NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.61K photos
592 videos
6.77K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#дуўа

БӘЛЕНИ КЕТКИЗИЎДЕ ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

Анас ибн Малик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Аллаҳ таала бир бендесине, ҳаялына, перзентине бир неъмат берсе, ол:
«Мәә шәә Аллооҳу ләә қуўўата илләә билләәҳ» деп айтса, сол неъматларда өлимнен басқа бәлеге дус келмейди», деди.

Мәниси: Аллаҳтың қәлегени болады. Аллаҳдан басқа күш-қуўат жоқ.

Ибн Сунний рәўияты.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#жума_марузасынан
#әҳмийетли

📹 "ПАЙҒАМБАРЫМЫЗ САЛЛАЛЛАҲУ АЛАЙҲИ ЎА САЛЛАМ ЖАҚСЫ КӨРГЕН ӘМЕЛЛЕР".

🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱
    
🎤 Устаз Бахрамаддин Разов.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#аят

Ҳәй ийман келтиргенлер! Егер сизлерге жыйналысларда «(ортаны) кеңейтиң» – делинсе, онда кеңейтиң, Аллаҳ сизлерге де (керек ўақытта) кең орын береди, егер «турың» – делинсе, дәрриў турың! Аллаҳ сизлерден ийман келтиргенлерди ҳәм илим берилгенлерди (бәлент) дәреже (мәртебе)лерге көтереди. Аллаҳ ислеп атырған (бәрше жақсы ҳәм жаман) ислериңизден хабардар.

Мужадала сүреси, 11-аят.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#видео_ролик

«СУЎ АЛЛАҲ ТААЛАНЫҢ ҮЛКЕН НЕЪМАТЛАРЫНАН БИРИ»


🎤 ТӨРЕБАЕВ КАМАЛБЕК
Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити имам-найыбы.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Ҳәдис

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Кимниң кең ырысқысы болып, қурбанлық қылмаса, бизиң намаз оқыйтуғын жеримизге (мешитке) жақынласпасын", деди.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

«Ҳәр бир адам өзиниң кәсибин жақсы билиўи, жақсы тәрбия ҳәм жақсы минез-қулықлы пазийлетлерге ийе болыўы керек»

Әбиў Наср Фарабий

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Әлбетте, Аллаҳ таала ғәзеб қылады. Мөмин де ғәзеб қылады. Мөмин бенде Аллаҳ ҳарам қылған исти қылса, Аллаҳ тааланың ғәзеби келеди", деди.

Имам Бухарий рәўияты.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйықлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».

Қайырлы түн әзизлер!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
30-май күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 04:45
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:25
  ШАМ — 20:35
  ҚУПТАН — 22:20

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 02:45
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 20:50
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тилек

АССАЛАМУ АЛАЙКУМ, ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!

Аллаҳ таала күниңизди пайызлы;
Жүзиңизди нурлы;
Ден-саўлығыңызды беккем;
Таңыңызды берекетли қылсын!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң пийшемби күни

30-май            2024
21-Зулқаъда   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

Аллаҳға берген келисимин ҳәм антларын арзан баҳаға сататуғынларға ақыретте несийбе жоқ, Қыямет күни Аллаҳ оларға сөйлемейди де, қарамайды да, пәклемейди де. Оларға аўыртыўшы азап бар.


Әли Имрон сүреси, 77-аят.

┉┅━❀🌺❀━┅┉

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

📜10 ЕҢ ЗОР ТӘЎИП

- Қуяш нуры;
- Көп суў ишиў;
- Түнде жетерли уйқы;
- Ашық таза ҳаўа;
- Күнде ярым сағат пияда жүриў;
- Күнделикли туўры аўқатланыў;
- Пал;
- Седана;
- Қураны Карийм тилаўаты, (ол руҳтың азығы);
- Қанаат.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#мағлыўмат

Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам инсанлардың ең уллысы!

«Егер адамлардың уллылығы оның ислеген ислерине, ерискен утысларына, имканияты аз болсада, көп ис қылғанына қарап баҳаланатуғын болса, Муҳаммад алайҳиссалам инсанлардың ең уллысы. Муҳаммад алайҳиссалам, Пайғамбар, натық, даўатшы, әскербасы, қәлблер қорғаўшысы, идеялар шақырыўшысы, имам-баслық, жер жүзиниң көп жерлеринде исламый салтанат қурған Муҳаммад алайҳиссалам әне сондай инсан еди! Оған ҳеш қайсы уллы инсан теңлесе алмайды! Қалайынша ол өлшеўлерге сыя алса?!»

✍️Францияның атақлы алымы Ламартин



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет #сүннет

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннетлери!

• Ҳәр исти басласаңыз «Бисмиллаҳ» дең.
• Нийет қылсаңыз «иншәә Аллооҳ.» дең.
• Бир нәрсеге таңлансаңыз «Субҳаанәллооҳ» дең.
• Мақтасаңыз «Мәшәә Аллооҳ» дең.
• Раҳмет айтсаңыз «Жәзәкәәллооҳ» дең.
• Өкинсеңиз «Астағфируллооҳ» дең.
• Гүзетсеңиз «Фий әмәәниллаҳ» дең.
• Берсеңиз «Фий сабийлиллаҳ» дең.
• Өлимди еситсеңиз «Иннәә лиллаҳ» дең.
• Түшкирсеңиз «Алҳамдулиллаҳ» дең.
• Қыйыншылық келсе «Я Аллоҳ» дең!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳаж_сүннетлери

ҲАЖДЫҢ СҮННЕТЛЕРИ

1) Эҳрамғa киpиў yшын ғycыл қылыў.

2) Эҳрамғa киpиў ўақтындa хошийисли нәрселерди сүртиў;

3) Ләббәйкә aйтыў;

4) тaўапул-қудум қылыў;

5) тaўап ўақтында жeти мәpте үзликcиз aйлaныў;

6) caъйдың жети мәpте барып-кeлиўин избе-из қылыў;

7) caъйдa тaҳәpaтлы болыў;

8) Аpaфa түнинде Mинадa жатып қалыў;

9) Биринши тас ылықтырғаннан кeйин қypбанлық сойыў;

10) Тас ылықтырыўды түнге қалдыpмаў;

11) Тaшpиқ түнлери Mинадa жатыў.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#жума #салаўат

САЛАЎАТ АЙТЫҢ!

Пийшемби күниниң шам ўақтынан баслап жума күниниң шам ўақтына шекем болған ўақыттың ҳәр бир секунды сол дәрежеде көп жақсылықлар ғәзийнесине толтырылған, олардың қанша екенин тек ғана Аллаҳтың өзи биледи. Әне сол имканяттан үнемли пайдаланып Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға көп – көп салаўат айтайық!

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
"Маған жума күни көп салаўат айтың. Себеби маған ҳәр жума үмметимниң маған айтқан салаўатлары көрсетиледи. Ким маған көп салаўат айтқан болса, (қыяметте) маған ең жақынлардан болады", – деген.

Байҳақий рәўияты.

🌿Аллооҳуммә солли ўә сәллим ўә бәәрик ъаләә Муҳаммад ўә ъаләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн!

🌿Аллооҳумма солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммад!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тилек #қайырлы_түн

🌙🤲🏻 АЛЛАҲЫМ!

🤲🏻 Түнимизди жақсылықлар түни қыл!
🤲🏻 Қәлблеримизди Өзиңнен қорқатуғынлар қәлбинен қыл!
🤲🏻 Әмеллеримизди тақўадарлар әмеллеринен қыл!
🌹 Жәннетиң менен ырызқландыр!
🤲🏻 Әлемлер Рәббиси!

🍃🌹 Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам түслеримизге кирсин!

🌙ҚАЙЫРЛЫ ТҮН
!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
31-май күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 04:45
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:25
  ШАМ — 20:36
  ҚУПТАН — 22:25

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 02:45
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 20:50
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#зикир

ЖУМА ТАҢЫНДА

Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким жума күни таң намазынан алдын:
"Әстағфируллоҳ әлләзий ләә иләәҳә иллә ҳуўәл ҳаййул қоййум ўә әтуўбу иләйҳ",
деп үш мәрте айтса, Аллаҳ таала оның гүналарын теңиз көбигиндей көп болса да, кеширип жибереди", деди.

Мәниси: Ҳай (тири) ҳәм қоййум (ҳәмийше бар) болған Заттан басқа иләҳ жоқ ҳәм Оған истиғфар айтаман, Оған тәўбе қыламан).

Ибн Сунний рәўияты



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube