NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.62K photos
593 videos
6.79K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#жума #ҳикмет #Каҳф_сүреси

Ибн Дақиқ ал-Ийд раҳматуллаҳ алайҳ айтты:

Бул дүньядан көз жумған бир достымды түсимде көрдим. Ол маған былай деди:

«Қәбирде мениң қасыма жүдә қорқынышлы бир ийт келди. Тап сол ўақытта шырайлы жүзли бир адам келип сол ийтти қуўып жиберди ҳәм мени жубатты.

Сен кимсен? деп сорадым.

Мен сен жума күнлери оқыған Каҳф сүресиниң саўабыман, деди».

© Ибн Ҳажар ал-Асқаланий, «Ад-дурарул камина», 5-жүз

Жума мүбәрек!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #арафа

Арафа күнине бир күн қалды. Бул күнди ғаниймет билейик, бул күнде ораза тутыўды умытпаң.

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Арафа күниниң оразасы өзинен алдынғы бир жыл ҳәм өзинен кейинги бир жылдың гүналарына каффарат болыўын Аллаҳтан үмит қыламан», деген.

(Имам Муслим рәўияты).



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Ҳаж_2024

Зыяратшыларымыз ҳаж ибадатын орынлаўға таярланып атыр

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Еслетпе #қурбан_ҳайыты

ТӘКБИРИ ТАШРИЙҚ

Арафа күни таң намаздан баслап Қурбан ҳайытының төртинши күни намазлыгер намазына шекем ҳәр парыз намаздан соң тәкбири ташрийқ айтылады.

Демек, Тәкбири ташрийқ Арафа күни яғный 15-июнь таң намаздан баслап, Ҳайыттың төртинши күни яғный 19-июнь күниндеги намазлыгерге шекем айтылады.

🗓 15 - июнь - 5 ўақыт,
🗓 16 - июнь - 5 ўақыт,
🗓 17 - июнь - 5 ўақыт,
🗓 18 - июнь - 5 ўақыт,
🗓 19 - июнь - 3 ўақыт.


Тәкбирлерди намаз оқып болғанынан кейин бир мәрте айтып қойса, сүннет болады. Үш мәрте айтса да зыяны жоқ. Тәкбир төмендегише айтылады:

"Аллооҳу акбар, Аллооҳу акбар, ләә иләәҳә илләллооҳу ўаллооҳу акбар, Аллооҳу акбар ўә лилләәҳил ҳәмд".

Мәниси: Аллаҳ ең уллы. Аллаҳ ең уллы. Аллаҳтан басқа иләҳ жоқ, Аллаҳ ең уллы, Аллаҳ ең уллы, мақтаўлардың ҳәммеси Аллаҳға тән.

Жәми 23 ўақыт намазда тәкбири ташрийқти бир мәрте айтыў ўәжиб әмел есапланады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

Дуўа қабыл болатуғын ўақытлар:

1. Түнниң ақырғы үштен биринде. (Бухарый, Ҳәдиси қудсий);
2. Азан ҳәм тәкбир арасы. (Әбиў Даўыт, Аҳмад);
3. Сәждеде. (Әбиў Даўыт, Муслим);
4. Парыз намазынан кейин. (Термизий);
5. Жаўын жаўып турғанда. (Әбиў Даўыт, Ибн Мажа);
6. Мүсәпиршиликте. (Байҳақий, Термизий);
7. Арафа күни. (Имам Мәлик, Термизий);
8. Рамазан айында. (Бухарый, Термизий);
9. Ифтар ўақты. (Аҳмад, Термизий);
10. Наўқасты көриўге барғанда. (Муслим).




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #арафа

Арафа күнине бир күн қалды. Бул күнди ғаниймет билейик, бул күнде ораза тутыўды умытпаң.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#арафа_пазыйлети

       АРАФА КҮНИ ОРАЗАСЫ

    Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:
   "Арафа күни ораза тутқан адамның еки жыллық өткен ҳәм келеси жылғы гүналары кеширилиўине үмит қыламан".

      Аўыз жабыў ҳәм ашыў ўақты:

Аўыз жабыў ўақты: 03:33
Аўыз ашыў ўақты: 20:47


💬 Арафа күни оразасын тутаман деп нийет еткен қәдирданларымыздың нийетлерин Аллаҳ таала Өз дәргайында қабыл етсин! Еки жыллық гүналарымыз кеширилип, бүгин қылған дуўаларымыз қабыл болсын!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#арафа_оразасы

Аўыз жабыў ўақты: 03:33
Аўыз ашыў ўақты: 20:4
7


АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ (НИЙЕТИ):
«Арафа күниниң нәпил оразасын, таң атқаннан күн батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллооҳу Әкбар».

АЎЫЗ АШАР ДУЎАСЫ:
«Бисмилләҳ. Аллаҳым, Сен ушын ораза туттым. Саған ийман келтирдим. Сениң ырысқың менен (ғана) ифтарлық қыламан. Солай екен, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл. Өзиң меннен қабыл қыл. Әлбетте, Сен оғада еситиўши ҳәм билиўшисең».

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Арафа күни ораза тутқан адамның еки жыллық өткен ҳәм келеси жылғы гүналары кеширилиўине үмит қыламан", деди.

┉┅━❀🌺❀━┅┉

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
15-июнь күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 04:35
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:30
  ШАМ — 20:45
  ҚУПТАН — 22:35

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 02:35
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 21:00
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Еслетпе #Қурбан_ҳайыты

Қарақалпақстан бойлап ҳәмме мешитлерде ҚУРБАН ҲАЙЫТЫ НАМАЗЫ 16.06.2024 күни саат 05:50 де оқылады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

🌤 Ассаламу Алайкум! Және бир таң мүбәрек болсын!

☀️ ☀️ ☀️

Қәлбиңиз ийманға
Үйиңиз қуўанышқа
Жүзиңиз нурға
Күниңиз қайырлы ҳәм жақсы әмеллерге толы болсын.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#видео_ролик

«ЕКИ ЖЫЛЛЫҚ ГҮНАЛАРҒА КАФФАРАТ БОЛАТУҒЫН ОРАЗА»

🎤 ТӨРЕБАЕВ КАМАЛБЕК

Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити имам-найыбы.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉
Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#зулҳижжа #арафа

АРАФА КҮНИҢИЗ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң шемби күни

15-Июнь            2024
   9-Зулҳижжа   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
🌹АРАФА КҮНИҢИЗ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!

Арафа – бул сондай күн, жыл даўамындағы бәрше күнлерди маржан даналары деп алсақ, бул күнди усы маржанлардың ортасындағы дүр гәўҳарына уқсатылады. Бул күнди Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өзиниң саҳиҳ ҳәдисинде былай айтады:

«Аллаҳ тааланың наздинде арафа кунинен көре абзал күн жоқ. Дуўаның жақсысы арафа күниндеги дуўа».

Аллаҳ бенделериниң дуўасын қабыл қылатуғын, Өзине жүзлениўи ушын разы болатуғын, арафа күниндей күн жоқ.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
🌙Арафа Мүбәрек болсын!!!

ДУЎАЛАРЫҢЫЗ, ТУТҚАН ОРАЗАЛАРЫҢЫЗ ҚАБЫЛ БОЛСЫН!!!

Усы күнлерге сиз бенен бизлерди саў-саламат жеткизген Аллаҳ таалаға тоқтаўсыз мақтаўларымыз болсын!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
ҲАЖ КҮНЛЕРИНДЕ ЖАСЫРЫНҒАН ҲИКМЕТЛЕР

“Ант етемен “он түн” менен” (“Фажр” сүреси, 2-аят).

Бул мәканға келген адамлар өзлери билмеген ҳалда тынышлыққа өз үлесин қосады.

Аллаҳ таала Maккa қаласына келген ҳажыларды бир-бирине дос қылып қояды.

Адамлар арасында ғәзеп ҳәм адаўат болса да, бул мәканға келгеннен кейин олар өз-ара бирлеседи. Буның себебин ҳеш ким түсинбейди.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #дуўа

Арафа күни айтылатуғын ең жақсы дуўа

– Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
"Дуўаның ең жақсысы бул арафа күнинде қылынған дуўа. Мен ҳәм меннен алдын өткен пайғамбарлар дуўада айтқан ең жақсы сөзлери:

"Ләә иләәҳә иллаллооҳу ўаҳдәҳу ләә шәрийкә ләҳу, ләҳул мулку ўә ләҳул ҳамду ўә ҳуўә ъаләә куллий шәй-иң қодийр".

Мәниси: Аллаҳтан басқа илаҳ жоқ. Ол жалғыз, шерики жоқ. (Бәрше) мүлик те, мақтаўлар да (жалғыз) Оныкы ҳәм Ол бәрше нәрсеге қадир.

(Имам Термизий рәўияты)

Бүгин усы дуўаны ҳәм басқа да кеўлимизге түйип қойған тилеклеримизди тилесек, әлбетте қабыл болады, иншааллаҳ.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Қурбанлық

ҚУРБАНЛЫҚТЫҢ ЎӘЖИП БОЛЫЎЫ

Сораў: Қурбанлық кимлерге ўәжип?

Жуўап: Қурбанлық бай ҳәм муқим (сапарда болмаған) ҳәр бир мусылман еркек ҳәм ҳаялға ўәжип.

Сораў: Бай деп кимге айтылады?

Жуўап: Қарызынан ҳәм тийкарғы итияжларынан басқа 20 мисқал (80,18 гр) алтын ямаса сол қыйматтағы пул яки мал-дүньяға ийе болған адамға айтылады. Қурбанлық пенен зәкаттың нысабы бирдей болыўы менен бирге, қурбанлық нысабында мал-дүньяның көбейетуғын болыўы ямаса қурбанлық мүддетинен бир жыл өтиўи керек деген шәрт жоқ.

Сораў: Тийкарғы итияжлар қандай?

Жуўап: Адамның жасап атырған үйи, керекли үй әнжамы, кийими, көлиги, жумыс қураллары ҳәм соған уқсаслар тийкарғы итияжлардың әҳмийетлиси.

Сораў: Муқийм деп кимге айтылады?

Жуўап: Муқийм деп қурбанлық сойылатуғын күнлерде шаңарағы жасап атырған жерде болған ямаса сапарда кеминде он бес күн яки оннан да көп қалыўға нийет еткен адамға айтылады. Қурбанлық етиў, сойыў ҳәм гөшин ҳақылы адамларға бериў қыйын болғаны ушын мүсәпир адамға, егер бай болса да қурбанлық шалыў ўәжип етилмеген. Лекин мүсәпир қәлесе нәпил жолына көре қурбанлық шалыўы мүмкин.

Сораў: Мүсәпир қурбанлық сойғаннан кейин қурбанлық шалынатуғын күнлерде муқийм ҳалатына өтсе, және қурбанлық шалыўы керек пе?

Жуўап: Яқ, мүсәпир қурбанлық шалғаннан кейин ҳайыт күнлеринде муқийм ҳалатына өтсе және қурбанлық шалыўы керек емес.



Каналға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың! 👇

https://t.me/Niyetuz
#қурбанлық

ҚУРБАНЛЫҚ ҲҮКИМЛЕРИ



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube