НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
113K subscribers
18.3K photos
6.26K videos
83 files
12.9K links
Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!

👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama
Download Telegram
⚡️100 ден зыят адамды тойына шақырғанлар үлкен муғдардағы жәриймаға тартылады

Парламенттеги дәреклерге бола, 100 ден зыят адам қатнасқан той өткерген шахсқа ҳәм ресторан ийелерине үлкен муғдардағы жәрийма, тағы қайталанатуғын болса оннан да аўыр жазалар белгилениўи күтилмекте.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
📸 2025-жыл соңына шекем барлық профилактика инспекторлары бодикамера менен тәмийинленеди

Сондай-ақ, ҲҚОларға берилетуғын арзаларға QR код қойылады. Бул арзаның көрип шығылыўы ҳәм қабыл етилген қарарларды онлайн тәризде бақлап барыў имканиятын жаратады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
❗️Мийнет мигрантларына финанслық жәрдем тәртиби тастыйықланды

Ҳүкимет қарарына бола, мийнет миграциясындағы пуқараларға субсидия ҳәм кредитлер ажыратылады. Енди:

Виза, жол билети, тил ҳәм кәсип имтиханлары қәрежетлери мәмлекетлик субсидия есабынан қапланады;
➖️ Немис, инглис, япон ҳәм корейс тиллери бойынша B1 дәрежедеги сертификат алған студентлерди көп таярлаған 50 оқытыўшыға ─ 50 млн сум бериледи;
➖️ Миграцияға кетиўшилерге 10 млн сумға шекем микрокредитлер ажыратылады (2 жылға, жоқары процентте);
«Сырт елге жумысқа таярлаў орайы» шөлкемлестириледи, «Бир айна» арқалы хызметлер көрсетиледи;
️Арзан ҳәм тәртипли автобус қатнаўы жолға қойылады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
7488105.pdf
1.4 MB
❗️Енди өзбек тилин билмеген класлар мектепти питкере алмайды!

Яғный билимлендириў тили өзбек тили болмаған класс питкериўшилери де өзбек тилинде мәжбүрий имтихан тапсырады.

Ҳилола Умарованың буйрығына бола, Улыўма орта билим алыўшылардың жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясы ҳаққындағы режеге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
⚡️«UzAuto Motors» ҳәмде бир қанша мәмлекет компаниялары сатылады

Мәмлекет қатнасыўындағы ири кәрханаларды халықаралық базарларда меншиклестириў ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди. Оған бола, 29 мәмлекет қатнасыўындағы ири кәрхананың устав капиталындағы акциялар пакети ғалабалық саўдаларға шығарылады.

Мысалы, «UzAuto Motors», «UMS», «Uzbekistan GTL», «Узбекинвест», «Узметкомбинат», «Навоийазот», «Технопарк», ыссылық электр станциялары усылардың қатарына киреди.

Сондай-ақ, қарар менен 12 мәмлекет қатнасыўындағы ири кәрхана устав капиталындағы акциялар пакетиниң халықаралық ҳәм жергиликли фонд базарларында бирлемши (ИПО) ямаса екилемши (СПО) ғалабалық усынысы өткериледи.

Мысалы, «НКМК», «АКМК», «Uzbekistan Airways», «Навоийуран», «Uztelecom», «Узтрансгаз» солардың қатарына киреди.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
🏆 Бүгин Нөкисте жоқары нәтийжелерге ерискен Қарақалпақстанлы спортшы жасларымызды күтип алыў ҳәм сыйлықлаў мәресими өткериледи.

🔊 Салтанатлы мәресимде DJ SHOU бағдарламасы болып өтеди.

Басланыў ўақты саат 19.00

Өткерилиў орны: "Дослық" каналының бойындағы жаслар майданшасы.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🔥Қарақалпақстанлы футболшылар «Cobalt» автомобилинде үйлерине қайтып келди

Хабарыңыз бар, U-17 Азия чемпионатында жеңимпаз болған Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы футболшылар да бар еди.

Бүгин жас чемпионлар Президент саўғасы — «Cobalt» автомашинасында Ўатанға, шаңарақларының қушағына салтанатлы түрде қайтып келди.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Пахтаны қайта ислеў кәрханасының қурылысы басланды

Қанлыкөл районында Қанлыкөл "AGROHAMKOR CLUSTER" ЖШЖ тәрепинен жылына 20 мың тонна пахтаны қайта ислеў қуўатлығына ийе кәрхана қурылысы басланды.

Бул кәрхана иске түсиўи менен биринши гезекте 150 адам жумыс пенен тәмийнленеди соның менен бирге районда ҳәм қонсылас районларда жетистирилген пахтаны қайта ислеў имканиятын береди.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Стамбул жанындағы теңиз жағасында 4 баллық жер силкиниў жүз берди

Қандилли обсерваториясы мағлыўматларына бола, Мармара теңизиниң Силиври жағасында 4,0 магнитудалы жер силкиниў жүз берген. Жер силкиниў эпицентри 6,99 километр тереңликте болыўына қарамастан жер силкиниў күши Стамбулда сезилген.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Социаллық тармақларда Гүлнара Каримова қамақтан азат етилгени ҳаққында хабарлар тарқалды

Жоқары судтың Жәмийетшилик пенен байланыслар орайының басшысы Азиз Обидовтың мәлим етиўинше, бул хабарлар тийкарсыз ҳәм ҳақыйқатқа туўра келмейди.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
PF-70 Xususiylashtirish dasturi-2025.pdf
27.3 MB
Мәмлекет қатнасыўында кәрхана шөлкемлестириўге 2030-жылға шекем мораторий енгизилди

Президент пәрманына муўапық, 2030-жылға шекем жаңадан мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды шөлкемлестириў қадаған етиледи. Мақсет ─ жеке меншик сектор үлесин арттырыў ҳәм мәмлекетлик кәрханалар санын азайтыў.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
💰 Доллардың рәсмий курсы көтерилди

Орайлық банк 24-апрельден сырт ел валюталарының өзбек сумына салыстырғанда жаңа баҳасын белгиледи.

🔼 1 АҚШ доллары – 12 890,43 сум (+11.47);
🔽 1 Евро – 14 720,87 сум (-80,93);
🔽 1 Россия рубли – 156,04 сум (-2,35);
🔽 1 Қазақстан теңгеси – 24,86 (-0,01).

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
‼️ «Манчестер Сити» Абдуқодир Ҳусановты ижараға бериўи мүмкин

Ҳусанов команда талапларына бейимлесиўге үлгерген болса да, күшли бәсеки себепли көп имканиятқа ийе болмады.  Ол «Сити» қурамында тек ғана тоғыз ойында майданға шыққан ҳәм 5 ушырасыўда ойынға түспеди.

Тренерлер штабы футболшы өсиўде даўам етиўи ушын турақлы ойын әмелияты керек болыўы себепли оны ўақытша басқа командаға ижараға бериўге қарар еткен. Соған қарамастан, «Сити» оны узақ мүддетли режелериниң тийкарғы бөлеги ретинде көриўди даўам етеди.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Өзбекстанда биринши мәрте жаўын жаўдырыў технологиясы иске қосылды

Наўайы ўәлаятының Конимех районында экологиялық ҳәм аўыл хожалығы тараўларында үлкен әҳмийетке ийе болған инновациялық жойбар ─ жаўын жаўдырыў технологиясы әмелге асырылды.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🇺🇿«2024/2025 ОҚЫЎ ЖЫЛЫНЫҢ ЕҢ ҮЛГИЛИ МЕКТЕБИ»не даўыс бериң ҳәм мектебиңиз ушын қымбат баҳалы саўғаларды жеңип алың!

Қарақалпақстан Республикасының ең үлгили ҳәм ең белсенди мектебин анықлаў ҳәм де оларды сыйлықлаў мақсетинде социаллық сораўнама шөлкемлестирилмекте.

Аймақлық басқышта қайсы мектеп өзиниң аймағында даўыслар саны бойынша 1-2-3-орынды қолға киргизетуғын болса, сол мектеп ФИНАЛға шығады.

🎉 Финалда 1-2-3-орынды қолға киргизген мектеплер шөлкемлестириўшилер тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

👉МЕКТЕБИҢИЗГЕ ДАЎЫС БЕРИҢ
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🗒 24-апрель    📌Күн ҳаққында

🗓 Байрам ҳәм еслеў күнлери
Халықаралық жаслардың бирлиги күни;
Тынышлық ушын халықаралық көп тәреплеме дипломатия күни.

📖 Ўақыялар
1833-жылы газленген суў АҚШта патентленди;
1898-жылы Испания АҚШқа урыс жәриялады

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
📆 24-апрель 🌤 Ҳаўа-райы болжаўы
 
Қарақалпақстанда күн алағат бултлы болады, жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте, айырым жерлерде 13-18 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 13-18°C жыллы, күндиз 28-33°C жыллы болады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мәмлекетимиз байрағын дүнья ареналарында желбиретиўде үлес қосқан спортшыларымыз сыйлықланды

Бүгин футбол бойынша 17 жасқа шекемги футболшылар арасында өткерилген Азия чемпионаты кубогын мәмлекетимизге алып келиўде үлес қосқан жеңимпазларымыз, бокс, қылышпазлық спорт түрлери бойынша жәҳән бириншилигинде сыйлы орынларды ийелеген спортшыларымыз ҳәм олардың тренерлерин сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы спортшыларымызды ерискен табысы менен қутлықлап, буннан да жоқары нәтийжелерге ерисиўине тилеклеслик билдирди.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!