NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.68K subscribers
6.66K photos
595 videos
6.82K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Қанлыкѳл районында Жума намазын оқыды

Бүгин Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов Қанлыкѳл районына барды. Райондағы «Атажан хожа» ҳәм «Ешим ахун» мешитлериндеги қолайлықлар ҳәм жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты. Бәҳәрги егис жумысларына таярлықлар кѳриў, атызларды егинге таярлаў ҳәм мешит әтирапларын көклемзарластырыў бойынша тапсырмалар берди.
Сапар даўамында орайлық «Ешим ахун» мешитинде «Ҳадал кәсип - бахыт дереги» атамасында баянат жасады ҳәм жәмәәтке жума намазын оқып берди.
Жәмәәт пенен ушырасыўда бүгинги күнде елимиздеги әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге ѳзлеримиздиң үлесимизди қосыў, перзенлеримизге илим үйретиў, ҳадал кәсип ийелеўге қызықтырыў, елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиўимиз кереклиги ҳаққында айтып ѳтти.
Ушырасыўдан соң елимиздиң тынышлығы ҳәм қәтержамлығы ушын дуўалар қылды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Оразаның_пазыйлети

ТАРАЎИҲ НАМАЗЫ-3

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам не ушын тараўиҳ намазын жәмәәт пенен оқымағаны ҳаққында төмендеги ҳәдистен үйренсек болады. «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам түнде шығып мешитте намаз оқыды. Адамлар да оған уйыды. Таң атқаннан кейин адамлардың арасында бул тарқалды. Кейинги түнде алдынғыдан да көп болып топланды, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам менен бирге намаз оқыды. Адамлардың арасында бул тарқалды. Үшинши түнде мешиттегилер көбейип кетти. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам шығып намаз оқыды. Адамлар оған уйыды. Ал, төртинши түн болғанда адамлардың көплигинен мешит оларды сыйдыра алмай қалды. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам таң намазға шықты. Намазды оқып болғаннан кейин адамларға қарап: «Сизлердиң аўҳалларыңыздың қандай екенин билемен. Бирақ, мен сизлерге бул намаздың парыз болып, кейин оны оқый алмай қалыўыңыздан қорықтым», деди.
Бул ўақыя Рамазанның жигирма үшинши түнинде Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мешитте нәпил намаз оқып атырғанын көрип, айырым саҳабалар оның намазына уйыды. Ертеңине бул гәп адамлардың арасында тарқалды, еситкенлер түнде келип, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның түнги нәпил намазына қосылды. Ертеңине және адамлар көбейди. Төртинши күни адамлар мешитке сыймай кетти. Бирақ, сол күни түнде Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам намаз оқыў ушын мешитке шықпады. Кейин таң намазға шықты ҳәм не ушын түнги намазды адамлар менен жәмәәт болып оқыў ушын шықпағанын түсиндирип берди.
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның дәўиринде шәрият ҳүкимлери даўамлы рәўиште толтырылар еди. Бүгин бир ҳүким еңгизилсе, ертең кейингиси еди. Ҳүкимлердиң еңгизилиўине айырым адамлардың сораўлары, базыда қылған ислери, базыда және басқа бир себеплер болып қалар еди. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам топланып, түнде жәмәәт пенен намаз оқыў себепли усы намаз парыз болып қалыўы мүмкин деп ойлады. Егер Рамазанның түнлеринде усындай намаз оқыў парыз болып қалса, айырым адамларға қыйыншылық болып, намаз оқый алмай қалыў итималы бар еди.


https://t.me/niyetuz
Мүбәрек Рамазан айында "Салмен ийшан" жаме мешити тәрепинен қәўендерлер көмегинде бағыўшысынан айырылған шанарақларға   азық-аукатлық затлар менен жәрдем көрсетилди.
#рамазан_2023

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайының 2024-жылғы зәкат нысабы, фитр садақасы ҳәм фидя муғдары бойынша қарары қабыл етилди.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат

НЫСАБ - сөзликте «негиз, тийкар, муғдар, дәреже, үлес» мәнилерин аңлатады. Шәрият бойынша адамлардың мал-дүньясынан зәкат бериўдиң белгиленген муғдарын аңлатады. Муғдары 20 мыскал (85 грамм) алтын, 140 мыскал (200 дирҳам) гүмис (595 грамм) муғдарда болса, оның қырықтан бири (2,5 пайызы) зәкат қылып бериледи. Басланғыш зәкат қой ҳәм ешкиде 40, қара малларда 30, түйеде 5 ден басланады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2024 #ораза #аўыз_ашыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

Мәниси:
Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

Егер бенделерим сеннен Мен ҳаққымда сораса, (онда оларға мениң мына сөзимди жеткизиң): Мен, әлбетте, жақынман. Дуўа қылыўшының дуўасын қабыл етемен. Солай екен, олар да Мениң (буйрықларымды) қабыл етсин ҳәм ийман келтирсин. Қәне еди, олар туўры жолды тапса.

Бақара сүреси, 186-аят.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Жума_марузасынан

🔹 Тема: "Басқаның ҳақын жеўден қорқайық"

🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱
    
🎙Устаз Бахрамаддин Разов.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
23-март күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 06:20
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 17:40
  ШАМ — 19:22
  ҚУПТАН — 21:10

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 04:25
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 19:40

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2024 #ораза #аўыз_жабыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен

АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.


Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!

🔆 Рамазан айы мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң шемби күни

23-март            2024
13-рамазан   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан #қайырлы_таң

🌙🍀АССАЛАМУ АЛАЙКУМ!🍀🌙 РАМАЗАННЫҢ 13-КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!

🤲 Рамазан айында ҳәр бир жақсы ислериңизде Аллаҳ жәрдемши болсын!

🌟🌙 Қәлбте ийман, тилде болсын зикир салаўат.
🌟🌙 Ибадатлар гүналарға болсын каффарат.
🌟🌙 Ҳажға барып Байтуллаҳты қылың зыярат.
🌟🌙 Баратуғын мәнзилиңиз болсын Фирдаўс Жәннет.
🌟🌙 Дуўада, сиз ушын қәлбим ҳәр саат.
🌟🌙 Дуўларым Аллаҳ таала қылсын ижабат.
🌟🌙 Шаңарағыңызды тәрк етпесин файыз-берекет!

🌙 🌹🥀 РАМАЗАННЫҢ ЖӘНЕ БИР ТАҢЫ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

"...(Ҳәй инсан) Раҳманның жаратқанында ҳеш қандай бир-бирине туўры келмейтуғын нәрсени (кемшиликти) көрмейсең...".

(Мүлк сүреси, 3-аят).



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмeт

Фузайл ибн Иёз раҳматуллоҳи алайҳ айтады:

"Аллаҳға ант, егер адамлардан үмитиңди үзип, олардан ҳеш нәрсени сорамасаң, Рәббиң саған қәлеген нәрсеңди береди".

┉┅━❀🌺❀━┅┉

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
Forwarded from Muslim.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#muftiy_minbari

🌙 РАМАЗОННИ ҒАНИМАТ БИЛИНГ, У СИЗНИ ТАШЛАБ КЕТАДИ!
🎙 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🌐 https://t.me/+ZgkOZopwJwc3ZWEy

MUSLIM.UZ GA 😎 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ҳижрий жыл есабы қайсы айдан басланады?
Anonymous Quiz
39%
Муҳаррам
28%
Ражаб
33%
Рамазан