_ролик

📹 241-статья. Диний билим бериў режимин бузыў.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#күн_ҳәдиси

АТА-АНАНЫҢ КӨЗ ЖАСЫ

Тайсаладан рәўият қылынады:
"Ол ибн Умар разыяллаҳу анҳудың: "Ата-ананы жылатыў ақ болыў есапланады ҳәм кабийра гүнәлардан саналады", дегенин еситкен екен".

Шолыў: Демек, перзент надурыс мәмиле, гәп-сөз яки қандай да бир ҳәрекети менен ата-анасының жылаўына себеп болса, оларға ақ болған есапланады, яғный үлкен гүнә исти қылған болады.
Соның ушын ҳәр бир мөмин-мусылман перзент ҳеш қашан ата-анасын қапа етпеўи ҳәм олардың көз жасына себеп болып қалмаўға ҳәрекет етиўи, тырысыўы лазым болады.

"Әдеплер ғәзийнеси" китабынан!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#итибар

"Муҳаммад (алайҳиссалам) - миллионлаған инсанлар қәлбинен орын алғанлығына ҳеш қандай гүманым жоқ"

Ганди

┉┅━❀🌺❀━┅┉

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#bugunning_muhim_mavzusi №1
💬 Расулуллоҳ соллаллоҳу алайҳи васаллам:
“Мен тирик бўла туриб, Қуръонни ўйин қилаяпсизларми?”

🎙Ҳомиджон домла ИшматбековЎзбекистон мусулмонлари идораси раисининг биринчи ўринбосари.

Кўрсатувнинг тўлиғи қуйидаги ҳаволаларда:
📱 telegram (HD)
🎞 youtube (HD)

➡️ https://t.me/Bugunning_muhim_mavzusi
📷 facebbok 📸 instagram 🎞️ youtube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Бенде Қиямет күни таўлардай гүналар менен келеди. Сонда Аллаҳты зикир қылған тили оларды жексен етип таслағанын көреди.

Ибн Қаййим раҳимаҳуллаҳ

Саўабы уллы күнделикли зикирлер:

1. "Әстағфируллооҳәл ъазийм ўә әтуўбу иләйҳ".

2. "Аллооҳуммә солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммәдин ўә ъаләә әәлиҳи ўә соҳбиҳии ўә сәллим".

3. "Субҳаанәллооҳи ўәлҳамдулилләәҳи ўә ләә иләәҳә илләллооҳу ўәллооҳу әкбар".

4. "Субҳаанәллооҳи ўә биҳамдиҳии, субҳаанәллооҳил ъазиийм".

5. "Ләә ҳаўлә ўә ләә қуўўәтә илләә билләәҳи".

6. "Ҳасбияллооҳу ўә ниъмәл ўәкиийл".



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌