NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.67K subscribers
6.29K photos
570 videos
6.46K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#Ҳәдис

Қол берип сәлемлесиў

Баро ибн Азиб разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Еки мусылман ушырасқанда қол берип көриссе, олар бир-биринен ажыралыўынан алдын әлбетте мағфират қылынады», деди».

Әбиў Даўыт ҳәм Термизий рәўият қылған.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #дуўа

ҲӘММЕ ЖАҚСЫЛЫҚЛАРДЫ ӨЗИНДЕ ЖӘМЛЕГЕН ДУЎА

Әбиў Умама разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам жүдә көп дуўалар менен Аллаҳға жалбарынатуғын еди. Ал, биз оннан ҳеш биреўин ядлап қала алмайтуғын едик. Сонда мен: «Я Расулуллаҳ, көп дуўалар менен жалбарынасыз. Биз олардан ҳеш бирин ядлай алмаймыз», десем, Ол: «Әне сол дуўалардың бәршесин өзинде жәмлеген дуўаны үйретейин бе? Ол:
«Аллооҳуммә инний әс-әлукә мин хойри мәә сә-әләкә минҳу нәбийюкә Муҳаммадун саллаллаҳу алайҳи ўасаллам. Ўә нәъуўзу бикә миң шәрри мәстаъаазәкә минҳу нәбийюкә Муҳаммадун саллаллаҳу алайҳи ўасаллам. Ўә әнтәл мустаъаан. Ўә ъалайкәл балағ. Ўә ләә ҳаўлә ўә ләә қуўўәтә илләә билләҳ», деди».

Мәниси: Аллаҳым нәбийиң Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам сораған нәрселердиң жақсысын Сеннен сорайман. Ҳәм нәбийиң Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам пана сораған нәрселердиң жаманынан пана сорайман. Ҳәм Сен жәрдем соралыўшысаң. Жетиклик Саған. Аллаҳтан басқа өзгертиўши ҳәм қуўат жоқ.

Имам Термизий рәўияты.



https://t.me/niyetuz
#ҳәдис

Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Ким Аллаҳтың китабынан бир ҳәрип оқыса, оған бир жақсылық жазылып, ол он есе көбейтириледи. Мен "Алиф, ләм, мийм" ди бир ҳәрип демеймен. Бәлки "әлиф" бир ҳәрип, "ләм" бир ҳәрип ҳәм "мийм" бир ҳәрип", деди.

Имам Термизий рәўияты.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

Палкерге барыў – үлкен гүна

Айша анамыз разыяллаҳу анҳа инсанлар ертең
не болыўын билмеўин баян етип, былай деген:
“Ким саған ертең не болыўынан хабардар екенин айтса, оғада үлкен өтирик тоқыпты” деди ҳәм “Бирде-бир жан ертең не ис қылыўын билмейди” деген аяты кәрийманы оқыды.
(Имам Бухарий ҳәм Имам Муслим рәўият қылған).

Демек, “ертең пәлен болады”, “саған пәлен хабар келеди” сыяқлы енди болатуғын ислерден хабар берген кимсе нағыз өтирикши, кәззаб ҳәм айтылған аяты кәриймаға ашық-айдын қарсы шыққан болады.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан палкерлерге барыў ҳәм оларға исениўден қайтарыўға тийисли көплеген ҳәдислер келген, солардан:
“Ким палкерге барып, бир нәрсе ҳаққында сораса қырқ кеше күндиз оқыған намазлары қабыл қылынбайды”.
(Имам Муслим рәўияты).

Басқа бир ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай деген:
“Ким палкерге ямаса болжаўшыға барса ҳәм оның айтқан гәпин тастыйқласа, Муҳаммадқа нәзил болған нәрсеге кәпир болыпты”.

(Имам Термизий рәўияты).

Демек, жоқарыдағы ҳәдислерден мусылман адам палкерге барып бир нәрсе ҳаққында сораўының өзи менен қырқ күнлик намазы қабыл болмаўы, дуўалары қабыл болмаўы, набада палкер айтқан нәрсеге исенсе ийманына кемтик жетиўи мәлим болып атыр.



https://t.me/niyetuz
#ҳәдис

     Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
     "Мөмин мөминге ғәзепленбесин, егер оның бир минези унамаса, басқасы унайды", деди.

Имам Мүслим рәўияты.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #тәрбия

Аз ҳәм саз сөйле

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: "Ким Аллаҳқа ҳәм ақырет күнине ийман келтирген болса, жақсы гәп айтсын ямаса тыныш турсын", - деди».

Бухарий, Муслим, Әбиў Даўыт, Термизийлер рәўият қылған.

Бабаларымыз аз сөйлеўди, көп пикирлеўди, сөйлегенде де, тек зәрүр, рас, пайдалы сөзлерди сөйлеўди, сөзди ысырап етпеўди әдет қылған, басқаларды да соған шақырған. Егер ақыл адамлардың гәп сөзлериниң муғдары бойынша өлшенгенде, адамлардың ең ақыллысы олардың ең көп сөйлейтуғынлары болар еди.

Бирақ әлбетте, ондай емес.

Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳу: “Аўзыңа қарағанда қулақларыңды көбирек ислет. Аз сөйлеп көп тыңлаўың ушын саған бир аўыз, еки қулақ берилген», - деп айтады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

ҚАЙСЫ НӘРСЕДЕН ЖАСАЛҒАН ЖҮЗИКЛЕРДИ ТАҚСА БОЛАДЫ?

Ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам алтыннан жүзик тағып, оның көзин алақаны тәрепке қаратып алды. Оған «Муҳаммадур Расулуллаҳ» сөзлериниң нағысын салдырды. Адамлар да Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сыяқлы алтыннан жүзик тағыўды баслады. Расулуллаҳ адамлардың алтыннан жүзик таққанын көргеннен соң өзиниң жүзигин шешип қойды да, буны енди тақпайман, деди. Кейинирек гүмистен жүзик таға баслады. Адамлар да гүмис жүзик таға баслады». Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтты: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан соң ол жүзикти Әбиў Бәкир, соң Умар, соң Усман разыяллаҳу анҳумлар Арийс қудығына түсип кетемен дегенинше тақты». Муттафақун алайҳ.

Аҳмад ибн Ҳанбалдан жүзик тағыўда сүннет не? деп соралғанда, ол: «Қәўимниң жүзиклери тек гүмистен болар еди», деди. (Ал-Маусуъатул фиқҳия. Т.11. – Б. 25).
Жүзик делингенде тийкарынан оның сақыйнасы нәзерде тутылады. Соған бола сақыйнасы гүмистен болып, көзи қымбат баҳалы таслардан жасалған жүзикти тағыў дурыс болады.

https://t.me/niyetuz
#ҳәдис

ӨТИРИКШИ, ДЕП ЖАЗЫЛАСАҢ!!!

Абдуллаҳ ибн Әмир разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам үйиме келгенде анам мени шақырып:
- Берман кел, саған бир нәрсе беремен, деди.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
- Оған растан бир нәрсе бережақсаң ба? - деди.
Анам:
- Хурма бережақ едим, - деди.
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
- Билип қой, егер ҳеш нәрсе бермегениңде, өтирикши деп жазылып қалар едиң, - деди»...

Айырымлар жас балалар еле түсинбейди, деген ойда оларға көп өтирик сөйлейди. Нәбий алайҳиссалам бизлерди бул ҳәдисте усындай өтирик сөзлерден қайтарып атыр. Бул да әдеттегидей өтирик сөз бенен бирдей болады екен.




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/niyetuz
#ҳәдис #тәрбия

ИЛИМ ҲАҚҚЫНДА

Илим еки нәрсе арқалы зыяда болады.
1. Илимге әмел қылыў арқалы.
Ҳәдисте:
“Ким илимге әмел қылса, Аллаҳ таала оған билмеген нәрселерин де билдирип қояды”, делинеди.

Демек, илимге әмел қылыў менен билмеген нәрселеримизди де билиўге ерисемиз.

2. Тақўа арқалы.
Гүналардан сақланыў ҳәм тақўа қылыў да илим зыяда болыўына себеп болады. Буның дәлили сыпатында Аллаҳ таала Қураны Кәриймде былай деген:
«Аллаҳтан қорқың! Аллаҳ сизлерге тәлим береди»

(Бақара сүреси, 282-аят)



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

Истиғфардың пазыйлети

«Әбиў Ҳанифа раҳматуллаҳи алайҳи Жабир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады:
«Ансарийлерден бир киси Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның алдына келип:
«Ҳәй Аллаҳтың Расулы! Маған перзент неъматы берилмеди. Мениң перзентим жоқ», – деди.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Сен истиғфар ҳәм садақаны көп қылмайсаң ба? Мине, солар себепли сен перзент көресең», – деди.
Соннан соң жаңағы киси көп садақа беретуғын ҳәм көп истиғфар айтатуғын болды ҳәм тоғыз ул көрди».

«Имам Аъзам» китабынан



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube