NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
11.6K subscribers
8.79K photos
2.51K videos
1 file
14.6K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.

Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot

Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899
Download Telegram
#Қараң

Сиз өзиңиздеги нәрселер себепли миллионлаған ҳаяллардан үстемсиз

Сиз әлем ҳәм ондағы инсанлар ҳаққында бир ойлап көриң. Қаншадан-қанша емлеўханаларда, төсеклерде жыллап кесел болып жатырған, бахытсыз ўақыя себепли узақ жылларын жойтқан инсанлар бар. Қамаққананың темирлери өмирин ылайлап кеткен, рәҳәтлери жоқ болған мыңлаған инсанлар бар. Жәрдем бериў орайларында ҳәм емлеўханаларда ақылын жойтып мәжнүн болған инсанлар бар. Және қаншадан-қанша жыртық ылашықларда бир тислем нанға зар болып жасап атырған инсанлар бар. Солай емеспе?
Және ҳаяллардың арасында бир мүсийбет жетип, бир апат себепли бары-жоғынан, перзентлеринен айырылғанлар ямаса қандайда бир еми жоқ аўырыўларға шатылғанлары жоқ емеспе?! Сиз болсаңыз саламатлық, тынышлық, жақсылық ҳәм аманлықтасыз. Солай екен, Аллаҳға ҳәмд айтың. Ўақтыңызды Аллаҳты наразы қылатуғын – бийкаршы телеканаллар, олардағы сыпатсыз, әҳмийетсиз ҳәм мәниссиз нәрселерге жумсамаң. Бул нәрселер қәлбке кеўилсизлик ҳәм қапалықты алып келеди ҳәм денени өзиниң ўазыйпасын бежериўден қалдырады. Бирақ телевизорда ўаз-нәсиятлар, илимий кеңеслер, пайдалы медициналық көрсетиўлер, ҳәр бир мусылман ҳәм мүслима ушын керекли болған жаңалықлар ҳәм усы сыяқлы пайдалы нәрселерди тамаша қылың. Берилип атырған мәниссиз ҳәм уятсыз нәрселерден шетлениң. Себеби олар ийбеңизди, ар-уятыңызды ҳәм диниңизди жоқ қылып жибереди.

«Дүньядағы ең бахытлы ҳаял» китабынан

::: ::: ::: ::: ::: ::: ::: ::: ::: ::: ::: :::

📱http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

"О МУҲАММАД! Мен саған таң қалдым"

Отто фон Бисмарк, Германия империясының биринши канцлери:

"О Муҳаммад! Сениң заманласың болмағанымнан қайғыдаман. Инсаният тек бир мәрте ғана сениң уллы қүдретиңе гүўа болды, өкинишли, енди басқа көре алмайды. Мен саған таң қалдым".

(Саллаллаҳу алайҳи ўа саллам)

📱
http://t.me/nasiyatuz
#Қараң #Пикирлең

Еркектиң кийиминде ҳаялдың тазалығы көринеди!

Ҳаялдың кийиминде ериниң еркеклиги көринеди!

Қыздың кийиминде ананың әдеби көринеди!

Жигиттиң кийиминде әкениң дүньяға көз қарасы көринеди!

📱
http://t.me/nasiyatuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қараң

Шаңарақ қурғаннан кейин, жубайыңыз бенен төмендеги 7 қәдеге келисип алың ҳәм оларды ҳасла бузбаң.


1. Үйиңизде 3 нәрсени қадаған қылың:
Өсекти;
Тартысты;
Кек сақлаўды.


2. Үйиңизде 3 нәрсеге мөлшер қойың:
Телефонға;
Интернетке;
Телевизорға.


3. Үйиңизде 3 нәрсени даўамлы қылың:
Қуран тилаўатын;
Илимий сәўбетти;
Жәмәәт болып намаз оқыўды.


4. Үйиңизде 3 нәрсени көбейтиң:
Дуўаны;
Зикирди;
Тәўбени.


5. Үйиңизде 3 нәрсени азайтың:
Көп жеўди;
Көп уйқылаўды;
Көп сөйлеўди.


6. Үйиңизде 3 нәрсеге итибарсыз болмаң:
Кеширим сораўға;
Ҳүрмет қылыўға;
Рахмет айтыўға.


7. Үйиңизге 3 нәрсени киргизбең:
Пайыз%(ы бар нәрсени);
Ҳарам ырысқыны;
Биреўдиң ҳақысын.


📱
http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

ЖИГИТТИҢ ҚЫЗ ДОСТЫ

Бир жигит айтады:
Келиншегим қасымда уйқылап атырған еди. Маған болса инстаграмнан хабар келди. Бир қыз маған смс жазған еди. Дослық усыныс қылды. Мен оның ким екенин билиў ушын дослық усынысын қабыл қылдым.
Оған смс жаздым:
– Таныспызба?
– Мен сол, баяғы. Сизиң үйленгениңизди еситтим, сондада сизди сағынып атырман.
Ол бурынғы қыз достым еди. Өзине қарап жүретуғын ең сулыў қызлардың бири еди.
Мен келиншегим уйқылап атырғанына анық исениў ушын телефонымды өширип келиншегиме қарадым. Ол күни менен үй ислерин қылып ҳәзир шаршап тастай уйқылап қалған еди. Оған қарап ойланып қалдым, қалайынша өзине бөтен болған үйге келип арқайын уйқылап атыр. Ол 21 жыл шаңарағы менен жасаған үйинен алыста. Үйинде гезинде ашыўланса ямаса қапа болса анасы қасында еди. Ол қәлегенинше жылап дәртлерин айта алатуғын еди. Үкеси оның кейпиятын көтеретуғын, әкеси ол жақсы көрген барлық нәрсени алып келетуғын еди…
Усы қыяллар мийиме келеди екен, телефонды қолыма алып инстаграмға кирдим ҳәм бурынғы қыз достымның үстине «block» түймесин бастым.
Ҳаялыма қарадым ҳәм оның қасында уйқылап қалдым. Себеби мен еркекпен. Ҳаялына қыянет қылмайтуғын ҳәм шаңарағы бузылыўын қәлемейтуғын еркек.


📱
http://t.me/nasiyatuz
#Қараң  

🗝 Билим алыўдың сыры

   Толы ыдысқа суў қуйылмайды. Адам өзинше толы болса, оған билим үйретиўдиң илажы болмайды. Билим үйренемен деген адам алдын ишин кибирден, билемен деген ойдан босатып алыўы керек. Өзинен алдын илим жолын басып өткен, өзи баражақ болған мәнзилге барған инсанның сөзин қабыл ете алмаса, билимниң ийисин де ала алмайды.


📱
http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

   Егер ҳаялдың тили узайыўды басласа, ери менен бирге болатуғын сәтлери азайыўды баслайды.


📱
http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

  ЖЫЛАЎ ӘДЕБИ


  Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам намазды хушуъ менен оқыйтуғын еди. Қирәәт қылғанда қәлби ерип, көзлеринен моншақласып жас таматуғын еди. Бирақ ол даўысын қатты шығарып жыламаған. Көзи жасланғанда қазанның бығырлағанына уқсас даўыс шығатуғын болған. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам гейде мәйитти аяп, гейде үмметлерин ойлап, гейде Аллаҳ тааладан қорқып, гейде Қуран еситип жылаған.

Ибн Қәййим "Задул мәъад" китабынан.

📱
http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

ИЙМАН НЕ?


Мүжәҳидден рәўият қылынған ҳәдисте Әбиў Зарр разыяллаҳу анҳу Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан "ийман не?" деп сорайды. Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам төмендеги аятты басынан ақырына шекем оқып береди:

"Жақсылық* – жүзиңизди Шығыс ямаса Батыс тәрепке қаратыўыңызда емес, жақсылық Аллаҳға, ақырет күнине, периштелерге, Китапқа, Пайғамбарларға ийман келтиретуғын ҳәм жақсы көрген мал-дүньясынан ағайинлерине, жетимлерге, мискинлерге, жолаўшыларға, тиленшилерге, қул азат қылыўға беретуғын, намазды кәмил оқып, зәкат беретуғын, келисим қылғанда келисимине опа қылыўшыларға, жарлылық, қыйыншылық ўақтында ҳәм (урыстағы) аўыр ўақытта сабыр етиўшилерге (тән). Әне солар шын ийманлы ҳәм солар тақўалы".
(Бақара сүреси, 177-аят).

Имам Бухарий раҳимаҳуллаҳ аяттағы "Жақсылық" сөзинен мақсет "Ийман" нәзерде тутылыўын айтқан.

📱
http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

ҲАЯЛЛАР ШЫДАМЛЫ! "БИРАҚ..."

Анам бәрқулла қабағы үйик, көзлери уйқысызлықтан исиген ҳалда жүретуғын еди. Көбинесе телефонды желкеси менен қулағына қыстырып биреўлер менен сөйлесип жүретуғын еди. "Анажан, қарным ашты", десем "Сөйлейбермей тыныш отыр!" деген жуўапты еситемен. Үш минуттың ишинде ырыл-тырыл қайнатылған макаронды алдыма қояды: " - Мә мынаны же!".
- Ана,
қараң сүўрет салдым.
- Ҳее, жақсы екен, - дейди бийпәрўалық пенен. Арқамды сабынлап ысқыламайтуғын еди. Түнде жыласам себебин сорамайтуғын еди. Қуўанып жүрсем-де не болды, демейтуғын еди. Тек арасында отыратуғын ханасынан турып сөйлейтуғын еди:
- Ханаңды жыйнастыр! Анаў алып кел, мынаў алып кел.
- Ана, кейпиятым оғада жаман, имтиҳаннан жақсы өте алмадым, - деймен жыламсырап.
- Таярланбаған екенсең-дә...
- Анажан, дизеңизге басымды қойып жатсам мейлиме?
- Ҳәзир жумысым көп, кейин жатасаң...
- Ишим аўырып атыр.
- Аязлаған шығарсаң, қалың кийин.
- Анажан, көйлегимди жуўмадыңызба?
- Басқасын кий, кейин жуўаман.
Алдынлары анамды айыплайтуғын едим. Лекин ана болып түсиндим, анам бахытсыз еди. Анам әкемнен меҳир, итибар күтетуғын еди. Бирақ күткенин ала алмайтуғын еди. Ата-анасынан меҳир күтетуғын еди, лекин көрмейтуғын еди. Айнада ҳәттеки өзин көре алмаған анам мени де көрмейтуғын еди. Аналар бахытлы болмаса олар саяға айланып қалатуғын екен. Аналары бахтияр шаңарақта балалар бахтияр өседи, жәмийет де бахытлы болады.

Сөзсиз ҳаяллар шыдамлы, лекин олар еринен руўхый көмекке мүтәж...

🌼 🌸 🌼 🌸 🌼 🌸 🌼 🌸 🌼 🌸 🌼

📱http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

  Дәўиримиздиң заманагөй техникалары (телефон, ондағы интернет... ҳ.т.б) сизлерди Қуран тилаўат қылыўдан тосып қоймасын. Егер сондай болып қалса қәлблериңиз босап, оны уўайым-қайғы ҳәм депрессия ийелеп алады. Себеби қәлб - өзине азықлықты тек ибадаттан алады.

  Адам гүна исти қылғанда нәпси рәҳәтленеди. Қылып болғаннан кейин руўҳый қыйналады.
  Ибадат қылыў нәпсиге аўыр келеди, бирақ руўҳый жеңиллеседи.

📱
http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

5 ОРЫНДА ҲАСЛА КҮЛМЕҢ!

قال النبي عليه السلام من ضحك في خمسة مواضع أحبط الله تعالي عمل خمس و عشرين سنة خلف الجنازة و في القبور و في المسجد و عند قراءة القرآن و عند ذكر العلم .

مجمع اللطائف


Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты:
"Ким бес орында күлсе Аллаҳ таала жигирма бес жыллық (ийги) әмелин жоқ қылады:
1. Жаназаның артынан;
2. Қәбирде;
3. Мешитте;
4. Қуран оқылған ўақытта;
5. Илим зикири болып атырғанда".

"
МАЖМАЪҮЛ ЛАТААИФ" китабынан.

📱
http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

  "Және төмен баҳалар" атлы усы сүўрет рус художниги Федор Ришетников тәрепинен 1952-жылы салынған.

  Бунда имтиҳаннан өте алмай, мектептен қайтқан бала ҳәм шаңарақ ағзаларының оған мүнәсибети сәўлеленген.

  Художник оларға мынандай деп атыр:"Балаға усы ийт сыяқлы мәмиле қылың. Себеби ийт оның сәтли сәтинде де, сәтсизлик сәтинде де жақсы көреди".

📱
http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

☝️ Үш нәрсени ядда сақлаң, бахытлы боласыз:

🤲 1. Егер бир неъматқа ериссеңиз, Аллаҳқа ҳәмд айтың! (Әлҳамдүлилләҳ).

🤲🏼 2. Егер ырысқыңыз әстен келсе, Аллаҳқа истиғфар айтың! (Әстәғфируллаҳ).

🤲🏿 3. Егер қыйыншылық келсе, «Ләә ҳәўлә ўәләә қүўўәтә иллә билләҳ»ты көбейтиң!

🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿

http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

ЕРКЕК АДАМ ҚАШАН ЖЕТИМ БОЛАДЫ?

    Бир устазым айтқан еди: «Еркек адам қашан ҳақыйқый жетим болыўын билесизлерме? Еркек ҳаялы өлгенде ҳақыйқый жетим болады. Айырымлар ата-анасы ямаса атасы, кемпир апасы өлгенде деп айтады. Еркек адам буларға сабыр қыла алады, көнлигеди бирақ ҳаялы қайтыс болған еркек шөгип қалады».

   Тийеберсин атам кемпир апама бәрқулла мынандай дейтуғын еди: «Аллаҳ сеннен алдын мениң жанымды алсын».


📱
http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

ЖАҚСЫЛЫҚ ҲӘМ ЖАМАНЛЫҚ


  Еки дос шөлде кетип баратырғанда бир нәрсеге келисе алмай қалады. Биреўи ашыўланып екиншисиниң бетине урып жибереди. Урылған соққы жанына батса да үндемейди. Бирақ қумның бетине: "Бүгин мениң жорам бетиме урды" - деп жазып қояды.
  Кейин және жолын даўам етеди. Көп узамай алдыларынан бир көл шығады. Екеўи суўға түсип шомылады. Суўға түсиўи менен соққы жеген жигиттиң аяғы бир нәрселерге оратылып қалады ҳәм ығып кете баслайды. Сол гезде соққы берген жорасы тез жәрдем бериўге асығып қутқарып қалады. Бир өлимнен қалған жигит тасқа ойып: "Бүгин мениң жорам мениң жанымды қутқарып қалды" - деп жазады.
  Жорасының исине таңланған жигит: "Алдынғы исимди қумға жазған едиң, бунысын тасқа жазып атырсаң. Буның мәниси не?" - деп сорапты. Сонда жорасы: "Бизлерге биреў зыян тийгизсе ислеген исин қумға жазыўымыз керек. Кеширим самалы ескенде өширип жибериўи аңсат болады. Ал биреў жақсылық қылса оны тасқа жазғанымыз жақсы. Қандай даўыл болса да, өшире алмайды" - деген екен.


📱
http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

   Муҳаббат ҳаққындағы ҳеш бир қосық, ҳикая Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның: «Я Рәббим! Қәлбиме қарсы шыға алмай атырман, Айшаны қатты жақсы көремен», дегениндей шырайлы емес.
❤️‍🔥❤️‍🔥❤️‍🔥

📱
http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

Аз сөйлеў инсанның Исламының гөззаллығынан

Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Бир адам Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип:
«Ҳәй Аллаҳтың Расулы, қәўимим маған итаат қылады. Оларға нени буйырайын?» деди.
«Оларға сәлемди жайыўды ҳәм күтә әҳмийетли сөзден басқасын аз қылыўды», деди».
«Имам Хараийтий рәўияты».

Бул ҳәдиси шәрийфте гүна болатуғын сөзлерден тысқары, жай, қуры сөздиң өзи ҳаққында да гәп кетип атыр.
Умар ибн Абдулазиз раҳматуллаҳи алайҳ: «Ким сөзин әмелинен деп есапласа, оның оғада әҳмийетли сөзинен басқа сөзи аз болады», деген.

•••••┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄•••••

📱
http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

БИР КЕСЕ ШӘЙ

Жиддалық мүдәррис айтады:
Устазлар ханасында едим. Кесеге шәй қуйып енди ишежақ едим бирден қоңыраў қағылып қалды. Медресе директоры оғада қатты еди. Устазлар қоңыраў қағылыўы менен класста болыўын талап қылатуғын еди. Шәй болса ыссы еди. Ишиўдиң илажы болмады. Сол гезде филиппинли бир медресе устасын көрип қалдым. Оған күлимсиреп қолымдағы бир кесе шәйди узаттым. Ертеңине уста келип маған ҳайраң қалғанын, оған биринши рет мүдәррис күлимсиреп шәй узатқанын айтты. Ол тап бир қәте истиң үстинен шығып қалғандай еди. Мен оған: «Мен сизди бир кесе шәй менен сыйлықлайжақ болдым. Бизлер мусылманбыз. Бул бизлердиң қулықымыз», дедим.
Ол айтады: «Еки жылдан берли усы жерде ислеймен. Еле бирде-бир адам маған күлип қарамаған ҳәм шәй бермеген еди. Мен жоқары мағлыўматлыман. Жарлылық мени бул жерге келип ислеўге мәжбүр қылды».
Мен оған исенбей оны сынап көрежақ болдым. Оны үйиме мирәт еттим. Балам жоқары класста оқыйтуғын еди. Ол медресе устасына бир нешше сораўлар берди. Оған англишан тилиндеги енциклопедияны көрсетип бир нәрселерди сорады. Ол жуўап берди. Ол дурыс айтқан екен.
Ол мени ҳәр жума зыярат қылып турды. Кейин исламға киргенин айтты. Ол өзиниң жигирмалаған жақын достын исламға шақырып оларды мусылман қылды. Себеп болса «бир кесе шәй ҳәм күлимсиреў» еди.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Жақсы истиң ҳеш бирин арзымас деп есапламаң. Егер ол бирадарыңа ашық жүз бенен жолығыў болса да», деген.


📲http://t.me/nasiyatuz