NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.62K photos
592 videos
6.77K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#мағлыўмат

Айырымлар қошқардың бас сүйегин «Көз тийиўден сақлайды» деп үйдиң сыртына илдирип қояды.
Егер қошқарда сондай қәсийет болғанда, ол биринши болып өзин қассаптың қолынан қутқарған болар еди.

Булардың ҳәммеси тек ғана наданлық, илимсизлик, китап оқымаў, Динниң ҳақыйқатын үйрениўге умтылмаўдың ақыбети!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
. Зайд ибн Ҳариса разыяллаҳу анҳу қайсы сыпаты менен бәрше саҳабалардан ажыралып турған?
Anonymous Quiz
16%
А. Хандақ қазыў режесин берген
43%
Б. Пайғамбарымыздың ўаҳий жазыўшысы болған
26%
С. Қураны кәриймде аты келген
15%
Д. Биринши ийман келтирген
Қураны Кәриймде неше сүре «Әлҳамду» сөзи менен басланады?
Anonymous Quiz
27%
А. 3
24%
Б. 5
38%
С. 7
10%
Д. 9
#сораў_жуўап

КӨЗМОНШАҚ

CОРАЎ: Жақында көз тейиўине қарсы тумар, көзмоншақлар ҳаққында бир мақала оқып қалдым. Машинамда тасбеҳ ҳәм кишкене, жазыўлары майда Қуран китабын қыстырып қойыппан бул да мүмкин емеспе?

💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим.
Айрым нәрселерди көликке безек сыпатында қыстырып қойыў жайыз, бунда бир гүна жоқ. Бирақ көзмоншақ, бурыш, ҳәрре уясы ҳәм усыған уқсаған нәрселерди пана қылыды (сақлайды), сол нәрселер мени бәледен сақлайды, оларда қандай илаҳий күш бар деп ойлаў, қәте исеним.

Мөмин адам ҳәмме ўақыт Аллаҳ таалаға сүйенеди ҳәм оған тәўекел қылады. Аллаҳ тааланы бәле қазалардан сақлаўшы, ислерди оңлаўшы деп биледи ҳәм үлкен-киши ислерде тек оған сыйынады.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы.




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
ҲАДАЛ САЎДА

     Бир жақсы инсан көплеген саўда расталарына басшылық етер еди. Қол астында ислейтуғын саўдагерлерге "Егер сатып атырған өнимлериңизде айып болса, қарыйдарға сол нуқсанды ашық айтып сатыңлар!" - деп айтар еди.
     Бир күни ол басшылық қылып атырған дүканлардың биринен бир яҳудий айыбы бар таўарды сатып алды. Жаңағы баслық әҳмийетли ислер менен узаққа сапар еткен еди. Таўарды сатқан сатыўшы "Бул бир яҳудий болса, оған таўардағы нуқсанды айтпай сатсам да болабереди", - деп ойлады да, айыбын айтпай сатып жиберди.
     Өнимлер арасында сол нуқсанлы гезлеме бар екенин баслық та билер еди. Бираздан кейин ол келип, исшиден жаңағы нуқсанлы таўар қайсы жерделигин сорады. Хызметкер: "Оны бир яҳудийге 3 000 дирҳамға сатып жибердим. Бирақ, айыбын айтпадым", - деди.
     Басшы оннан: "Сол яҳудий қайсы жерде?" - деди.
     "Кәрўан менен жөнеп кетти", - деди, хызметкер.
     Баслық дәрриў хызметкеринен яҳудий берген пулларды алып, кәрўанды излеп кетти. Арадан 3 күн өтип, кәрўанға жетип алды ҳәм жаңағы яҳудийди таўып, оған: "Ҳәй пәленше, сен бир гезлеме сатып алған екенсең. Оның айыбы бар еди. Берген дирҳамларыңды ал да, таўарды қайтып бер", - деди. Яҳудий жаңағы басшыдан: "Сени бундай ислеўге не мәжбүр етти?" - деп сорады.
     Баслық болса: "Ислам дини. Өйткени, Расулуллаҳ алайҳиссалам имам Муслим рәўият қылған ҳәдисте: "Ким бизди алдаса, ол бизден емес" деген", - деп жуўап берди.
     Бул гәплерди еситкен яҳудий саўдагерлер баслығына: "Сизлерге берген дирҳамларым қәлпеки еди. Мине, булар ҳақыйқый 3 дирҳам.
Ал буларды", - деди ҳәм мусылман болды.

Тарқатың: https://t.me/niyetuz
#әҳмийетли #мағлыўмат

Уйқыдан алдын не қылыў керек?

- Таҳәрат алың.
- Мисўак илетиң.
- Қуптан намазын оқың.
- Мүлк сүресин оқың.
- Оң тәреп пенен жатың.
- Тәўбе қылың.
- Жәннет ҳаққында еслең.
- Зикир қылың.
- 33 мәрте Субҳаналлооҳ.
- 33 мәрте Әлҳамдулилләәҳ.
-34 мәрте Аллооҳу әкбар.
- Уйықлайман дегенше “Лә иләәҳә иллаллооҳ” кәлиймасын айтып жатың.

“Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм”ды бес мәрте, “Әъуўзу билләәҳи минәшшәйтоонир рожим”ды бес мәрте айтасыз. Соң “Я Аллаҳ! Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүрмети менен маған Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды усы дүньяда да ақыретте де көрсет, деп айтың. Егер уйқыдан алдын усыларды айтсаңыз мен алдыңа келемен ҳасла қалып кетпеймен” - деди”.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
29-апрел күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 05:20
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:05
  ШАМ — 20:04
  ҚУПТАН — 21:40

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 03:20
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 20:20
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_дуўа

ТАҢДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

Абдуллаҳ ибн Ғаннам разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким таң атқанда:

«Аллооҳуммә мәә асбаҳа бий мин ниъматин фәминкә ўаҳдәкә ләә шәрийкә ләк, фәләкәл ҳамду ўә ләкәш шукр»,

десе, күндиздиң шүкирин ада қылыпты. Ким усы дуўаны кеш киргенинде айтса, кешесиниң шүкирин ада қылыпты», деди .

Мәниси: Аллаҳым, мен менен таң аттырған неъматлар Сен тәрептен. Сен жалғызсаң, Сениң шеригиң жоқ. Саған ҳамд ҳәм шүкирлер болсын.

Әбиў Даўыт рәўияты.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң дүйшемби күни

29-апрель           2024
20-шәўўәл   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_ҳикмети #күн_аяты

СИЗ ҚАНДАЙ ЖАСАП АТЫРСЫЗ?!

– Үмитсизликке түспең! Үмитсизлик Аллаҳтың мийримине нашүкирлик болады.

– Ғәзепленбең!
Ғәзеп пазыйлетлерди ўайран етеди.

– Кек сақламаң!
Кек сақлаў өмир гөззалығын өширип таслайды.

– Ғамлы болмаң!
Ғам денеге де, нервқа да кесент етип, шыдап болмас дәртке гириптар етеди.

– Заманлар ҳүкми Аллаҳтың тәғдир салтанаты астында екенин умытпаң.

– Әтирапыңыздағы ўақыяларға бийпәрўа ҳәм ҳешқашан өзимшил болмаң.

– Қолға кирите алмаған нәрсеңизге өкинбең. Маңлайыңызға жазылған нәрсе болса несип етебереди.

«Сен: «Бизлерге Аллаҳтың жазғанынан басқа нәрсе жетпейди. Ол бизлердиң Ийемиз. Аллаҳға тек мөминлер ғана тәўекел қылсын» – деп айт»

Тәўбе сүреси, 51-аят.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет #зикир

ТӘЎБЕ ҲӘМ ИСТИҒФАР

Ҳәзирети Умар разияллаҳу анҳу: «Көп тәўбе етиўшилер менен сәўбетлес болың. Себеби, олар қәлби пәк, мүлайым адамлар болады», – деген.

Әлий ибн Әбиў Талиб разияллаҳу анҳу тәўбе етиўшилерди мақтап: «Жеңисти қолға киргизген адамның аўҳалы қандай жақсы!», – деген еди. «Жеңис не?» – деп соралды. Ол: «Тәўбе ҳәм истиғфар», – деп жуўап берди.

Әстәғфирулооҳә ўә әтуўбу иләйҳ!

Әстәғфирулооҳә ўә әтуўбу иләйҳ!

Әстәғфирулооҳә ўә әтуўбу иләйҳ!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Пайғамбарымыз алайҳиссалам каабаны қайта қуруўда қатнасқанында неше жаста еди?
Anonymous Quiz
21%
А. 30
33%
Б. 35
30%
С. 40
16%
Д. 32
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайсы сүрени жарлылықтан узақ қылады, кең ирысқыға себеп болады деген?
Anonymous Quiz
19%
А. Ихлас
32%
Б. Мүлк
43%
С. Ўақыя
6%
Д. Ар-Роҳман
#мақала

Тема: "АТА-АНАҒА ЖАҚСЫЛЫҚ ҚЫЛЫЎ ЖАРАТҚАННЫҢ РАЗЫЛЫҒЫ".

⚡️ ТОЛЫҚ...

© Аминжан Набатов.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рәўият

БИР ДАНА ҒОЗА

Уламалардан бири бир ғоза ушын таласып атырған еки баланы көрип қалды ҳәм оларға:
–"Таласпаң, мен сизлерге сол ғозаны бөлип беремен", деди.

Улама ғозаны қолына алып екиге бөлип берди, ишине қарасы, иши бос екен.

Сонда улама:
–"Дүнья да усындай, адамлар өмири бойы дүньяны деп бир-бири менен таласып-тартысып жасайды, ең ақырында таласқан еки тәреп те сол дүньяны өзи менен алып кете алмайды", деген екен.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат

Бир минутта 6100 жақсылық

Бир минутта Фатиҳа сүресин бес мәрте биймәлел оқыў мүмкин. Фатиҳа сүресинде 122 ҳәрип бар. Бир ҳәрипке 10 жақсылық ўәде қылынған. 122х10=1220 жақсылық Фатиҳа сүресин бир мәрте оқыўға бериледи.
Егер сиз 5 мәрте бул уллы сүрени оқысаңыз, 1220х5=6100 жақсылыққа ерисесиз. Бунша жақсылықты сиз тек бир минутта қолға киргизесиз.

Егер сиз ҳәр күни бир минутта Фатиҳа сүресин бес мәрте оқысаңыз, сизге төмендегише жақсылықлар жазылып барады:

Бир күнде – 6100 жақсылық.
Бир айда – 6100х30=183000 жақсылық.
Бир жылда – 183000х12=2196000 жақсылық.
25 жылда – 54900000 жақсылық.

Дәлил: Имам Термизий рәўият қылған ҳәдисте Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Қуранның ҳәр бир ҳәрибин оқыўға бир жақсылық бар. Ҳәр бир жақсылық он жақсылыққа тең" деген.

"Жақсылықлар таўы" китабынан



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйықлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».

Қайырлы түн әзизлер!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
30-апрел күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 05:20
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:05
  ШАМ — 20:05
  ҚУПТАН — 21:40

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 03:20
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 20:20
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

☀️ ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!

🌿 Ассаламу алайкум. Ҳәптениң сийшемби күни мүбәрек болсын...

🌿 Басланған күниңиз әўметли келсин!

🌿 Жақсылықлар ҳәм жақсы инсанлар менен күн даўамында бирге болың!


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube