NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.68K subscribers
6.66K photos
595 videos
6.82K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
23-февраль күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 07:10
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 17:10
  ШАМ — 18:48
  ҚУПТАН — 20:10

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 05:25
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 18:55

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум!

🕌 Жума күни кимге нени раўа көрсеңиз соны жибериң дейди. 😊

Мен сизлерге ҳаж, умра зыяратларын қылыўды, 2 ракат намаз оқыўды раўа көрдим. Нийет қылған бәршеге несип етсин!


Жума күниңиз мүбәрек болсын!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң жума күни

23-фебраль            2024
13-шаъбан   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#жума

Абоя ибн Рифоя айтады:
"Жума намазына баратырғанымда Әбиў Абс маған жетип алып: "Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның:
"Кимниң қәдемлери Аллаҳ жолында шаң болса, Аллаҳ оған дозақты ҳарам қылады", дегенлерин еситкенмен деди".

Бухарий рәўияты.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#жума #тилек

ЖУМА КҮНИҢИЗ МҮБӘРЕК БОЛСЫН ҚӘДИРДАНЛАР!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#жума

     Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жума күни ҳаққында былай деди: "Ол күнде бир ўақыт бар, мусылман бенде сол ўақытқа туўры келип қалса, Аллаҳтан сораған нәрсесин әлбетте береди".
(Муттафақун алайҳи)

     Уламалар сол ўақыт ҳаққында түрли пикирлерди айтқан.
Солардан ең күшлиси:
-имам хутба ушын минбарга шыққанда намаз таўсыламан дегенше;
-аср намазынан кейин қуяш батқанша.

Жума күниңиз мүбәрек болсын!

     🔸Аллаҳумма солли ўә сәллим ўә бәәрик ала Муҳаммад ўә ала әәлиҳи ўә асҳабиҳи әжмаъийн!

     🔸Аллоҳумма солли ала сәййидинәә Муҳаммад!


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#жума

ЖУМАҒА ПИЯДА БАРЫЎДЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ❗️❗️❗️

Имрон ибн Ҳусайн разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады:

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким жума күни ғусыл қылса, оның гүна ҳәм қәтелери кешириледи. Намазға жүре басласа, ҳәр бир адымына жигирма (20) жақсылық, саўап бериледи. Намазды оқып киятырған ўақтында еки жүз (200) жыллық әмеллер саўабы менен сыйлықланады», – деди».

Табараний рәўият қилған.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайсы сүрени жарлылықтан узақ қылады, кең ирысқыға себеп болады деген?
Anonymous Quiz
16%
А. Ихлас
32%
Б. Мүлк
48%
С. Ўақыя
4%
Д. Ар-Роҳман
#еслетпе

БАРААТ ТҮНИ

Бараат түни Шаъбан айының он бесинши түни яғный 2024 жылдың 24-февраль күнинен 25-февральға өтер түнине туўры келеди.
 “Бараат” сөзи арап тилинде "азат болыў", "нәжәт табыў" деген мәнилерди аңлатады. Бул түнниң бараат яғный, нәжәт табыў, азат болыў деп аталыўының себеби, ол түнде Аллаҳ тааланың раҳмети себепли есапсыз инсанлар дозақтан нәжәт таўады.

Шаъбан айында ораза тутыў ушын ең абзал ўақыт жақынласпақта. Бараат түнин ғәплетте өткерип жибермең! Не сорайтуғын нәрсеңиз болса тап усы түнде Аллаҳ тааладан сораң, себеби бул түнде Аллаҳ таала - "Сорайтуғын барма? - Беремен" дейтуғын түн.

Еслетип өтемиз!

Шаъбанның ➡️13-күнинен баслап ➡️15-күнине шекем (үш күн) ораза тутыў абзал. Бул күнлер "бийз күнлери" де делинеди. Бийз күнлери ораза тутыў сүннет саналады.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#видео_ролик

«РАМАЗАННЫҢ КИРИП КЕЛИЎИН БИРИНШИ ХАБАРЛАҒАНҒА ЖӘННЕТ ХОШ ХАБАРЫ БЕРИЛИЎИ ҲАҚЫЙҚАТ ПА?»

🎤 ТӨРЕБАЕВ КАМАЛБЕК
Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити имам-найыбы.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйқлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».


Аллаҳтың зикринде болған инсан - жәннетке күлген ҳалында киреди.

Ибнул Қаййум раҳимаҳуллаҳ.

📿 СУБҲАНАЛЛОҲ!
📿 ӘЛҲӘМДУЛИЛЛАҲ!
📿 АЛЛОҲУ АКБАР!
📿 ЛӘ ИЛӘҲӘ ИЛЛАЛЛОҲ!

📿АЛЛООҲУММА СОЛЛИ ЪАЛӘӘ СӘЙЙИДИНӘӘ МУҲАММАД!

Қайырлы түн әзизлер!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#бараат_түни_оразасы

ҚАШАН ОРАЗА ТУТАМЫЗ?

24-февраль 2024
14-шаъбан 1445
25-февраль 2024
15-шаъбан 1445
26-февраль 2024
16-шаъбан 1445

Аўыз жабыў ҳәм аўыз ашыў ўақытлары:
(Нөкис ўақты менен)

Шемби: 06:15 - 18:49
Екшемби: 06:13 - 18:50
Дүйшемби:06:12-18:51


АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ:

"Шаъбан айының бүгинги нәпил оразасын таң атқаннан күн батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллооҳу Әкбар".

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ:

"Я Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл".


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
24-февраль күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 07:10
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 17:10
  ШАМ — 18:49
  ҚУПТАН — 20:10

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 05:10
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 19:05

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң шемби күни

24-фебраль            2024
14-шаъбан   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

Ол (Аллаҳ) сизлерге Жерди хорланған (бойсыныўшы) етип қойды. Солай екен, оның (Жердиң) түрли тәреплеринде (саяхат, саўда ямаса дийқаншылық етип) жүриң ҳәм (Аллаҳтың берген) ырысқысынан жең! (Қыямет күни) тирилип шығыў Оның алдына.

Мулк сүреси, 15-аят.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#уллылар_нәсияты

Бир адамның сени сенде жоқ жақсылықлар менен мақтап атырғанын еситсең, сен ҳаққыңда сенде жоқ жаманлықларды айтып жүриўин де күтебер.


Ўаҳб ибн Мунаббиҳ раҳимаҳуллаҳ.


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

https://t.me/Niyetuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#жума_марузасынан

🔹 Тема: «Шаъбан айында ораза тутыўдың пәзилети»

🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱
    
🎙Устаз Бахрамаддин Разов.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#дуўа

ТАҢДА ҲӘМ КЕШҚУРЫН ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты:
«Ким ҳәр күни таң атқанда ҳәм кеш киргенде: «Ҳасбияллооҳу ләә иләәҳә иллә ҳуў, алайҳи тәўәккәлту ўә ҳуўә Роббул аршил азийм», деп жети мәрте айтса, оның дүнья ҳәм ақыреттеги әҳмийетли ислеринде Аллаҳтың Өзи жетерли болады».

Ибн Сунний рәўияты.

Дуўаның мәниси: Аллаҳтың Өзи маған жетерли. Оннан басқа иләҳ жоқ. Оған тәўекел еттим. Ол уллы арштың Раббиси.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

https://t.me/Niyetuz
#мағлыўмат

«БАРААТ ТҮНИ» ҚАНДАЙ ТҮН?

Шаъбан айының пазыйлетлеринен бири, бул айда Бараат түни яғный дозақтан қутылыў түниниң бар екенинде. Бул Шаъбан айының он төртинен он бесине өтер түнине туўра.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан ҳакыйқатында да бул түнниң пазыйлетли екенин соның менен бирге бул түнде Аллаҳ тааланың жер бетине мийрими түсиўи ҳаққындағы ҳәдислер келген. Олардан:
Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бир күни түнде намаздың сәждесинде узақ қалып кетти. Узақ болғаны соншелли, ҳәттеки мен жаны үзилдиме екен деп ойлап қорқып кеттим. Усыны ойлаў менен орнымнан турдым да Пайғамбарымыз алайҳиссаламның бас бармағын услап көрдим. Бармағы қыймылдағаннан кейин орныма қайттым. Соннан кейин мен Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сәжде қылып турып былай дегенин еситтим: «Я Рәббим, Сениң азабыңнан мийримиңди үмит етемен. Мен Сеннен пана тилеймен. Сени Сен ылайық болатуғын дәрежеде мақтай алмайман. Сен Өзиңди сыпатлағандайсаң» Усыннан кейин ол басын сәждеден көтерип, намазын тамамлады. Және маған қарап былай деди: «Ҳәй Айша, Пайғамбар сени таслап кетти деп ойладың ба?» Мен оған: «Яқ, ҳәй Расулуллаҳ, мен тек ғана  жаныңызды бул өмирден алып кеттимекен деп қорықтым, себеби сәждеңиз жүдә узын болды». Кейин Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Бул түнниң қандай түн екенин билесең бе?», – деп сорады. Мен: «Аллаҳ ҳәм Оның Расули билиўширек!» дедим. «Бул Шаъбан айының ярымы толған түн. Бул түнде Аллаҳ таала бенделерине мийримин жаўдырып, мағфират тилегенлерди мағфират қылады, кеңшилик сорағанларға Өзиниң кеңшилигин жаўдыратуғын түн. Бирақ, кеўлинде мусылманларға кеги бар адамларды қалай болса солай қалдырады».
Басқа ҳәдисте Айша анамыз разыяллаҳу анҳа айтты: «Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳ субҳанаҳу ўа таала Шаъбан айының ярымы болғанда Кәлб қәўиминиң қойларының жүнлеринен де көбирек адамларды кеширеди».
Кәлб қәўими қойларының көплиги менен танылған қәўим еди. Сонлықтан да ҳәдисте усы түни көплеген адамлардың Аллаҳтың мағфиратына ҳәм мийримине ерисиўи айтылған. 
Және бир ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Бул түн Шаъбан айының ортасы. Аллаҳ таала Кәлб қәўиминиң қойларының жүнлеринен де көбирек адамларды дозақтан шығарады. Бирақ, Аллаҳға шерик қылғанға ҳәм мусылман бирадарына жүрегинде кек сақлаған адамға, және ағайиншилик қарым-қатнасты үзиўши менен тәкаббырлыққа берилип, балағын жерге сүйретип жүрген адамға, және ата-анасына ақ болыўшы ҳәм хамр (мәс қылыўшы ишимлик) ишетуғын адамға қарамайды».
Муаз ибн Жабал разыяллаҳу анҳу Пайғабарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның мынандай дегенин айтты: «Аллаҳ таала Шаъбан айының он бесинши болған күни бенделерине раҳметин жаўдырады да ҳәммесиниң гүнасын кеширеди. Тек ғана Өзине шерик қылғанды ҳәм кеўлинде мусылманларға кек сақлап жүрген адамлардан басқа.

https://t.me/niyetuz
#еслетпе #бараат_түни

Бүгин 24-февралдан 25-февралға өтер түни – Бараат түни

Бул түнде дуўалар қабыл болады.

Имам Шафеий раҳматуллаҳи алайҳ айтады:

“Бизге алдынғылардан бир гәп жетип келди, бес түндеги дуўалар қабыл болады: жумаға өтер түн, қурбан ҳайытқа өтер түн, ораза ҳайытқа өтер түн, Ережеп айының биринши сәнесине өтер түн ҳәм Шаъбан айының он бесине өтер түн”.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube