NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
11.6K subscribers
8.79K photos
2.5K videos
1 file
14.6K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.

Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot

Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#жума_марузасынан
#әҳмийетли

📹  "Инсанлардың ҳақысынан абайлы болайық".

    
🎤 Устаз Бахрамаддин Разов.

@nasiyatuz
#Қараң

Суфян Саўрий раҳимаҳуллаҳ айтты: "Егер шайтан кеше меннен үстем келген болса, мен де бүгин тәўбем ҳәм гөззал ибадатым менен оның белин сындыраман".

☀️ ☀️ ☀️ ☀️ ☀️

t.me/nasiyatuz
ПИКИРЛЕЎ

Ҳәр секундта бул дүньядан биреў өтеди. Усы гезекте биз де бармыз, лекин өзимиз аңламаймыз. Бизден алдын қанша инсанлар бар екенин де билмеймиз.

Ақырғы гезекке де өте алмаймыз, гезектен тысқары да шыға алмаймыз. Гезектен қашып кетиўдиң болса илажы да жоқ.

Гезекте турады екенбиз:

- Өмирде мақсетли жасаўымыз
- Ўақытты қәдирлеп, оннан үнемли пайдаланыўымыз
- Итиқадлы болыўымыз
- Инсанларды бахытлы қылыўымыз
- Жетимниң басын сыйпаўымыз
- Ата-анамызды разы қылыўымыз
- Өз мақсетлеримизге ерисиўимиз керек екенин түсинип жетиўимиз ҳәм ҳәрекеттен тоқтамаўымыз лазым.


•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

t.me/nasiyatuz
Нөкис ўақты менен 23-май күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Дуўа

ТАҢДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

اللهُمَّ بِكَ أَصْبَحْنَا وَبِكَ أَمْسَيْنَا وَبِكَ نَحْيَا وَبِكَ نَمُوتُ وَإِلَيْكَ النُّشُورُ.

"Аллаҳумма бикә әсбаҳнәә ўә бикә әмсәйнәә ўә бикә нәҳяә ўә бикә нәмуўту ўә иләйкән-нушуўру".

Мәниси: "Аллаҳым, Сениң атың менен таң аттырдық, Сениң атың менен кеш киргиздик, Сениң атың менен тирилемиз, Сениң атың менен өлемиз ҳәм Саған қайтамыз".

📱http://t.me/nasiyatuz
#Пикирлең

ИЛИМИҢ БАРМА?

  Бир адам қой бағып жүрген шопанды көрип қалып: "Ҳәй шопан! Сениң илимиң барма?" деген еди, шопан: "Менде бес сөз бар, егер сен де бесеўин қоссаң илимимди кәмил қылып аламан", деп жуўап берди. Жаңағы адам: "Өзи сенде не илим болсын, мен оған қосатуғындай?!" депти. Сонда шопан:
  "Ҳәй хожам!
  Бириншиси: рас сөз турғанда өтирик сөйлемеймен.
  Екиншиси: ҳадал нәрсе турғанда ҳарамнан пайдаланбайман.
  Үшиншиси: Өзимде айып болып турып, адамлардың айыбын айтпайман.
  Төртиншиси: Аллаҳ мени көрип турғанына қанаат ҳасыл қылғаннан кейин, Оған әсилик қылмайман.
  Бесиншиси: Менде жетерли неъмат болып турып, шүкирсизлик қылмайман",
деп жуўап берди.

  Сонда жаңағы адам: "Сен өзиңде алдынғылар ҳәм кейингилердиң илимин сәўлелендирипсең! Сен өзиң айтқан усы сөзлерге әмел қылыўда даўамый бол, оған қосымша қылыўдың ҳәжети жоқ екен", деди.


  🖍 📜 🖍 📜 🖍 📜 🖍 📜 🖍 📜 🖍

t.me/nasiyatuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Пикирлең

РОҲМАНДЫ ТАНЫЎ ҒАМЛАРДЫ КЕТИРЕДИ


Аллаҳ таала сақыйлардың ең сақыйы. Бендесине сорамаған нәрселерин де береди, аз ғана ибадаттың есесине де оны мақтап, саўапларын көбейтип береди. Қәте ҳәм кемшиликлерин болса кеширип, оны өширип жибереди. Аспанлар ҳәм жердегилердиң ҳәммеси Оннан сорайды. Бирақ бир бендесин еситиў басқасын еситиўден алаң қылып қоймайды. Сораўшылардың сораўлары көп екени Оны шатастырып жибермейди. Қатты турып алып сорағанлардың бул ислери Оны ренжитпейди, керисинше әне сондай көп сораўшыларды жақсы көреди. Оннан сорағанды жақсы көреди, соралмаса ғәзеп қылады. Бендеси сорағанда бермеўге уялады, бирақ бенде уялмай гүна қыла береди. Бенде өзиниң гүналарын жасырмаса да Аллаҳ таала оларды бекитеди. Бенде өзине зулым қылса да Аллаҳ таала оған рейим қылады. Қәлблер тек Ол ғана жақсылықлар беретуғын ҳәм гүналарды кеширетуғынды қалай сүймейди? Өйткени, Ол дуўаларды әмелге асырады, қәтелерди кеширеди, айыпларды бекитеди, қыйыншылық ҳәм уўайым-қайғыны кетиреди.
Аллаҳ… Ол ең рейимли, көплеген неъматларды беретуғын ҳәм пана соралатуғынлардың ең Уллысы. Ол бендениң тәўекел қылыўына жеткиликли ҳәм бенделерине ата-анасынан да мийриман. Бендесиниң тәўбеге келгенине, шөлде барлық азық-аўқаты менен түйесин жойтып қойып, өлимине аз қалған ҳәм өмирден үмитин үзген ўақытта түйесин таўып алған адамның қуўанғанынан да көре көбирек қуўанады.


t.me/nasiyatuz
Forwarded from Sadıq.uz
📢Мусылманлар инсаниятқа не нәрселерди усынды?

◀️1. Телефон аккумуляторы, батарейкалары мусылманлардың ойлап тапқаны. Профессор Рашид ал Язмий.

◀️2. Wi-Fi (вай фай) тармағы исленбеси мусылманлардың ойлап тапқаны. Доктор Хатим Зағлул.

◀️3. Дәстүрлеў, программаластырыў алгоритмлери мусылманлардың ойлап тапқаны. Илимпаз Әбиў Жаъфар Муҳаммад ибн Муўса Хорезмий.

◀️4. Хирургиялық операция жиплери мусылманлардың ойлап тапқаны. Илимпаз Әбиў Бәкир ибн Муҳаммад Закария ар Розий.

◀️5. Ring дәстүрлеў тили мусылманлардың ойлап тапқаны. Инженер Маҳмуд Самир Фаид.

◀️6. Тарийхтағы дәслепки астрономиялық обсерватория (расадхана) мусылманлардың ойлап тапқаны. Халифа Маъмун тийкар салған Маъмун обсерваториясы.

◀️7. Заманагѳй фотокамералардың пайда болыўына тийкар болған камера теориясы- “қуммора” мусулманлардың ойлап тапқаны болып есапланады. Илимпаз Әбиў Әлий Ҳасан ибн Ҳасан ибн Ҳайсам.

◀️8. Химия илиминиң тийкары мусылманлардың ойлап тапқаны. Жабир ибн Ҳаййян ибн Абдуллаҳ Аздий.

◀️9. Алгебра пәни - әлжабр илими мусылманлардың ойлап тапқаны. Әбиў Муҳаммад ибн Муўса Хорезмий.

◀️10. Социология илими мусылманлардың ойлап тапқаны. Абдураҳман ибн Муҳаммад ибн Халдун.

◀️11. 1, 2, 3 санлары мусылманлардың ойлап тапқаны. Әбиў Муҳаммад ибн Муўса Хорезмий.

◀️12. Торпеда (суў асты) ракетасы мусылманлардың ойлап тапқаны. Инженер Нәжмиддин Ҳасан Аҳдаб.

◀️13. Хирургиялық операция әсбап-үскенелери мусылманлардың ойлап тапқаны. Абул Қасым Халаф ибн Аббас Заҳраўий.

◀️14. Пикнометрди (затлардың тығызлығын газ ҳалында, суйық ҳәм қатты ҳалда ѳлшеў ушын ислетилетуғын арнайы кѳринистеги физикохимиялық ѳлшеў ыдысы) мусылманлардың ойлап тапқаны. Әбиў Райхан Муҳаммад ибн Аҳмад Беруний.

◀️15. Кѳзәйнек мусылманлардың ойлап тапқаны. Илимпаз Әбиў Әлий Ҳасан ибн Ҳасан ибн Ҳайсам.

◀️16. Космослық, астрономик саат - устурлаб (астролябия) мусылманлардың ойлап тапқаны. Илимпаз Ибраҳим Фазарий.

◀️17. Тарийхтағы биринши емлеўхана мусылманлардың ойлап тапқаны. Саййида Фатима бинти Муҳаммад Фиҳрий Қураший.

◀️18. Тарийхтағы биринши университет мусылманлардың ойлап тапқаны. Саййида Фатима бинти Муҳаммад Фиҳрий Қураший.

Мусылманлар буннан тысқары және де кѳплеген ойлап табыўларды инсаниятқа усынған.

https://t.me/Samanbaymeshit
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM