NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.67K subscribers
6.29K photos
570 videos
6.46K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#рамазан_2023 #ораза #аўыз_жабыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

Мәниси:
Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2023

ИФТАРЛЫҚТЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

Ифтарлық бир қарағанда кешки тағамланыў. Бирақ усы әйтеўир тағамланыў ораза тутыўшы адам ушын уллы пайзыйлет саналады, қуўаныш ҳәм қайыр-берекет себепшисине айландырылған. Ҳәттеки барлық пайғамбарлар ифтарлық қылыўға буйырылған.
Имам Табараний Ибн Аббас разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылған ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Биз – пайғамбарлар жәмәәти ифтарды ерте қылыўға ҳәм сәҳәрликти кешлетиўге буйырылғанбыз», деген.

Имам Бухарий Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳәдисте былай делинеди: «Ораза тутыўшыға еки қуўаныш бар. Олар: Ифтар қылғанда сүйсинеди ҳәм қашан Рәббисине жолыққанда, оразасы менен сүйсинеди», деген.

Имам Бухарий Саҳл ибн Саъд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Адамлар ифтарға асығады екен, жақсылықта болып барабереди», деген».



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен 11-апрель күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 


  ТАҢ — 05:50
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 17:55
  ШАМ — 19:44
  ҚУПТАН — 21:15

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 03:40
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 20:00

⚡️⚡️⚡️⚡️

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2023 #ораза #аўыз_жабыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен

АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.


Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тилек

☀️ ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!

🌿 Ассаламу алайкум. Ҳәптениң сийшемби күни мүбәрек болсын...

🌿 Басланған күниңиз әўметли келсин!

🌿 Жақсылықлар ҳәм жақсы инсанлар менен күн даўамында бирге болың!




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан #қайырлы_таң

🌙🍀АССАЛАМУ АЛАЙКУМ!🍀🌙 РАМАЗАННЫҢ 20-КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!

🤲 Рамазан айында ҳәр бир жақсы ислериңизде Аллаҳ жәрдемши болсын!

🌟🌙 Қәлбте ийман, тилде болсын зикир салаўат.
🌟🌙 Ибадатлар гүналарға болсын каффарат.
🌟🌙 Ҳажға барып Байтуллаҳты қылың зыярат.
🌟🌙 Баратуғын мәнзилиңиз болсын Фирдаўс Жәннет.
🌟🌙 Дуўада, сиз ушын қәлбим ҳәр саат.
🌟🌙 Дуўларым Аллаҳ таала қылсын ижабат.
🌟🌙 Шаңарағыңызды тәрк етпесин пайыз-берекет!

🌙 🌹🌙 РАМАЗАННЫҢ ЖӘНЕ БИР ТАҢЫ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

Ҳәй ийман кетиргенлер! Егер Аллаҳтан қорықсаңыз, сизлерге (ҳақ пенен наҳақты) ажыратыўшыны береди, сизлердиң гүналарыңызды жуўып, сизлерди кеширеди. Аллаҳ – үлкен кеңшилик ийеси.

Анфал сүреси, 29-аят.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Имам Ғаззалий раҳимаҳуллах:
«Ораза тутыў жан ушын зәкат, дене ушын - машақат, жақсылыққа шақырыў, гүналардан тыйылыў, жынаятлардан сақланыў болып есапланады. Аш денеде кәлб бир мөлшерде ислейди, ақыл тынықласады, көз рәўшанласады. Тоқлық ериншекликти келтирип шығарады, қалб нурын өширеди, зейинди өтпес қылады.
Аз уйқы ҳәм аз аўқат пенен қалблериңизге өмир бағыш етиң. Сонда, қалблериңиз тынык болады ҳам тетиклеседи" деп айтады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_қәдир_түни

Қәдир түни ушын 27 мәсләҳат:

1. Түнлерде сергек турыў ушын песиннен кейин бираз дем алың;
2. Ибадатыңызға кесент етпеўи ушын ифтарлықта көп аўқат жемең;
3. Бул түнди ибадатта өткергениңизде көбирек тәўбе қылың;
4. Ҳәмме мөмин еркеклер ҳәм мөмин ҳаяллар ушын истиғфарды ҳәм дуўаны көбейттириң;
5. Ҳәмме ағзаларыңыз бенен Аллаҳға жүзлениң, ҳәттеки ақылыңыз ҳәм қәлбиңиз бенен;
6. Жәнжел ҳәм тартысыўлардан узақласың, сизиң ҳақыңызға қыянет қылғанларды кешириң;
7. Пикириңизди бир жерге жәмлеп ибадат қылың, Қәдир түнинде қыялыңыз басқа жақта болып, жүз рәкаат намаз оқығанның пайдасы жоқ;
8. Дуўа ҳәм ибадатты ихлас пенен қылың;
9. Қәдир түнинде илажы барынша таҳәратлы болың;
10. Дуўаларыңыз қабыл болатуғынына анық исениң. Себеби қабыл болыўына исенбеслик дуўаның арасына тосық болады;
11. Аллаҳ дуўаларыңызды қабыл қылып, әмелге асыўына исенимиңиз кәмил болсын;
12. Дуўада шын жүрегиңиз бенен жалбарынып сораң, себеби Аллаҳ таала жалбарынып дуўа қылған бендесин жақсы көреди;
13. Ҳәр бир гүналарыңыз ушын Аллаҳ таалаға истиғфар айтың, Ол сизди әпиў етиўин сораң;
14. Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламға, Оның шаңарақ ағзаларына көп-көп салаўатлар ҳәм сәлемлер айтың, саҳабаларға Аллаҳтан разылық сораң (яғный «Разыяллаҳу анҳу» деп айтың);
15. Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтып изинен: «Аллаҳумма иннака ъафуўўун, туҳиббул ъафўа фаъфуў ъәннәә” (яғный «Я Аллаҳ, әлбетте Сен гүнәларды әпиў етиўшисең, әпиў етиўди жақсы көресең, бизлерди әпиў ет»), дуўасын көп айтың;
16. Аллаҳ таала ҳәмме мусылманларды дозақтан азат етиўин көп сораң;
17. Ҳадал ырысқыны аңсат етип бериўин ҳәм жағдайларыңды жақсы тәрепке өзгертириўин көп сораң;
18. Өткен ата-аналарыңыздың ҳаққына көп дуўа қылып, Аллаҳ тааладан гүналарын кешириўин сораң;
19. Дуўа қылғанда усы дуўаларды да айтың: «Роббәнәә ҳәб ләнәә мин әзўәәжинәә ўә зуррийятинәә қуррота әъйўн», (яғный, Я Рәббимиз, бизларга жупты- ҳадалларымыздан, перзентлеримизден көз қуўаыншларын бер).
20. Ерли-зайыплылар бир бириниң ҳаққына гөззаллық, нәпси ҳәм пикирдиң рәҳәтин тилеп дуўа қылыў керек;
21. Сәжде қылған ҳалыңызда көп дуўа қылың. Себеби бендениң Рәббисине ең жақын болған ҳалаты сәжде қылған ҳалаты;
22. Сәждеде узақ ўақыт дуўа қылып турың. Себеби Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Беллериңиз гүналарыңыз бенен аўырласып кеткен. Оларды сәждеде узақ турыў менен жеңиллетесиз»-деп айтқан;
23. Бир мәўриттиде зая кеткизбең, ўақытты ғәниймет билиң, себеби рейим есиклери бул түнде ашық болады;
24. Қәдир болғаныңызша Қуран оқың;
25. Қәдир түнинде ибадат пенен өткериў таң атқанша даўам етеди. Сол ўақытта периштелер аспаннан түсип-шығып турады;
26. Аллаҳ таала бул түнди ибидат пенен өткериўге жеткергенине шүкирлер айтың, себеби қаншадан-қанша адамлар бул бахыттан бос қалды;
27. Қәдир түнинде имкәныңыз болғанынша садақа бериң, бул түнде қылынған ҳәр бир әмелдиң саўабы уллы.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_пазыйлет

БУЛ АЙ - САҚЛАНЫЎ АЙЫ

Түрли гәп-сөзлер тилден болады. Тил арқалы бир-биримизге азар бериўден сақланайық. Тилимизди ғыйбаттан, мәниссиз сөзлерден тыймасақ, тутқан оразамыз тек ашлық ҳәм шөллеўден ғана ибарат болады. Ораза тутыўдан гөзленген мақсет жәннеттиң Райян дәрўазасынан киретуғынлардың қатарында болыў ушын тил апатларынан (жалған, дөҳмет, жалған ант, ғыйбат сыяқлылардан) сақланыўымыз керек.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдийс #тәрбия

АМАНАТ

Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам дерлик ҳар бир хутбасында:
“Аманаты жоқ адамның ийманы жоқ, ўәдеси жоқ адамның дини жоқ” – дер еди.

Имам Аҳмад рәўияти.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2023 #ораза #аўыз_жабыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

Мәниси:
Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рәўият

ШАЙТАННЫҢ ҲИЙЛЕСИ.

Бир күни шайтан Ийса алайҳиссаламның алдына келип:
- "Тәғдирде бар нәрсе болады, жоқ нәрсе болмайды, дейсең, онда сен өзиңди мына төбеликтен тасла, тәғдириңде болса аман қаласаң", дейди.
Сонда Ийса алайҳиссалам:
- "Аллаҳты сынап көриў мениң исим емес, бирақ мени сынаў Аллаҳтың иси", деп шайтанға жуўап берген екен.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2023 #ҳәдис
#қәдир_түни

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:
«Қәдир түнин Рамазанның ақырғы он күнлигиниң тақ түнлеринен излең...»

❗️Ақырғы он күнлик тақ түнлери

🗓 21-түн – 11-апрельден 12-апрельге өтер түн .

🗓 23-түн – 13-апрельден 14-апрельге өтер түн .

🗓 25-түн – 15-апрельден 16-апрельге өтер түн .

🗓 27-түн – 17-апрельден 18-апрельге өтер түн .

🗓 29-түн – 19-апрельден 20-апрельге өтер түн .



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен 12-апрель күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 


  ТАҢ — 05:50
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 17:55
  ШАМ — 19:45
  ҚУПТАН — 21:15

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 03:38
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 20:01

⚡️⚡️⚡️⚡️

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2023 #ораза #аўыз_жабыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен

АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.


Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#тилек

🍃Ассаламу алайкум ўа роҳматуллаҳи ўа бәрокатуҳ!

🌷 Қәлбимизди кең, исимизди оң, тәғдиримизди жақсылықларға бөлесин, күнимизди шырайлы ҳәм мазмунлы қылсын. Әмийн!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан #қайырлы_таң

🌙🍀АССАЛАМУ АЛАЙКУМ!🍀🌙 РАМАЗАННЫҢ 21-КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!

🤲 Рамазан айында ҳәр бир жақсы ислериңизде Аллаҳ жәрдемши болсын!

🌟🌙 Қәлбте ийман, тилде болсын зикир салаўат.
🌟🌙 Ибадатлар гүналарға болсын каффарат.
🌟🌙 Ҳажға барып Байтуллаҳты қылың зыярат.
🌟🌙 Баратуғын мәнзилиңиз болсын Фирдаўс Жәннет.
🌟🌙 Дуўада, сиз ушын қәлбим ҳәр саат.
🌟🌙 Дуўларым Аллаҳ таала қылсын ижабат.
🌟🌙 Шаңарағыңызды тәрк етпесин пайыз-берекет!

🌙 🌹🌙 РАМАЗАННЫҢ ЖӘНЕ БИР ТАҢЫ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

Дуўа қабыл болатуғын ўақытлар:

1. Түнниң ақырғы үштен биринде. (Бухарый, Ҳәдиси қудсий);
2. Азан ҳәм тәкбир арасы. (Әбиў Даўыт, Аҳмад);
3. Сәждеде. (Әбиў Даўыт, Муслим);
4. Парыз намазынан кейин. (Термизий);
5. Жаўын жаўып турғанда. (Әбиў Даўыт, Ибн Мажа);
6. Мүсәпиршиликте. (Байҳақий, Термизий);
7. Арафа күни. (Имам Мәлик, Термизий);
8. Рамазан айында. (Бухарый, Термизий);
9. Ифтар ўақты. (Аҳмад, Термизий);
10. Наўқасты көриўге барғанда. (Муслим).




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

ҚӘЛБ ТИЛГЕ КИРГЕНДЕ

Кеўил, қәлб – кеңпейиллик нуры. Онда ыссылық, дәрт, ишки ой-сезим, үмит жәмленген.
Кеўил шад болса, ишке сыймайды, ал қапа болса, оны иштен таўалмайсаң.
Кеўилдиң жубанышы – илим, пазыйлет, мәртлик, меҳир-ақыбет, дослық.

❇️ Илим – қараңғылықты жарытыўшы зыя нуры. Ол руўхый кәмилликке қанат, физикалық ҳәрекетке қуўат есапланып, өзинде әдиликке садықлық, ийгилик жеңисине исеним сезимлерин жәмлейди.

❇️ Пазыйлет – меҳир теңизи. Ол – инсанларда адамгершиликти оятыўшы сыйқырлы даўыс, дүнья әҳлин ҳайран қалдырыўшы уллылық неъматы.

❇️ Мәртлик – жуўапкершилик шамшырағы. Ол – ийесине мақтаныш, иззет-икрам келтириўши, басқалар ҳәўес пенен умтылатуғын кемнен-кем ушырасатуғын қәсийет үлгиси саналады.

❇️ Меҳир-ақыбет – инсаныйлықтың тийкары, мазмунлы жасаўдың сыры, мәңгилик белгиси.

❇️ Дослық – қәлблер айнасы, кеўиллер ләззети, кеўиллер рәҳәти, жалғызлыққа мәлҳам, қәтержамлық негизи.

Солай екен, кеўил – дос... Дос – кеўиллер қуўанышы... Кеўилдиң бар екени - достың бар екенинен.

“Перзентнама” китабынан



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Сынған кеўил

Румий ҳәзиретлеринен сорапты:

- Сынған кеўил және жақсы көре алама?

Ҳәзирет жуўап берди :

- Аўа, жақсы көре алады!!!

- Онда айтың, сынған ыдыста суў ишесизбе?

Ҳәзирет азғантай күлимсиреп :

- Сиз ыдыс сынды деп суў ишпедиңиз бе?

Бул әлемде бар екенбиз, жақсы көрген инсанымыздың сүйиклиси болып жасайық. Жалғанларға алданбайық, ҳәр қандай шәраятта да өзимизге исенетуғын инсанға басқалардың гәпине қулақ салатуғын инсанға кеўил қоймайық сизден кетиў мың айыбыңыз болса да қасыңызда қәлбңизде қалыў ушын тек ғана бир сыпатыңыз жетерли болатуғын инсанға кеўил қояйық.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube