NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.62K photos
592 videos
6.77K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#аят

Жер бетинде тәкаббырлық етип жүрме! Себеби, сен (аяғың менен) жерди тесе алмайсаң, узынлықта таўға жете алмайсаң!

Исро сүреси, 37-аят.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат


Салаўат айтыўдың қандай пазыйлетлери бар?


1⃣.Салаўат айтыў қызғаншақлықтан узақ қылады.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Алдында тилге алынсам, маған салаўат жолламаған адам қызғаншақ”, – деди.
(Имам Термизий, Имам Аҳмад рәўияты).

* * *

2⃣.Салаўат айтыў дуўа қабыл болыўының негизи.
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Ҳәр бир дуўа Пайғамбарға салаўат айтылмағанша, аспан ортасындағы перде себепли жерде тоқтап турады, салаўат айтылса, сол перде көтериледи”, – деди.

* * *

3⃣.Салаўат айтыў Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның шәпәәтлерине найыл еристиреди.
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Маған жума күнинде ҳәм жума түнинде көп салаўат айтыңлар, ким солай етсе, мен оған Қыямет күни гүўа ҳәм шәпәәтши боламан”, – деди.
(Имам Байҳақий рәўияты).

* * *

4⃣.Салаўат айтыў Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға жақын қылады.
Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Қыямет күни маған ең жақын адамлар, әлбетте маған көп салаўат айтқанлары”, – деди.
(Имам Термизий рәўияты)

* * *

5⃣. Аллаҳ таала салаўат айтыўшылардың гүналарын кеширеди, дәрежесин көтереди.
Анас ибн Малик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Ким маған бир мәрте салаўат айтса, Аллаҳ оған он мәрте салаўат айтады. Оның он гүнасы өшириледи. Он дәреже жоқарылытады”, – деди.
(Имам Насаий рәўияты)

* * *

6⃣. Салаўат айтыўшыларды Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салам еситеди.
Абдуллаҳ ибн Әбиў Ўафа разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Жума күни маған салаўатты көбейтиң. Әлбетте, маған жеткериледи ҳәм мен еситемен”, – деди.
(Имам Ибн Мажа рәўияты)


https://t.me/Niyetuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#жума #тилек

ЖУМА КҮНИҢИЗ МҮБӘРЕК БОЛСЫН ҚӘДИРДАНЛАР!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат

ЖУМАҒА ТАЯРСЫЗ БА?

Ҳәдиси шәрипте келеди: “Жума күни келгени ушын қуўанатуғын мөминге қыямет күнине шекем ҳәр күни сол дәрежеде мол саўап бериледи, оның санын тек Аллаҳ ғана биледи”.

Жума күниниң сүннет ҳәм әдеплери бар:

Жуманы пийшембиден баслап күтиў. Мысалы, жумаға баратуғын кийимлерин таярлаў;

Жума намазы ушын ғусыл қылыў;

Тырнақларды алыў;

Мешитке ертелеў барыў;

Намаз оқып атырған адамның алдын кесип өтпеў;

Илажы болса, биринши қатарда отырыў;

Хутба, намаз ҳәм маруза ўақытлары сөйлемеў;

Намаздан кейин Фәтиҳа, Кәфируўн, Ихлас, Фәләқ ҳәм Нәс сүрелерин оқыў;

Көбирек дуўа қылыў;

Көп салаўат айтыў;

Каҳф сүресин оқыў;

Аз болса да садақа қылыў;

Ата-ана, уллы адамларды зыярат етиў;

Жумадан қайтарсын, шаңарақ ағзаларына шийринлик апарыў;

Қаза намазы жоқлар, нәпил намаз оқыў. Қазасы бар адамлар, қаза намазларын оқыўы;

Намазлыгерден кейин жайнамаз үстинде қәдир болғанша: “Я Аллаҳ, Я Роҳман, Я Роҳийм, Я Қоўий, Я Қодир”, деп оннан кейин дуўалар қылыў.


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

БАЙРАМ

Ибн Мәжа Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты:
«Әлбетте бул (жума күни) байрам күни. Аллаҳ оны мусылманлар ушын (байрам қылған). (Солай екен) Ким жумаға келсе ғусыл қылсын. Егер онда хош ийисли әтир болса оннан сеўип алсын. Мисўәк пенен тис тазалаўға да беккем турсын».

Имам Суютийдиң «Хасоисул жумъа», китабынан



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

"Аллаҳ тәғдирде жазып қойған нәрсе ҳаққында "Қәне енди, сол ис болмағанда" дегенимнен көре шоқты, суўыйман дегенше, тислеп турыўым мен ушын жақсырақ".



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#кеселликтен_шыпа_сораў_дуўа

Ҳәр түрли кеселликлерден шыпа сораўшы дуўалар

  «Аллооҳуммә Роббән-нәәси әзҳибил-бәъсә, ишфи Әнтәш-шәфий ләә шифәә-ә илләә шифәә-укә, шифәән ләә юғоодиру сақоомәә»

«Аллаҳым, ҳәй инсанлардың Рәбби, кеселликти кеткизиўши! Изинде кеселликти қалдырмайтуғын шыпа бер. Шыпа бериўши тек Өзиңсең. Сеннен басқа шыпа бериўши жоқ»

Аллооҳуммә ишфи ъабдәкә янкәләкә ъадуўўән әў ямши ләкә иләә соләәтин.

«Аллаҳым, усы бендеңе шыпа бер, Сениң бир душпаныңа зыян жеткизсин яки Сениң разылығыңа ерисиў ушын намаз оқыўға жүрип барсын».



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

Ата-ананың өз балалары ҳаққына айтатуғын дуўасы

«Аллооҳуммә бәәрик лий фий әўләәдий ўә ўәффиқҳум литооьатикә йәә Аллооҳ. Роббирзуқ зурриййәтий суҳбәтәл ахйәәри ўә хисооләл атҳәәр. Роббий, бәллиғний фийҳим ғоойәтә әмәлий, роббий мәттиъний би бирриҳим фий ҳайәәтий ўә әсъидний би дуъааиҳим баъдә мәмәәтий».


Мәниси: Я Аллаҳым, перзентлеримде маған берекет бер. Я Аллаҳым оларды ибадатлылардан қыл. Рәббим зүрядларымды жақсы адамлар менен сәўбетлес қыл ҳәм таза адамлардың қәсийетинен бер.
Рәббим олар ҳаққында ойлағанымның ең шоққысына жеткер. Рәббим тири ўақтымда оларды жақсылықлар менен сыйла ҳәм дүньядан өткенимнен кейин олардың дуўалары менен мени қуўандыр.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тилек #қайырлы_түн

🌙🤲🏻 АЛЛАҲЫМ!

🤲🏻 Түнимизди жақсылықлар түни қыл!
🤲🏻 Қәлблеримизди Өзиңнен қорқатуғынлар қәлбинен қыл!
🤲🏻 Әмеллеримизди тақўадарлар әмеллеринен қыл!
🌹 Жәннетиң менен ырызқландыр!
🤲🏻 Әлемлер Рәббиси!

🍃🌹 Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам түслеримизге кирсин!

🌙ҚАЙЫРЛЫ ТҮН
!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
11-май күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 05:05
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:15
  ШАМ — 20:18
  ҚУПТАН — 21:55

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 03:05
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 20:30
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

🌤 Ассаламу Алайкум! Және бир таң мүбәрек болсын!

☀️ ☀️ ☀️

Қәлбиңиз ийманға
Үйиңиз қуўанышқа
Жүзиңиз нурға
Күниңиз қайырлы ҳәм жақсы әмеллерге толы болсын.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң шемби күни

11-май            2024
2-Зулқаъда   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Күндизди тиришилик (ўақты) қылдық.

Наба сүреси, 11-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

     Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
     "Мөмин мөминге ғәзепленбесин, егер оның бир минези унамаса, басқасы унайды", деди.

Имам Мүслим рәўияты.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

САБЫР ҲАҚҚЫНДА 3 ҲИКМЕТ

Сабыр динниң ярымы, намаз болса оның тиреги. Ким усы еки тийкарды беккем усласа, барлық жақсылыққа ерисиўде ҳеш қандай гүман жоқ.

Әбиў Сулайман Дараний раҳимаҳуллаҳ: «Ең қыйын, соның менен бирге ең қәдирли нәрсе сабыр. Оның еки түри бар. Бириншиси Аллаҳ буйырған әмелди бежериў жолындағы сабыр. Екиншиси Аллаҳ таала қайтарған ҳәм нәпси қәлеп турған әмелден тыйылыўдағы сабыр», деген.

Имам Раббаний раҳматуллаҳи алайҳ: «Инсан өмири даўамында дусласатуғын барлық жақсылық та, жаманлық та Аллаҳ тааланың қәлеўи менен болады. Биз бул қәлеўлеримизди Рәббимиздиң қәлеўинен үстем қоймаўымыз лазым. Не болса да, барлығы Аллаҳ тааладан екенине ықрар болыў менен бенделик жүзеге шығады. Расында да, ҳақыйқый қул усындай болады. Ол өз хожасының қәлеўине наразылық билдирмейди».

Абдулқадир Жийланий раҳимаҳуллаҳ адамларға жүзленип мынандай деди: «Өз ҳалыңыздан налымаң. Бәрқулла сабырлы болың, ҳасла Аллаҳ тааланың раҳметинен үмитсиз болмаң. Өйткени, қалыс Аллаҳ таала ушын қылынған сабыр-шыдам әлбетте сыйлықсыз қалмайды. Аз ғана сабыр қылыў, узақ жыллар оның рәҳәтин көриўге себеп болады. Қим өзиниң турақлылығы менен танылса, бил ол қылған сабыры менен танылған».

Расында да, сабыр барлық жақсылықлардың гилти, жақсылықлар болса берекеттиң гилти. Демек, ким сабырлы болса, иншааллаҳ барлық жақсылықларға ериседи.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тәрбия

Ибн Баттол «Саҳиҳул Бухарий» ҳәдислер топламына жазған шолыўында төмендегилерди айтады:
«Адамлар менен күле шырай берип, ашық жүз бенен көрисиў Пайғамбарымыз алайҳиссаламның қулқынан. Бул нәрсе тәкаббырлыққа кери болып, өз ара дослық мүнәсибетин пайда етеди».



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тилек

Жақсы тилек өмиримизге сән киргизип, жолымызды ашады;

Жақсы тилек арадағы меҳир-муҳаббатты арттырып, сүйиспеншилик отын лаўлатады;

Жақсы тилек қыйыншылықлар менен тосықларды бузып өтеди;

Жақсы тилек бахытлы өмирге қарай есик ашады!

Енди, өзимизге ҳәм жақынларымызға тек ғана жақсылық тилейик.

Кирлеген қәлблер шайдай ашылсын, қапа кеўиллер тынышлық таўып басылсын!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube