НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
113K subscribers
18.3K photos
6.26K videos
83 files
12.9K links
Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!

👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🇵🇸Палестина Президенти ХАМАСты «ийтлердиң балалары» деп, гиреўдеги еврейлерди азат етиўди талап етти

Маҳмуд Аббос баспасөзге баянат берип, өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ҲАМАСты «ийтлердиң балалары» деп, услап турған гиреўдегилерди азат етиўди, қуралсызланыўды ҳәмде Газаны тапсырыўды талап еткен.

Оның айтыўынша, бул урысты тамамлаў ушын зәрүр.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстанда 1-майдан баслап қамақтан азат етилген шахсларға 2,25 млн сўм муғдарындағы бир мәртелик напақа пулы төленеди

Ҳүжжетке муўапық, 2025-жыл 1-майдан баслап қамақханалардан азат етилген шахсларға БЕМның 6 есеси (2,25 миллион сум) муғдарындағы бир мәртелик напақа пулы «Инсан» социаллық хызметлер орайлары арқалы төленеди.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Енди шырайлы санлы ID-карталар, паспорт ҳәм айдаўшылық гүўалықлары қымбат баҳада бериледи

Ҳүкимет қарарының жойбарына бола, өтимли санлар комбинатына ийе болған идентификациялаўшы ID-карта, сырт елге шығыў биометрикалық паспорты, айдаўшылық ҳәм автомототранспорт қуралының дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықты арттырылған төлем ставкалары бойынша бериў системасы енгизиледи.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
❗️Стамбулдағы жер силкиниўинен қатты қорыққан өзбекстанлы пуқара қайтыс болды

Хабар берилиўинше, 2025-жыл 23-апрель күни Стамбул қаласында жасаған өзбекстанлы пуқара жүрек жетиспеўшилиги ақыбетинде қайтыс болды. Дәслепки мағлыўматларға бола, бул жағдай Стамбулда жүз берген жер силкиниў ўақтында жоқары қабатта турған пуқараның күшли қорқыў жағдайына түсиўи нәтийжесинде жүз бергени айтылмақта.

Өзбекстанның Стамбул қаласындағы Бас консулханасы марҳумның денесин ўатанға жибериў бойынша керекли консуллық-ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириў илажларын көрмекте.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Өзбекстанлылар май айында неше күн дем алады?

Май айында 5 шемби, 4 екшемби ҳәм 9-май ─ Еслеў ҳәм қәдирлеў күни бар. Соған бола, 5 күнлик жумыс режиминде жумыс ислейтуғынлар ай даўамында 10 күн, 6 күнлик жумыс режиминде жумыс ислейтуғынлар 5 күн дем алады.

Мағлыўмат ушын, 9-май ҳәптениң жума күнине туўры келгени себепли 5 күнликлер 9-10-11-май күнлери избе-из 3 күн дем алады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Қанлыкөл районы ҳәкими Азия чемпионларына район ҳәкимлиги атынан саўғалар тапсырды

Өткен жылы Қанлыкөл районының «Алтынкөл» командасында ойнаған ҳәмде Қарақалпақстан кубогы ойынларында қатнасып район футбол командасының Қарақалпақстан чемпионы болыўында үлкен үлес қосқан Өзбекстан U-17 сайланды командасының ағзалары Нурбек Сәрсенбаев ҳәм Азизбек Еримбетовлар бүгин район ҳәкими ҳәм район жаслары менен ушырасты.

Район ҳәкими Б.Султанов ҳәмде район жаслары футболшыларға ҳәм тренер Ислам Уснатдиновқа район ҳәкимлиги атынан саўғаларды тапсырды.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
🇺🇿«2024/2025 ОҚЫЎ ЖЫЛЫНЫҢ ЕҢ ҮЛГИЛИ МЕКТЕБИ»не даўыс бериң ҳәм мектебиңиз ушын қымбат баҳалы саўғаларды жеңип алың!

Қарақалпақстан Республикасының ең үлгили ҳәм ең белсенди мектебин анықлаў ҳәм де оларды сыйлықлаў мақсетинде социаллық сораўнама шөлкемлестирилмекте.

Аймақлық басқышта қайсы мектеп өзиниң аймағында даўыслар саны бойынша 1-2-3-орынды қолға киргизетуғын болса, сол мектеп ФИНАЛға шығады.

🎉 Финалда 1-2-3-орынды қолға киргизген мектеплер шөлкемлестириўшилер тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

👉МЕКТЕБИҢИЗГЕ ДАЎЫС БЕРИҢ
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🗒 25-апрель    📌Күн ҳаққында

🗓 Байрам ҳәм еслеў күнлери
Пүткил дүнья жүзлик безгек күни.

📖 Ўақыялар
1954-жылы биринши қуяш батареясы презентация етилди.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
📆 25-апрель 🌤 Ҳаўа-райы болжаўы
 
Қарақалпақстанда күн алағат бултлы болады, жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте, айырым жерлерде 13-18 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 12-17°C, күндиз 30-35°C болады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
⚡️Социаллық тармақларда басқа миллет, басқа дин ўәкиллерин кемситип комментария қалдырғанлар 3 жылға шекем қамалыўы ямаса 225 миллион сумға шекем жәриймаға тартылыўы мүмкин

Миллий, расалық, этникалық ямаса диний қарама-қарсылықты үгит-нәсиятлаўшы материалларды тарқатыў мақсетинде таярлаў, сақлаў ямаса тарқатыў, усындай қылмыслар ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин тағы исленген болса, базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен алты жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма, еки жылдан үш жылға шекем этика дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки бир жылдан үш жылға шекем еркинен айырыў жазасы менен жазаланады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Пакистан Ҳиндстан менен урысқа таяр екенлигин жәриялады

Рахмет, Моди (Ҳиндстан бас министри), сен миллетимизди бирлестирдин. Урысты қәлейсең бе? Пакистан таяр, делинеди Пакистан Қорғаныў министрлигиниң Х‘дағы бетинде.

Министрлик ракета ушырылғаны сәўлеленген видеоны социаллық тармағындағы бетине жайластырған.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Ҳиндстан Ҳинд дәрьясының Пакистанға ағысын тоқтатып қойды

Бул жағдай 1960-жылы Ҳинд дәрясы суўлары бойынша дүзилген келисимнен кейин биринши мәрте жүз бермекте. Сол ўақытта тәреплер сиясий келиспеўшиликлерге қарамастан, суў ресурсларын тең бөлистириўге келисип алған еди. Пакистан бул ҳәрекетти урыс жәриялаў деп баҳалады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Шымбай районындағы «Оржап» МПЖ орайында жаңа бақша қурып питкерилди

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған сапары даўамында берилген тапсырмаларға тийкар, республикамыздағы бир қатар социаллық объектлерде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылған еди.

Атап айтқанда, Шымбай районы «Оржап» МПЖ аймағында 150 орынлы жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми 6,2 млрд. сум қаржы тийкарында қурып питкерилди.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Самарқандта Lacetti пиядалар жолынан өтип атырған онға шамалас адамды қағып кетти

11-апрель күни Самарқанд қаласында 28 жаслы айдаўшы «Рудакий» көшесиндеги пиядалар өтиў жолынан өтип атырған онға шамалас адамды қағып кетти. Видеода «автотеррорист» пиядалар жолындағы бир қанша адамды басып кеткени, жолда жас балалар да болғаны көринеди.

Самарқанд ўәлаяты ИИБ қайтыс болғанлар ҳәм дене жарақатын алғанлардың санын жәрияламады.

Айдаўшыға жынаят иси 266-статья 2-бөлими менен қозғатылған. Онда айыпкер деп табылған шахс белгили бир ҳуқықтан айырылып, 10 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
«Шорша баба» қойымшылығы жанында орнатылған реклама баннери алып тасланды

Социаллық тармақларда тарқалған ҳәмде көпшиликтиң додалаўларына себеп болған «Шорша баба» қойымшылығы жанындағы «ТЕЗ КҮНДЕ ─ Ҳәмме әрманлар ушын бир мәнзил» атлы баннер алып тасланды.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
💰 Доллардың рәсмий курсы көтерилди

Орайлық банк 28-апрельден сырт ел валюталарының өзбек сумына салыстырғанда жаңа баҳасын белгиледи.

🔼 1 АҚШ доллары – 12 957,14 сум (+29.97);
🔽 1 Евро – 14 702,47 сум (-15,11);
🔼 1 Россия рубли – 156,56 сум (+0,83);
🔼 1 Қазақстан теңгеси – 25,18 (+0,17).

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM