НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
113K subscribers
18.3K photos
6.26K videos
83 files
12.9K links
Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!

👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama
Download Telegram
⚡️️1-майдан ҳаял-қызларға усыныснама бериледи

️Нызамшылыққа бола, 5 жыл мийнет стажына ийе, бирақ жоқары мағлыўматы жоқ ҳаял-қызлар мәмлекетлик ЖООларына төлемли-контракт тийкарында қабыл етиледи. Буның ушын Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң усыныснамасы керек.

Усыныснама ушын төмендеги мәнзилге кириледи:
1⃣ https://xotin-qizlar.uz/
2⃣ Турақлы жасаў ямаса ўақытша жасап турған жери бойынша жасаў орнындағы район (қала) шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлимлери

Қандай ҳүжжетлер керек?

Бунда стаж бойынша my.mehnat.uz
Бирде-бир миллий мийнет системасында орта арнаўлы дипломын diplom.edo.uz
сайты арқалы тексерип алыўы керек.

❗️️Еслетпе: усыныснама алғанлар да кириў имтиханында қатнасады, тек олар өз алдына 500 квота ушын гүреседи.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
❗️Ертең Нөкисте суў жеткерип бериў тоқтатылады

Пайтахтымыз Нөкис қаласында жайласқан көп қабатлы турақ жайлар, исбилерменлик субъектлери, мекеме ҳәм шөлкемлерден шыққан Ақаба суўларды жыйнап, қаламыздан шығарып таслаўшы СП-10 Ақаба суўларды көтерип бериўши станциясынан шығыўшы диаметри 1020 мм болған жоқары басымлы Ақаба суў тармағында жүзеге келген авариялық жағдайды сапластырыў мақсетинде усы жылдың 28-апрель күни саат 08:00-13:00 аралығында ишимлик суў жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
🇺🇿«2024/2025 ОҚЫЎ ЖЫЛЫНЫҢ ЕҢ ҮЛГИЛИ МЕКТЕБИ»не даўыс бериң ҳәм мектебиңиз ушын қымбат баҳалы саўғаларды жеңип алың!

Қарақалпақстан Республикасының ең үлгили ҳәм ең белсенди мектебин анықлаў ҳәм де оларды сыйлықлаў мақсетинде социаллық сораўнама шөлкемлестирилмекте.

Социаллық сораўнама 2 басқышта болып өтеди ҳәм жеңимпаз @mekteplerbot телеграм ботында даўыс бериў жолы арқалы анықланады.

😀-басқыш аймақлар бойынша болып өтеди. Бул басқышта қайсы мектеп өзиниң қаласында ямаса районынында даўыслар саны бойынша 1-2-3-орынды қолға киргизетуғын болса, сол мектеп 2-басқышқа өтеди.

😅-басқыш республикалық тәризде болып өтеди. 1-басқышта Нөкис қаласы ҳәм районлар бойынша жеңимпаз болған жәми 51 мектеп 2-басқышта өз-ара беллеседи.

🤝-басқыш 13-апрель ─ 8-май күнлери;
🤝-басқыш 10-20-май күнлери болып өтеди.

🎉 Республикалық басқышта 1-2-3-орынды қолға киргизген мектеплер шөлкемлестириўшилер тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

👉МЕКТЕПКЕ ДАЎЫС БЕРИЎ
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🗒 28-апрель    📌Күн ҳаққында

🗓 Байрам ҳәм еслеў күнлери
Пүткил дүнья жүзлик мийнетти қорғаў күни

📖 Ўақыялар
1920-жылы Әзербайжан ССР шөлкемлестирилди;
1969-жылы «Бриллиант қол» комедиясы экран жүзине шықты.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
📆 28-апрель 🌤 Ҳаўа-райы болжаўы
 
Қарақалпақстанда күн алағат бултлы болады, айырым жерлерде жаўын жаўыўы мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте, айырым жерлерде 15-20 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 15-20°C, күндиз 28-33°C болады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
⚡️1-майдан баслап дәраматы жан басына 1 млн сумнан көп болмаған шаңарақларға свет ҳәм газ ушын мәмлекет жәрдем пул төлейди

Президенттиң 02.04.2025-жылдағы ПҚ-134-санлы қарарына тийкар, 2025-жыл 1-майдан 2027-жыл 1-апрельге шекем "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" мәлимлеме системасы арқалы балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем алыўшы және Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген, сондай-ақ, Реестрлерге киргизилмеген, бирақ материаллық жағдайы бойынша кем тәмийинленген шаңарақлар нормаларына туўра келетуғын, шаңарақтағы жан басына дәрамат минимал тутыныў қәрежетлериниң 1,5 есесинен (1003500 сумнан) артпайтуғын шаңарақларға:

💡электр энергиясы тутыныўы бойынша - айына базалық нормадан 150 кВт саатқа шекем;

🔥тәбийғый газ тутыныўы бойынша - айына базалық нормадан 150 куб метрге шекем, жылытыў мәўсиминде айына базалық нормадан 250 куб метрге шекем, басқа дәўирлерде артық пайдаланылған бөлеги ушын базалық норма шеңбериндеги және базалық нормадан асқан баҳалар арасындағы парық компенсация қылып бериледи.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Қарақалпақстанлы 4 оқыўшы мүдеттинен алдын студент болды

Усы жылдың 14-апрель күни улыўма орта билим бериў мектеплериниң  11-класс оқыўшылары арасында рус тили пәнинен Губкин пән олимпиадасы өткерилген еди. Онда қарақалпақстанлы 4 оқыўшы жоқары нәтийжелерге ерисип, мүнәсип хошаментленди:

▪️ Нөкис қаласы 32-санлы мектептиң оқыўшысы Ибрайымова Улзада;
▪️ Нөкис қаласы 4-санлы мектептиң оқыўшысы Дүзелбаева Камила;
▪️ Нөкис қаласы 37-санлы мектептиң оқыўшысы Аташов Улуғбек;
▪️ Қоңырат районы 37-санлы мектептиң оқыўшысы Амангелдиева Алия.

Усы оқыўшылар Губкин атындағы Россия мәмлекетлик нефт-газ университетиниң Ташкент филиалына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылланып, мүдеттинен алдын студент болды.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Наўайыда «батут» ушып кетти

27-апрель күни Нурата районындағы «Чашма» комплексиниң әтирапында жайласқан «Батут» күшли самал нәтийжесинде ушып кетти.

Ҳәкимликтиң мәлим етиўинше, «Батут» орнынан көшип автомобиль жолына түскен. Ҳәдийсе нәтийжесинде бир дана түнги жақтыландырыўшысына зыян жеткен. Пуқаралар, жас балаларға дене жарақаты жетпеген ҳәм автотранспорт қураллары зыянланбаған.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
❗️Айдаўшылар ушын ️жәрийма баллары 1-май күнинен баслап күшке кирмейди

Жәрийма балларын есаплаў тәртиби ҳаққындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет белгиленген тәртипте ислеп шығылмақта.

Сол себепли, тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилгеннен соң, жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығы ушын берилетуғын жәрийма балларының есапланыў мүддети ҳәм тәртиби анық белгиленеди.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🇺🇾 Уругвайлы еркек үлкен көз шанақлары менен Гиннеске кирди

Мартин Лопес көзлерин әдеттегиден өзгеше үлкенликте ашыў қәбилети менен Гиннестиң рекордлар китабына кирген.

Ол көзлерин үлкейтиргенде әдеттеги формасинан дерлик 2 см ге бөртип турады.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Автобусларда ҳаўа температурасы 26 дәрежеден асатуғын болса, кондиционер жағылыўы керек. Буннан бас тартқан айдаўшыға шара көриледи

«Тошшаҳартрансхызмет»тиң мәлим етиўинше, кондиционерлер тийкарынан жазғы мәўсимге өткеннен соң иске қосылады. Бирақ оған шекем ҳаўа температурасы 26 градус ыссы болатуғын болса ҳәм жолаўшылар суўытқышты жағыўды сораса, айдаўшылар буны орынлаўы керек.

Егер айдаўшы кондиционерди иске қосыўдан бас тартса, пуқаралар 1062 исеним номерине қоңыраў етиўи ямаса АЖниң мүрәжатлар бөлимине, өз шағымларын билдириўи мүмкин.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
❗️Путин 9-май мүнәсибети менен тынышлық жәриялады

Оқ атыўды тоқтатыў 7-8-май ярым ақшамнан 10-11-май ярым ақшамға шекем әмел етеди.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
💰 Доллардың рәсмий курсы төменледи

Орайлық банк 29-апрельден сырт ел валюталарының өзбек сумына салыстырғанда жаңа баҳасын белгиледи.

🔽 1 АҚШ доллары – 12 948,10 сум (-9,04);
🔽 1 Евро – 14 696,09 сум (-6,38);
🔼 1 Россия рубли – 156,93 сум (+0,37);
🔼 1 Қазақстан теңгеси – 25,24 (+0,06).

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Narxlari birinchi qo‘l do‘konni topdik! 🤫

ISHONCHdan endi har xil texnika va elektronikalarni birinchi qo‘l narxda xarid qilishingiz mumkin:


💻 Noutbuklar — 12 oyga 294 000 so‘mdan
📱 Smartfonlar — 12 oyga 160 000 so‘mdan
📺 Televizorlar — 12 oyga 175 000 so‘mdan

ISHONCH — hayotni hozirdan boshlang!

Batafsil:
📞 +998735152222
🤖 @ishonch_chatbot

Barcha aksiya va yangiliklardan xabardor bo'lish uchun @ishonch kanaliga obuna bo‘ling!

Реклама
❗️ СМС-Пенсия хызметин иске қоспақшыман. Не ислеўим керек?

Буның ушын биринши гезекте my.gov.uz порталына кирип дизимнен өтиў керек.

🔗 Соннан соң усы силтеме арқалы өтип "Хызметтен пайдаланыў" түймеси басылады ҳәм телефон номер киргизиледи.

❗️ Еслетпе: Бул хызметтен тек ғана пенсияға шыққан пуқаралар пайдаланыўы мүмкин.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❄️ Бүгин, 28-апрель күни Россияның айырым аймақларында күн кескин суўытып, қар жаўды

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!