Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет
КӘМБАҒАЛЛЫҚ АЙЫП ЕМЕС
Ибн Сийрийн раҳматуллаҳи алайҳтың мал-дүньясына үлкен зыян келип, бар-жоғынан айрылғанында оннан буның себебин сораған екен.
Сонда ол: “Қырық жылдан берли азабы келиўин күтип жүрген гүнәм себепли”, депти.
Олар: “Бул қандай гүнә еди?” деп сорағанда, ол: “Бир адамды кемситип, оған “Ҳәй кәмбағал”, деген едим”, деп жуўап берген екен.
┉┅━❀✨✨✨🌺✨✨✨❀━┅┉
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube

#рамазан
Ашлықтың пазыйлети
Ҳәзирети Мәўлана Зүлфиқар Аҳмад Нақшбандий ҳафизаҳуллаҳ айтады:
«Боязид Бистомий раҳматуллоҳи алайҳи бир күни ашлықтың пазыйлетлерин баян қылып атырған еди.
Сонда бир киси:
«Ҳәзирет! Ашлықтың да пазыйлети барма?», деди.
Боязид Бистомий раҳматуллоҳи алайҳи:
«Аўа, егер Фираўнға ашлық жеткенде еди, ол ҳеш қашан қудайлықтың даўасын қылмас еди. Фираўн бәрҳа қарны тоқ жүргенинен, қудайлықты даўа қылды», деди.
Қашан қарын тоқ болса, инсан өз шегарасын умытады. Аллаҳ таала биз әззи бенделерине өз шегарамыз ҳәм орнымызды ядқа салыў ушын, Рамазан оразаларын парыз қылды. Бизлерге бираз ашлық ҳәм шөллеў жетиўи ушын. Сонда бизлер еки мезгил аўқатланыўы қыйын болған, ғәрип, бийшара мискинлердиң аўыр жағдайын сезинемиз. Демек, оразада оғада көп ҳикметлер бар екен».
Бурынғы дәўирлерде инсанлар тек еки мезгил аўқатланған, ал араларындағы төмен туратуғын шаңарақлар болса, оған да қыйналатуғын ҳәм ара-тура еки мезгил аўқатланатуғын болған. Үш мезгил аўқатланыў тек ҳәзирги тоқшылық дәўирлерде ғана пайда болған.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube

«Рамазанның берекети» китабынан.

Telegram
NIYET.UZ | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Адд қәўимине жиберилген пайғамбардың аты ким?
Anonymous Quiz
41%
Ҳуд алайҳиссалам
35%
Лут алайҳиссалам
24%
Идрис алайҳиссалам
Рамазан оразасын ийман менен тутса...
Anonymous Quiz
34%
Көплеген саўапларға ийе болады
59%
Өткен гүналары кешириледи
3%
Ырысқысы кең болады
3%
Ден-саўлығы тикленеди
#рамазан_2024 #ораза #аўыз_ашыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен
АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ
Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.
Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Нөкис_ўақты_менен
АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ
Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.
Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#уят #өсек
УЯТ ГӘПТИ ЕСИТИП, ОНЫ ТАРҚАТЫЎ ҲАҚҚЫНДА
Әлий ибн Әбу Талиб разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Уят гәпти айтқан адам да, оны басқа жаққа тарқатыўшы адам да бирдей гүнакар болады».
Шолыў: Бир адам жоқ жердеги бир уят гәпти айтып, қандай гүнакар болса, бул гәпти тарқатқан, мөмин-мусылманлардың арасында сол гәптиң тарқалыўына себеп болған адам да бирдей гүнакар болады екен. Аллаҳ таала «Нур» сүресинде мѳминлердиң ишинде уят гәп тарқалыўын қәлемейтуғынлығын ашық-айдын айтқан:
«Әлбетте, ийман келтиргенлердиң ишинде бузықшылық тарқалыўын жақсы көриўшилер ушын бул дүньяда да, ақыретте де аўыртыўшы азап бар. (Ҳамме нәрсени) Аллаҳ биледи, сизлер билмейсиз» (19-аят).

#namaz_waqıtları
⏰Нөкис қаласы ўақты менен
8-апрел күнги намаз ўақытлары
📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ:
⏰ ТАҢ — 05:55
⏰ ПЕСИН — 13:30
⏰ НАМАЗЛЫГЕР — 17:50
⏰ ШАМ — 19:41
⏰ ҚУПТАН — 21:10
Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен
🕕 Таҳажжуд — 04:00
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 19:50
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

#рамазан_2024 #ораза #аўыз_жабыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен
АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ
Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.
Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.

#рамазан #қайырлы_таң
🌙🍀АССАЛАМУ АЛАЙКУМ!🍀🌙 РАМАЗАННЫҢ 29-КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!
🤲 Рамазан айында ҳәр бир жақсы ислериңизде Аллаҳ жәрдемши болсын!
🌟🌙 Қәлбте ийман, тилде болсын зикир салаўат.
🌟🌙 Ибадатлар гүналарға болсын каффарат.
🌟🌙 Ҳажға барып Байтуллаҳты қылың зыярат.
🌟🌙 Баратуғын мәнзилиңиз болсын Фирдаўс Жәннет.
🌟🌙 Дуўада, сиз ушын қәлбим ҳәр саат.
🌟🌙 Дуўларым Аллаҳ таала қылсын ижабат.
🌟🌙 Шаңарағыңызды тәрк етпесин файыз-берекет!
🌙 🌹🥀 РАМАЗАННЫҢ ЖӘНЕ БИР ТАҢЫ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!

#таңғы_тилек
Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!
🔆 Рамазан айы мүбәрек болсын!
⏳ Бүгин ҳәптениң дүйшемби күни
8-апрель 2024
29-рамазан 1445
🤲🏻 Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

#аят
Мен сизлерге (дүньяда) айтпаған ба едим: «Ҳәй Адам балалары! Шайтанға ибадат (итаат) қылмаң, әлбетте, ол сизлерге анық душпан.
Маған ибадат қылың! Усы – туўры жол.

Ясийн сүреси, 60-61-аятлар.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_пазийлети
ОРАЗА ТУТҚАН АДАМНЫҢ ӘДЕПЛЕРИ
Әбиу Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Ким жалған сөйлеўди ҳәм оған әмел қылыўды тоқтатпаса, оның ишип жегенине Аллаҳтың итияжы жоқ", деди.
Ораза тутқан адам ишип-жеўден, керексиз гәп сөз ҳәм ислерден өзин тыйыў керек. Ишип жеўден өзин тыйғаны менен жалған, өсек, дөҳмет қылыўдан, шәриятқа туўры келмейтуғын ислерден не пайтда?

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#видео_ролик
«РАМАЗАН ОРАЗАСЫН ТУТҚАН АДАМҒА ҚАНДАЙ САЎАПЛАР ЖАЗЫЛАДЫ?»
🎤 ТӨРЕБАЕВ КАМАЛБЕК
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
«РАМАЗАН ОРАЗАСЫН ТУТҚАН АДАМҒА ҚАНДАЙ САЎАПЛАР ЖАЗЫЛАДЫ?»
🎤 ТӨРЕБАЕВ КАМАЛБЕК
Нөкис қаласы «Салмен
ийшан» жаме мешити имам-найыбы. ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Forwarded from Paziyletuz | Рәсмий канал
#Рамазан_ҳайыты_2024
🌙 РАМАЗАН ҲАЙЫТЫ ҲАҚҚЫНДА
🌐 Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар Кеңесиниң нәўбеттеги онлайн мәжлиси болып өтти. Онда Рамазан ҳайытын көтериңки руўхта өткериўге тийисли күн тәртибиндеги бир қатар мәселелер талқыланды.
💬 Жыйналыста уламалар ҳәм тараў қәнигелери тәрепинен Рамазан ҳайыты қайсы күнге туўры келиўи ҳәм ҳижрий 1445-жыл Шәўўәл айы ҳилалын гүзетиў бойынша исленип атырған ислер ҳәм де астрономиялық есап-санақлар толық анализ етилди.
🔭 Сондай-ақ, дүньядағы үлкен пәтўа басқармалары ҳәм белгили астрономия институтлары хабарлары толық көрип шығылды. Туркий мәмлекетлер диний басқармалары жуўапкерлери менен де усы мәселе кең талқыланды.
🗣 Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар Кеңеси фиқҳий қағыйдалар, астрономиялық есап-санақ ҳәм гүзетиўлерге сүйенген ҳалда усы жылда үлкемизде Рамазан ҳайыты 2024-жыл 10-апрель, сәршемби күнине туўры келиўи күтилип атырғанын мәлим етти.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспа сөз хызмети
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
🌙 РАМАЗАН ҲАЙЫТЫ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспа сөз хызмети
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2024 #усыныс
Рамазан саўапларынан бос қалмаң
Пазыйлетли Рамазан айының берекети себепли бул айда ҳәр бир жақсы әмелдиң саўабы жетпис еседен жети жүз есеге шекем көбейтип бериледи. Аллаҳ таала бул айды мөмин бенделери ушын саўапларды топлаў мапазы қылған. Демек, қолай пурсатты қолдан бермей, имкан барынша саўап жыйнап қалыўға мейли ол киши әмел болсын, үлкен болсын оннан көбирек пайда алып қалыўға тырысыўымыз керек.
Солай екен, Рамазан айында саўап ислерди қылыўға асығың әзизлер...
ӘҲМИЙЕТЛИ УСЫНЫСЛАР!
• Рамазан айында ҳәр күни түнде еки ракат болса да таҳажжуд намазын оқың!
- Сонда Қәдир түнин тапсаңыз мың ай таҳажжуд оқығаннан да абзал саўапқа ерисесиз...
• Рамазан айында ҳәр күни түнде ең кеминде Қураннан үш мәрте «Ықлас» сүресин оқып қойың!
- Сонда Қәдир түнин тапсаңыз мың ай Қуран хатым қылғаннан да абзал саўапқа ерисесиз...
• Рамазан айы даўамында ҳәр күни имканын таўып, азғана болса да садақа қылып турың!
- Сонда Қәдир түнин тапсаңыз мың ай садақа қылғаннан да абзал саўапқа ерисесиз:
Иншәә Аллаҳ.
«Қәдир түни мың айдан жақсырақ».
• Бул усынысты жақынларыңызға да раўа көриң! Ким әмел қылса, саўабына сиз де шерик боласыз!👍
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан рәўият қылынған саҳиҳ ҳәдисте:
«Ким жақсылыққа жолласа, оған да әмел қылғанның саўабындай сыйлық болады»-, деген.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨
https://t.me/Niyetuz

(Қодр сүреси, 3-аят)

Ибн Ҳиббан ҳәм Термизийлер рәўият қылған.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨
https://t.me/Niyetuz
Telegram
NIYET.UZ | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
#рамазан_садақа_иҳсан
Имам Заҳабий раҳматуллоҳи алайҳ айтады:
"Ҳаммад ибн Әбиў Сулайман сахый, бай адам еди. Рамазан айында ҳәр күни жүз адамға аўыз ашар қылып беретуғын еди. Ҳайт намазы оқып болғаннан соң олардың ҳәр бирине жүз дирҳамнан иҳсан беретуғын еди".
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Имам Заҳабий раҳматуллоҳи алайҳ айтады:
"Ҳаммад ибн Әбиў Сулайман сахый, бай адам еди. Рамазан айында ҳәр күни жүз адамға аўыз ашар қылып беретуғын еди. Ҳайт намазы оқып болғаннан соң олардың ҳәр бирине жүз дирҳамнан иҳсан беретуғын еди".
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Оразаның_пазыйлети
#рамазан_2024
ПИТИР САДАҚАСЫ
Ҳанафий мәзҳабында питир садақасы ўәжиб есапланады. Бул садақа рамазаннан «питир»ге яғный, ендиликте аўзы ашық жүриўге шығыў мүнәсибети менен берилгени ушын да питир садақасы деп аталған. Питир садақасы екинши ҳижрий жылы шариатқа киргизилген. Басқа садақалар мал-дүньядан қылынса, бул садақа адам басына қылынады.
Усы орында соған түсиник берип өтейик. Зәкат, питир, үсир – барлығы да садақаның түрлери. Зәкат ислам дини негизиниң бири болып, парыз әмел. Ал, питир ўәжиб әмел болып, рамазан айында берилетуғын садақа. Үсир болса, араб тилинде ушр деп аталып егиннен алынған зүрәәттиң оннан бирин садақа етиўге айтылады.
Питирди мал-дүньясы нысабқа жеткен адамлар бериўи лазым болады. Бунда бир жыл айланыў ҳәм өсиў шәрт қылынбаған.
Аллаҳ таала: «Ҳақыйқатта, ким зәкаты менен пәкленсе ҳәм Рәббисиниң атын зикир қылса, утысқа ериседи», деген.
Касир ибн Абдуллаҳтан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан бул аят ҳаққында соралған еди. Ол: «Питир садақасы ҳаққында назыл болған», деди».
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: питир садақасын оразадар ушын бийҳуўда гәп-сөз ҳәм ҳәрекетлерден пәклениў ҳәм мискинлер ушын аўқат болсын, деп парыз қылды. Ким оны ҳайыт намазынан алдын қылса, ол қабыл болады. Ким оны намаздан кейин қылса, садақалардан бири болады».
Бул рәўияттаға намаз дегенде Рамазан ҳайыты намазы нәзерде тутылған. Питир садақасын ҳайыт намазынан алдын бериў кереклигин усы ҳәдистен билип аламыз.
Ҳәр бир инсан Рамазан айында ораза тутар екен, арасында билип-билмей айырым бир сөзлер аўызынан шығып кеткен болыўы мүмкин, сондай-ақ айырым бир жаман ислерди де қылып қойған болыўы мүмкин, усыларды жуўып жибериў ушын да питир садақасы еңгизилген.
Даўамы бар....