NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.68K subscribers
6.66K photos
595 videos
6.82K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң жума күни

16-фебраль            2024
6-шаъбан   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

(Ҳәй ийман келтиргенлер) Ҳақыйқатында да, сизлер ушын, Аллаҳтан ҳәм ақырет күнинен үмит қылғанлар ушын ҳәм Аллаҳты көп зикир қылғанлар ушын Аллаҳтың пайғамбарында жақсы өрнек бар.

Аҳзаб сүреси, 21-аят.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
018. Кахф
<unknown>
#жума
#қуран
#каҳф_сүреси

🕌 Жума мүбәрек болсын!

▪️Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Ким жума күни Каҳф сүресин оқыса, қиямет күни оның қәдеми астынан нур шығып, аспанды жарытады ҳәм оның еки жума арасындағы қәтелери кешириледи”, деди.


•┈•┈⊰✿🍃🌺🍃✿⊱┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

ИНСАННАН ҚАЛАТУҒЫН ЕҢ ЖАҚСЫ ҮШ НӘРСЕ

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Инсан өзинен кейин қалдыратуғын нәрселердиң ең жақсысы үшеў: Дуўа қылып турыўшы салиҳ перзент, садақаи жария, өзинен кейин пайдаланылатуғын илм", деди.


Ибн Можа рәўияты.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлиминиң мәжилислер залында усы аймақтағы “Нур”, “Алмазар”, “Ели абат”, “Дарбент”, “Қурылысшы” МПЖ  турғынларына руўхый-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.
Илажға Жоқарғы Кеңес депутаты В.Каленова, Нөкис қаласы  бас имам - хатиби А.Набатов, Нөкис қалалық «Нураный» қоры баслығы К.Календеров, Нөкис қаласы Қорғаныў ислери бөлими қәнигеси резервдеги майор Д.Алламуратов, Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми методисти С.Абаданова ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими қәнигеси И.Аметовлар қатнасты.
Илаж қатнасыўшылары мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, сиясий, социаллық-экономикалық раўажланыў бойынша қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси, барлық тараўлардағы сонғы өзгерислер, қаламызда алып барылып атырған унамлы жумыслар сондай-ақ, миллетлераралық татыўлықты беккемлеў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, жаслардыӊ бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм жасларды китапқумарлыққа болған қызығыўшылығын арттырыў ҳаққында сөз етти.
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
17-февраль күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 07:20
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 17:05
  ШАМ — 18:40
  ҚУПТАН — 20:05

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 05:25
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 18:55

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң шемби күни

17-фебраль            2024
7-шаъбан   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Айт: «Ол Аллаҳ жалғыз».

(Ихлас сүреси, 1-аят).

Тафсир: Аўа, ҳәй Пайғамбар, ҳәммеге айт Аллаҳ таала бир, жалғыз.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Бир адамнан:
- Бул кимниң түйелери?
- Мениң қолымдағы Аллаҳтың түйелери!

Туўры исенимдеги мусылманның түсиншеси ҳәм жуўабы әйне усындай болады...

┉┅━❀🌺❀━┅┉

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Ҳәдисти даўам еттириң!
Ким ырысқысы кең болыўын ҳәм артынан изи қалыўын қәлесе ...
Anonymous Quiz
6%
А. Көп дос арттырсын
20%
Б. Мешит қурдырсын
33%
С. Шаңарағына жумсақ мүнәсибетте болсын
41%
Д. Силаи раҳм қылсын
"Асадуллаҳ" (Аллаҳтың арысланы) аты менен танылған саҳаба ким?
Anonymous Quiz
26%
Зайд ибн Собит разыяллаҳу анҳу
45%
Умар разыяллаҳу анҳу
28%
Ҳамза разыяллаҳу анҳу
Ҳаж сөзликте қандай мәнини аңлатады?
Anonymous Quiz
16%
Қасд қылыў
65%
Зыярат етиў
19%
Сапар шегиў
Ҳаж ибадаты қандай әмел?
Anonymous Quiz
74%
Парыз
17%
Ўәжиб
9%
Сүннет
#рәўият #тәрбия

ИНСАН УШЫН ЕҢ УЛЛЫ НЕЪМАТЛАР

Рәўиятларда келеди, Солиҳ Димашқий деген алым өз улына былай нәсият қылған:
"Ҳәй балам! Егер күниң ҳәм түниң өтсе, онда диниң, денең, малың ҳәм шаңарағың аманлықта болса, Аллаҳ таала ушын шүкирди көбейт! Қаншадан-қанша дини тартып алынған, мал-мүлки талан-тараж етилген, айыбы әшкараланған ҳәм бели сындырылған адамлар бар. Ал, сен аманлықтасаң".

Бул нәсияттан инсан ушын ең әҳмийетли неъматлар не екенин билип алсақ болады. Инсанның дини, денеси, малы ҳәм шаңарағы аманлықта болса, оған дүньядағы ҳәмме жақсылықлар, неъматлар берилген болады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйқлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».

Қайырлы түн әзизлер!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
18-февраль күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 07:20
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 17:05
  ШАМ — 18:42
  ҚУПТАН — 20:05

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 05:25
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 18:55

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң екшемби күни

18-фебраль            2024
8-шаъбан   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube