#Әлбетте_оқың! #Пикирлең
СУЛЫЎ БОЛҒЫҢ КЕЛЕДИМЕ?
Ҳәмме адамлар да сулыў болғысы келеди. Ҳаял-қызлар сулыў, тартымлы болыў ушын ҳәр түрли нәрселерден пайдаланады. Ер-жигитлердиң арасында да сондайлар табылып қалады. Бирақ ең тийкарғы сулыўлық - ишки дүньяның сулыўлығы екенине ҳеш кимниң қарсы сөзи жоқ.
Егер адамның ишки дүньясы, яғный қәлби сулыў болса, оның жүзи де жыллы, көркем болады. Өйткени, қәлбтеги ийман әлбетте адамның жүзине шығып турады. Иши таза, ийманы беккем адамға Аллаҳ таала айырықша гөззаллық, нур, берекет берип қояды.
Сонлықтан адамды ийманлы қылып көрсететуғын - оның ийманы, ийбеси, ар-уяты екенин билиўимиз керек. Қәлби сулыў адамды қәлби сулыўлар жақсы көреди. "Көзлер умытпасын десең, шырайлы кийин, кеўиллер умытпасын десең, ийманыңды жөнле" деген сөз бийкарға емес.
📱http://t.me/nasiyatuz

Telegram
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

#Пикирлең
ҲАЯЛЫҢЫЗ ҲАҚҚЫНДА 20 ФАКТ
1. Ҳаялыңыз кәмил дәрежедеги инсан емес, кеширимли болың;
2. Ҳаялыңыз сүйегиңизден жаратылған, оны сындырып алмаң;
3. Ҳаялыңыз сизге берилген неъмат, оны қәдирлең;
4. Ҳаялыңыз әжайып мерўерт, даюс (қызғанбайтуғын) болмаң, оны қызғаның;
5. Ҳаялыңыз сиздиң ең жақсы достыңыз, ол менен дослық қатнасында болың;
6. Ол сизиң қуўанышыңыз, оны ренжитпең;
7. Ҳаялыңыз қымбатлы байлығыңыз, ол менен шырайлы қатнаста болың;
8. Ҳаялыңыз сизиң ырысқыңыз, оны қәдирлең;
9. Ҳаялыңыз шайтан емес, оны таслап қоймаң;
10. Ҳаялыңыз бенен тек жақынлық қылған ўақтыңызда емес, турмыстың ҳәр қайсы саласында бирге болың. Ол тек мейлиңизди қандырыў ушын ғана қасыңызда турмайды.
11. Ол сизиң душпаныңыз емес, оған көмекши болың;
12. Ҳаялыңыз пайдаланыў буйымы емес, үйдегилердиң қолына тапсырып қоймаң;
13. Жубайыңыз бәсекилесиңиз емес, ол менен бәсекилеспең;
14. Жубайыңыз ҳаял адам, оны ҳүрмет қылың;
15. Ҳаялыңыз ҳәр тәреплемели емес, оны ҳәмме менен салыстыра бермең;
16. Ҳаялыңыз еркелетиўиңизге итияжы бар;
17. Ҳаялыңыз сизге садық, оннан гүманланбаң;
18. Ол ақмақ емес, оған қулақ түриң, ол менен кеңесиң;
19. Ҳаялыңыз жәрдемиңизге мүтәжлиги бар, оған жәрдем бериң;
20. Ҳаялыңыз аманат ҳәм ақыретте Аллаҳ таала ҳүзиринде ол ҳаққында сораласыз. Усыны умытпаған ҳалда ол менен мәмиле қылың.

НЕСИП ҚЫЛМАСА…
Рәўиятта келиўинше Аъшам деген адам Исламды қабыл қылыў ушын Мадинаға баратырғанында жолда оған мүшриклер жолығып, қаяққа баратырғаны менен қызықты. Ол Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламға баратырғанын айтыпты. Кейин мүшриклер оған:
– Оның алдына барып не қыласаң, ол саған намаз оқыўды буйырады – деди.
– Аллаҳға итаат қылыў ўәжиб – деди ол.
Сонда мүшриклер:
– Ол саған мал-дүньяңды кәмбағалларға бериўди буйырады – деди.
Ол:
– Жақсылық қылыў саўап – деди.
Сонда оған:
– Ол сени зинадан да қайтарады – деди.
Аъшам болса:
– Зина жаман ис, оннан қалса мен қартайып қалғанман, мениң ондай қылатуғын жағдайым да жоқ – деди.
Соннан кейин оған:
– Пайғамбар сени хамр (мәс қылыўшы ишимлик) ишиўден қайтарады – деди.
Аъшам болса:
– Мен усы нәрсеге шыдай алмайман – деди ҳәм артына қайтты.
Ол «Бир жыл тойып шарап ишемен, Муҳаммаддың алдына кейин бараман», деп ойлады. Бирақ ол нийет қылған мәнзилине жетип бара алмады. Түйеден жығылып, желкеси сынды ҳәм өлди.
«Ески дүнья рәўиятлары» китабынан

ОҚЫҢ
#Пикирлең
Айырым жигитлер бар, жаслары отыз, қырққа келсе де, өзлерин еле бала сыяқлы көреди. Алда қойған мақсети, гөзлеген нийети жоқ. Олар ушын ата-анасы ойлайды, олар ушын ата-анасы ақша табады. Ата-анасының мойнына отырып алған бундайлар ушын ҳеш нәрсе қыйын емес. Қәлесе жейди, қәлесе кийеди, қәлемесе таслайды...
Айырым балалар бар. Олардың ойлары пүткиллей кериси. Олар "ата-анамды қуўантсам" деп жүреди. Олар оқыйды, изленеди, мақсет қояды, талпынады.
Олар әрманларына жетсе-жетпесе, бирақ нағыз жуўапкершилик не екенин билетуғын болады.
Олар шаңарақтың жибин услай алатуғын жақсы ер болады. Олар бала-шағасын асырай алатуғын мийнеткеш әке болады. Шаңарағын таслап кетпейди. Себеби, олар өзлерине қәдирли болған ҳәр адам, ҳәр нәрсениң қәдирин билетуғын болады.
Сонлықтан, ер адамның ақыл-парасатын жасы менен өлшемең.
Ул балаңыз болса, оны жаслайынан ҳәр нәрсениң қәдирин билетуғын үнемшил, шаңарақ ушын жуўап бере алатуғын жигит қылып тәрбиялаң.
📱http://t.me/nasiyatuz
#Пикирлең
Айырым жигитлер бар, жаслары отыз, қырққа келсе де, өзлерин еле бала сыяқлы көреди. Алда қойған мақсети, гөзлеген нийети жоқ. Олар ушын ата-анасы ойлайды, олар ушын ата-анасы ақша табады. Ата-анасының мойнына отырып алған бундайлар ушын ҳеш нәрсе қыйын емес. Қәлесе жейди, қәлесе кийеди, қәлемесе таслайды...
Айырым балалар бар. Олардың ойлары пүткиллей кериси. Олар "ата-анамды қуўантсам" деп жүреди. Олар оқыйды, изленеди, мақсет қояды, талпынады.
Олар әрманларына жетсе-жетпесе, бирақ нағыз жуўапкершилик не екенин билетуғын болады.
Олар шаңарақтың жибин услай алатуғын жақсы ер болады. Олар бала-шағасын асырай алатуғын мийнеткеш әке болады. Шаңарағын таслап кетпейди. Себеби, олар өзлерине қәдирли болған ҳәр адам, ҳәр нәрсениң қәдирин билетуғын болады.
Сонлықтан, ер адамның ақыл-парасатын жасы менен өлшемең.
Ул балаңыз болса, оны жаслайынан ҳәр нәрсениң қәдирин билетуғын үнемшил, шаңарақ ушын жуўап бере алатуғын жигит қылып тәрбиялаң.
📱http://t.me/nasiyatuz
Telegram
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899
#Ибратлы #Пикирлең
ОЛ СЕННЕН ДЕ ӨТКЕН ФАҚИҲ ЕКЕН
🌱 Ҳасан Басрий раҳимаҳуллаҳ айтады: Бир күни базарға бардым. Алған нәрселерим аўыр болғаны ушын жүкши жалладым. Базардан үйге келемен дегенше оның тилинен еки сөз түспеди "Әлҳәмдүлилләҳ", "Астағфируллаҳ". Қызығып сорадым:
- Ҳәй иним! Тотықустай еки сөзди қайталап атырсаң. Буннан басқа нәрсени билмейсеңбе?
Ол:
- 15 пара Қуран ядлағанман. Қарасам күнимиз еки жағдайдан тысқары болмайтуғын екен. Бириншиси: Аспаннан жерге неъмат түсетуғын екен. Екиншиси: Жерден аспанға гүна көтерилетуғын екен. Түскенине ҳәмд, көтерилгенине истиғфар айтаман.
Сонда Басрий раҳимаҳуллаҳ өзине: "Субҳаналлаҳ, ҳәй Ҳасан, ол сеннен де фақиҳрақ екен", - деген екен.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

🚬 Темеки шегиў не?
🤪 20 жаста кеўил хошлық
〰️ 30 жаста әдет
🥵 40 жаста атеросклероз
🤯 50 жаста денениң жемирилиўи
💀 60 жаста анық өлим
📝 Қыямет күнинде анық есап китап !!!
☠️ Никотин - өлим себепшиси.
Аллаҳ билиўши!
🚭 шекпең!
http://t.me/nasiyatuz
🚬 Темеки шегиў не?
🤪 20 жаста кеўил хошлық
〰️ 30 жаста әдет
🥵 40 жаста атеросклероз
🤯 50 жаста денениң жемирилиўи
💀 60 жаста анық өлим
📝 Қыямет күнинде анық есап китап !!!
☠️ Никотин - өлим себепшиси.
Аллаҳ билиўши!
🚭 шекпең!
http://t.me/nasiyatuz
#Пикирлең
ОЙЛАНЫП КӨРДИҢИЗБЕ❓❗️
👁 Бир көзиңизди таўдай алтынға алмастырған боларма едиңиз?
👂 Бир қулағыңызды миллионлаған сўммаларға сатқан боларма едиңиз?
👅 Тилиңизди сарайлардың есесине берген боларма едиңиз?
💪 Қолыңыздың орнына бриллиант алмасларды берсе аласызба?
🖐 Яқ дейсизбе?
☝️ Сиз негизинде ең абзал неъматлардың ишиндесиз, бирақ өзиңиз билмейсиз. Уўайым-қайғы, қапашылық, түскинликте жасайсыз.
🤷♂️ Алдыңызда ыссы наныңыз, ыссы-суўық, қайнаған суў-шәйыңыз, тыныш уйқыңыз, тыныш-татыўлығыңыз турса да, жоғалтқан арзымас нәрселериңизди ойлайсыз, барына қанаат қылмайсыз. Материяллық зыяннан ишиңиз ашыйды. Негизинде иқтиярыңызда саадат гилти, есапсыз жақсылық, талант ҳәм басқа ийгиликли нәрселер бар.
🕋 "Өзлериңизде де (белгилер) бар. Я (оларды) көрмей атырсыз ба?!".
Усылар ҳаққында ҳәм өзиңиз, әҳли ҳаялыңыз, үйиңиз, жумысыңыз, денсаўлығыңыз, досларыңыз ҳәм әтирапыңыздағы дүнья ҳаққында пикир жүритиң.
"Олар Аллаҳтың неъматын биледи, ал кейин оны инкәр етеди".

Зарият сүреси, 21-аят.
Усылар ҳаққында ҳәм өзиңиз, әҳли ҳаялыңыз, үйиңиз, жумысыңыз, денсаўлығыңыз, досларыңыз ҳәм әтирапыңыздағы дүнья ҳаққында пикир жүритиң.
"Олар Аллаҳтың неъматын биледи, ал кейин оны инкәр етеди".
Наҳл сүреси, 83-аят.
📚 "Өкинбе" китабынан.
📱http://t.me/nasiyatuz
#пикирлең
🪨 Ер: "Мен еркекпен".
🌺 Ҳаял: "Мен ҳаялман".
🪨 Ер: "Еркеклер ҳаялларға баслық".
🌺 Ҳаял: "Ҳаялларға жақсы мүнәсибетте болың".
🪨 Ер: "Биз ақыл ҳәм ҳикметке ийемиз".
🌺 Ҳаял: "Биз меҳир-муҳаббатқа ийемиз".
🪨 Ер: "Биз сизлер ушын күн бойы мийнет қыламыз".
🌺 Ҳаял: "Биз келешек әўладты тәрбия қыламыз".
🪨 Ер: "Биз уллымыз".
🌺 Ҳаял: "Ҳәр бир уллы еркектиң артында уллы ҳаял бар".
🪨 Ер: "Ҳәмме нәрсе биздиң қолымызда".
🌺 Ҳаял: "Аспанлар ҳәм жердиң мүлики Аллаҳдики".
🪨 Ер: "Аллаҳтың ҳүзиринде бизлердиң дәрежемиз сизлердикинен үлкенирек".
🌺 Ҳаял: "Жәннет аналардың аяғының астында"
🪨 Ер: "Анамды сеннен көре көбирек жақсы көремен".
🌺 Ҳаял: "Анаңа, кейин анаңа, кейин анаңа".
🪨 Ер: "Араб тилинде الكراهية (кәраҳият - жақтырмаў) сөзи муаннас (женский род) болып келген".
🌺 Ҳаял: "Араб тилинде الحقد (ҳиқд - кек, душпанлық) сөзи музәккәр (мужской род) болып келеди".
🪨 Ер: "Араб тилинде الكون (кәўн - пүткил барлык) сөзи музәккәр (мужской род) болып келеди".
🌺 Ҳаял: "Араб тилинде الجنة (Жәннет) сөзи муаннас (женский род) болып келеди".
🪨 Ер: "Кеўлиңе тийдим, кеширим сорайман".
🌺 Ҳаял: "Еркеклер ҳаялларға баслық".
🪨 🌺 🪨 🌺 🪨 🌺 🪨 🌺 🪨 🌺 🪨
📱http://t.me/nasiyatuz
🪨 Ер: "Мен еркекпен".
🌺 Ҳаял: "Мен ҳаялман".
🪨 Ер: "Еркеклер ҳаялларға баслық".
🌺 Ҳаял: "Ҳаялларға жақсы мүнәсибетте болың".
🪨 Ер: "Биз ақыл ҳәм ҳикметке ийемиз".
🌺 Ҳаял: "Биз меҳир-муҳаббатқа ийемиз".
🪨 Ер: "Биз сизлер ушын күн бойы мийнет қыламыз".
🌺 Ҳаял: "Биз келешек әўладты тәрбия қыламыз".
🪨 Ер: "Биз уллымыз".
🌺 Ҳаял: "Ҳәр бир уллы еркектиң артында уллы ҳаял бар".
🪨 Ер: "Ҳәмме нәрсе биздиң қолымызда".
🌺 Ҳаял: "Аспанлар ҳәм жердиң мүлики Аллаҳдики".
🪨 Ер: "Аллаҳтың ҳүзиринде бизлердиң дәрежемиз сизлердикинен үлкенирек".
🌺 Ҳаял: "Жәннет аналардың аяғының астында"
🪨 Ер: "Анамды сеннен көре көбирек жақсы көремен".
🌺 Ҳаял: "Анаңа, кейин анаңа, кейин анаңа".
🪨 Ер: "Араб тилинде الكراهية (кәраҳият - жақтырмаў) сөзи муаннас (женский род) болып келген".
🌺 Ҳаял: "Араб тилинде الحقد (ҳиқд - кек, душпанлық) сөзи музәккәр (мужской род) болып келеди".
🪨 Ер: "Араб тилинде الكون (кәўн - пүткил барлык) сөзи музәккәр (мужской род) болып келеди".
🌺 Ҳаял: "Араб тилинде الجنة (Жәннет) сөзи муаннас (женский род) болып келеди".
🪨 Ер: "Кеўлиңе тийдим, кеширим сорайман".
🌺 Ҳаял: "Еркеклер ҳаялларға баслық".
🪨 🌺 🪨 🌺 🪨 🌺 🪨 🌺 🪨 🌺 🪨
📱http://t.me/nasiyatuz
Telegram
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899
#Рәўият #Пикирлең
СЕН АЛЛАҲ УШЫН ШЫҚҚАН ЕДИҢ
Ҳасан Басрий раҳимаҳуллаҳ айтады: «Адамлар сыйынатуғын бир терек бар еди. Бир инсан өзине-өзи «усы теректи әлбете кесемен», деп балтасын көтерип теректиң алдына келди. Сонда оған Шайтан келди. Оны теректи кесиўден қайтаражақ болды. Олар гүрести. Гүресте Шайтан жеңилди. Сонда Шайтан оған айтты:
– Сен жарлы адам екенсең. Кел, мен саған ҳәр күни еки динар беремен, сен болсаң теректи кеспей қайтып кетесең!
Жаңағы адам Шайтанның гәпин қабыл қылды. Шайтан оған көп ўақытларға шекем күнине еки динардан берип жүрди. Бир күнлери Шайтан ақша бермей қалды. Жаңағы адам теректи кесиў ушын және балтасын көтерип шықты. Шайтан менен және гүрести. Бул ретинде Шайтан жеңип шықты. Сонда ол адам сорады:
– Неге алдын мен жеңдим, енди сен?
Шайтан айтты:
– Себеби сен ол гезде Аллаҳ ушын ғәзепленип шыққан едиң. Бүгин болса динарлар ушын шықтың. Соның ушын бүгин мен жеңдим!».

АЛЛАҲ ПЕНЕН БИРГЕ БОЛ!
"Биз Муўсаның анасына: «Оны емизебер. Кейин, (оны өлтирип кетиўинен) қорықсаң, оны дәрьяға тасла, қорықпа, қапа да болма, Биз, әлбетте, оны саған қайтарыўшымыз ҳәм оны Пайғамбарлардан қылыўшымыз», – деп ўаҳий қылдық".
"Кейин, Биз оны (Фиръаўнды) ҳәм оның ләшкерлерин услап, теңизге тасладық".
Екеўи де суўға тасланды, лекин жағдайы менен жуўмағы ҳәр қыйлы болды.
Муўса алайҳиссәләм нәрестелиги себепли оғада ҳәлсиз еди, бирақ суў оған зыян бере алмады. Фиръаўн күш-қүдиретке ийе болса да, суў оны ықтырып жиберди.
Жуўмақ:

(Қосос сүреси, 7-аят).
"Кейин, Биз оны (Фиръаўнды) ҳәм оның ләшкерлерин услап, теңизге тасладық".
(Қосос сүреси, 40-аят).
Екеўи де суўға тасланды, лекин жағдайы менен жуўмағы ҳәр қыйлы болды.
Муўса алайҳиссәләм нәрестелиги себепли оғада ҳәлсиз еди, бирақ суў оған зыян бере алмады. Фиръаўн күш-қүдиретке ийе болса да, суў оны ықтырып жиберди.
Жуўмақ:
Аллаҳ пенен бирге болсаң, ҳәлсизлигиң зыян бермейди. Аллаҳ пенен бирге болмасаң, қүдиретиң пайда бермейди.
📱http://t.me/nasiyatuz
#Пикирлең
ЖАҚПАЙДЫ, БИРАҚ МӘЖБҮРМЕН (СЕҢ)
Ҳәр ким өзиниң билими дәрежесинде жасайды. Биреўлер балалығын ойын-күлки, ўақты хошлық, шағалмәслик пенен өткереди. Нәтийжеде үлкейгенинде қол ушы талап пенен аўыр физикалық мийнетлер қылып азғантай-ақ ақша табады. Және биреўлер кишкене гезинен баслап билим алыўға умтылады, кишкене гезинен мийнет ислеп үйренеди, өнер ийелеўге қызығады. Нәтийжеде үлкейгенинде жақсы жумысқа орналасады ямаса ең кеми өзиниң устаханасы болады. Биреўдиң қолына қарап қалмайды.
Ҳәр бир адам "Жаслықта алған илим, тасқа ойылған нағыс" деген нақылдың мәнисин түсингенинде еди, кишкене ўақтын ойын-күлки менен ысырап қылып жибермейтуғын еди.
Билим алыў, өнер үйрениў ең жағымсыз ислерден болып табылады. Бирақ ким усы жағымсыз иске сабыр қылып турып берсе, келешеги анық кепилликке алынады. Қалған өмири рәҳәтшиликте өтеди.