МАМАН АДВОКАТ
15.7K subscribers
5.3K photos
8.89K videos
333 files
13.1K links
Сорауларыныз хам пикирлериңизди 👉 @maman_advokatbot жибериң

Тел: 90 700-04-40

Каналда юридикалық мағлыуматлар, жаналықлар хамде адвокаттың жеке пикирлери жазылады.

Пуқаралар хам юридикалық шахсларға шартнама тийкарында юридикалық жардем көрсетиледи.
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Жақында радарға түскен бир неше пуқараларды жәримадан қутқарып қалдық. Яғный суд арқалы жәрима баяннамаларды бийкарлаттық. Бирақ оларға судтан шыққаннан кейин негизи тезликти асырыуға қарсы екенлигимди айттым.

Әлбетте нызам бул нызам. Уазыйпамыз инсанлардың хуқықын қорғау. Соның менен бирге пуқараларға нызамларға әмел етиуди пропаганда қылыудан ибарат. Пуқараларды белгиленген тезликти асырмауын сорап қаламан. Буның ақыбети мисли көрилмеген зыян келтириуи мүмкин.

https://t.me/maman_advokat
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Не ушын маған Ташкент көшелери унайды. Қара Карл ёлка тереклерди. Азанда жолға шықсым хауа райы зор болып тур. Шуқыр-шуқыр дем алып энергияға толдым хәм және Жиззахға жол алдым.

Ол жерде еки күннен берли тергеу хәрекетлерине қатнасып атырмыз. Несип қылса бугин жуумақлап қайтамыз. Ертерек шықсам Самарханд хәм Қашқадарьяға кирип өтемен.

https://t.me/maman_advokat
🔰 Nızamshılıqqa kóre:

🔹 1 jılda bir márte orta isbilermenlik subektlerine mal-múlkti qamsızlandırıw qárejetleriniń 50 procentine shekem, biraq BEMnıń 20 esesinen aspaǵan (6 mln sumǵa shekem) bólegi qaplap berildi;

🔹 dáramatı 10 milliard sumnan kem bolmaǵan isbilermenler ushın mámleketlik satıp alıwlarda 20 procentlik kvota eńgiziledi hám usı satıp alıwlar sheńberinde byudjet buyırtpashıları menen dúziletuǵın shártnamalarda 50 procent muǵdarında aldınan tólemdi ámelge asırıw názerde tutıladı.

🔹 mámleketlik satıp alıwlarında eń jaqsı usınıslardı tańlaw hám tender sawdalarında qatnasıwshılar usınısların bahalawda QQS summası inabatqa alınbaydı ;

🔹 joqarı qosılǵan bahalı mıs ónimlerin eksport etiwshi kárxanalardıń ónimler islep shıǵarıw hám olardı sırtqı bazarǵa satıw menen baylanıslı qárejetlerin eksport bahasınıń 6 procentine shekem qaplaw tártibi biykar etiledi.

https://t.me/maman_advokat
🔰 Miyras ashılǵanda miyras qaldırıwshıǵa tiyisli bolǵan, onıń óliminen keyin hám biykar bolmaytuǵın barlıq huqıq hám minnetlemeler miyras quramına kiredi.

☑️ Tómendegiler miyras qaldırıwshınıń shaxsı menen baylanıslı huqıq hám minnetlemeler esaplanadı hámde miyras quramına kirmeydi:

▫️kommerciyalıq shólkemleri hám basqa shólkemlerge aǵzalıq, olarda qatnasıw huqıqları;
▫️ómirge yamasa densawlıqqa jetkerilgen zıyan uıshn pul óndiriw;
▫️aliment
huqıqları hám minnetlemeleri;
▫️pensiya, napaqa hám basqa tólemler alıw huqıqı;
▫️jeke múlkiy emes huqıqlar.

❗️Miyras qaldırıwshınıń jeke múlkiy emes huqıqları hám basqa materiallıq emes baylıqları miyrasqorlar tárepinen qorǵalıwı múmkin.

https://t.me/maman_advokat
Мулти радар менен апиуайы автомашинада жүрип баратырып түсириуге хақлы емес. Түсирген тағдирдеде оның сертификаты менен айдаушыны таныстырып, хәкимшилик баяннама дүзиүи шәрт. Болмаса бундай жәрима юридик күшке ийе болмайды.

https://t.me/maman_advokat
“Тил хат қарыз шәртнаманың орнына жүреди”

📝Қарыз берип атырғанда оны әпиўәйы жазба шәртнама менен рәсмийлестириў керек.

🧾Қарыздың муғдары БЕМның 10 есесинен (3 млн 400 мың сўмнан) кѳп болса, жазба шәртнама дүзилиўи шәрт.

Қарыз алыўшы яки бериўшиниң биреўи юридикалық шахс болҳанында болса қарыз муғдарына қарамастан жазба шәртнама дүзилиўи керек.

📌Қарыз алыўшыдан тил хат алыў яки қарыз берилгенлигин тастыйықлайтуғын ҳәр қандай ҳүжжет те жазба шәртнаманың орнын басады.

https://t.me/maman_advokat
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бүгин Нөкиске келиуден судларға кирисип кеттим. Өртенип атыр екен. Судьялар еки күннен берли қайда жүрсең деп гәзепте.

Болды гәп жоқ деп гәзди баааасып баратырсам жол периштеси тоқтатып хәкимшилик жууапкершилик хаққындағы кодекстиң 294 статьясындағы хуқық хәм миннетлемемди түсиндирип, тезликти асырғаным ушын жәримларым барлығын ескертти. Еледе 60 күннен өтпепти. 🫣😁

Жәрима қарыздарлық 60 күннен өтип кетсе стоянкиге кирип кетиуиңизди умытпаңлар. ☝️😁

https://t.me/maman_advokat
Жетип келдик. Көшербаев дурыс айтқан екен, оларғада шеклеу қойыу керек. ☝️🫣

https://t.me/maman_advokat
❗️Мәмлекетлик грант студентлер ушын тәлим гранты және социаллық-хошаметлеўши грант формасында ажыратылады

Бунда:

тәлим гранты — студентлерге бир оқыў жылы ушын ажыратылады ҳәм 1-курста оқыўға кириў нәтийжелери бойынша, 2-курстан баслап рейтинг көрсеткишлери бойынша ең жоқары балл топлаған студентлерге ажыратылады;

социаллық-хошаметлеўши грант — мақсетли қабыллаў ҳәм жеңиллик тийкарында қабыл етилген студентлерге пүткил оқыў дәўири ушын бериледи;

тәлим гранты тийкарында оқыған студентлердиң оқыўды питкергеннен кейин 3 жыл ислеп бериў миннетлемеси бийкар етиледи.

https://t.me/maman_advokat
2023-yilda chet eldan pul o‘tkazmasi olgan edim. Soliq organlari buning uchun soliq hisoblashga haqlimi?

Agar jismoniy shaxs jismoniy shaxsdan pul mablag'i olgan bo'lsa, unda bu daromad soliqqa tortilmaydi va jami yillik daromad to'g'risida deklaratsiya taqdim etilmaydi.

Agar jismoniy shaxs xorijiy yuridik shaxsdan daromad olgan bo'lsa, u holda ushbu daromad 1-aprelgacha taqdim etilishi kerak bo'lgan deklaratsiya asosida soliqqa tortiladi.

Tijorat banklari soliq organlariga xorijiy yuridik shaxsdan jismoniy shaxsning hisobvarag'iga chet eldan kelib tushgan mablag'lar to'g'risida umumlashtirilgan ma'lumotlarni taqdim etadi.

Agar soliq to'lovchi 1-aprelgacha ushbu daromad bo'yicha deklaratsiya taqdim etmasa, soliq organi o'zida mavjud ma'lumotlarga asoslanib soliq hisoblaydi va bu haqda soliq to'lovchini xabardor qiladi. Hisoblangan soliq to'g'risida batafsil ma'lumot aks ettirilgan xabarnomalar soliq to'lovchining shaxsiy kabinetiga yuborilgan. Bunda soliq summasi 1-iyungacha to'lanishi lozim.

Agar soliq to‘lovchining hisoblangan soliq summasiga e'tirozi bo‘lsa va tasdiqlovchi hujjatlarga ega bo‘lsa, u holda ushbu hujjatlarni ilova qilgan holda my3.soliq.uz sayti orqali qayta deklaratsiya taqdim etishi lozim.

https://t.me/maman_advokat
Гул егиу менен шуғылланыушыларға 1 гектарға шекем жер ажратылады.

https://t.me/maman_advokat
Қандай жағдайларда оқыўшылар имтихан тапсырыўдан азат етиледи?

Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 15-марттағы 140-санлы қарары менен тастыйықланған «Улыўма орта билим бериў ҳаққында»ғы уставқа бола, медициналық-мәсләҳәт комиссиясының жуўмағы ҳәм улыўма билим бериў мәкемесиниң педагогикалық кеңеси қарары менен оқыўшылар жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестация ҳәм басқышлы қадағалаўдан азат етилиўи мүмкин.

Оқыўшыларға класстан класқа көшириў имтиханлары ҳәм жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациядан азат болыў ҳуқықын беретуғын кеселликлер дизими Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги және Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленеди.

Оқыўшылардың халықаралық ҳәм республикалық олимпиадалар, таңлаўлар, жарыслар ҳәм тағы басқа көрик-таңлаўларда қатнасыў ўақты жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестация ҳәм басқышлы қадағалаў мүддетлерине туўра келип қалған жағдайда, олар тийисли жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестация ҳәм басқышлы қадағалаўлардан азат етиледи.

Олардың билимлерин жуўмақлап баҳалаў ҳәм рейтингин анықлаў жыллық баҳалар тийкарында әмелге асырылады.

https://t.me/maman_advokat
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
“Ең жақсы күним”

Жақында асығып баратырсам жолдың шетинде бир жигит автомашиналарға қолын көтерип турған екен. Хеш ким тоқтамай атыр. Бул табийий жағдай болғаны ушын менде онша мән бермедим. Жақынлаған уақтымда оның нагиран екенлигин көрдим.

Тоқтап отырың дедим. Ол маған онша түсиндралмай қыйналып яқ деди. Мен оған “рас айтып турман отырың мәнзилиңе алып бараман” дедим. Ол исенкиремей автомашина алдына отырды.

Азмаздан ол маған “рахмет итибарыңыз ушын. Тоқтап отырың дегениңизге исенбеген едим. Мен буннан қууанышлыман” деди. Содан саубетлесип кеттик. Оның қууанғанын көрип көзиме жас келди.

Жолда тоқтап екеумиз мороженый жедик. Нөкистиң ишин айландырдым. Ол “саған уқсаған ажағам болыуын қәлер едим” деди. Мен оған “тууысқан болыу ушын фамилия бир болыуы шәрт емес, мен сениң ең жақын достың боламан” дедим. Бул мениң ең жақсы күнлеримниң бир болды.

https://t.me/maman_advokat
“Миранда қағыйдасы” ис берди.

Бүгин Өзбекистан Республикасы Жоқары судының ревизия инстанциясында қорғауымда болған Қутлымуратов Баймурат Женбаевичти хәкимшилик жууапкершиликтен қутқардық.

Ол буннан 8 ай алдын ишип автомашина басқарғанлықта гуманланып, иси судқа өтерилген. Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының қарары менен ол айыплы деп табылып, 1,5 жылға правасы бийкар етилип, 8 млн жәрима қолланылған еди.

Кейин оны апелляция инсанциясына бердик. Бирақ қанаатландырылмады. Бүгин болып өткен ревизия (тафтиш) инсанциясында Өзбекстан Жоқары суды алдынғы барлық судтың қарарларын бийкар етип, Б.Ж.Қутлымуратов айыпсыз деп табылды.

Мениң қорыққан жерим бизлер судқа кирместен бурын алдымызда тап усындай ислерлерден 3 дело көрилип, адвокатлары болмады деп басын шайқап шықты. Мен судьядан дунья жүзлик “Миранда қағыйдасы” хуқуқы бузылғанын айтып, соған жабыстым. Себеби Б.Ж.Қутлымуратовты гай хызметкерлери услаған уақытта оған хуқықлары түсиндирилмеген. Егер түсиндирилгенде ис басқаша болар еди. Судья буны есапқа алды.

https://t.me/maman_advokat
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Бизлер жумыстан шықтық. Жауын қуйып тур. Гербиш заводы бар жорама қыйын болды. Хәмме уақыт жауын мениң душпаным дер еди. 😁🫣

https://t.me/maman_advokat
Нызамшылыққа кѳре, педагоглардың ден саўлықты сақлаўға байланыслы ҳуқықлары мәмлекет тәрепинен кепилленеди.

✔️ Мәмлекетлик мектепке шекемги, улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириў шѳлкемлериниң тиккелей балаларға билим ҳәм тәрбия бериў менен бәнт болған педагоглары мәмлекетлик ден саўлықты сақлаў мәкемелеринде мәжбүрий медицианлық кѳриктен бийпул ѳткериледи.

🏢 Мәмлекетлик ден саўлықты сақлаў мәкемелеринде мәмлекетлик билимлендириў шѳлкемлериниң педагогларын мәжбүрий бийпул медициналық кѳриктен ѳткериў Мәмлекет бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылады.

https://t.me/maman_advokat