NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
11.8K subscribers
8.67K photos
2.46K videos
1 file
14.4K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.

Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot

Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899
Download Telegram
#Қараң #Әмел_етиң

Нағыз муҳаббат бул:

– Шаршап уйқылап атырған орныңыздан турасыз да «Сүйгилим, әкел өзим қарайман балаға, сен уйқылап ал» деўиңиз;

– Түнде оянып кеткениңизде оның үстине көрпесин жаўып, аязлап қалмаўы ушын уўайымлаўыңыз;

– Байрам болмаса да саўға алып үйге күлимсиреп кириўиңиз;

– Ҳаялыңыз көп жыллардан кейин шырайынан айырылса да «Сен жәннетимсең» деп қушақлап, кейин жумысқа кетиўиңиз;

– «Көп қыймылдап кеттиң, демиңди алып ал» деп жумыс ислеп атырған жеринде тоқтатыўыңыз
.

📱http://t.me/nasiyatuz
#Әмел_етиң!

ЕСЛЕП ҚАЛЫЎДЫ ЖАҚСЫЛАЎ УШЫН УСЫНЫСЛАР

"Қанша оқысам да ядлап қала алмайман" десеңиз, төмендеги усынысларды оқың!

💪1. Ядлаў ямаса илим алыўға ғайрат салың, барыңызды бериң, кейин нәтийже күтиң!

💥2. Дене ҳәм руўҳты пәк тутың!

🦷3. Мисўәк ислетиң!

🍯4. Мөлшери менен пал жеп турың!

🌞5. Таңда кишмиш, бадам, ғоза сыяқлы жемислерди жеўге әдетлениң!

🌚6. Ҳәмме нәрсениң ғамын қылмаң!

🥞7. Қарында бәрҳа тоқ тутпаң!

8.15 қайталаў қәдеси.

Яғный, бүгинги сабақты 5 рет, кешегини 4 рет, оннан алдынғы күнгини 3, оннан алдынғысын, 2 рет, оннан да алдынғы күнгини 1 рет қайталаўға әдетлениң. Сонда ҳәр бир жаңа мағлыўмат 5 күн даўамында 15 рет қайталанады.

📱http://t.me/nasiyatuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Әмел_етиң!

ҮШ ЕЛЕЎИШ ҲАҚҚЫНДА РӘЎИЯТ


Бир адам данышпаннан сорады:
- Достыңыз сиз ҳаққыңызда не дегенин айтайынба?
- Асықпа, - деди данышпан. Алдын айтажақ болған гәпиңди үш елеўиштен өткер...
- Уш елеўиш?
- Бир гәпти айтыўдан алдын, оны үш елеўиштен өткериў лазым. Әўел ҲАҚЫЙҚАТ елеўишинен. Айтажақ болған гәпиң ҳақыйқат екенине исенимиң кәмилме?
- Яқ, мен оны тек ғана еситтим, болғаны.
- Демек, сен оның рас ямаса өтирик екенин билмейсең. Енди екинши - ЖАҚСЫЛЫҚ елеўишинен өткеремиз. Сен маған достым ҳаққында жақсы гәпти айтажақсаңба?
- Яқ, керисинше.
- Демек, сен маған ҳақыйқат екенин билмей турып жаман хабарды жеткеремекшисең. Енди үшинши елеўиштен өткеремиз - ПАЙДА елеўишинен. Сениң гәпиңди еситиўим шәртпе, ол маған пайда келтиредиме?
- Яқ, ҳәжети жоқ.
- Демек, сен айтажақ болған хабарда ҳақыйқат да, жақсылық да, пайда да жоқ екен. Солай екен, оны маған айтып не қыласаң?

🍃 🌸 🍃 🌸 🍃 🌸 🍃 🌸 🍃 🌸 🍃

t.me/nasiyatuz