Joqarǵi keńes.uz
32.4K subscribers
18.6K photos
1.39K videos
9 files
7.69K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Давлатимиз раҳбари иқтисодиётда чуқур трансформация жараёнлари, қулай инвестиция ва бизнес муҳити ҳамда саноатда юқори қўшилган қийматни яратиш изчил давом эттирилишини таъкидлаб, ўзаро манфаатли ҳамкорликни кенгайтириш бўйича устувор йўналишларга алоҳида тўхталиб ўтди.

Биринчи йўналиш: “яшил” энергетика. Энергетика тармоғи самарадорлигини ошириш бутун минтақамиз учун долзарбдир. Бу борада мамлакатимизда 28 та лойиҳа устида ишлар давом эттирилмоқда.

Ўзбекистон 2030 йилгача 20 гигаваттдан ортиқ қайта тикланувчи энергия қувватларини яратиш ва энергетика балансида унинг улушини 40 фоизга етказишни мақсад қилган.

Бугун форум доирасида инвесторлар учун қўшни Қирғизистон ва Тожикистондаги гидроэлектр станцияларини биргаликда қуриш лойиҳалари тақдимоти ўтказилади. Президент ушбу йўналишда барча давлатлар етакчи компанияларини очиқ мулоқот ва амалий ҳамкорликка таклиф этди.

Мәмлекетимиз басшысы экономикада терең трансформация процесслери, қолайлы инвестиция ҳәм бизнес орталығы ҳәмде санаатта жоқары қосылған қунды жаратыў турақлы даўам еттирилиўин атап өтип, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша баслы жөнелислерге өз алдына тоқталып өтти.

Биринши жөнелис: “жасыл” энергетика. Энергетика тармағы нәтийжелилигин арттырыў пүткил регионымыз ушын әҳмийетли есапланады. Бул бағдарда мәмлекетимизде 28 жойбар үстинде жумыслар даўам еттирилмекте.

Өзбекстан 2030-жылға шекем 20 гигаваттан артық қайта тиклениўши энергия қуўатлылықларын жаратыў ҳәм энергетика балансында оның үлесин 40 пайызға жеткериўди мақсет еткен.

Бүгин форум шеңберинде инвесторлар ушын қоңсы Қырғызстан ҳәм Тәжикстандағы гидроэлектр станцияларын биргеликте қурыў жойбарлары презентациясы өткерилди. Президент усы жөнелисте барлық мәмлекетлер жетекши компанияларын ашық пикирлесиў ҳәм әмелий бирге ислесиўге шақырылды.

Facebook|Instagram|X
Учинчи йўналиш: фойдали қазилмалар. Ўзбекистон – минерал ресурслар ва муҳим металларнинг катта базасига эга мамлакатдир.

Ўтган ойда Европа Иттифоқи билан ўта муҳим хомашё соҳасида стратегик ҳамкорлик ўрнатилди. Америка Қўшма Штатлари ва Буюк Британия билан ҳам шундай битим устида иш олиб борилмоқда.

Бу борада замонавий халқаро тажриба асосида янги таҳрирдаги “Ер ости бойликлари тўғрисида”ги қонун қабул қилинади.

Давлатимиз раҳбари стратегик хомашёларни чуқур қайта ишлаш ва қўшилган қиймат занжирини яратиш учун етакчи компанияларни Ўзбекистонга таклиф этди.

Үшинши жөнелис: пайдалы қазылмалар. Өзбекстан – минерал ресурслар ҳәм әҳмийетли металлардың үлкен базасына ийе мәмлекет саналады.

Өткен айда Европа Аўқамы менен оғада әҳмийетли шийки зат тараўында стратегиялық шериклик орнатылды. Америка Қурама Штатлары ҳәм Уллы Британия менен де усындай келисим үстинде жумыс алып барылмақта.

Бул бағдарда заманагөй халықаралық тәжирийбе тийкарында жаңа редакциядағы «Жер асты байлықлары ҳаққында»ғы нызам қабыл етиледи.

Мәмлекетимиз басшысы стратегиялық шийки затларды терең қайта ислеў ҳәм қосылған қун шынжырын жаратыў ушын жетекши компанияларды Өзбекстанға шақырды.

Facebook|Instagram|X
Тўртинчи йўналиш: мамлакатнинг IT трансформацияси. Бир йил ичида IT хизматлар ва дастурий маҳсулотлар экспорти икки баробар ошди. Келажакда бу кўрсаткични 5 миллиард долларга етказиш режа қилинган.

IT-парк резидентлари сони ўн баробар кўпаяди, келгусида 100 минг янги ишчи ўрни яратилади. Бундан ташқари, унинг базасида хорижий компаниялар учун Рақамли технологиялар халқаро маркази яратилмоқда.

Бу борада Саудия Арабистонининг “Data Volt” компанияси билан “яшил” энергия асосида ишлайдиган “Маълумотлар маркази” барпо этилаётгани таъкидланди. Бу мамлакатимизни рақамли иқтисодиётга ўтказиш ва сунъий интеллект асосида технологияларни жорий этишга улкан туртки бағишлайди.

Төртинши жөнелис: мәмлекеттиң IT трансформациясы. Бир жыл ишинде IT хизметлер ҳәм программалық өнимлер экспорты еки есеге артты. Келешекте бул көрсеткишти 5 миллиард долларға жеткериў режелестирилген.

IT-парк резидентлери саны 10 есеге көбейди, келесиде 100 мың жаңа жумыс орны жаратылады. Буннан тысқары, оның базасында сырт ел компаниялары ушын Санлы технологиялар халықаралық орайы жаратылмақта.

Бул бағдарда Саудия Арабстанының “Data Volt” компаниясы менен «жасыл» энергия тийкарында ислейтуғын «Мағлыўматлар орайы» қурылып атырғаны атап өтилди. Бул мәмлекетимизди санлы экономикаға өткериў ҳәм жасалма интеллект тийкарында технологияларды енгизиўге үлкен түртки бағышлайды.

Facebook|Instagram|X
Бешинчи йўналиш: транспорт инфратузилмасини ривожлантириш. Ўзбекистон қулай ва замонавий транспорт тизимларини яратиш вазифасига устувор эътибор қаратмоқда.

Темир йўл соҳасида туб ислоҳотлар олиб борилмоқда, тармоққа хусусий инвесторларни жалб этиш учун кенг имкониятлар очилмоқда. Пуллик автомобиль ва тезюрар темир йўлларни қуриш бўйича қўшма лойиҳалар ишлаб чиқилмоқда.

Тошкент, Бухоро ва Урганч халқаро аэропортларини ривожлантириш ва янгиларини қуриш бўйича салоҳиятли хорижий инвесторлар билан ҳамкорлик лойиҳалари тайёрланмоқда.

Маълумки, хорижий шериклар билан биргаликда Хитой – Қирғизистон – Ўзбекистон ва Ўзбекистон – Афғонистон – Покистон темир йўлларини қуриш бўйича дастлабки ишлар бошланди. Ушбу стратегик лойиҳалар минтақадаги геоиқтисодий вазиятни бутунлай ўзгартириб, Марказий Осиёни Шимол ва Жануб, Шарқ ва Ғарб билан боғлайдиган глобал транзит марказига айлантиради.

Ўзбекистон инвесторларни ва халқаро ташкилотларни бу йирик минтақавий лойиҳаларда қатнашишга, Буюк Ипак йўлини замонавий асосда қайта тиклашга таклиф қилади.

Бесинши жөнелис: транспорт инфраструктурасын раўажландырыў. Өзбекстан қолайлы ҳәм заманагөй транспорт системаларын жаратыў ўазыйпасына баслы итибар қаратпақта.

Темир жол тараўында түпкиликли реформалар алып барылмақта, тармаққа мәмлекетлик емес инвесторларды тартыў ушын кең имканиятлар ашылмақта. Пуллы автомобиль ҳәм тез жүрер жолларды қурыў бойынша қоспа жойбарлар ислеп шығылмақта.

Ташкент, Бухара ҳәм Үргенш халықаралық аэропортларын раўажландырыў ҳәм жаңаларын қурыў бойынша потенциаллы сырт ел инвесторлары менен бирге ислесиў жойбарлары таярланып атыр.

Бәршемизге мәлим, сырт елли шериклер менен биргеликте Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан ҳәм Өзбекстан – Аўғанстан – Пакистан темир жолларын қурыў бойынша дәслепки жумыслар басланды. Усы стратегиялық жойбарлар аймақтағы геоэкономикалық жағдайды пүткиллей өзгертип, Орайлық Азияны Арқа ҳәм Қубла, Шығыс ҳәм Батыс пенен байланыстыратуғын глобал транзит орайына айландырады.

Өзбекстан инвесторларды ҳәм халықаралық шөлкемлерди усы ири аймақлық жойбарларда қатнасыўға, Уллы Жипек жолын заманагөй тийкарда қайта тиклеўге шақырады.

Facebook|Instagram|X
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президент Шавкат Мирзиёев учинчи Тошкент халқаро инвестиция форумида иштирок этди

Президент Шавкат Мирзиёев үшинши Ташкент халықаралық инвестиция форумында қатнасты

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Тошкент халқаро инвестиция форуми доирасида Сингапур Республикаси Парламенти Спикери Сиа Киан Пенгни қабул қилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ташкент халықаралық инвестиция форумы шеңберинде Сингапур Республикасы Парламенти Спикери Сиа Киан Пенгди қабыл етти.

#Mirziyoyev #qabul #Singapur #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Қарақалпақстанлы спортшы қыз Париж-2024 жолламасы ҳәм Азия чемпионаты алтын медалын қолға киргизди

Көркем гимнастика бойынша Өзбекстан сайланды командасы Ташкентте болып атырған лицензиялық Азия чемпионаты ойынларын табыслы баслады. Командалық шығыўларда қатнасқан ўатанласларымыз көпгүрес бойынша 69.95 балл жыйнап, алтын медаль менен бирге Париж-2024 олимпиадасы жолламаны қолға киргизди.

Онда команда қурамында қарақалпақстанлы Шаҳзода Ибрагимова да қатнасып, Париж-2024 жолламасын жеңип алыўда мүнәсип үлесин қосты.

Қорақалпоғистонлик спортчи қиз Париж-2024 йўлланмасини ва Осиё чемпионати олтин медалини қўлга киритди

Бадиий гимнастика бўйича Ўзбекистон терма жамоаси Тошкентда старт олган лицензион Осиё чемпионатини муваффақиятли бошлади. Гуруҳ машқида иштирок этган ҳамюртларимиз кўпкураш дастурида 69.95 балл жамғариб, олтин медаль билан бирга Париж-2024 йўлланмани ҳам қўлга киритди.

Унда қорақалпоғистонлик Шаҳзода Ибрагимова ҳам иштирок этиб, Париж-2024 олимпиадаси йўлланмасини қўлга киритишда муносиб ҳисса қўшди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Мойнақта виртуал гидлер жаратылмақта

Мойнақ районы ҳәкимлиги басламасы менен районға келиўши туристлерге еле де қолайлық туўдырыў мақсетинде виртуал гидлер жаратылмақта.

Виртуал гидлер менен байланыс QR-кодлар арқалы әмелге асырылып, олар белгили бир объект (орын) ҳаққында төрт тилде (қарақалпақ, өзбек, рус, инглис) түсиник береди.

Ҳәзир виртуал гидлер "Аққан жулдыз" естелиги ҳаққында таярланып, алдағы ўақытта районның тарийхый ҳәм белгили орынлары бойынша таярлаў жобаластырылмақта.

Мўйноқда виртуал гидлар яратилмоқда

Мўйноқ тумани ҳокимлиги ташаббуси билан туманга келувчи туристларга янада қулайлик яратиш мақсадида виртуал гидлар яратилмоқда.

Виртуал гидлар билан алоқа QR-кодлар орқали амалга оширилиб, улар маълум бир объект (жой) ҳақида тўрт тилда (қорақалпоқ, ўзбек, рус, инглиз) тушунча беради.

Ҳозирда виртуал гидлар "Аққан жулдыз" (Оққан юлдуз) ҳақида тайёрланиб, бундан ташқари, туманнинг тарихий ва кўпчиликка маълум жойлари бўйи тайёрланиши режалаштирилмоқда.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығы III Ташкент халықаралық инвестиция форумында қатнасып атыр

Бүгин мәмлекетимиз пайтахты Ташкент қаласында III Ташкент халықаралық инвестиция форумы өткерилип атыр.

Онда дүньяның барлық материклеринен жаңадан-жаңа исенимли шериклер бир жерге жыйналып атырған болып, өткен үш жыл даўамында усы форум еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў, ең әҳмийетли машқалаларды талқылаў, алдыңғы идея ҳәм жойбарларды ислеп шығыў ушын нәтийжели пикирлесиў майданына айланды.

Бүгинги өткерилип атырған илажда да 93 мәмлекеттен еки ярым мыңнан аслам сырт елли мийманлар келгени де форумның әҳмийети барған сайын артып баратырғанлығын айқын тастыйықлайды.

Форум шеңбериндеги илажларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев та қатнасып атыр.

Ҳәзирги ўақытта Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар мәмлекетлер исбилерменлери менен сөйлесиўлер алып бармақта.

Сөйлесиўлер барысында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў бойынша жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта бирге ислесиўлерди жолға қойыў бойынша сөйлесиўлер даўам етпекте.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
БМШ Бас Ассамблеясының 1993-жыл 20-декабрьдеги резолюциясы бойынша, 1994-жылдан баслап ҳәр жылы 3-май – Жәҳән баспасөз еркинлиги күни сыпатында белгиленип келинеди.

Еркин сөз, еркин баспасөз – жәмийет раўажланыўының ең әҳмийетли шәртлеринен бири. Ҳәр қандай процессте қалыс ҳәм ҳақ сөз айта алыў инсаннан жеделлик, пикирлеў, үлкен жуўапкершилик талап етеди.

Сөз еркинлигин әмелге асырыў ҳәм қорғаў жолында белсендилик көрсетип атырған, бул арқалы мәмлекетте демократиялық өзгерислер ҳәм реформаларды тәмийинлеўге айрықша үлес қосып атырған Қарақалпақстанлы баспасөз ҳәм ҒХҚ хызметкерлерин усы сәне мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Шоманайлы Айнура Америка Қурама Штатындағы «IVY лигасы»на ағза жоқары оқыў орнына кирген қарақалпақстанлы биринши студент болды

Шоманай районы қәнигелестирилген мектебиниң 11-класс оқыўшысы Ережепбаева Айнура Муратбай қызы дүнья жүзиндеги IVY лигасы қурамына киретуғын жоқары рейтингте турыўшы DARTMOUTH жоқары оқыў орнына 100 пайызлық грант тийкарында оқыўға қабыл етилди.

Ажыратылған грант ишинде оқыў, жатақ жай, виза, жол ҳақы ҳәм стипендия сыяқлы имкәниятлар бар.

Мағлыўмат ушын IVY лигасы қурамына 8 университет киреди.

Айнура Ережепбаева 4 жыл даўамыда оқыўы ушын 384 480 АҚШ доллар грант ийеси болды.

Шўманайлик Айнура Америка Қўшма Штатларидаги «IVY лигаси»га аъзо олий таълим муассасасига кирган қорақалпоғистонлик биринчи талаба бўлди

Шўманай тумани ихтисослаштирилган мактабининг 11-синф ўқувчиси Ережепбаева Айнура Муратбай қизи жаҳондаги IVY лигаси таркибига кирувчи юқори рейтингда турувчи DARTMOUTH олий таълим муассасасига 100 фоизлик грант асосида қабул қилинди.

Ажратилган грант ичида ўқиш, ётоқхона, виза, йўл ҳақи ва стипендия каби имкониятлар мавжуд.

Маълумот учун IVY лигаси таркибига 8 та университет киради.

Айнура Ережепбаева 4 йил давомида ўқиши учун 384 480 АҚШ доллар грант эгаси бўлди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Бугун Кўксарой қароргоҳида Президент Шавкат Мирзиёев раислигида Хорижий инвесторлар кенгашининг навбатдаги ялпи мажлиси бўлиб ўтади. Тадбирда етакчи компания ва банклар, нуфузли халқаро ташкилотлар ва молиявий институтлар вакиллари иштирок этади.

Мажлис доирасида давлатимиз раҳбари қатор компаниялар раҳбарларини қабул қилади.

Бүгин Көксарай резиденциясында Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында Сырт ел инвесторлары кеңесиниң гезектеги жалпы мәжилиси болып өтеди. Илажда жетекши компания ҳәм банклер, абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм қаржы институтлары ўәкиллери қатнасады.

Мәжилис шеңберинде мәмлекетимиз басшысы бир қатар компаниялар басшыларын қабыллайды.

Facebook|Instagram|X
Кўксаройда Президент ҳузуридаги Хорижий инвесторлар кенгашининг иккинчи ялпи мажлиси бошланди.

Президент Шавкат Мирзиёев йиғилишда жаҳоннинг етакчи компаниялари ва молия институтлари раҳбарлари бўлган яқин ҳамкорларимиз ва янги шерикларимиз иштирок этаётганидан мамнунлигини билдирди.

Кенгаш ўтган даврда ўзининг самарали фаолиятини яққол намоён этгани таъкидланди. Кенгаш аъзоларининг кўмаги ва алоҳида эътибори натижасида ислоҳотларимизга катта ёрдам берадиган ишлар амалга оширилаётгани қайд этилди.

Улар илгари сураётган ғоя ва ташаббуслар ҳаётимизнинг барча жабҳаларида фаол татбиқ этаётганини таъкидлаб, Президентимиз инвесторларга Янги Ўзбекистон тараққиётига қўшаётган муносиб ҳиссаси учун чуқур миннатдорлик изҳор этди.

Көксарайда Президент жанындағы Сырт ел инвесторлары кеңесиниң екинши жалпы мәжилиси басланды.

Президент Шавкат Мирзиёев мәжилисте дүньяның жетекши компаниялары ҳәм қаржы институтлары басшылары болған жақын шериклеримиз қатнасып атырғанлығына қанаатланыўшылық билдирди.

Кеңес өткен дәўирде өзиниң нәтийжели жумысын айқын көрсете алғаны атап өтилди. Кеңес ағзаларының көмеги ҳәм айрықша итибары нәтийжесинде реформаларымызға үлкен жәрдем беретуғын жумыслар әмелге асырылып атырғаны айтып өтилди.

Олар илгери сүрилип атырған идея ҳәм басламалар турмысымыздың барлық тармақларында кеңнен енгизилип атырғанлығы атап өтилип, Президентимиз инвесторларға Жаңа Өзбекстан раўажланыўына қосып атырған мүнәсип үлеси ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Facebook|Instagram|X
Президентимиз бугунги кунда жаҳон иқтисодиётида беқарорлик тобора кучайиб, энергетика, озиқ-овқат соҳалари ва экологик тизимда инқирозлар ўткир тус олаётганига эътибор қаратди. Бундай мураккаб шароитда бамаслаҳат, ўзаро кенгашиб, аниқ амалий қадамлар ташланса, кўзланган юксак марраларга албатта эришилиши таъкидланди.

Давлатимиз раҳбари Европа тикланиш ва тараққиёт банки президенти Одиль Рено-Бассо хонимнинг кенгаш фаолиятидаги алоҳида ўрнини қайд этди.

Экспертлар томонидан ишлаб чиқилган Инвестициялар ва Махсус эркин зоналар тўғрисидаги қонун лойиҳалари мамлакатимизда қулай инвестиция ва бизнес муҳитини такомиллаштиришда улкан қадам бўлади.

Бундан ташқари, Иқтисодий ҳамкорлик ва тараққиёт ташкилоти жамоаси томонидан бошланаётган инвестиция сиёсати таҳлили мамлакатимиздаги инвестиция муҳитини янада яхшилаш борасида асосий йўналишларни белгилаб олишга ва самарали механизмларни яратишга хизмат қилади.

Президентимиз бүгинги күнде дүнья экономикасында турақсызлық барған сайын күшейип, энергетика, азық-аўқат тараўлары ҳәм экологиялық системада кризислер өткир түс алып атырғанлығына итибар қаратты. Бундай қурамалы шараятта мәсләҳәтлесип, өз-ара кеңесип, анық әмелий адымлар қойылса, гөзленген жоқары шеклерге әлбетте, ерисилиўин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки президенти Одиль Рено-Бассо ханымның кеңес жумысындағы айрықша орнын айтып өтти.

Экспертлер тәрепинен ислеп шығылған Инвестициялар ҳәм Арнаўлы еркин зоналар ҳаққындағы нызам жойбарлары мәмлекетимизде қолайлы инвестиция ҳәм бизнес орталығын жетилистириўде үлкен адым болды.

Буннан тысқары, Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми командасы тәрепинен басланып атырған инвестиция сиясаты анализи мәмлекетимиздеги инвестиция орталығын еледе жақсылаў бағдарында тийкарғы жөнелислерди белгилеп алыўға ҳәм нәтийжели механизмлерди жаратыўға хызмет етеди.

Facebook|Instagram|X
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Иккинчидан, масъулиятли бизнес юритиш. Бу борада иқтисодиёт барқарорлиги, шаффофлиги ва очиқлигини таъминлашга қаратилган Иқтисодий ҳамкорлик ва тараққиёт ташкилотининг тегишли тамойилларини кенг жорий этиш долзарб вазифадир.

Учинчидан, муқобил инвестицияларни рағбатлантириш. Бунда стартап, инновацион лойиҳалар, биргаликдаги сармояларни кўпайтириш учун қулай шарт-шароитлар яратиш мақсадида “Венчур инвестициялар тўғрисида”ги янги қонунни ишлаб чиқиш ва қабул қилиш катта аҳамиятга эга.

Тўртинчидан, инвесторлар билан ишлаш тизимини рақамлаштириш. Хорижий инвесторлар билан давлат органлари ўртасидаги барча хизматларни амалга ошириш учун мукаммал электрон платформани ишлаб чиқиш ва амалиётга кенг жорий этиш вақти келгани таъкидланди. Бу инвесторларни қийнаётган комплекс муаммоларни ўз вақтида ва тизимли ҳал этишга имкон беради.

Екиншиден, жуўапкершиликли бизнес жүргизиў. Бул бағдарда экономика турақлылығы, ашық-айдынлығын тәмийинлеўге қаратылған Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиң тийисли өлшемлерин кең енгизиў әҳмийетли ўазыйпа есапланады.

Үшиншиден, оптимал инвестицияларды хошаметлеў. Бунда стартап, инновациялық жойбарлар, биргеликтеги инвестицияларды көбейтиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде “Венчур инвестициялар ҳаққында”ғы жаңа нызамды ислеп шығыў үлкен әҳмийетке ийе есапланады.

Төртиншиден, инвесторлар менен ислеў системасын сапластырыў. Сырт ел инвесторлары менен мәмлекетлик уйымлары арасындағы барлық хызметлерди әмелге асырыў ушын жетик электрон платформаны ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа кең енгизиў ўақты келгени атап өтилди. Бул инвесторларды қыйнап атырған комплекс машқалаларды өз ўақтында ҳәм системалы шешиўге имканият береди.

Facebook|Instagram|X