NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.67K subscribers
6.29K photos
570 videos
6.46K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер

10-МӘСЕЛЕ: "Бир қойды сатып алып атырғанда, қурбанлық нийети болмаса, оны сатып, орнына басқа қойды сатып алып қурбанлық қылыў мүмкин. Қурбанлық нийети менен сатып алынған қойды сойып атырған ўақытта нийет етпесе де, қурбанлықтан есаплана береди. Себеби сатып алыў ўақтындағы нийеттиң өзи жетерли болады" ("Ўажиз лил-Кардарий").

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#қайырлы_түн

Уйқыға кетиўден алдын оқылатуғын дуўа:

"Бисмикәллооҳуммә аҳяә ўә әмўўту"

"Эй Рәббим, сениң атың менен тирилемен ҳәм өлемен".

Баро ибн Азиб разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады " Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қашан уйықлаў ушын жамбасласа, оң алақанын оң жүзине қоятуғын еди. Соң төмендеги дуўаны оқыр еди.

"Эй Рәббим! Бенделериңди есап китап ушын қәбирден турғызатуғын күниңде мени азабыңнан сақла!"

🌙ТҮНИҢИЗ ТЫНЫШ БОЛСЫН!

🌙🌟ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз:
https://t.me/niyetuz
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
12-июнь күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 04:35
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:30
  ШАМ — 20:44
  ҚУПТАН — 22:35

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 02:35
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 21:00
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#тилек

🍃Ассаламу алайкум ўа роҳматуллаҳи ўа бәрокатуҳ!

🌷 Қәлбимизди кең, исимизди оң, тәғдиримизди жақсылықларға бөлесин, күнимизди шырайлы ҳәм мазмунлы қылсын. Әмийн!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң сәршемби күни

12-Июнь            2024
   6-Зулҳижжа   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Еслең, Биз Исрайыл әўладынан: «Аллаҳтан басқаға ибадат қылмайсыз, ата-анаға, ағайинлерге, жетимлерге, мискинлерге жақсылық етиң, адамларға жақсы сөз айтың, намазды кәмил оқың, зәкат бериң» – деп келисим алған едик. Кейин азғантайыңыздан басқаңыз (бул келисимнен) жүз бурып кеттиңиз.

Бақара сүреси, 83-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#сораў_жуўап

CОРАЎ: Қурбан ҳайытында қурбанлық қылмақшы едик. Жумада Имам ағамыз шаңарағында адам көп болса, қурбанлық гөшиниң ярымын алып қалса болады, деди. Сол дурыс па? Улыўма, шаңарақта адам көп болса, қурбанлық гөшиниң ҳәммесин алып қалса бола ма?

💬 ЖУЎАП: Қурбанлық қылыўшы инсан Аллаҳ тааланың разылығы ушын қурбанлыққа жарамлы ҳайўанды сойыўы менен ибадат орынланады. Оның гөшинен пайдаланыў екинши мәселе есапланады. Соған бола, үлкен шаңарақлар қурбанлық гөшиниң ҳәммесин өз шаңарағы ушын алып қалыўы мүмкин. Қурбанлық гөшиндеги ең абзалы оны 3 бөлекке бөлиў есапланады. Бир бөлегин тарқатады, бир бөлегин шаңарағына алып қалады ҳәм және бир бөлегин ағайин-туўғанлар, қоңсы-қоба ҳәм жақынларға зыяпат етип береди.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#пуқаралар_қабылы

📌Пуқаралар қабылы өткерилди.

     🔰Нөкис қаласы "Салмен ийшан" жаме мешитинде пуқаралар қабылы болып өтти. Қабыллаў даўамында пуқаралардың мүрәжәтлери тыңланып олардың сораўларына жуўаплар берилди ҳәм мәселелери қанаатландырылды.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер

11-МӘСЕЛЕ: Қурбанлықты биреўден зыяда қылыў мүмкин. Себеби, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәр жылы еки қошқарды қурбанлық қылар еди. Ҳудайбия питими күнинде жүз түйени қурбанлық еткен. Еки қойды қурбанлық қылса, ҳәр екеўи де қурбанлықтан есапланады. ("Муҳийти Сарахсий" китабы). Қурбанлыққа қымбат болса да, семиз ҳәм сыртқы айып-нуқсанлары болмаған қой (түйе, қарамал ҳәм ешки) сойылыўы тийис ("Ал-фәтәўа ал-Кубро").

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#жақсылық

Егер бир неъматқа ериссеңиз, яки басқа биреўде көрсеңиз "Мәә шәә Аллаҳ" деп айтың. (Аллаҳтың қәлеген нәрсеси болады).
Сонда, егер неъмат сизде болса ол мәңги ҳәм зияда болады. Егер неъмат басқа биреўде болса, Аллаҳ сизге оннан да жақсырағын береди.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Еслетпе #Қурбан_ҳайыты

Қарақалпақстан бойлап ҳәмме мешитлерде ҚУРБАН ҲАЙЫТЫ НАМАЗЫ 16.06.2024 күни саат 05:50 де оқылады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_ҳәдиси #ҳикмет

МҮТӘЖЛИК

     ​​Ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Кимге мүтәжлик жетсе, ол сол мүтәжлигин адамларға арз етсе, ол адамнан мүтәжлик кетпейди. Ким сол мүтәжлигин Аллаҳға арз қылса, тезде яки бираздан кейин оған Аллаҳ ырысқыны тезлетеди», - деди.
(Әбиў Даўыт ҳәм Термизий рәўияты. Термизий ҳасан ҳәдис, деди)

      Аллаҳ тааладан басқаға мүтәж емеслигиңди дәлиллей алсаң, Аллаҳ таала да сени басқаға мүтәж қылмаслығын дәлиллейди.
(Шамс Тәбрезий)

     Иймам Ғаззалий раҳимаҳуллаҳ: “Билиң! Инсан өзи ҳәм шаңарақ ағзаларын кисиге мүтәж қылмаўы ҳәм шаңарағына қатты керек нәрселерди алып бериўи ушын кәсип қылыў, яғный мийнет етиўи нәпил ибадатларынан абзал, ол Аллаҳ жолында жүрген инсан яңлы”, деген.

Не қәжетиң бар Аллаҳға айтқыл,
Дәртиңди ҳәр жақсы, жаман билмесин,
Бендеден сорама миннетли болар,
Өзинен өзгеге мүтәж қылмасын!

Тарқатың: http://t.me/Niyetuz
#қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйықлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».


Аллаҳтың зикринде болған инсан - жәннетке күлген ҳалында киреди.

Ибнул Қаййум раҳимаҳуллаҳ.

📿 СУБҲАНАЛЛОҲ!
📿 ӘЛҲӘМДУЛИЛЛАҲ!
📿 АЛЛОҲУ АКБАР!
📿 ЛӘ ИЛӘҲӘ ИЛЛАЛЛОҲ!

📿АЛЛООҲУММА СОЛЛИ ЪАЛӘӘ СӘЙЙИДИНӘӘ МУҲАММАД!

Қайырлы түн әзизлер!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
13-июнь күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 04:35
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:30
  ШАМ — 20:45
  ҚУПТАН — 22:35

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 02:35
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 21:00
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тилек

АССАЛАМУ АЛАЙКУМ, ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!

Аллаҳ таала күниңизди пайызлы;
Жүзиңизди нурлы;
Ден-саўлығыңызды беккем;
Таңыңызды берекетли қылсын!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң пийшемби күни

13-Июнь            2024
   7-Зулҳижжа   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_ҳәдиси
#Аллаҳ_ушын_жақсы_көриў

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Бир адам басқа аўылдағы бирәдарын көриўге барды. Аллаҳ оның жолына бир периштени қойады. Оның алдына келгеннен кейин, «Қайжерге баратырсаң?» деди. «Сонда аўылдағы бирәдаримдикине баратырман», деди. «Оның мойнына сен пайдасын көретуғын бир нәрсе барма?» деди. «Яқ, мен оны Аллаҳ талла ушын жақсы көремен», деди. «Сен оны Аллаҳ ушын жақсы көргениңдей, Аллаҳ да сени жақсы көрди. Мен Аллаҳтың саған соны жеткериў ушын жиберилген елшисимен», деди».

Имам Муслим рәўият қылған.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#зулҳижжа_ораза

ЗУЛҲИЖЖА АЙЫНДА ЗИКИРДИ КӨБЕЙТИРИҢ.

Абдуллаҳ ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Аллаҳ таала нәзеринде бир күн ҳәм ол күнлердеги әмел усы он күн (ҳәм оларда қылынған әмел)нен артық ҳәм Аллаҳға сүйикли емес. Солай екен, бул күнлерде тәҳлил, тәкбир ҳәм Аллаҳға ҳәмдлерди көбейтириң", деди.

Имам Аҳмад рәўияты.

📿Тәҳлил - Ләә иләәҳә илләллооҳ;
📿Тәкбир - Аллооҳу акбар;
📿Ҳәмд - Әлҳәмду лилләәҳ.


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌