НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
113K subscribers
18.3K photos
6.26K videos
83 files
12.9K links
Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!

👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama
Download Telegram
❗️Жаңа бағ ҳәм жүзимзарлар қурыўшыларға 18% ставкада 7 жыллық кредит бериледи, соннан 3-жылы жеңиллетилген

Кредит басқышпа-басқыш: жер таярлаў (10%), нәл ҳәм егиў (40%), суўғарыў системасы (30%) ҳәм тәрбиялаў (20%) ушын ажыратылады. 1 гектарға ең көби менен БЕМниң 500 есесине шекем кредит бериледи.

Реже 2025-жыл 23-апрельде тастыйықланған.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
⚽️ «Барселона» ҳәм «Реал Мадрид» Испания кубогы финалы ушын қурамын жәриялады

Финалда ойнай алмайтуғын «Барселона» футболшылары:

Левандовски
Балде
Касадо
Бернал

Финалда ойнай алмайтуғын «Реал Мадрид» футболшылары:

Камавинга
Милитао
Карвахаль

❗️Мағлыўмат ушын беллесиў 26-апрельден 27-апрельге өтетуғын түнде саат 01:00 де басланады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
❗️ЖТҲ ақыбетинде 891 шахс судланып, 173 адам еркинен айырылған​​​​​​​​​​​​​​​​

Өзбекстанда 2025-жылдың дәслепки үш айында ЖТҲ ислеўи ақыбетинде 891 шахс судланып, олардан 173 шахс еркинен айырылған.

Және 718 шахсқа болса еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазалар тайынланған.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
⚡️1-июннан баслап бир суткада 10 мың адым жүрген пуқараға мәмлекетлик хызметлерден 10% ҳәм кредит алыўда жеңилликлер бериледи

Президенттиң 30.01.2025-жылдағы ПП-16-санлы Пәрманына бола, 2025-жыл 1-июннен баслап "Бир миллион жасыл шаңарақ" улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде арнаўлы платформа иске қосылып, ол арқалы бир сутка даўамында кеминде 10 мың адым жүргенлерге "Экоактив пуқара" статусы бериледи ҳәм оларға төмендеги жеңилликлер бериледи:

✔️мәмлекетлик хизметлерден пайдаланыўда 10% жеңиллик;
✔️банклерден (мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары) тутыныў кредитин алыўда жеңиллик.

🚗 Шаңарақтың барлық ер жеткен (18 жасқа толған) ағзалары "Экоактив пуқара" статусын алған жағдайда, бул шаңараққа "Жасыл шаңарақ" статусы берилип, оларға ҳәр жылы лотерея арқалы 14 электромобилдиң биреўин утып алыў имканы бериледи.

💰Сондай-ақ, турғынларының ярымы "Жасыл шаңарақ" статусын алған мәканларда "Ең таза мәкан" ҳәм "Ең жасыл мәкан" таңлаўлары өткерилип, жеңимпаз мәканлар қорына төмендеги мақсетлер ушын 500 миллион сум ажыратылады:

▫️Балалар майданшасын қурыў;
▫️Жасыл бағ жаратыў;
▫️шығынды жыйнаў майданларын қурыў ҳәм шығынды контейнерлерин орнатыў.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Нөкисте инсан өмири сақлап қалынды

Кеше, саат 21:09 де, Нөкис қаласы 23-киши районында жайласқан үйлердиң биринде жалғыз жасаўшы пуқара есигин ашпай атырғанлығынан қәўетерленген оның жақын туўысқаны Қарақалпақстан Республикасы АЖБне әмелий жәрдем сорап мүрәжат еткен.

Хабарға бола, АЖБ қутқарыўшылары айтылған мәнзилге жетип барып, үй есиги ашып берилгенде жалғыз жасаўшы пуқара қан басымы көтерилип кеткени нәтийжесинде оның қол ҳәм аяқлары ислемей атырғаны мәлим болды. Дәслеп, қутқарыўшылар тәрепинен пуқараға биринши жәрдем көрсетилген ҳәм тез медициналық жәрдем хызметкерлерине тапсырылған.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
305 миллион сумлық "iPhone" смартфонлары шегарада иркип қалынды

Жеке тексериў даўамында пуқараның денесине скотч жәрдеминде оралған ҳалда жасырылған, бажыханаға аўызша түрде билдирилмеген ҳәм декларацияда дизимге алынбаған 20 дана "iPhone 13 Pro" смартфонлары анықланған.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Түнде Венера ҳәм Сатурн планеталары "күлиў" эможисин пайда етипти:)

24-апрельден 25-апрельге өтетуғын түнде аспанда әжайып ўақыя жүз берген. Айдың төбесинде еки планета: Венера ҳәм Сатурн сондай тәртипте жайласқан, белгили смайлик пайда болған.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Кинодағы жағдай өмирде де жүз берди. Ташкентте келин гипноз тәсиринде $5000 ҳәм 1 кг алтынды цыган ҳаялға берип жиберди

21 жаслы пайтахтлы ҳаял алдаўшылық қурбаны болды ─ ол гипноз астында болған ҳалда бийтаныс ҳаялға үлкен муғдардағы пул ҳәм зергерлик буйымларын берген. Улыўма зыян муғдары 5000 доллар ҳәм дерлик бир килограмм алтынды қураған.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
❗️Кишкене балаларға батареялы ойыншықлар әпериў қәўипли

Соңғы ўақытларда балалар ойыншықтың батареясын жутып жибериўи жағдайлары көп ушыраспақта. Айырым жағдайларда бул өлим менен жуўмақланып атыр.

Кишкене батареялар тамақтан тез өтип кетиўи себепли көп жағдайларда ата-аналар буны сезбейде қалады. Бирақ ўақыттың өтиўи менен батарея ишекте ерийди ҳәм ишекти күйдирип жибереди.

Сол себепли ата-аналарға балаларына батареялы ойыншық алып бермеў усыныс етиледи.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
🇺🇿«2024/2025 ОҚЫЎ ЖЫЛЫНЫҢ ЕҢ ҮЛГИЛИ МЕКТЕБИ»не даўыс бериң ҳәм мектебиңиз ушын қымбат баҳалы саўғаларды жеңип алың!

Қарақалпақстан Республикасының ең үлгили ҳәм ең белсенди мектебин анықлаў ҳәм де оларды сыйлықлаў мақсетинде социаллық сораўнама шөлкемлестирилмекте.

Аймақлық басқышта қайсы мектеп өзиниң аймағында даўыслар саны бойынша 1-2-3-орынды қолға киргизетуғын болса, сол мектеп ФИНАЛға шығады.

🎉 Финалда 1-2-3-орынды қолға киргизген мектеплер шөлкемлестириўшилер тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

👉МЕКТЕБИҢИЗГЕ ДАЎЫС БЕРИҢ
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🗒 26-апрель    📌Күн ҳаққында

🗓 Байрам ҳәм еслеў күнлери
Халықаралық интеллектуаллық мүлк күни;
Халықаралық хаткерлер күни.

📖 Ўақыялар
1828-жылы Россия империясы Османлы империясына қарсы урыс жәриялады;
1954-жылы Өзбекстан халық шайыры Муҳаммад Юсуф туўылды.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
📆 26-апрель 🌤 Ҳаўа-райы болжаўы
 
Қарақалпақстанда күн алағат бултлы болады, жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте, айырым жерлерде 13-18 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 15-20°C, күндиз 34-39°C болады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Тахтакөпирли жерлесимиз Жансулыў Татлымуратова супер финал жеңимпазы болды!

Тахтакөпирли жас талант ийеси Жансулыў Татлымуратова спорттың гимнастика түри менен еки ярым жасынан баслап шуғылланып, өзиниң сийрек ушырасатуғын қәбилети менен бәршемизди таң қалдырып келмекте.

Ол, «O'zbekiston Got Talent» талантлар шоусының супер финал басқышында жеке шығыўы менен қатнасып, супер финал жеңимпазы болды ҳәм 100 млн.сумлық ақшалай сыйлық, сондай-ақ, елимиздиң биринши санлы таланты атағына ийе болды.

Бизде өз гезегинде, Жансулыў Татлымуратованы, оның жақынларын ҳәм устазларын шын жүректен қутлықлаймыз!

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
🇺🇸 АҚШтың ️Калифорния штаты дүньядағы төртинши ең ири экономикаға айланды

Штат Япония экономикасын артта қалдырып, 4,1 триллион долларлық жалпы ишки өнимге еристи.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
❗️1-майдан мәҳәлле баслықлары медиаторға айланады

📑 Нызамшылыққа көре, 2025-жыл 1-майдан баслап Пуқаралар жыйыны баслықлары шаңарақлық медиация ислери бойынша кәсиплик медиаторлыққа бийпул оқытылады.

2025-жыл даўамында, ҳәр бир район ҳәм қалада 5 адамнан пуқаралар жыйыны баслықлары Өзбекстан мәҳәллелери бирлеспеси менен келисилген ҳалда оқытылады;
Келешекте барлық пуқаралар жыйыны баслықларының басқышпа-басқыш оқыў курсларынан өтиўи тәмийинленеди;
Оқыўды табыслы тамамлаған баслықлар, ата ҳәм ана арасындағы перзент тәрбиясына байланыслы жәнжеллерде бийпул медиаторлық жумысын әмелге асырады.

Бул арқалы шаңарақлық жәнжеллер судқа жетпестен шешиледи

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
⚡️Тахтакөпирде фестиваль ҳәм гала концерт өткериледи

Бүгин, 26-апрель күни "Қаратерең" көлиниң бойындағы экотуризм комплексинде "Студентлер бәҳәри" фестивали ҳәмде гала концерт болып өтеди.

Басланыў ўақты саат 18.00

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Түркияда мийинен операция исленген еркек ана тилин умытып, дан тилинде сөйлеўди баслады

Конья қаласында жасаўшы, жети перзенттиң әкеси Раҳми Карадемир дизеден өткерилген операциядан еки күн өткеннен соң, тосаттан оң қолы ҳәм аяғы ләң болып, сөйлей алмай қалған. Тексериўлер нәтийжесинде оның мийи шеп тәрепиндеги үлкен қан тамырларынан биринде уйып қалған қан анықланып, тезлик пенен алып тасланған.

Шыпакерлердиң атап өтиўинше, наўқас операциядан соң түрк тилинде сөйлей алмай, узақ жыллардан берли қолланылмаған дан тилинде (дания тилинде) сөйлеўди баслаған.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!