Joqarǵi keńes.uz
36K subscribers
18.1K photos
1.33K videos
9 files
7.45K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Қарақалпақстан Республикасы Музлатқышлы сыйымлар бирлеспесине ағза субъектлерге музлатқышлы сыйымларды қурыў, үскенелеў ҳәм электр энергиясы тутыныўының бир бөлегин қаплаў бойынша Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары қабыл етилди.

❗️Қарар менен Қарақалпақстан Республикасы Музлатқышлы сыйымлар бирлеспесине ағза субъектлерге кооперация шөлкемлестирген түрде музлатқышлы сыйымларды қурыў, үскенелеў, қыс ҳәм бәҳәр айларында электр энергиясы тутыныўының бир бөлегин қаплаў тәртиби ҳаққында арнаўлы реже тастыйықланды.

🔹Бирлеспеге ағза субъектлерга кооперация шөлкемлестирген ҳалда, музлатқышлы сыймларды қурыў ҳәм үскенелеў қәрежетлериниң 30 пайызы, яғный, 150 млн. сумнан артық болмаған муғдарда субсидия бериледи. 

✏️Арза бериўши субсидия ажыратыў бойынша Аўыл хожалығына хызметлер көрсетиў агентлигине «Agro-subsidiya» мәлимлеме системасы арқалы электрон арза менен мүрәжат етеди.

Агентлик субсидия қаржыларын үш жумыс күни ишинде субъекттиң коммерциялық банктеги тийкарғы есап бетине өткерип береди.

Электр энергиясы тутыныўшысы есабат айында жумсаған электр энергиясы баҳасының 50 пайызын, бирақ, ҳәр бир есабат айы ушын 15 мың киловатт саат электр энергиясы баҳасынан аспаған муғдарда Өзбекстан Республикасының республика бюджетинен қаплаў ушын субсидия алыў мақсетинде район (қала) электр тармақлары мәкемеси менен дүзилген салыстырыў акти ҳәм есап-фактураларды есабат айынан кейинги айдың 10-сәнесине шекем «Agro-subsidiya» мәлимлеме системасы арқалы Агентликке жибереди.

Агентлик субсидия қаржыларын субъекттиң коммерциялық банктеги тийкарғы есап бетине өткерип береди.

Ўзб

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Президент Шавкат Мирзиёев ёшлар бандлигини таъминлаш масалалари бўйича йиғилиш ўтказди.

Президент Шавкат Мирзиёев жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

#Mirziyoyev #yigilish #yoshlar #bandlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласындағы топырақ жолларды оңлаў бойынша жумыслар даўам етпекте

Көше бийлери көтерген мәселелер ҳәм билдирилген мүрәжатларға тийкар өткен жылдың өзинде Қарақалпақстанда оғада үлкен көлемдеги жолларды оңлаў жумыслары алып барылды. Соннан 169 км ишки жоллар асфальтланды, 20 км узынлықта цементобетонь жоллары қурылып, 435 км ишки хожалық жолларына ҳәм 951 км топырақ жолларға қум-щебень араласпасы төселди.

Усы жумыслардың даўамы спатында Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында Нөкис қаласындағы «Абат мәкан» мәҳәллесинде кең көлемли жумыслар баслап жиберилди.

Улыўма Нөкис қаласы бойынша 44 км узынлықтағы жәми 66 көше топырақ жолдан қум-щебень араласпалы жолларға өткериледи. Сондай-ақ, ишимлик суў, электр ҳәм газ тәмийнаты менен байланыслы инфраструктуралық машқалаларға да басқышпа-басқыш шешим табылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жерлесимизден және бир алтын медаль

Бахрейнде қылышласыў бойынша Азия чемпионаты беллесиўлери даўам етпекте.

Сабля бойынша беллесиўлерде қатнасқан жерлеслеримиз қатарында барлық қарсыласларын жеңилиске ушыратқан Муса Айтмуратов материкте теңсиз екенлигин көрсеткен еди.

Бүгин ол командалық есапта да алтын медаль ийесине айланды.

Юртдошимиздан яна бир олтин медаль

Баҳрайнда қиличбозлик бўйича Осиё чемпионати беллашувлари давом этмоқда.

Сабля қуролидаги баҳсларда қатнашган юртдошларимиз қаторида барча рақибларини мағлубиятга учратган Муса Айтмуратов қитъада тенгсиз эканлигини кўрсатган эди.

Бугун у жамоавий ҳисобда ҳам олтин медаль соҳибига айланди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Президентимиздиң 9-февраль күни тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген ПҚ-66-санлы қарары менен:

🔹Қарақалпақстан Республикасы аймағында инновациялық, жоқары технологияларға тийкарланған, экспортқа бағдарланған ҳәм импорт орнын басатуғын ислеп шығарыўларды шөлкемлестириў бойынша инвестиция жойбарларын әмелге асырып атырған кәрханаларға «Нөкис» еркин экономикалық зонасы қатнасыўшысы статусы бериледи.

«Нөкис» еркин экономикалық зонасы қатнасыўшысы статусын алған исбилерменлерге бир қатар имканиятлар жаратылған.

Атап айтқанда, Президент пәрманы менен Салық кодексинде нәзерде тутылған жеңиликлерден пайдаланылады:

- мал-мүлк салығынан;
- жер салығынан;
- пайда салығынан;
- суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салықтан азат етиледи
.

Нәзерде тутылған жеңилликлер киргизилген инвестициялар (300 мың АҚШ долларынан 10 миллион АҚШ доллары ҳәм оннан жоқары болса) көлемине қарап 3 жылдан 10 жылға шекемги мүддетке шекем бериледи.

Сондай-ақ: 604-санлы “Арнаўлы экономикалық зоналар ҳаққында”ғы Нызам тийкарында да бажыхана төлемлери бойынша бир қатар жеңилликлер берилген.

Атап айтқанда:

- Республикада ислеп шығарылмайтуғын ҳәм инвестиция келисимине муўапық жойбарды әмелге асырыў ушын қурылыс дәўиринде белгиленген тәртипте алып кирилген қурылыс материаллары ушын бажыхана төлемлери (бунда қосылған қун салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестирилиўи ушын төлемлер кирмейди);

- Тастыйықланған дизим бойынша технологиялық үскенелердиң уқсасы Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғынын алып кириўде бажыхана төлемлери (бунда бажыхана рәсмийлестирилиўи ушын төлемлер кирмейди);

- Арнаўлы экономикалық зоналар қатнасыўшылары тәрепинен ислеп шығарыў ҳәм өнимлерди экспортқа реализациялаў ушын пайдаланатуғын шийки зат, материаллар ҳәм аўысық бөлеклер Өзбекстанға алып кирилгенде бажыхана төлемлери (бунда бажыхана рәсмийлестирилиўи ушын төлемлер кирмейди) төленбейди;

- Арнаўлы экономикалық зона қатнасыўшылары товарларды импорт қылғанда қосылған қун салығын 120 күнге шекемги мүддетте кешиктирип төлеўи мүмкин.

- Есапланған салық суммасынан есапқа алынатуғын ҚҚС суммасының артып кетиўи нәтийжесинде жүзеге келген ҚҚС суммасының орны жети күн даўамында әпиўайыластырылған тәртипте қаплап бериледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Дыққат Хабарландырыў!

Мойнақ районындағы тигиўшилик фабрикасы ҳаял-қызларды жумысқа шақырады.


Мойнақ районындағы тигиўшилик фабрикасы ҳаял-қызларды жумысқа шақырады. Кәрханада түслик аўқат шөлкемлестирилген, жумыс көлемине қарап айлық ис ҳақы төленеди. Орташа айлық ис ҳақы 1,5-2,5 млн. сум аралығында болып, Мойнақ районының алыс аўылларынан қатнап ислеўшилерге жол қәрежетлери төлеп бериледи. Сондай-ақ, басқа районлардан келип ислеўшилер жатақ жай менен тәмийинленеди. 

Мәнзил: Мойнақ районы орайы, «Дослық» мәкан пуқаралар жыйыны.

Байланыс ушын: 99 955 23 83, 93 614 22 45, 90 218 44 00, 61 322 16 41



Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Дыққат Хабарландырыў!

Ерлер ушын дәраматлы мәўсимлик жумыс

“Арал артемия санаат” жуўапкершилиги шекленген жәмийети шәртнама тийкарында мәўсимлик теримшилерди жумысқа шақырады.

Зәрүр ҳүжжетлер дизими:

1. Паспорт (тийкарғы нусқа);
2. 3х4 фотосүўрет 6 дана;
3. Авто ҳәм мото транспортлардың тех паспортларының (ҳәр бир техниканың) 1 данадан нусқасы;
4. Авто ҳәм мото транспортлардың фотосүўретлери (реңли, А 4 форматта болыўы зәрүр).


Ҳәзирги ўақытта 1000 нан зыят мәўсимлик жумысшы зәрүр.

Дәраматы: Бүгинги күнде бир пуқараныӊ айлық орташа дәраматы 20-30 млн.сумды қурамақта.

Байланыс ушын:

93 772 48 28
99 599 01 93
91 385 01 87
61 322 16 41



Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Дыққат Хабарландырыў!

Мойнақ районы «MUYNAK LDSP» ЖШЖ кәрханасы жумысқа шақырады.


Мойнақ районы «MUYNAK LDSP» ЖШЖ қамыс орыў жумыслары ушын қамыстыӊ килограмын 400 сумнан, дробилкада майдаланған қамыстың килограмын 700 сумнан сатып алыў мақсетинде жумысқа шақырады.

❗️Сиз дробилканы жеңиллетилген кредит, субсидия ямаса кәрхана есабынан алыўыңызға болады.

Дәраматы: Бир пуқара күнине 1 тоннадан қамыс тапсырса айлық дәраматы 12 млн.сумды қурайды. Егерде қамыс майдалаў үскенесин 3 млн.сумға сатып алса (яки кредит есабынан алса) айлық дәраматын 21 млн.сумға асырыў мүмкин.

Ҳәзирги ўақытта кәрханаға 1000 нан зыят мәўсимлик жумысшы зәрүр.

Өзлериниң бәнтлигин тәмийинлеўди қәлеўши пуқаралар кәрханаға туўрыдан-туўры барып жумыс пенен тәмийинлениўи мүмкин.

Мәнзил: Мойнақ районы, «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны.

Байланыс ушын: 99 682 70 42, 99 567 15 02, 99 957 19 74, 90 654 40 48, 61 322 16 41



Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Дыққат Хабарландырыў!

Мойнақ районы «POLYBAG» ЖШЖ жумысқа шақырады
.

Мойнақ районы «POLYBAG» ЖШЖ полипропилен қалталарды ислеп шығарыў кәрханасы жумысқа шақырады. Ҳәзирги ўақытта жәмийетте 30 турақлы бос жумыс орны бар.

Дәраматы: Ислеўшилер жумыс көлемине қарап 2 млн.сумнан 3,5 млн.сум аралығында айлық дәрамат таўып атыр.

Өзлериниң бәнтлигин тәмийинлеўди қәлеўши пуқаралар кәрханаға туўрыдан-туўры барып жумыс пенен тәмийинлениўи мүмкин.

Байланыс ушын: 90 727 07 07, 99 303 92 90, 93 204 03 87,91 385 01 87, 61 322 16 41


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Дыққат Хабарландырыў!

Мойнақ районы ҳәкимлиги сексеўил ҳәм қарабарақ туқымын териў ушын жумысқа шақырады
.

Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында жасыл қапламалы тоғайзарлықлар пайда етиў мапазы басланыўы мүнәсибети менен сексеўил ҳәм қарабарақ туқымын жыйнаў ушын жумысқа шақырады.

❗️Туқымның 1 килограмы 15 мың сумнан қабыл етиледи.
Сексеўил ҳәм қарабарақ туқымын териў мапазына 1000 нан зыят мәўсимлик жумысшы зәрүр. 


Дәраматы: Бир пуқара айына 2 тонна туқым жыйнағанда 30 млн.сум дәрамат табады. Өткен мәўсимде бир пуқараныӊ орташа жыйнағаны 2,5-3 тоннаны қураған.

Байланыс ушын: 93 362 99 95, 91 377 88 87, 99 592 00 90, 61 322 16 41


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстанда жаслардың бизнес пенен шуғылланыўына қосымша имканият жаратылады

Өзбекстанда жаслар арасында исбилерменликти кеңнен ғалабаластырыў ҳәм бизнес пенен шуғылланыўына қосымша имканиятлар жаратылады. Бул ҳаққында «Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға тийисли мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы Президент пәрманында белгиленди.

Пәрманға тийкар, шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде ажыратылып атырған кредитлердиң кеминде 40 пайзы жаслар исбилерменлигин раўажландырыўға бағдарланады.

2024-жыл 1-июньнан баслап «Жас исбилермен» таңлаўларын өткериў әмелияты жолға қойылады.

Бунда Жаслар ислери агентлиги тәрепинен таңлаў тийкарында мәҳәлле – район – ўәлаят – республика басқышларында жаслардың перспективалы бизнес жойбар ҳәм идеялары сайлап алынады. Майыплығы болған жас исбилерменлердиң жойбар ҳәм идеяларына айрықша итибар қаратылады.

❗️Республика басқышында сайлап алыўдан өткен ҳәр бир жойбарға БЕМның мың есесине шекем (340 миллион сумға шекем) муғдардағы жеңиллетилген кредитлер ажыратылады.

Жеңимпаз болған бизнес жойбар ҳәм идеялар ийелери Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў фонды есабынан сырт мәмлекетлерге тәжирийбе арттырыўға жибериледи.

Ўзб

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ТХИФ-2024 ке дизимге алыў процеси басланды

🟠2024-жыл 2-3-май күнлери Ташкент қаласында үшинши Ташкент инвестиция форуми болып өтеди.

🟠ТХИФ бул тек ғана Өзбекстан емес, пүткил регион ушын әҳмийетли илаж есапланады. Дәстүрге муўапық, оның бағдарламасына мәмлекет басшысы дәрежесиндеги жалпы мәжилис, түрли мәселелер талқыланыўына арналған экспертлердиң 50 ден артық ушырасыўлары, панель пикир алысыўлары, дөгерек сәўбетлери ҳәм B2B сөйлесиўлери киргизилген.

🟠 www.iift.uz сайты арқалы 2024-жыл 25-апрельге шекем дизимнен онлайн өтиў мүмкин болады.

ТХИФ-2024 га рўйхатдан ўтиш жараёни очилди

🟠2024 йил 2 3-май кунлари Тошкент шаҳрида учинчи Тошкент инвестиция форуми бўлиб ўтади.

🟠ТХИФ бу нафақат Ўзбекистон, балки бутун минтақа учун муҳим тадбир ҳисобланади. Анъанага мувофиқ, унинг дастурига давлат раҳбари даражасидаги ялпи мажлис, турли масалалар муҳокамасига бағишланган экспертларнинг 50 дан ортиқ учрашувлари, панель мунозаралари, давра суҳбатлари ва B2B музокаралари киритилган.

🟠 www.iift.uz сайти орқали 2024 йил 25-апрелгача рўйхатдан онлайн ўтиш мумкин бўлади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Президент пәрманы тийкарында Қарақалпақстанда исбилерменлер ушын жер майданы туўрыдан-туўры ажыратып берилмекте

2023-2024-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласында 1 млн. АҚШ доллары, қалған районларда 300 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў миннетлемеси менен жойбар басламашыларына жер участкаларын туўрыдан-туўры узақ мүддетли ижара ҳуқықы менен бериў имканияты жаратылып, бүгинги күнде исбилерменлер тәрепинен бул имканият тийкарында жаңа жойбарлар иске түсирилмекте.

Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўға ҳәм өз жумысын жолға қойыўын хошаметлеў мақсетинде тастыйықланған усы тәртип ҳүрметли Президентимиз тәрепинен исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм инвестиция тартымлылығын арттырыў бойынша тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген 129-санлы тарийхый пәрманы менен белгилеп берилген.

Бүгинги күнде усы берилген имканият тийкарында республикамызда исбилерменлерге туўрыдан-туўры аукционсыз, узақ мүддетке жер майданлары ажыратылып атыр.

Исбилермен – Юсуфбек Каримовқа Хожели районы аймағынан өз жойбарын әмелге асырыўы ушын жер майданы ажыратып берилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
‼️ Дыққат Дыққат ‼️

🏛 ENTER ENGINEERING PTE.LTD ӽәмде ENTER MACHINERIES SERVICE компанияларыныӊ жойбарларында ислеў ушын пүткил Ɵзбекстан бойынша транспорт басқарыўшылары ҳәм механизаторларға таӊлаў басқышлары болып ɵтеди.

👉 Жас шегарасы: 23-53 дейин.

📌 Жатақ жайы менен тәмийинленеди.
📌 3 мезгил ыссы аўқат ҳәм жазғы, қысқы кийимлер компания есабынан.
📌 Жумыс вахта бойынша (20 күн жумыс, 10 күн дем алыс)
📌 Ҳәмме шараятлары бар.
📌 Сынаў мүддети 2-ай.

1. Мәнзил: Нɵкис қаласы, Жипек жолы кɵшеси 3 үй.
Бағдар: Савицкий музейи

2. Мәнзил: «ERIELL» БПО Кунград.
Қоңырат районы, Ермаганбетов кɵшеси номерсиз үй.
Бағдар: Кунград КС-6

Байланыс ушын телефон:
☎️  +998 93 713 30 12
☎️  +998 99 486 98 53
☎️  +998 90 959 59 60
☎️  +998 78 150 17 17


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ташкент қаласында санаат, инфраструктура ҳәм туризмди раўажландырыў мәселелери додаланды

Президент Шавкат Мирзиёевқа 27-февраль күни Ташкент қаласында санаат ҳәм хызметлер көрсетиў тараўлары ҳәм инфраструктураны раўажландырыў бойынша ҳүжжетлер жойбарлары бойынша мәлимлеме берилди.

Тошкент шаҳрида саноат, инфратузилма ва туризмни ривожлантириш масалалари муҳокама қилинди

Президент Шавкат Мирзиёевга 27 февраль куни Тошкент шаҳрида саноат ва хизмат кўрсатиш соҳалари ҳамда инфратузилмани ривожлантириш бўйича ҳужжатлар лойиҳалари юзасидан ахборот берилди.

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X