NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
11.8K subscribers
8.67K photos
2.46K videos
1 file
14.4K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.

Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot

Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899
Download Telegram
🌐Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

📱http://t.me/nasiyatuz
🌐Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

📱http://t.me/nasiyatuz
#Жума

💐 Бүгин сондай ЖУМА болсын:

• Әпиў етилмеген бенде;
• Қабыл болмаған дуўа;
• Ем таппаған қәсте;
• Рәҳәт таппаған қәлб;
• "Аллаҳ" демеген "тил" қалмасын!


💐 Жума әйямы мүбәрек болсын Қәдирлим!

🌼 🌼 🌼 🌼 🌼

📱
http://t.me/nasiyatuz
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз:👉 @nasiyatuz
Жума әйямыңыз мүбәрек болсын!

🌱 🍀 🌱 🍀 🌱 🍀 🌱 🍀 🌱 🍀 🌱


@nasiyatuz
Ҳәр бир атқан таңымыз ушын Жаратқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз:👉 @nasiyatuz
Мағлыўмат

Жуманың сүннетлери

@nasiyatuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Мойнақ районындағы мешитлердеги шараятлар менен танысты

Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов мешитлердеги жаратылған шараятлар, әтирапындағы абаданластырыў ҳәм кѳгалландырыў жумыслары менен жақыннан танысыў ушын Мойнақ районында хызмет сапарында болды.
Орайлық «Тоқпақ ата» жаме мешитинде «Пайғамбарымыз жақсы кѳрген әмеллер» темасында баянат жасады. Баянаты даўамында елимиздеги тынышлық, қәтержамлық ҳәм пәраўанлықтың қәдирине жетиў, перзент тәрбиясы, терроризм, экстремизм ҳәм миссионерлик ҳәрекетлерине қарсы гүресиў бойынша да айтып ѳтти.
Сапар жуўмағында Мойнақ районы бас имамы Р.Тлеўбаевқа мешитлердеги шараятлардан хабардар болып турыў, абаданластырыў ҳәм кѳгалландырыў жумысларына итибар қаратыў бойынша тапсырмалар берди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

@nasiyatuz
#Қараң

   ИЙТТИҢ КҮЙЕЎИ

   (Әбиў Әлий ибн Сина менен болған қызық ўақыя)

   Ҳәммеге белгили Әбиў Әлий ибн Сина оғада саўатлы, илимли тәўип болған. Бирак Әбиў Әлий ибн Сина ҳаял адамды туўрыдан туўры көрмейтуғын еди. Көриў керек болып қалса үйиниң ишинде отыратуғын, көриниўге келген ҳаял болса сыртта отыратуғын, ҳаялды алып келген адам ҳаялдың билегинен узын жип байлап, жиптиң ушын Ибн Синаға услататуғын еди. Ибн Сина жиптиң дирилдегенин тыңлап, кеселликти анықлап, емлейтуғын еди. Оған Аллаҳ таала усындай үлкен қәбилет берген екен. Оннан ҳеш ким зыян көрмеген, мүтәж, бийшара адамларды қалтасынан емлейтуғын еди.
   Ҳәмме жерде де бир бузғыншы табылғанындай Ибн Сина жасайтуғын аўылда да бузық нийетли адамлар бар еди. Сол бузғыншылар көшеде кетип баратырса бир үлкен нашар ийт аш болып, диңкеси болмай жатырған екен. Олар ийтти мазақлап күлипти. Сонда Әбиў Насыр деген киси қасындағыларға:
   – Усы ийтти Ибн Синаға алып барып бир мазақ қылмаймызба? – депти. Ҳәмме оны мақулласыпты. Олардың екеўи ийттиң алдыңғы еки аяғын көтерип еки тәрепинен қолтықлап, ийттиң басына орамал байлап Ибн Синаға алып барыпты. Алдыңғы аяғына жипти байлап, ушын Ибн Синаға услатыпты. Бийшара нашар ийт үретуғын да жағдайы жоқ еди.
   Ибн Сина жипти услап турып:
   – Бул келиншек кимниң зайыбы? – деп сорапты. Әбиў Насыр не дерин билмей:
   – Меники, – деп жиберипти.
   – Егер усы наўқас сизиң зайыбыңыз болса, келиншегиңиз саў-саламат, тек оғада аш. Көбирек қатық, сүт берсеңиз, тез күнде жүнлери шығып, ҳәжетиңизге жарайтуғын болып қалады. Егер Рәббим мени алжастырмаған болса, келиншегиңиздиң қарнында бес ямаса алты дана өзи сыяқлы баласы бар, – депти.
   Усы ҳәзили ушын Әбиў Насыр «ийттиң күйеўи» деген лақап пенен аты шығып кетипти.


👉Telegram каналымыз
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Мойнақ районы мәҳәлле имамлары менен ушырасты

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разовтың Мойнақ районында хызмет сапары ҳәм орайлық «Тоқпақ ата» жаме мешитинде Жума намазын оқығаны ҳаққында хабар берген едик.
Жума намазынан соң райондағы мәҳәлле имамлары менен ушырасты. Ушырасыў даўамында экстремизим, терроризм, миссионерлик ҳәм прозелетизм иллетлериниң алдын алыў, той-мерекелерди ықшамластырыў, ысырапкершиликтиң алдын алыў, шаръий некениң пазыйлети, тынышлық ҳәм қәтержамлық, жаслар тәрбиясына итибар, оларды илим-билим алыўға қызықтырыў, жәмийетке пайдалы кәсип ийеси болыўға тәрбиялаў бойынша сәўбетлести.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.


@nasiyatuz
Нөкис ўақты менен 25-май күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
#Таңғы_сәлемнама

🌸 Assalamu alaykum Qádirlim! 🌸

🕊 🕊 🕊 🕊 🕊 🕊 🕊 🕊 🕊

🌼 Allahım! Gózzal júrekli doslarımnıń maǵan belgisiz, Saǵan ashıq-aydın bolǵan ǵam-qayǵıların ketir!

🌺 Men hesh nárse qıla almaǵan dártlerine óziń shıpa bol!

🌼 Hár mashaqatında men tuta almaǵan qollarınan Sen tut!

🌺 Meni hám olardı Seniń razılıǵıń ushın jasaytuǵın bendelerińnen qılıp qoyagór!

🌼 Saǵan eń jaqın bolǵan sátimizde janımızdı al!


🦋 🦋 🦋 🦋 🦋 🦋 🦋 🦋 🦋

📱http://t.me/nasiyatuz