NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.62K photos
593 videos
6.78K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
Зыяратшыларымыз Мәккә қаласында

«Ҳаж - 2024» мәўсиминде Ҳаж зыяратына кеткен жерлеслеримиз Мадина қаласынан Мәккә қаласына келди ҳәм бул жерде Умра ибадатын толық орынлады. Кейин ҳажыларымыз Мәккә қаласындағы барлық қолайлықларға ийе «SHUEAE HOTEL» мийманханасына жайласты. Бул жерде Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов ҳажыларымыз бенен "Ҳаж пазыйлетлери" ҳаққында сәўбетлести. Сәўбет даўамында ҳаж ибадатының пазыйлети, оның уллы ибадат екенлиги, бундай күнлерге жеткизгени ушын Аллаҳ таалаға шүкирлик етиў, бул мүбәрек орында ҳәр бир минутты ғәниймет билиў ҳәм оны ибадат пенен өткериўге өз алдына итибар қаратты. Сәўбет жуўмағында Аллаҳ тааладан зыяратшыларымыздың Мадина ҳәм Мәккә қалаларындағы муқаддес орынларда қылып атырған зыяратлары, ибадатларын қабыл етиўи, халқымыздың аманлығы, елимиздиң тынышлығы ҳәм пәраўанлығын сорап дуўалар қылынды.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мағлыўмат

ЗУЛҲИЖЖА АЙЫНДА ҚАНДАЙ ӘМЕЛЛЕР ОРЫНЛАНАДЫ?

"Зулҳижжа" сөзи қандай мәнисти аңлатады?
«Ҳаж ийеси» деген мәнисти билдиреди.

Зулҳижжа айы қандай ай?
Бул ай Аллаҳ таала урыс, қан төгиўди ҳарам қылған (Зулҳижжа, Зулқаъда, Муҳаррам, Ражаб) төрт айдың бири, ҳижрий-қамарий айдың ақырғы айы.

Зулҳижжа айы қандай пазыйлетлерге ийе?
Ҳаж ибадаты орынланатуғын, қурбанлық қылынатуғын, Арафа ҳәм Қурбан ҳайыты белгиленетуғын ай. Бул айда, әсиресе оның дәслепки он күнинде қылынған ибадатлар Аллаҳ таала ушын ең сүйкимли әмеллерден болып есапланады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Зулҳижжа айының он күниндеги әмелден көре абзалрақ әмел жоқ», деген. (Имам Ибн Ҳиббан рәўияты).

Бул айда тутылатуғын ораза еки жыллық гүналарға каффарат болады.

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Арафа күниниң оразасы өзинен алдынғы бир жыл ҳәм өзинен кейинги бир жылдың гүналарына каффарат болыўын Аллаҳтан үмит қыламан», деген. (Имам Муслим рәўияты).

Зулҳижжа айын Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қалай өткеретуғын еди?
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Зулҳижжа айының дәслепки тоғыз күнинде, Ашуро күнинде ҳәм ҳәр айдан үш күн – айдың әўелги дүйшембиси менен менен еки пийшембисинде – ораза тутатуғын еди. (Имам Аҳмад рәўияты).

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам еледе көбирек зикир қылатуғын еди ҳәм: «…Бул күнлерде таҳлил (Ләә иләәҳә иллаллаҳ Муҳаммадур Расулуллаҳ), тәкбир (Аллаҳу әкбар) ҳәм таҳмид (Әлҳәмдүлилләҳ) айтыўды көбейтиң!» дейтуғын еди. (Имам Аҳмад, Имам Байҳақий рәўияты).

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам усы дуўаны көп айтатуғын еди: «Ләә иләәҳә иллаллаҳу ўаҳдаҳу ләә шәәрийкә ләҳў, ләҳўл мүлкў ўә ләҳўл ҳәмдў ўә ҳүўә ъалә күлли шәйиң қодийр». (Имам Термизий рәўияты).


https://t.me/Niyetuz
#ҳикмет

САБАҚ

Ақырет уламалары сол исенимли болмағанынша, пәтўа бериўге асықпайды. Олар әмеллерди бузыўшы, қәлблерди кир қылатуғын, ўәсўәсаны қозғаўшы факторларды терең үйренеди. Әмеллердиң сүўрети аңсат, оларды пәклеў қыйын. Динниң негизи жаманлықтан сақланыў. Жаманлықты билмегенше, оннан сақланып болмайды.

«Руҳий тәрбия» китабынан



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#зулҳижжа_ораза

ЗУЛҲИЖЖА АЙЫ ОРАЗАСЫНЫҢ НИЙЕТИ ҚАНДАЙ?


АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ:
«Зулҳижжа айының бүгинги нәпил оразасын таң атқаннан күн батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллооҳу Әкбар».

АЎЫЗ АШАР ДУЎАСЫ:
«Бисмилләҳ. Аллаҳым, Сен ушын ораза туттым. Саған ийман келтирдим. Сениң ырысқың менен (ғана) ифтарлық қыламан. Солай екен, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл. Өзиң меннен қабыл қыл. Әлбетте, Сен оғада еситиўши ҳәм билиўшисең».

┉┅━❀🌺❀━┅┉

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#тилек #қайырлы_түн

🌙🤲🏻 АЛЛАҲЫМ!

🤲🏻 Түнимизди жақсылықлар түни қыл!
🤲🏻 Қәлблеримизди Өзиңнен қорқатуғынлар қәлбинен қыл!
🤲🏻 Әмеллеримизди тақўадарлар әмеллеринен қыл!
🌹 Жәннетиң менен ырысқыландыр!
🤲🏻 Әлемлер Рәббиси!

🍃🌹 Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам түслеримизге кирсин!

🌙ҚАЙЫРЛЫ ТҮН
!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
11-июнь күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 04:35
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:30
  ШАМ — 20:44
  ҚУПТАН — 22:35

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 02:35
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 21:00
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

☀️ ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!

🌿 Ассаламу алайкум. Ҳәптениң сийшемби күни мүбәрек болсын...

🌿 Басланған күниңиз әўметли келсин!

🌿 Жақсылықлар ҳәм жақсы инсанлар менен күн даўамында бирге болың!


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң сийшемби күни

11-Июнь            2024
   5-Зулҳижжа   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Аллаҳға ибадат қылың ҳәм Оған ҳеш нәрсени шерик қылмаң! Ал, ата-аналарға жақсылық қылың! Сондай-ақ, ағайин-туўысқанларға, жетимлерге, мискинлерге, ағайин қоңсыларыңызға, ағайин емес қоңсыларыңызға, қасыңыздағы жолдасларыңызға, жолаўшыларға (мүсәпирлерге) ҳәм қолыңыз астындағыларға (жақсылық қылың)! Әлбетте, Аллаҳ тәкаббыр, мақтаншақты жақсы көрмейди.

Ниса сүреси, 36-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Еслетпе #Зулҳижжа_айы

ЗУЛҲИЖЖА АЙЫНЫҢ ДӘСЛЕПКИ 10 КҮНИ

1. Зулҳижжа - 7.06.2024 | Жума

2. Зулҳижжа - 8.06.2024 | Шемби

3. Зулҳижжа - 9.06.2024 | Екшемби

4. Зулҳижжа - 10.06.2024 | Дүйшемби

5. Зулҳижжа - 11.06.2024 | Сийшемби

6. Зулҳижжа - 12.06.2024 | Сәршемби

7. Зулҳижжа - 13.06.2024 | Пийшемби

8. Зулҳижжа - 14.06.2024 | Жума

9. Зулҳижжа - 15.06.2024 | Шемби - Арафа күни

10. Зулҳижжа -
16.06.2024 | Екшемби - Қурбан ҳайыты



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мағлыўмат

Зулҳижжаның он күниниң пазыйлети:

– Аллаҳ таала Фажр сүресинде оның менен ант ишкен;

– Бул күнлер мәлим ҳәм атақлы күнлер. Аллаҳ таала оның атын шәриятқа енгизген;

– Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Бул күнлерди күнлердиң ең абзалы деп гүўалық берген;

– Ол күнлерде Арафа күни бар;

– Ол күнлерде қурбанлық күни бар;

– Ибадатлардың патшасы яғный ҳаж да ол күнлерде;



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Президент Шавкат Мирзиёев «Мүбәрек Қурбан ҳайытын белгилеў ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Қарарға бола, 2024-жылы Қурбан ҳайытының биринши күни 16-июнь – екшембиге туўра келиўи мүнәсибети менен елимизде 16-июнь Қурбан ҳайыты байрамы сыпатында белгиленеди.

Қурбан ҳайытының биринши күни дем алыс күнине туўра келиўи мүнәсибети менен бул дем алыс күни 17-июнь – дүйшемби күнине көшириледи, 18-июнь – сийшемби күни барлық хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни болады.

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға мүбәрек Қурбан ҳайытын халқымыздың миллий дәстүр ҳәм үрп-әдетлерине үнлес ҳалда өткериў ушын тийисли илажларды әмелге асырыў, ўатанласларымыз ушын мүбәрек Қурбан ҳайыты күнлеринде теберик ҳәм тарийхый зыярат етиў орынларына зыяратлаўды шөлкемлестириў мақсетинде қолайлы шараятлар менен имканиятлар жаратыў тапсырылды.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Ҳикмет

Қәлб кеселлиги алты нәрседен пайда болады:

1. Тәўбе үмитинде гүна қылабериў.
2. Әмел етпей илим алабериў.
3. Әмел еткенде де ықлассыз болыў.
4. Аллаҳтың ырысқысын шүкир қылмай жейбериў.
5. Аллаҳтың бөлистыргенине разы болмаў.
6. Өлилерди көмип ибрат алмаў.

Ҳасан Басрий раҳимаҳуллоҳ



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_ҳикмети

Егер туўры жолды билмесең, нәпсиңниң қәлеўине қарсы жүребер.
Себеби туўры жол қарама-қарсы жол.


Жалалиддин Румий қуддиса сирруҳу



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube