NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.67K subscribers
6.64K photos
593 videos
6.79K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйықлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».

Қайырлы түн әзизлер!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
16-июль күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 04:55
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:30
  ШАМ — 20:43
  ҚУПТАН — 22:25

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 02:45
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 21:00
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Еслетпе

     ЕРТЕҢ АШУРА КҮНИ

🗓 10-муҳаррам – 16-июль – Сийшемби

☪️ Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ашура күниниң оразасы – Аллаҳтан үмит қыламан – бир жыл алдынғы гүналарға каффарат болады”, деген.

Аўыз жабыў ҳәм ашыў ўақыты (Нөкис қаласы ўақыты менен):

Сәҳәрлик (аўыз жабыў) ўақыты: 03:51
Ифтарлық (аўыз ашыў) ўақыты: 20:43


🤲 АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ:

    "Ашура күниниң бүгинги нәпил оразасын таң атқаннан күн батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллооҳу Әкбар".

🤲 АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ:

    "Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#таңғы_тилек

☀️ ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!

🌿 Ассаламу алайкум. Ҳәптениң сийшемби күни мүбәрек болсын...

🌿 Басланған күниңиз әўметли келсин!

🌿 Жақсылықлар ҳәм жақсы инсанлар менен күн даўамында бирге болың!


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң сийшемби күни

16-Июль           2024
   10-Муҳаррам  1446

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден, үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Егер Аллаҳға «жақсы қарыз» берсеңиз (мүтәжлерге иҳсан етсеңиз), Ол сизлерге көбейтип береди ҳәм (гүналарыңызды) кеширеди. Аллаҳ – шүкирди қабыл етиўши, Ҳалийм.

Тағобун сүреси, 17-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

ЕҢ БАЙ ИНСАН

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай деди:
"Қайсы бириңиз шаңарағы тыныш, ден-саўлығы жақсы ҳәм бир күнлик ырысқысы бар ҳалда таң аттырса, пүткил дүньяны қолға киргизипти".

Демек, инсан усы үш нәрсеге, яғный, шаңарақ тынышлығы, ден саўлық ҳәм бир күнлик ырысқыға ийе болса, сол нәрселерге Аллаҳ таала тәрепинен берилген уллы неъмат, деп шүкиршилик етиўи керек болады. Аллаҳ тааланың шүкир еткен инсанларға неъматларын зыяда етип бериўи ҳаққындағы ўәдеси бар.
Сол ўәдеге муўапық инсан шүкир ететуғын болса Аллаҳ таала да жоқарыда атап өтилген неъматларын инсан ушын зыяда етип береди.


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
ЗИКРГЕ ШАҚЫРЫЎШЫ АЯТ ҲӘМ ҲӘДИСЛЕР

Өз үмметине Рәббиси әмири менен ҳикметти үйреткен Пайғамбарымыз алайҳиссаламға кәмил салаўатлар болсын!
    Аллаҳ таала мәрҳәмат қылады:
    «Аллаҳты көп зикир қылыўшы еркеклер ҳәм көп зикир қылыўшы ҳаяллар ушын Аллаҳ мәғфират ҳәм уллы ажр (жәннет)ти таярлап қойған». (Аҳзоб сүреси, 35-аят)
     Ертели-кеш, күни-түни - ҳәмме ўақыт Аллаҳты яд етиўде турақлы болған ҳәм буның ушын “ўақыт излеген” кимселер Аллаҳтың ең жақсы бенделери.
     Жер жүзинде периштелер сениң зикир мәжилисиңде жолдас болыўды, Арши аълада уллы халық - периштелер арасында абыройың ҳаўаза болыўды қәлемейсең бе? Солай екен, сен Аллаҳты көп зикир етиўшилерден бол!
     Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳ сондай дейди: Мен ҳаққымда бендем қандай гүманда болса, Мен сондайман. Мени ядында тутса, Мен ол менен биргемен. Егер бендем Мени жалғыз ҳалында еслесе, Мен де оны жалғыз ҳалында еслеймен. Егер Мени көпшилик арасында еслесе, Мен де оларды жақсылар арасында еслеймен. Егер бендем Мен тәрепке бир қарыс жақынласса, Мен оған бир гез жақынласаман. Егер бендем Маған бир гез жақынласса, Мен оған бир қулаш жақынласаман. Егер бендем Мен тәрепке жүрип келсе, Мен ол тәрепке жуўырып келемен», - деди».
     (Бухарий, Муслим, Термизий рәўияты).
     Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
 «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтқан: «Ҳәр түнде оны ақырғы үштен бир бөлеги қалғанында Рәббимиз Аллаҳ таала жер аспанына түсип сондай дейди: «Ким дуўа қылып атырған болса, оны ижәбат қыламан. Ким Меннен сорап атырған болса, оған сораған нәрсесин беремен. Ким Меннен гүналарын мәғфират қылыўымды сорап атырған болса, оның гүналарын мәғфират қыламан дейди, деди».  
     (Бухарий, Муслим, Ибн Мажа)
     Салман разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Сизлердиң уллы Рәббиңиз сахый ҳәм мәңги бар. Бенде қолларын көтерип (сораса) Аллаҳ қолларын қуры қайтарыўдан уялады», - деди».
     Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтқан: «Мүсийбет түскен ҳәм ғамлы ўақытларда қылған дуўалардың ижәбат болыўы қуўаныўын қәлеген инсан биймәлел қәтержам ўақытында дуўа қылсын», - деди».
     (Имам Термизий рәўияты)
     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Бес нәрседен алдын бес нәрсени ғәниймет билиңлер:
•  кекселик келмей турып жаслықты;
•  кәмбағаллық келмей турып байлықты;
•  кеселлик келмей турып саламатлықты;
•  бәнт болмай турып бос ўақытты;
•  өлим келмей турып тириликти», - деди».

      Ким ерте турса, саў болса, әҳли тыныш болса, жеўге бир бөлек наны болса, қарыздар болмаса, өзи мусылман болса, ол ең бай инсан.
      Аллаҳ табарак ўа таала көп болып қылмай қойғаннан аз болса да даўамлы болған әмелди жақсы көриўин Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бизге жеткизген.

«Аллаҳты зикир қылыўшылар ушын күнлик ўазыйпалар» китабынан үзинди.

https://t.me/niyetuz
#сораў_жуўап #фиқҳ

САПАРДА СҮННЕТ НАМАЗЫ ОҚЫЛАМА?

CОРАЎ:
Ассаламу алайкум. Мүсәпир адам намаздың сүннетлерин оқыйма?

💬 ЖУЎАП:
Ўа алайкум ассалам.

Мүсәпир киси сүннетлерди толық оқыйды. Бул ҳаққында ҳанафий мазҳабымыздың ең үлкен китапларынан бири, Имам Сараҳсийдиң “Ал-Мабсут” китабында былай делинген: “Сапар себепли сүннет ҳәм нәпил намазлар қаср қылынбайды. Сапарда парыз намазлар қаср қылып (қысқартып) оқылады, бирақ сүннет ҳәм нәпил намазлары қаср қылынбайды. Олар өзи неше рәкат болса, сонша оқылады. Себеби, сапарда намазды қаср қылып оқыў Аллаҳ тааланың буйрығы менен болған ҳәм ол буйрық тек парыз намазларына тийисли”.

Бул мәселе ҳаққында “Бадаиъус-санаиъ” китабында былай делинген: “Сапарда сүннет ҳәм нәпил намазларын қысқартып оқыў жоқ. Себеби (парыз намазларын) қысқартыў Аллаҳ тааланың буйрығы менен болған. Сүннет ҳәм нәпил намазлары ҳаққында бундай буйрық жоқ”. Ўаллооҳу аълам.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Дүньяда ең әстен ҳәрекетленетуғын нәрсе даўыс болып есапланады. 16 жасыңда ата-анаңның саған айтқан гәплери 40 жасыңда жетип барады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тилек #қайырлы_түн

🌙🤲🏻 АЛЛАҲЫМ!

🤲🏻 Түнимизди жақсылықлар түни қыл!
🤲🏻 Қәлблеримизди Өзиңнен қорқатуғынлар қәлбинен қыл!
🤲🏻 Әмеллеримизди тақўадарлар әмеллеринен қыл!
🌹 Жәннетиң менен ырысқыландыр!
🤲🏻 Әлемлер Рәббиси!

🍃🌹 Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам түслеримизге кирсин!

🌙ҚАЙЫРЛЫ ТҮН
!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
17-июль күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 04:55
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:30
  ШАМ — 20:43
  ҚУПТАН — 22:25

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 02:45
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 21:00
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#тилек

🍃Ассаламу алайкум ўа роҳматуллаҳи ўа бәрокатуҳ!

🌷 Қәлбимизди кең, исимизди оң, тәғдиримизди жақсылықларға бөлесин, күнимизди шырайлы ҳәм мазмунлы қылсын. Әмийн!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң сәршемби күни

17-Июль           2024
   11-Муҳаррам  1446

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден, үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#зикир

Зикир қылыўшыларға жәннет болсын!

Аллаҳ тааланың дәргайындағы уллы периштелер алдында атың менен ядқа алыныўды ҳәм мақталыўды қәлейсең бе? Онда жалғыз болған Аллаҳ тааланы зикир қыл, Ол да сени зикир қылады: «Солай екен, Мени еслең, (Мен де) сизлерди еслеймен. Маған шүкир қылың, нашүкир болмаң!»

(Бақара сүреси, 152- аят).

Қаншелли уллы мақтаў! Қаншелли Уллылық! Қаншелли уллы нәтийже! Зикир қылыўшыларға жәннет болсын!

✍️ Шайх Аиз Қарний ҳафизаҳуллаҳ

📖 "Қәлб түбинен" китабынан

🌱Субҳанәллооҳи ўә биҳамдиҳи. Субҳанәллооҳил азийм!

🌱Субҳанәллооҳи ўә биҳамдиҳи. Субҳанәллооҳил азийм!

🌱Субҳанәллооҳи ўә биҳамдиҳи. Субҳанәллооҳил азийм!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#пикирлеў

Не ушын ажырасыўлар көп?!

– Келинлер кеўилдегидей емес,
– Қәйин енелер менмен,
– Күйеў балалар мийримсиз,
– Қәйин аталар герең ҳәм сақаў,
– Қәйин апа ҳәм бийкешлер жаўыз...



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#пухаралар_қабылы

📌Пухаралар қабылы өткерилди.

     🔰Нөкис қаласы "Салмен ийшан" жаме мешитинде пухаралар қабылы болып өтти. Қабыллаў даўамында пухаралардың мүрәжәтлери тыңланып олардың сораўларына жуўаплар берилди ҳәм мәселелери қанаатландырылды.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа #абитуриент

🤲 АБИТУРИЕНТЛЕР УШЫН УСЫНЫЛАТУҒЫН ДУЎАЛАР

Бәршемизге белгили мине усы кеше күндизимизде жасларымыз жоқары оқыў орынларына студент болыў мақсетинде тест имтиханларын тапсырмақта. Әлбетте, абитуриентлер барлық күш-жигерлери менен таярланғанлығы сөзсиз.

Аллаҳ тааладан абитуриентлеримиз ушын қайырлы дуўалар тилеген ҳалда, төменде имтихан күнлери оқып ядлап алыў усыныс етилетуғын дуўаларды келтиремиз:

1️⃣. «Робби йәссир ўә ләә туъассир. Робби тәммим бил-хойри».
Рәббим! Жеңил қыл, қыйын қылма. Рәббим, (нәтийжемди) жақсылық пенен жуўмақла!

2️⃣. «Роббишроҳ лий содрий ўә йәссир лий әмрий ўәҳлул ъуқдәтән мин лисәәний йәфқоҳу қоўлий» (Тоҳа сүреси, 25-28-аятлар).
«Я Рәббим, (бул ислерди қылыўда) мениң кеўлимди кең қыл, исимди жеңил қыл, тилимдеги түйинди (тутлықпаны) шеш ҳәм (қәўмим) сөзимди (жақсы) аңласын.


3️⃣. «Робби зидний ъилмән ўә фәҳмән».
Рәббим! Илимимди ҳәм зейнимди арттыр.

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM