NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
11.6K subscribers
8.79K photos
2.5K videos
1 file
14.6K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.

Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot

Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899
Download Telegram
#Дуўа

НАМАЗХАН АДАМ ҲӘР НАМАЗДАН КЕЙИН ҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

اللَّهُمَّ اغْفِرْ لِي ولِوالِدَيَّ ولِلْمُؤْمِنِينَ والمُؤْمِناتِ والمُسْلِمِينَ والمُسْلِماتِ

"Аллаҳуммә-ғфирлий ўәлий ўәәлидәййә, ўә лийлмүьминийнә ўәл мүминәәт, ўәл мүслимийнә ўәл мүслиймәәт"

Мәниси: "Аллаҳым, мени ҳәм ата-анамды, мөмин еркеклер ҳәм мөмин ҳаялларды, мусылман еркеклер ҳәм мусылман ҳаялларды мәғфират қыл".

📱http://t.me/nasiyatuz
#Дуўа #Зикир

ҲӘЖЕТХАНАҒА КИРГЕНДЕ ҲӘМ ШЫҚҚАНДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎАЛАР


📜 Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

"Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәжетханаға кирген гезде:
اللهُمَّ إِنَّي أَعُوذُ بِكَ مِنَ الْخُبْثِ وَالْخَبَائِثِ

"Аллаҳумма инний әъузу бийкә мийнәл хүбсий ўәл хобәәиси"
дейтуғын еди.

Имам Бухарий, Мүслим, Термизий, Насаий, Дәримий ҳәм Аҳмад рәўияты.

***

📜 Айша анамыз разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады:

"Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәжетханадан шыққан гезде:
غُفْرَانَكَ
"Ғуфроонәкә"
дейтуғын еди".

Имам Әбиў Даўыд, Термизий ҳәм Аҳмад рәўияты.

***

📜 Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

"Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәжетханадан шыққан гезде:
الْحَمْدُ لِلَّهِ الَّذِي أَذْهَبَ عَنِّي الْأَذَى، وَعَافَانِي
"Әлҳәмдүлилләҳилләзий әзҳәбә ъаннийл әзәә ўә ъаафааний"
дейтуғын еди".

Ибн Мажа рәўияты.

☝️Демек, ҳәжетханадан шыққан гезде ҳәдислерде келген еки түрли дуўадан қәлегенин айтыўға болатуғын екен.

📱http://t.me/nasiyatuz
#Дуўа

АЗАН ДУЎАСЫ


Азан айтылғаннан соң азаншы ҳәм естиўши қайсы дуўаны оқыйды?

Мына дуўаны оқыйды:

اللَّهُمَّ رَبَّ هَذِهِ الدَّعْوَةِ التَّامَّةِ وَالصَّلاَةِ الْقَائِمَةِ آتِ مُحَمَّدًا الْوَسِيلَةَ وَالْفَضِيلَةَ وَالدَّرَجَةَ الرَّافِعَةَ العَالِيَةَ وَابْعَثْهُ مَقَامًا مَحْمُودًا الَّذِي وَعَدْتَهُ وَارْزُقْنَا شَفَاعَتَهُ يَوْمَ الْقِيَامَةِ إِنَّكَ لاَ تُخْلِفُ المِيْعَاد

Айтылыўы: «Аллооҳуммә роббә ҳәәзиҳид-даъўәтит тәәммаҳ. Ўассоләтил-қооимәти әәти Муҳаммәдәнил-ўасыйләтә ўәл фадыйла. Ўәд-дәрожәтар-роофиъатәл алийәҳ. Ўәбасҳу мәқоомәм-маҳмуўдәнил-ләзий ўаъаттәҳ. Ўарзуқнәә шәфәәъатәҳу йәўмәл-қийәмәти иннәкә ләә тухлифул-мийъаад».

Мәниси: "Ҳәй усы кәмил шақырық — азан ҳәм ўақты кирген намаздың Ийеси болған Аллаҳым! Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламға шәпәәт етиўди ҳәм уллы дәрежени бергейсең ҳәм де оны Өзиң ўәде қылған жақсы орынға еристиргейсең, қыямет күнинде оның бизге шәпәәтин несип ет, әлбетте, Сен ўәдеңе қылап қылмайсаң!".

"Ибадати Исламия" китабынан

🍃 🍃 🍃

Уламалар азан дуўасын ҳәр адам жалғыз өзи айтыўы керек дейди.

📱
http://t.me/nasiyatuz
#Дуўа

УЙҚЫҒА ЖАТАРДА ОҚЫЛАТУҒЫН
ДУЎА

Уйқыға жатып атырғанда төмендеги
дуўа оқылады:

اللهُمَّ إِنِّي أَسْأَلُكَ بِإِسْمِكَ العَافِيَةَ فِي الدُّنْيَا وَالآخِرَةَ اللهُمَّ أَسْلَمْتُ نَفْسِي وَفَوَّضْتُ أَمْرِي إِلَيْكَ وَرَضِيْتُ بِكَ رَبًّا ووَبِمُحَمَّدٍ نَبِيًّا وَبِلإِسْلاَمِ دِيْنًا

Айтылыўы: «Аллооҳуммә инний әсәлукә бисмикәл аафиятә фид-дүньйәә ўәл әәхироҳ. Аллооҳуммә әсләмту нәфсий ўә фәўўадту әмрий иләйкә ўә родийту бикә роббән ўә би Муҳаммәдин соллаллоҳу аләйҳи ўә сәлләм нәбиййән ўә бил исләәми дийнәә».

Мәниси: «Аллаҳым, Сениң атын ҳүрмети менен дүньяда ҳәм ақыретте саламатлық ҳәм тынышлық сорайман. Аллаҳым, мен өзимди ҳәм ҳәр бир исимди Саған тапсырдым. Сени Рәббим ҳәм Муҳаммад алайҳиссаламды пайғамбарым, ал Исламды диним, деп разы болып, итиқад етемен».

"Ибадати Исламия"
китабынан.

📱
http://t.me/nasiyatuz
#Дуўа

   АПАТТЫ КЕТИРИЎДЕ ОҚЫЛАТУҒЫН
ДУЎА

   Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
   Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳ таала бир бендеге әҳли ҳаялы, малы ҳәм перзенинде бир неъмат берсе, ол:
مَا شَاءَ اللهُ لاَ قُوَّةَ إِلاَّ بِاللهِ
«Мәә щәә Аллаҳу ләә қүўўәтә илләә билләәҳ» деп айтса, сол неъматларда өлимнен басқа апат көрмейди»
, деди.

   Мәниси: Аллаҳтың қәлегени болады. Аллаҳтан басқада (күш) қуўат жоқ.

   Ибн Сүнний рәўияты


🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

🔵 Telegram | 📲 Instagram | 🛑Youtube | 📖 Facebook
#Дуўа

Базарға киргенде оқылатуғын дуўа:

«Ләә иләәҳә иллаллаҳу ўаҳдаҳу ләә шәрийкә ләҳ(у), ләҳүл мүлкү ўә ләҳүл ҳәмд(у), юҳийй ўә юмийт(у), ўә ҳүўә ҳәййүн ләә ямүўт(у), биядиҳил хойр(и), ўә ҳүўә әъләә күллий шәйиң қодийр».
Имам Термизий рәўияты

Мәниси: «Шериги жоқ болған Аллаҳтан басқа илаҳ жоқ. Мүлк (патшалық) ҳәм ҳәмд (барлық мақтаў) Ол ушын. (Ол) тирилтеди ҳәм өлтиреди. Ол тири ҳәм өлмейди. (Барлық) жақсылық Оның (қүдирети) қолында. Ол ҳәмме нәрсеге қәдир».


📱
http://t.me/nasiyatuz
#Дуўа

📚Сабақ оқыў (таярлаў)дан алдын мына дуўа оқылады:

اَللَّهُمَّ ارْزُقْنَا عِلْمًا نَافِعًا وَ حِفْظًا كَامِلًا وَ ذِهْنًا شَامِلًا وَ فَهْمًا ذَكِيًّا وَ تَوْفِيْقًا لِتَحْصِيْلِ الْعُلُومِ، اَللَّهُمَّ أَخْرِجْنِا مِنَ الظُّلُمَاتِ الْجَهْلِ وَ الْوَهْمِ وَ أَكْرِمْنَا بِنُورِ الْعِلْمِ وَ الْفَهْمِ، اَللَّهُمَّ افْتَحْ لَنَا أَبْوَابَ عِلْمِكَ وَ انْشُرْ عَلَيْنَا خَزَائِنَ رَحْمَتِكَ بِرَحمَتِكَ يَا أَرْحَمَ الرَّحِمِينَ💎

Айтылыўы: «Аллооҳуммарзуқнәә ъилмән нәфиъан ўә ҳифзон кәәмилән ўә зиҳнән шәәмиләў ўә фәҳмән зәкиййән ўә тәўфийқон литаҳсийлил ъулуўми. Аллооҳуммә әхрижнәә мин зулумәәтил жәҳли ўәл ўәҳми ўә әкримнәә би нуўрил ъилми ўәл фәҳми. Аллооҳуммәфтәҳ ләнәә әбўәбә ъилмикә ўәңшур аләйнәә хозәәинә роҳмәтик. Бироҳмәтикә йәә арҳамар роҳимийн».

Мәниси: «Аллаҳым, бизди пайдалы илим, пысық ядлаў қәбилети, кең зейин, өткир түсиник ҳәм илим алыў ушын таўфийқ пенен ырысқыландырагөр. Аллаҳым, бизди наданлық, саўатсызлық ҳәм гүман қараңғылығынан шығарагөр, илим-мәрипат пенен ҳүрметли етегөр. Аллаҳым, бизге илим есиклерин ашқайсаң. Ҳәй рейим етиўши Аллаҳ, бизге мийримиң ғәзийнелерин тарқатагөр».

"Ибадати Исламия" китабынан


📱
http://t.me/nasiyatuz
#Дуўа

БИР ИСКЕ КИРИСКЕНДЕ ОҚЫЛАТУҒЫН
ДУЎА

رَبَّنَا آتِنَا مِنْ لَدُنْكَ رَحْمَةً وَهَيِّئْ لَنَا مِنْ اَمْرِنَا رَشَدًا، رَبِّ اشْرَحْ لِي صَدْرِي وَ يَسِّرْ لِي أَمْرِي

Айтылыўы: «Роббәнәә әәтинә мил ләдуңкә роҳмәтәў ўә ҳәййиь ләнәә мин әмринәә рошәдәә. Роббишроҳ лий содрий ўә йәссирлий әмрий».

Мәниси: «Бул исти дүньяда ҳәм ақыретте рейим етиўши Аллаҳ тааланың аты менен баслайман. Рәббимиз, бизлерге Өзиңниң алдыңнан мийирманшылық бер ҳәм исимизди Өзиң туўрыла. Я Аллаҳ, кеўлимди кең, исимди жеңил еткейсең».

"Ибадати Исламия" китабынан.
📱http://t.me/nasiyatuz
#Дуўа

🍲АЎҚАТТАН КЕЙИН АЙТЫЛАТУҒЫН
ДУЎА

الْحَمْدُ للهِ الّذِي أَطْعَمَنَا وَ سَقَانَا وَ جَعَلَنَا مُسْلِمِيْنَ

«Әлҳамду лилләҳилләзий әтоъәмәнәә ўә сәқонәә ўә жәъаләнәә мүслимийн».

* * *

📗Әбиў Саъид әл-Хүдрий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам аўқатты жеп болса,

الْحَمْدُ للهِ الّذِي أَطْعَمَنَا وَ سَقَانَا وَ جَعَلَنَا مُسْلِمِيْنَ💎

«Әлҳамду лилләҳилләзий әтоъәмәнәә ўә сәқонәә ўә жәъаләнәә мүслимийн» деп айтатуғын еди».

Мәниси: «Бизлерди аўқатландырып, бизлерди суўғарып ҳәмде бизлерди мусылман қылып қойған Аллаҳға ҳамд болсын».

Имам Әбиў Даўыд ҳәм Термизий рәўияты.

📱http://t.me/nasiyatuz
#Дуўа

   Ҳәр күни, қәлеген ўақытта оқыўға болатуғын
дуўа:

اللهُم اغَفر لِي ذنبي كلهُ ،دقه وجلّه ،و أوله وآخرهُ ، وسرهُ وعلانيته ،ما عَلمت منهُ وما لَم أعلم.💎

🌸 Аллаҳым, мениң барлық гүналарымды, майдасын да, үлкенин де, алдынғыларын да, ақырғыларын да, жасырын болғанларын да, әшкере болғанларын да, билип қылғанымды да, билмей қылғанымды да мәғфират ет.🌸

📱
http://t.me/nasiyatuz
#Дуўа

   Қуран оқып болып қылатуғын шырайлы
дуўа:

«اللَّهُمَّ إنَّا نَسْألُكَ أنْ تَجْعَلَ القُرْآنَ العَظِيمَ رَبِيعَ قُلُوبِنَا ، وَنُورَ صُدُورِنَا ، وَجِلَاءَ أحْزَانِنَا ، وَذَهَابَ هُمُومِنَا»💎

 
Оқылыўы: "Аллаҳумма иннәә нәс-әлүкә ән тәжъаләл қүр-әәнәл ъазыймә робийъу қүлүүбинәә, ўә нуўро судууринәә, ўә жиләә-ә әҳзәәнинәә, ўә зәҳәәбә ҳүмүүминәә".

Мәниси: "Аллаҳым, биз Сеннен Уллы Қуран қәлбимиздиң бәҳәри, кеўлимиздиң нуры, қайғымызды кетириўши, қәўетеримизди жоқ қылыўшы болыўын сораймыз".

📱
http://t.me/nasiyatuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Дуўа

   Шайх Шинқитий раҳимаҳуллаҳ айтады:
"Егер ийманың әззилесип, ибадатқа ериншеклик қылып атырған болсаң:

اللهُمَّ لا تجعلْنِي شَقِيًّا ولا محْرُومًا

"Аллаҳуммә ләә тәжъәлний щәқийян ўә ләә мәҳруўмән" дуўасын көп айт!
".

Мәниси: "Аллаҳым! Мени бахытсыз ҳәм Сеннен (Сениң раҳметиңнен) айырылған қылма!".

📱http://t.me/nasiyatuz
#Дуўа

🔰 ТӨРТ НӘРСЕ 🔰

Даўыд алайҳиссәләм Аллаҳға
дуўа қылыпты:

«Аллаҳым, Сеннен төрт нәрсени тилеймем ҳәм төрт нәрседен пана бериўиңди сорайман:
🔸 Сени зикир қылыўшы бир тил;
🔸 Шүкир қылыўшы кеўил;
🔸 Сабырлы дене;
🔸 Дүнья ҳәм ақыретте маған жәрдемши бир өмирлик жолдас.

Пана бериўиңди сорағанларым:
🔸 Өзин үлкен санайтуғын әдепсиз-арсыз перзенттен;
🔸 Ерте қартайтатуғын итаатсыз ҳаялдан;
🔸 Оба сыяқлы жүги бар, жақсылықсыз мал-дүньядан;
🔸 Кемшилигимди жаятуғын жаман қоңсыдан».

«Ески дүнья рәўиятлары»
китабынан.

📱
http://t.me/nasiyatuz
#Дуўа

ҚУРАН ТИЛАЎАТЫНАН КЕЙИН ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎАЛАРДЫҢ БИРИ


اللَّهُمَّ ارْحَمْنَا بِالْقُرْآنِ العظيم، وَاجْعَلْهُ لَنَا إِمَامًا، وَنُورًا، وَهُدًى، وَرَحْمَةً، وَشِفَاءً.

"Аллаҳумма-рҳамнәә билқүрәәнил ъазыйм ўә жәълҳү ләнәә имәәмән, ўә нүўрон, ҳүдән, ўә роҳмәтән, ўә шифәәьн".

Мәниси: "Аллаҳым, Азыйм (уллы) Қуран себебинен бизлерге рейим қыл, оны бизлерге жол басшы, нур, ҳидаят, раҳмет ҳәм (аўырыўларымызға) шыпа қыл".

📱
http://t.me/nasiyatuz
#Дуўа

ТАҢДА ОҚЫЛАТУҒЫН
ДУЎА

اللهُمَّ بِكَ أَصْبَحْنَا وَبِكَ أَمْسَيْنَا وَبِكَ نَحْيَا وَبِكَ نَمُوتُ وَإِلَيْكَ النُّشُورُ.

"Аллаҳумма бикә әсбаҳнәә ўә бикә әмсәйнәә ўә бикә нәҳяә ўә бикә нәмуўту ўә иләйкән-нушуўру".

Мәниси: "Аллаҳым, Сениң атың менен таң аттырдық, Сениң атың менен кеш киргиздик, Сениң атың менен тирилемиз, Сениң атың менен өлемиз ҳәм Саған қайтамыз".

📱http://t.me/nasiyatuz
#Ҳәдис #Дуўа

КЕСЕЛГЕ ОҚЫЛАТУҒЫН
ДУЎА

Ибн Аббас разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады:

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким кесел көриўге барса, егер (кесел адамның) әжели жетпеген болса, оның алдында жети рет:

أَسْأَلُ اللهَ الْعَظِيمَ رَبَّ العَرْشِ العَظِيمِ أَنْ يَشْفِيَكَ

"Әсьәлүллоҳал ъазыйма Роббәл ъаршийл ъазыйми ән яшфиякә", - десе, Аллаҳ таала оны кеселинен тәўир қылады", деди.


Мәниси: "Уллы Арштың Рәббиси болған уллы Аллаҳтан саған шыпа бериўин сорайман!".

Әбиў Даўыд ҳәм Термизий рәўияты.


📱http://t.me/nasiyatuz
#Дуўа

НАМАЗХАН АДАМ ҲӘР НАМАЗДАН КЕЙИН ҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

اللَّهُمَّ اغْفِرْ لِي ولِوالِدَيَّ ولِلْمُؤْمِنِينَ والمُؤْمِناتِ والمُسْلِمِينَ والمُسْلِماتِ

"Аллаҳуммә-ғфирлий ўәлий ўәәлидәййә, ўә лийлмүьминийнә ўәл мүминәәт, ўәл мүслимийнә ўәл мүслиймәәт"

Мәниси: "Аллаҳым, мени ҳәм ата-анамды, мөмин еркеклер ҳәм мөмин ҳаялларды, мусылман еркеклер ҳәм мусылман ҳаялларды мәғфират қыл".

📱http://t.me/nasiyatuz
#Дуўа #Зикир

ҲӘЖЕТХАНАҒА КИРГЕНДЕ ҲӘМ ШЫҚҚАНДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎАЛАР


📜 Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

"Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәжетханаға кирген гезде:
اللهُمَّ إِنَّي أَعُوذُ بِكَ مِنَ الْخُبْثِ وَالْخَبَائِثِ

"Аллаҳумма инний әъузу бийкә мийнәл хүбсий ўәл хобәәиси"
дейтуғын еди.

Имам Бухарий, Мүслим, Термизий, Насаий, Дәримий ҳәм Аҳмад рәўияты.

***

📜 Айша анамыз разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады:

"Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәжетханадан шыққан гезде:
غُفْرَانَكَ
"Ғуфроонәкә"
дейтуғын еди".

Имам Әбиў Даўыд, Термизий ҳәм Аҳмад рәўияты.

***

📜 Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

"Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәжетханадан шыққан гезде:
الْحَمْدُ لِلَّهِ الَّذِي أَذْهَبَ عَنِّي الْأَذَى، وَعَافَانِي
"Әлҳәмдүлилләҳилләзий әзҳәбә ъаннийл әзәә ўә ъаафааний"
дейтуғын еди".

Ибн Мажа рәўияты.

☝️Демек, ҳәжетханадан шыққан гезде ҳәдислерде келген еки түрли дуўадан қәлегенин айтыўға болатуғын екен.

📱http://t.me/nasiyatuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM