NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.67K subscribers
6.29K photos
570 videos
6.46K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#тәрбия

Бир алымнан: «Неге Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мақталғанда шайқатыла бересиз?» деп сорады.
Ол: «Буны Уҳуд таўынан сора!» деп жуўап берди.

Түсиндирме: Бир күни Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Әбиў Бәкир, Умар ҳәм Усман разыяллаҳу анҳум менен бирге Уҳуд таўына көтерилди. Сонда Уҳуд таўы силкине баслады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оған «Тыныш тур» дегенинен кейин силкиниўден тоқтады. Уламалар сол сәттеги Уҳудтың силкиниўине себеп, ол Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам үстинде турғаны ушын қуўанғанынан ойнап жиберген, дейди.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тәрбия

Дуўада ата-анаңды умытпа!

Бир Шайхтың алдына шәкиртлеринен бири келип:
— Устаз, дуўаларым қабыл болмай атыр неге бундай болып атыр екен? — деп сорады... Шайх:
— Ата-анаң бар ма? — деп сорады.
Шәкирт жигит:
— Аўа бар, Аллаҳқа шүкир ата-анам тири...
Шайх күлип:
— Мен сеннен ата-анаң тири ме деп сорамадым. Ата-анаң бар ма? Қылып атырған дуўаларыңда ата-анаң да бар ма? - деп сорадым.
Шәкирт басын ийип:
— Яқ, ата-анамды дуўаларымда зикир қылмас екенмен - деп, не ушын дуўалары әмелге аспай атырғанын аңлап, шайхтың алдынан шығып кетипти.

Әзизлер, ата-анамыз тири болса да, қайтыс болған болса да олардың ҳақларына жақсы дуўалар қылыў мәжбүриятымыз бар. Соны ҳеш ўақыт умытпайық!
Ҳәммемиз ата-аналарымыз разы болатуғын перзентлерден болыўымызды Аллаҳ несип етсин!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тәрбия

Қыйын жағдайда қалған жақыныңыз сизден жәрдем сорап келиўин күтпең. Алдыннан аңлап, алдына алдынлаў өзиңиз барың.
Қолыңыз бос болса, ҳеш нәрсеңиз болмаса да меҳрийбан жүрегиңизди көтерип барың. Саўаптан қуры қалмаң.
     Бир мүриўбет көрсетсеңиз, бир неше есе сыйлық аласыз. Оны жибериўши Жаратқан!
Бирақ, соны қулағыңызға қуйып алың, бул сыйлықтан сизди бир демде айыратуғын иллет бар. Оның аты миннет!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет #тәрбия

Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу айтады:

Үш нәрсе ҳаққында көп ойға талма:

1. Жарлылық ҳаққында ойлама, өйткени ғамың көбейип кетеди. Бундай ғам адамды ашкөз етип қояды.

2. Саған зулым еткен адам ҳаққында ойлама, өйткени қәлбиң ғәзепке толып, душпаншылығың күшейип, қәҳир-ғәзебиң даўамлы болып қалады.

3. Дүньяда узақ қалыў ҳаққында ойлама, өйткени мал-дүньяға қызығып, өмириңди зая етесең ҳәм жақсы ислерди артқа сүресең.


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тәрбия

ЗӘЙИД ИБН ӘЛИЙДИҢ НӘСИЯТЛАРЫ!

✏️Тилек ҳәм қалеўлериңизди сақлаң. Аллаҳ таала берген немъатлардан гүна ислерде пайдаланбаң!

✏️Жақсы қоңсы үйиңе берекет алып келеди.

✏️Жасырын садақа мал-мүлкиңизди көбейтеди.

✏️Жалқаў болма. Егер сондай қылсаң, желкеңдеги жүкти умытасаң.

✏️Турпайы болма, Аллаҳ тааланың буйырған ҳүкмине сабырсызлық қылған боласаң.

✏️Саған душпан болғаны ушын ақыллы инсаннан узақласқаның киби саған дос болған наданнан да узақлас. Надан адам күнлер келип саған пәнт береди. Ал, ақыллы душпан саған дузақ таслайды.

✏️Инсанлар менен жағаласыўдан узақ жүр. Бул исиң менен бир келиспеўшиликтиң алдын алған боласаң.

✏️Саған гүналардан тыйылыўды кеңес беремен. Аллаҳ таала да тақўалы бенделерин жақсы көреди ҳәм олар ырысқысын таба алмай жүргенде, олардың ырысқысын күтпегенде мол қылып береди.

✏️Илим үйренип атырғанда, сол алған илимиңиздиң нурынан басқалар да пайдаланыўына руқсат бериң.

✏️Илим ҳәр дайым итибар беретуғын нәрсеңиз болсын. Себеби, ибадаттың басы ҳәм динниң сүтини илим есапланады.


https://t.me/niyetuz
#тәрбия

Кәмбағаллық, мүтәжлик ҳәм қәстелик себеплери ҳаққында

1. Мийманға унамсыз мүнәсибетте болыў.

2. Қураны кәриймди таҳәратсыз услаў.

3. Бисмилләҳ айтпай тағам жеў.

4. Тик турып тағам жеў.

5. Ыдыс табақты таза ҳәм пәк тутпаў.

6. Қолды жуўмай аўқатланыў.

7. Намазды қаза қылыў.

8. Мешитте дүньялық сөзлерди айтыў.

9. Уллы адамларға, жасы үлкенлерге ҳәм алымларға ҳүрметсизлик етиў.

10. Босағада отырыўға әдетлениў.

11. Нәмәҳрам ҳаялларға шаҳўат нәзери менен қараў.

12. Жалған сөйлеў.

13. Таң мәҳәли уйықлаў.

14. Шамнан кейин уйқылаў.

15. Жалаңбас ҳәжетханаға кириў.

16. Ҳәжетханада сөйлесиў.

17. Ҳаялы менен жәнжеллесиў.

18. Пақырды кемситиў.

19. Жалғанға муҳаббат қойыў.

20. Ҳәўиз яки ғусылханаға киши дәрет қылыў.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рәўият #тәрбия

АНАҒА БОЛҒАН ҲҮРМЕТТИҢ ЕҢ ЖОҚАРЫ ҮЛГИСИ

Даўыт ибн Қайстан рәўият қылынады:
«Бир адам маған хабар берди. Әбиў Ҳурайра азанда үйинен шықпақшы болса, кийимлерин кийип, анасының алдына келип:
«Ассаламу алайкум, анажан ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳ! Мени кишкенелигимде
тәрбия қылғаныңыз ушын Аллаҳ сизди жақсы сыйлықласын!» – дер еди.
«Балам, қартайғанымда маған жақсылық қылғаның ушын сени де Аллаҳ жақсы сыйлықласын!» – дейтуғын еди анасы.
Кейин шығатуғын еди. Қашан қайтса, және соған уқсаған гәпти айтар еди».

Мине, перзент пенен ананың арасында болатуғын мүнәсибеттиң үлгили бир көриниси. Уллы саҳаба, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның медресесин питкерген Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу ананы ҳүрмет қылыў бойынша дүньядағы бәрше перзентлерге үлгили сабақ өтпекте.


«Ҳәдис ҳәм турмыс» китабынан



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/niyetuz
​​#тәрбия

Айырым әкелер баласына болған муҳаббатын "сандық"ларда жасырып сақлайды.

Айырым әкелер өз перзентлерин жақсы көреди, бирақ өз муҳаббатын баласына билдириўди билмейди ямаса қорқады. Көпшилик әкелер балаларына меҳир көрсетиўдиң кереги жоқ деп ойлайды. Оларға көрсетип атырған ғамхорлығымыздан билип алады деп ойлайды. Бул – қуяштың нурысыз да өсимлик өседи деўге уқсайды. Дурыс, қуяштың нурысыз да өсимлик өсиўи мүмкин. Бирақ, бул өсимликтиң бойы пәс, денеси әззи, мүйўесиз болып өседи.
Бундай пикирлеў бала тәрбиясындағы қәтеликтиң өзеги есапланады. Егер сиз балаңызға жақсы көриўиңизди билдирмесеңиз, ол "жақсы көриў" деген туйғыны билмей өседи. Әсиресе, жас балалар ата-аналарының оларға деген муҳаббаты жоқ екенлигиниң хабарын сезиндиреди. Соның ушын олар: "Сиз де мени жақсы көресиз бе?" деген сораўды қояды. "Аўа, мен сени жақсы көремен, балам" деген гәпиңиз ол ушын жетерли емес. Ол ата-анасы ушын ең жақын инсан екен еситиўди қәлейди. Оларды еркелетип сүйиў, басын сийпаў, қолын услап сийпалаў ямаса баласының желкесине қолын қойып: "сен зорсаң!" деп айтыў да, сизиң ол ушын қәдирли екениңизди билдирип қояды.



https://t.me/niyetuz
#күн_аяты #тәрбия

Аллаҳ таала Ясин сүресиниң 7-аятында: «.. Олардың гәпи сени қапа қылмасын...», деп айтқанында адамлар арасында сөзлери тек азар жеткериўден ибарат адамлар болыўын билген.
Аллаҳым, олардың жаманлығынан Өзиң сақла!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #тәрбия

Аз ҳәм саз сөйле

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: "Ким Аллаҳқа ҳәм ақырет күнине ийман келтирген болса, жақсы гәп айтсын ямаса тыныш турсын", - деди».

Бухарий, Муслим, Әбиў Даўыт, Термизийлер рәўият қылған.

Бабаларымыз аз сөйлеўди, көп пикирлеўди, сөйлегенде де, тек зәрүр, рас, пайдалы сөзлерди сөйлеўди, сөзди ысырап етпеўди әдет қылған, басқаларды да соған шақырған. Егер ақыл адамлардың гәп сөзлериниң муғдары бойынша өлшенгенде, адамлардың ең ақыллысы олардың ең көп сөйлейтуғынлары болар еди.

Бирақ әлбетте, ондай емес.

Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳу: “Аўзыңа қарағанда қулақларыңды көбирек ислет. Аз сөйлеп көп тыңлаўың ушын саған бир аўыз, еки қулақ берилген», - деп айтады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube