NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.68K subscribers
6.66K photos
595 videos
6.82K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#ҳикмет

Ораза тек ғана аўқаттан тыйылыў емес. Ҳақыйқый ораза – ағзаларды гүналардан тыйыў: тилди артықша сөзлерден тыйыў, көзди ҳарам нәрселерге қараўдан тыйыў, қолды биреўге жумсаўдан тыйыў, аяқты жаман жерлерге басыўдан (гүна иске) тыйыў.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Пайғамбарымыз алайҳиссалам: "Рамазанда қылынған умра ............. ға тең" деп айтқан. Бул жерде не нəзерде тутылған?
Anonymous Quiz
44%
Ҳаж
26%
Бир жыл ораза тутыў
30%
70 мискинди тойдырыў
Исламда биринши болып мешитлерге минәраны ким қурдырған?
Anonymous Quiz
35%
Усман разыяллаҳу анҳу
48%
Умар ибн Абдулазиз раҳматуллаҳи алайҳи
17%
Әлий разыяллаҳу анҳу
#ҳәдис

🤐 РАМАЗАН САБЫР АЙЫ

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
“Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Рамазан келсе жәннет есиклери ашылады, дозақ есиклери жаўылады ҳәм шайтанлар кисенленеди”, деди”.

(Имам Бухарий ҳәи Муслим рәўияты).



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2024 #ораза #аўыз_ашыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

Мәниси:
Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_ҳәдиси

1 ҳәрип ушын 10 саўап

Ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Аллаҳтың Китабынан бир ҳәрип оқыса, оған бир саўап жазылады, жазылғанда да он есе етип жазылады. «Әлиф ләм мим» бир ҳәрип демеймен. Ал, «Әлиф» бир ҳәрип, «Ләм» бир ҳәрип, «Мим» бир ҳәрип», – деди.

Имам Термизий рәўияты.

Егер Қураны кәриймдеги ҳәриплердиң саны шама менен 340740 дана деп алсақ ҳәм оны 10 ға көбейтсек, нәтийже 3407400 болады.
Егер бизлер ҳәр айда Қуранды бир мәрте хатм етип барсақ, онда Аллаҳтың инаяты менен бир жылда 40888800 дана саўапқа!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
31-март күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 06:05
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 17:45
  ШАМ — 19:31
  ҚУПТАН — 21:10

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 04:25
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 19:45

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2024 #ораза #аўыз_жабыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен

АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.


Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан #қайырлы_таң

🌙🍀АССАЛАМУ АЛАЙКУМ!🍀🌙 РАМАЗАННЫҢ 21-КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!

🤲 Рамазан айында ҳәр бир жақсы ислериңизде Аллаҳ жәрдемши болсын!

🌟🌙 Қәлбте ийман, тилде болсын зикир салаўат.
🌟🌙 Ибадатлар гүналарға болсын каффарат.
🌟🌙 Ҳажға барып Байтуллаҳты қылың зыярат.
🌟🌙 Баратуғын мәнзилиңиз болсын Фирдаўс Жәннет.
🌟🌙 Дуўада, сиз ушын қәлбим ҳәр саат.
🌟🌙 Дуўларым Аллаҳ таала қылсын ижабат.
🌟🌙 Шаңарағыңызды тәрк етпесин файыз-берекет!

🌙 🌹🥀 РАМАЗАННЫҢ ЖӘНЕ БИР ТАҢЫ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!

🔆 Рамазан айы мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң екшемби күни

31-март            2024
21-рамазан   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Қуран #мағлыўмат

ҚУРАН ҚӘЛБКЕ ШЫПА

Бахыт дегенимиз – жүрегиң менен қәлбиңниң тынышлыққа бөлениўи. Қәлбиң дүзелсе, өмир дүзеледи. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Расында, денеде бир бөлек гөш бар, ол дүзиў болса, қалған барлық ағзалар дүзиў болады, ол бузылса қалған дене пүткиллей бузылады. Билип қойың, ол – қәлб», – деген.

(Имам Мүслим рәўияты).

Ал қәлб қашан тынышлық табады?

Бул сораўдың жуўабы да айқын:
«(Мөминлер) ийман келтирип, кеўиллери Аллаҳтың зикири менен ләззетленеди. Билип қойың, Аллаҳтың зикири менен кеўиллер ләззетленеди (ҳәм тынышланады)».

(Раъд сүреси, 28-аят).

Тәфсир илими уламалары аяттағы «Аллаҳтың зикири» дегенди Қуран деп түсиндиреди. Қуран аятлары ҳәм ондағы ҳикметли нәсиятлар менен танысқан қәлб, ол менен тынышлық таўып, жеңил тартады. Өйткени, ол аятлар қатып қалған ҳақыйқатларды, ашық-айдын дәлиллер менен қуўатландырады. Буның ҳәммеси адамның қәлбине тынышлық ҳәм айқын исеним береди. Бул илимди кемшилиги болмаған және камал сыпатларға ийе болған Қураны Кәриймнен табыўға болады.

Солай екен әдиўли достым, егер еле Қуран оқыўды үйренбеген болсаңыз, ҳәр күни тараўиҳ намазларына қатнасыў арқалы да Қуран тыңлаўыңыз мүмкин.

Билип алың! Қуранды оқыған бир саўап алса, тыңлағанға еки саўап бериледи! Қуранды аңсат оқыған бир саўап алса, қыйналып оқығанға еки саўап бериледи!

Аллаҳтың кеңшилиги не деген үлкен!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат #1_апрель

1- апрель күни өтирик сөйлемең

ӨТИРИК СӨЙЛЕЎ

Аллаҳ таала айтады:

"Әлбетте, өтирикши, кәпир адамларды Аллаҳ ҳидаят қылмайды"

(Зумар сүреси, 3-аят).

Яғный, Аллаҳ таала өтирикши ҳәм бузғыншы кимсени Өзиниң ҳақ динине жоллап қоймайды.

"Өтирикти тек Аллаҳтың аятларына ийман келтирмейтуғынлар ғана тоқыйды. Әне солар – өтирикшилер".

(Наҳл сүреси, 105-аят).

Яғный, Аллаҳға ҳәм аятларына ийман келтирмегенлер ғана Аллаҳ таалаға өтирикти тоқыйды. Себеби ол азапқа қалыўын ойламайды, билмейди. Ол нағыз өтирикши. Өтирик сөйлеў үлкен жынаят болғаны ушын, мөмин оған жақынласпайды.

"Әлбетте, Аллаҳ ысырапкерлерди (ҳәдден асыўшыларды), өтирикшилерди ҳидаят қылмайды".

(Ғофир сүреси, 28-аят).

Аллаҳ таала ҳәдден асып залалатқа батқан ҳәм Аллаҳға өтирикти тоқыйтуғын кимсени ҳидаятқа, ийманға жолламайды.

Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳу айтады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Расгөйликти беккем услаң. Өйткени, расгөйлик ийгиликке жоллайды, ийгилик болса жәннетке баслайды. Адам рас сөйлеў ҳәм расгөйликке умтылыўда даўам ете береди, нәтийжеде Аллаҳ ҳүзиринде расгөй деп жазылады. Өтирикшиликтен сақланың. Өйткени, өтирикшилик гүнаға, гүна болса дозаққа жетелейди. Бенде өтирик сөйлеў ҳәм өтирикшиликке умтылыўда даўам ете береди, нәтийжеде Аллаҳ тааланың ҳүзиринде өтирикши деп жазылады".

(Имам Бухарий, Мүслим, Термизий рәўияты).



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның түйесиниң аты не болған?
Anonymous Quiz
36%
Дулдул
34%
Қосўа
30%
Жамал
"Аятал курсий"ди қайсы ўақытларда оқыған сүннет есапланады?
Anonymous Quiz
11%
Мешитке кирерде
3%
Аўқатланыўдан алдын
86%
Уйқылаўдан алдын ҳәм намаздан соң