NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.67K subscribers
5.91K photos
535 videos
6.08K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#ҳәдис

АДАМЛАРДЫҢ МҮТӘЖЛИГИН ПИТКЕРИЎДИҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

Абдуллаҳ ибн Умар разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады: «Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Сондай бенделер бар, Аллаҳ таала оларды адамлардың мүтәжлигин питкеретуғын етип жаратты. Адамлар оларға өз қәжетлерин айтады. Әне солар Аллаҳтың азабынан аманда”, – деди».
Әбиў Нуъайм ҳәм Қузаъий рәўияты.

Абдуллаҳ ибн Аббастан рәўият қылынады: «Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Ким мусылман бирәдарының қәжети ушын ҳәрекет етсе, оны әмелге асырса да, асыра алмаса да, Аллаҳ таала оның өткен ҳәм алдағы гүналарын мағфират қылады. Оған еки нәрсе: дозақ ҳәм еки жүзлиликтен қутылыў жазылады”, – деди».



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы пайтахтымыздағы «Сәлмен ийшан» мешитинде Жума намазын оқыды

Жума ибадаты мүнǝсибети менен бǝрше мешитлерде қолай шараятлар ҳǝм имканиятлар жаратылған. Жума намазлары оқылмақта, емин-еркин ибадатлар қылынбақта. Бул ǝлбетте, Аллаҳ тааланың биз бенделерине берген уллы неъматлары.
Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы тәрепинен ҳәр ҳәпте берилетуғын тезиси тийкарында Жума намазларында имам-хатиблеримиз тǝрепинен мешитлерде диний-мǝрипий мазмунда сǝўбетлесиўлер ѳткерилмекте.
Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов пайтахтымыздағы «Сәлмен ийшан» мешитинде болып, «Зулым ҳәм зорлық – қайтарылған әмеллерден» темасында баянат жасады. Баянаты даўамында елимиздеги тынышлықтың қәдирине жетиў, жаслар тәрбиясы, социаллық тармақлардан мақсетли пайдаланыў, экстремизм, терроризм ҳәм миссионерлик ҳәрекетлерине шек қойыў. Сондай-ақ, диний тараўдағы унамлы ѳзгерислер, әмелге асырылып атырған кѳплеген қайырлы ислердиң бүгинги күнде ѳз нәтийжесин бериўи ҳаққында мысаллар менен айтып ѳтти.
Жума намазынан соң Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы ҳǝм қǝтержамлығын сорап дуўалар қылды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#дуўа

АТА-АНАНЫҢ ҲАҚҚЫНА
ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА🤲


«Я Рәббим! (Олар) мени нәрестелигимде тәрбиялағанындай, Сен де оларға рейим қыл»

Исро сүреси, 24-аят.

Оқылыўы: «Рәббир-ҳәмҳумәә кәмәә раббәяний сағийраа»

┉┅━❀🌺❀━┅┉

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Алым инсанлардан бири былай деген екен:

"Тарийхта жасап өткен салиҳ инсанлар өмирине нәзер салғанымда: "Олардың саатлап Қуран оқып, илим менен шуғылланғанын көрип, сабыры қалайынша буншелли күшли болған", деп ҳайран қалар едим.

Ҳәзирги күнге келип телефонлардың ишине кирип кетип, саатлап отыратуғын инсанларды көргенимде, түсиндим, қәлбге қайсы бир нәрсе жақса, инсан оннан ҳеш шаршамас, зерикпес екен...".



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйқлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».


Аллаҳтың зикринде болған инсан - жәннетке күлген ҳалында киреди.

Ибнул Қаййум раҳимаҳуллаҳ.

📿 СУБҲАНАЛЛОҲ!
📿 ӘЛҲӘМДУЛИЛЛАҲ!
📿 АЛЛОҲУ АКБАР!
📿 ЛӘ ИЛӘҲӘ ИЛЛАЛЛОҲ!

📿АЛЛООҲУММА СОЛЛИ ЪАЛӘӘ СӘЙЙИДИНӘӘ МУҲАММАД!

Қайырлы түн әзизлер!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#видео_ролик

«АЛЛАҲЫМ ПАЙДАЛЫ ЖАЎЫН ҚЫЛ»

👆әлбетте көриң ❗️❗️❗️

🎤 ТӨРЕБАЕВ КАМАЛБЕК
Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити имам-найыбы.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
18-май күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 05:00
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:15
  ШАМ — 20:25
  ҚУПТАН — 22:05

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 02:50
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 20:35
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

🌤 Ассаламу Алайкум! Және бир таң мүбәрек болсын!

☀️ ☀️ ☀️

Қәлбиңиз ийманға
Үйиңиз қуўанышқа
Жүзиңиз нурға
Күниңиз қайырлы ҳәм жақсы әмеллерге толы болсын.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң шемби күни

18-май            2024
9-Зулқаъда   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят_дуўа

Я Рәббим! Мени ҳәм зүрядымды (көп перзентлеримди) намазды кәмил оқыйтуғын қыл Я Рәббим! Дуўамды қабыл ет!

Ибраҳим сүреси, 40-аят.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
НЕГЕ КӨП ДУЎА ҚЫЛМАЙ ҚОЙДЫҢЫЗ?!
ЕСИКТИ ҚАҚПАЙ АШЫЛЫЎЫН КҮТИЎШИЛЕРДЕН БОЛМАҢ!


• Рәббим! Егер кеширимиң гүналарды өширип жиберсе, дос тутыўың қандай екен?!

• Рәббим! Егер дос тутыўың қәлблерди пәкизе етсе, муҳаббатыңа ерисиў қандай екен?!

• Рәббим! Муҳаббатың ақылларды лал қалдырса, Өзиңе жақын алыўың қандай екен?!

• Рәббим! Егер Өзиңе жақын алыўың тәшўишлерди жоқ қылса, Өзиңе нәзер салыў қандай екен?!

• Рәббим! Сеннен бизлерди кешириўиңди, Өзиңе дос тутыўыңды, муҳаббатыңа ылайық болыўды, Өзиңе жақын алыўыңды ҳәм Ўәжҳиңе нәзер салыў ләззетине еристириўиңди соранамыз!

• Рәббим! Бизлерди жәннетиңе садықлардан қыл!
• Әмийн!

Дуўа қылыўшы әмелге асыўын күтиўи сүннет. Сораўы бир ибадат болса, күтиўи басқа бир ибадат.
• Шайх Муҳаммад ибн Ибраҳим раҳимаҳуллаҳ.

Саҳабалардан бири, ҳәзирети Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳудан сорапты:
— Гүнаға батып кеттим, дуўа қылың!
Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу:
— Ҳәй Рәббим! Бир гүнакар екиншисинен дуўа сорамақта.
Екеўин де кешир! - деп дуўа қылыпты.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

ҒЫЙБАТ УШЫН ҲӘДИЯ

Ҳасан Басрийға:
- Бир адам сени ғыйбат қылды, - деди. Ол дәрриў ғыйбат қылған адамға бир табақ қурма жиберди. Ол адам қурманы ала сала Ҳасан Басрийдиң алдына келди ҳәм:
- Мен сизди ғыйбат қылған болсам да, сиз маған бир табақ қурма жиберипсиз, буның себеби не? - деди.
Ҳасан Басрий оған:
- Сен маған жақсылық жиберген екенсең, мен орнына қурма жибердим, - деп жуўап берди.

Демек, ғыйбат қылынған адамға жақсылық, ал ғыйбат қылыўшысына болса зыян ҳәм бәле-апат келтиреди.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #дуўа

КҮШЛИ САМАЛ БОЛҒАНДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам егер қатты самал болса:
"Аллооҳуммә инний әсәлукә хойроҳәә ўа хойро мәә фийҳәә ўә хойро урсиләт биҳи ўа аъуўзу бикә мин шәрриҳә ўа шәрри мәә фийҳәә ўа шәрри мәә урсиләт биҳи", деп айтатуғын еди.

Мәниси: Я Рәббим, Сеннен оның жақсысын, ондағы жақсылықты ҳәм ол менен жиберилген нәрсениң жақсысын сорайман. Я Рәббим, Сеннен оның жаманлығынан, ондағы жаманлықтан ҳәм ол менен жиберилген нәрсениң жаманлығынан пана сорайман.

Имам Муслим рәўияты.

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Самал бенделерге жиберилген мийрим. Базыда ол мийрим менен келеди базыда азап пенен. Егер самал ессе, оны сөкпең. Аллаҳтан оның жақсысын сорап, жаманлығынан пана тилең", деди.

Әбиў Даўид ҳәм Ибн Можа рәўиятлары

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#зикир

«ЛӘӘ ҲАЎЛӘ ЎӘ ЛӘӘ ҚУЎЎӘТӘ ИЛЛӘӘ БИЛЛӘӘҲ» КӘЛИЙМАСЫН КӨП АЙТЫЎ

Имам Табараний Уқба ибн Амир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Кимге Аллаҳ неъмат берсе ҳәм ол бул неъматтың өзинде даўамлы болыўын қәлесе, «Ләә ҳаўлә ўә ләә қуўўәтә илләә билләәҳ»ти көп айтсын», деген.

Имам Табараний ҳәм Ҳаким Әбиў Ҳурайра разыяллуҳу анҳудан рәўият қылады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким «Ләә ҳаўлә ўә ләә қуўўәтә илләә билләәҳ»ти айтса, тоқсан тоғыз дәртке даўа болады. Олардың ең жеңили ғам», деген.

Ибн Әбиў Дүнья Асад ибн Ўадаъадан рәўият қылады. Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким ҳәр күни жүз мәрте «Ләә ҳаўлә ўә ләә қуўўәтә илләә билләәҳ»ти айтса, оған кәмбағаллық жетпейди», деген.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Инсан ашыўланғанын билдириў ушын, жетерли дәрежеде парасаты болмаса, тәрбиясыз сөзлерден пайдаланады. Бирақ, бул сөзлер оның ақылы пәс екенин көрсетеди.

Ал, ақыллы инсанлар бундай әдепсиз сөзлерди қолланбайды, себеби буны өз ақылын жерге урыў, деп биледи.




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#жума_марузасынан
#әҳмийетли

🔹 Тема: "Болған ўақыя: Зулым көрген адамның дуўасы".

🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱
    
🎤 Устаз Бахрамаддин Разов.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM