NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.67K subscribers
6.66K photos
595 videos
6.82K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайсы теректи мусылманға уқсатқан?
Anonymous Quiz
85%
Қурма
11%
Жүзим
4%
Алма
Даўыт алайҳиссаламға нәзил етилген иләҳий китап қайсы?
Anonymous Quiz
46%
Забур
27%
Инжил
22%
Қуран
5%
Саҳифалар
Қураны Кариймде "Руўхул-қудус" исими менен сыпатланған периште ким?
Anonymous Quiz
48%
Жабрайыл алайҳиссалам
25%
Азрайыл алайҳиссалам
16%
Мийкайыл алайҳиссалам
11%
Исрофил алайҳиссалам
Мәниси Аллаҳ тааланики болып, айтылыўы Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан болған ҳәдис не делинеди?
Anonymous Quiz
25%
Мутаўатир ҳәдис
28%
Аҳад ҳәдис
6%
Зайиф ҳәдис
41%
Қудсий ҳәдис
​​#намаз

5 ўақыт намаз оқыйтуғын адам бир күнде:
- 40 мәрте "Бисмиллаҳ"
- 40 мәрте "Фатиҳа сүреси"
- 80 мәрте "Ар-Роҳман"
- 80 мәрте "Ар-Роҳийм"
- 213 мәрте "Аллооҳу әкбәр"
- 120 мәрте "Субҳәәнә роббиял ъазийм"
- 240 мәрте "Субҳәәнә роббиял аъләә"
- 15 мәрте "Субҳәәнәкә"ни яғный "Сәне дуўасы"
- 40 мәрте "Сәмиъаллооҳу лимән ҳәмидәҳ"
- 40 мәрте "Роббәнәә ләкәл ҳамд"
- 40 мәрте "Әмийн (Я Аллаҳ! Дуўамды қабыл ет)"
- 33 мәрте "Зам сүре"
- 21 мәрте "Ташаҳҳуд"ты оқып Пайғамбарымызға салаўат
- 21 мәрте "Ташаҳҳуд"ты оқып Шәҳәдат кәлиймасы
- 26 мәрте Периштелер ҳәм мөминлерге сәлем
- 13 мәрте "Аллооҳумма әнтәс сәләәм
- 13 мәрте "Роббәнәә әәтинә" дуўасы
- 13 мәрте "Роббәнәә иғфирлий" дуўасы
- 15 мәрте "Аллооҳумма солли ўә сәллим"
- 15 мәрте "Аллооҳумма бәәрик" салаўаты
- 15 мәрте "Шайтан"нан пана тилейди.
🌙 Соны билиң, ең қайырлы әмелиңиз "Намаз" болады.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#жума
#салаўат

Бәршемизге белгили, пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат аўтыў уллы әмел болып, шәриятымызда буған шақырылады. Аллаҳ таала Қураны кәриймде:
Әлбетте, Аллаҳ ҳәм Оның периштелери Пайғамбарға салаўат айтады. Ҳәй ийман келтиргенлер! (Сизлер де) оған салаўат ҳәм сәлем айтың.
Аҳзаб сүреси, 56-аят.

🔆 Аллооҳуммә солли ўә сәллим ўә бәәрик ъаләә Муҳаммад ўә ъаләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн!

     🔆 Аллооҳумма солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммад!

ЖУМА МҮБӘРЕК БОЛСЫН!


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
26-январь күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 07:45
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 16:35
  ШАМ — 18:17
  ҚУПТАН — 19:40

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 05:45
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 18:25

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң жума күни

26-январь               2024
14-ражаб   1445

🤲🏻
Уйқыдан турғызған, қәлиблерге меҳр-мухаббат салған, ырысқымызға берекет берген Аллаҳ таалаға ҳәмдлер болсын!

Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин!
Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

Тек Саған ғана сыйынамыз ҳәм тек Сеннен ғана жәрдем сораймыз.

Фатиҳа сүреси, 4-аят.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат

САЛАЎАТ АЙТЫЎДЫҢ ҚАНДАЙ ПАЗЫЙЛЕТЛЕРИ БАР?

1⃣.Салаўат айтыў қызғаншақлықтан узақ қылады.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Алдында тилге алынсам, маған салаўат жолламаған адам қызғаншақ”, – деди.
(Имам Термизий, Имам Аҳмад рәўияты).

* * *

2⃣.Салаўат айтыў дуўа қабыл болыўының негизи.
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ҳәр бир дуўа Пайғамбарға салаўат айтылмағанша, аспан ортасындағы перде себепли жерде тоқтап турады, салаўат айтылса, сол перде көтериледи”, – деди.

* * *

3⃣.Салаўат айтыў Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның шәпәәтлерине найыл еристиреди.
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Маған жума күнинде ҳәм жума түнинде көп салаўат айтыңлар, ким солай етсе, мен оған Қыямет күни гүўа ҳәм шәпәәтши боламан”, – деди.
(Имам Байҳақий рәўияты).

* * *

4⃣.Салаўат айтыў Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға жақын қылады.
Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Қыямет күни маған ең жақын адамлар, әлбетте маған көп салаўат айтқанлары”, – деди.
(Имам Термизий рәўияты)

* * *

5⃣. Аллаҳ таала салаўат айтыўшылардың гүналарын кеширеди, дәрежесин көтереди.
Анас ибн Малик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким маған бир мәрте салаўат айтса, Аллаҳ оған он мәрте салаўат айтады. Оның он гүнасы өшириледи. Он дәреже жоқарылытады”, – деди.
(Имам Насаий рәўияты)

* * *

6⃣. Салаўат айтыўшыларды Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салам еситеди.
Абдуллаҳ ибн Әбиў Ўафа разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Жума күни маған салаўатты көбейтиң. Әлбетте, маған жеткериледи ҳәм мен еситемен”, – деди.
(Имам Ибн Мажа рәўияты)

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
018. Кахф
<unknown>
#жума
#қуран
#каҳф_сүреси

🕌 Жума мүбәрек болсын!

▪️Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Ким жума күни Каҳф сүресин оқыса, қиямет күни оның қәдеми астынан нур шығып, аспанды жарытады ҳәм оның еки жума арасындағы қәтелери кешириледи”, деди.


•┈•┈⊰✿🍃🌺🍃✿⊱┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Жубран Ҳалилден сорапты: “Инсандағы ең қорқынышлы нәрсе не?”

Жубран Ҳалил төмендегише жуўап берди:
“Инсан балалығынан зеригеди. Тезирек үлкен болыўды қәлейди. Ал үлкейгеннен кейин және жас ўақтына қайтыўды қәлейди. Мал-дүнья жыйнаў ушын ден-саўлығынан айрылады. Соң топлаған мал-дүньясын саламатлығын тиклеўге сарыплайды. Келешек ушын кайғырып, бүгинги күнин де қолдан шығарады. Ҳеш өлмейтуғындай жасайды, сондай-ақ ҳеш жасамағандай қайтыс болады”.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
27-январь күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 07:40
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 16:35
  ШАМ — 18:19
  ҚУПТАН — 19:40

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 05:45
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 18:25

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң шемби күни

27-январь               2024
15-ражаб   1445

🤲🏻
Уйқыдан турғызған, қәлиблерге меҳр-мухаббат салған, ырысқымызға берекет берген Аллаҳ таалаға ҳәмдлер болсын!

Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин!
Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

Әлбетте, ийман келтирген, ийгиликли ислерди қылған, намазды кәмил оқып, зәкат бергенлер ушын Рәббисиниң алдында сыйлығы бар. Оларға қәўип жоқ ҳәм олар қапа да болмайды.

Бақара сүреси, 277-аят.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

Ибн Аббас разияллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Қураннан ҳеш бир нәрсе ядламаған инсан тасланды үйге уқсайды”, деди.


Имам Термизий рәўияты.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#жақсылық

ТӘБИЯТТЫ АСРАҢ!

1. Жерди иплас қылмаң

Дүзетип қойғанынан кейин Жер бетинде бузғыншылық қылмаң!
(Аъроф сүреси, 56-аят).

2. Аллаҳ пәкликти жақсы көреди

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Аллаҳ пәк, пәкликти жақсы көреди”, деди.

3. Шығынды тасламаң

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Үш жерге: суўға, адамлар жүретуғын жолға ҳәмде сая-салқын жерлерге шығынды таслап, ләнетке қалыўдан қорқың”, деген.

4. Аллаҳ кешириб жибереди

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Бир адам жолда жүрип баратырыб тикенли шақаны көрип, оны алып таслады. Сонда Аллаҳ оны сыйлықлады ҳәм кеширди”, деди.

5. Бул да - садақа

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Жолдан азар бериўши нәрсени алыб таслаўыңыз да - садақа”, деди.

6. Қанша мийўе болса сонша саўаб

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Ким бир өсимлик егип соң мийўе берсе, Аллаҳ таала оның мийўеси санынша (саўаб) береди”, деди.


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикметли_сөзлер

Бир илимли киси сигарет шегип турған адамға: "Сигаретиңди кийимине тийгизип өшир", деди.
Сонда сигарет шегип турған адам: "Сен жиллисең бе, кийимим күйип қалады ғо?", деди.
Сонда илимли киси салдамлылық пенен: "Ҳәй достым! Кийимиң қәлбиңнен де, өкпеңнен де қыммат па?" деп жуўап берди.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram каналымыз: @alberuniyuz
Instagram каналымыз: instagram.com/alberuniyuz