НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
113K subscribers
18.3K photos
6.26K videos
83 files
12.9K links
Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!

👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama
Download Telegram
📆 24-апрель 🌤 Ҳаўа-райы болжаўы
 
Қарақалпақстанда күн алағат бултлы болады, жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте, айырым жерлерде 13-18 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 13-18°C жыллы, күндиз 28-33°C жыллы болады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мәмлекетимиз байрағын дүнья ареналарында желбиретиўде үлес қосқан спортшыларымыз сыйлықланды

Бүгин футбол бойынша 17 жасқа шекемги футболшылар арасында өткерилген Азия чемпионаты кубогын мәмлекетимизге алып келиўде үлес қосқан жеңимпазларымыз, бокс, қылышпазлық спорт түрлери бойынша жәҳән бириншилигинде сыйлы орынларды ийелеген спортшыларымыз ҳәм олардың тренерлерин сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы спортшыларымызды ерискен табысы менен қутлықлап, буннан да жоқары нәтийжелерге ерисиўине тилеклеслик билдирди.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
❗️Түркияда Жер силкиниў ўақтында қорыққаны себепли 151 адам бийикликтен секирген

Түркиядағы жер силкиниў ўақтында 151 адам қорыққаны себепли бийикликтен секирген ҳалда дене жарақатын алып, емлеўханаларда емленбекте. Оларға ҳеш қандай қәўип жоқ. Бул ҳаққында түрк рәсмийлерине тийкарланып, Өзбекстанның Стамбулдағы Бас консулханасы хабар бермекте.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
❗️️Гулнара Каримова нызамсыз өзлестирген Швейцариядағы пуллар Өзбекстанға қайтарылып, медицина ҳәм билимленлендириўге жумсалмақта

Бул ҳаққында 24-апрель күни Алмалық қаласында өткерилип атырған баспасөз конференциясында Экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары Отабек Фозилкаримов айтып өтти.

Оның айтыўынша, конфискацияланған жәми 131 млн долларды Өзбекстанға қайтарыў бойынша келисимге ерисилген. Ҳәзирги ўақытқа шекем мәмлекетке келип түскен 87 млн долларлық қаржылар медицина ҳәм билимлендириўге жумсалмақта (ҳәр бир тараўға 43,5 млн доллардан).

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
🏇 Шымбайда ат спорт клубы ашылады

Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-132-санлы қарарына муўапық, усы жылдың ақырында Шымбай районында ат спорт клубы ашылады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❗️️ Турмыслық зорлықтан жәбирленген шахстың талабы бойынша некеден ажырасыўда мүддет тайынланбайды

Шаңарақ кодексине киргизилген қосымшаға бола, некеден ажыратыў ҳаққындағы ислер көрип шығылып атырғанда суд шаңарақлық (турмыслық) зорлықтан жәбирленген шахстың талабына бола жарасыў ушын мүддет тайынламайды.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
❗️108 шахс ақланды ҳәм реабилитацияланды

Усы жылдың биринши шерегинде 108 пуқара ақланып, реабилитацияланды.

Соның менен бирге, 2 042 шахс суд залында қамақтан азат етилген, 3 765 шахсқа болса тийкарсыз айыплаўлар шығарып тасланған ямаса қайта квалификацияланган.

Мағлыўматты Жоқары суд баспасөз хызмети мәлим етти.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Орайлық банк тағы тийкарғы жыллық ставканы 14 процент дәрежесинде өзгериссиз қалдырды.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🇵🇸Палестина Президенти ХАМАСты «ийтлердиң балалары» деп, гиреўдеги еврейлерди азат етиўди талап етти

Маҳмуд Аббос баспасөзге баянат берип, өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ҲАМАСты «ийтлердиң балалары» деп, услап турған гиреўдегилерди азат етиўди, қуралсызланыўды ҳәмде Газаны тапсырыўды талап еткен.

Оның айтыўынша, бул урысты тамамлаў ушын зәрүр.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстанда 1-майдан баслап қамақтан азат етилген шахсларға 2,25 млн сўм муғдарындағы бир мәртелик напақа пулы төленеди

Ҳүжжетке муўапық, 2025-жыл 1-майдан баслап қамақханалардан азат етилген шахсларға БЕМның 6 есеси (2,25 миллион сум) муғдарындағы бир мәртелик напақа пулы «Инсан» социаллық хызметлер орайлары арқалы төленеди.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Енди шырайлы санлы ID-карталар, паспорт ҳәм айдаўшылық гүўалықлары қымбат баҳада бериледи

Ҳүкимет қарарының жойбарына бола, өтимли санлар комбинатына ийе болған идентификациялаўшы ID-карта, сырт елге шығыў биометрикалық паспорты, айдаўшылық ҳәм автомототранспорт қуралының дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықты арттырылған төлем ставкалары бойынша бериў системасы енгизиледи.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
❗️Стамбулдағы жер силкиниўинен қатты қорыққан өзбекстанлы пуқара қайтыс болды

Хабар берилиўинше, 2025-жыл 23-апрель күни Стамбул қаласында жасаған өзбекстанлы пуқара жүрек жетиспеўшилиги ақыбетинде қайтыс болды. Дәслепки мағлыўматларға бола, бул жағдай Стамбулда жүз берген жер силкиниў ўақтында жоқары қабатта турған пуқараның күшли қорқыў жағдайына түсиўи нәтийжесинде жүз бергени айтылмақта.

Өзбекстанның Стамбул қаласындағы Бас консулханасы марҳумның денесин ўатанға жибериў бойынша керекли консуллық-ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириў илажларын көрмекте.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Өзбекстанлылар май айында неше күн дем алады?

Май айында 5 шемби, 4 екшемби ҳәм 9-май ─ Еслеў ҳәм қәдирлеў күни бар. Соған бола, 5 күнлик жумыс режиминде жумыс ислейтуғынлар ай даўамында 10 күн, 6 күнлик жумыс режиминде жумыс ислейтуғынлар 5 күн дем алады.

Мағлыўмат ушын, 9-май ҳәптениң жума күнине туўры келгени себепли 5 күнликлер 9-10-11-май күнлери избе-из 3 күн дем алады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Қанлыкөл районы ҳәкими Азия чемпионларына район ҳәкимлиги атынан саўғалар тапсырды

Өткен жылы Қанлыкөл районының «Алтынкөл» командасында ойнаған ҳәмде Қарақалпақстан кубогы ойынларында қатнасып район футбол командасының Қарақалпақстан чемпионы болыўында үлкен үлес қосқан Өзбекстан U-17 сайланды командасының ағзалары Нурбек Сәрсенбаев ҳәм Азизбек Еримбетовлар бүгин район ҳәкими ҳәм район жаслары менен ушырасты.

Район ҳәкими Б.Султанов ҳәмде район жаслары футболшыларға ҳәм тренер Ислам Уснатдиновқа район ҳәкимлиги атынан саўғаларды тапсырды.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
🇺🇿«2024/2025 ОҚЫЎ ЖЫЛЫНЫҢ ЕҢ ҮЛГИЛИ МЕКТЕБИ»не даўыс бериң ҳәм мектебиңиз ушын қымбат баҳалы саўғаларды жеңип алың!

Қарақалпақстан Республикасының ең үлгили ҳәм ең белсенди мектебин анықлаў ҳәм де оларды сыйлықлаў мақсетинде социаллық сораўнама шөлкемлестирилмекте.

Аймақлық басқышта қайсы мектеп өзиниң аймағында даўыслар саны бойынша 1-2-3-орынды қолға киргизетуғын болса, сол мектеп ФИНАЛға шығады.

🎉 Финалда 1-2-3-орынды қолға киргизген мектеплер шөлкемлестириўшилер тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

👉МЕКТЕБИҢИЗГЕ ДАЎЫС БЕРИҢ
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🗒 25-апрель    📌Күн ҳаққында

🗓 Байрам ҳәм еслеў күнлери
Пүткил дүнья жүзлик безгек күни.

📖 Ўақыялар
1954-жылы биринши қуяш батареясы презентация етилди.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!