This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Республика прокуроры Э.Таджиев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ қырық биринши сессиясындағы шығып сөйлеўинде Денсаўлықты сақлаў тараўында жүзеге келип атырған қәте-кемшиликлерге тоқталып, нәрестелер өлими ҳәм жуқпалы кеселликлердиң артқанын атап өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Елликқала районында Президент қарарына тийкар халықтың жасаў жағдайын жақсылаў бойынша жумыслар даўам етпекте
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарары бойынша Елликқала районы аймағында бир қатар қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылыўы режелестирилген.
Соннан, 6 жойбарда 8,9 млрд. сумлық 33 км ишки хожалық жолларын оңлаў, 3 жойбар бойынша 6 млрд. сумлық 15 км ден зыят ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў тармақларын жақсылаў, 2 жойбарда 900 млн сумлық электр тәмийнатын жақсылаў, трансформатор пунктлерин оңлаў, темир бетон бағаналарын алмастырыў ҳәм 4 млрд. сум муғдарындағы 4 мәҳәлле пуқаралар жыйыны имаратын жаңадан қурыў белгиленген.
Буннан тысқары, Таза бағ аўылынан өтиўши пиядалар өтиў көпирин ҳәм «Шарқ юлдузи» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан өтиўши бетон көпирди оңлаў, газ тармақларын реконструкциялаў да режеге киргизилип, тийисли қаржылар ажыратылған. Бүгинги күнде қарардың орынланыўын тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылып атыр.
Ўзб – Рус

Турмыслық шығындылар тасланатуғын полигонлар қоршаған орталыққа зыян жеткерсе қандай илажлар көриледи?
Бул бойынша Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ қырық биринши сессиясындағы шығып сөйлеўинде жуўап берди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Бул бойынша Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ қырық биринши сессиясындағы шығып сөйлеўинде жуўап берди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларын жеңиллетилген түрде сатып алыў ушын платформа иске түсирилди
Усы платформадан пайдаланған түрде тутыныўшылар қуяш панельлери ҳәм қуяш суў ысытқышларын 3 жылға шекем пайызсыз бөлип-бөлип төлеў шәрти менен сатып алыўы мүмкин.
Пуқаралар тәрепинен қурылмалар толық сатып алынғанда қуяш панельлери шығынларының 6 млн. сумға шекемги ҳәм қуяш суў ысытыўшы қурылмаларының 2,1 млн. сумға шекемги болған бөлеги мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.
Пуқаралар өним ҳәм ислеп шығарыўшыны таңлаў ҳуқықы менен Фондтың https://energymarket.uz/ онлайн платформасы арқалы дизимнен өтиў ҳәм сатып алыў ушын арза тапсырыў имканиятына ийе.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Усы платформадан пайдаланған түрде тутыныўшылар қуяш панельлери ҳәм қуяш суў ысытқышларын 3 жылға шекем пайызсыз бөлип-бөлип төлеў шәрти менен сатып алыўы мүмкин.
Пуқаралар тәрепинен қурылмалар толық сатып алынғанда қуяш панельлери шығынларының 6 млн. сумға шекемги ҳәм қуяш суў ысытыўшы қурылмаларының 2,1 млн. сумға шекемги болған бөлеги мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.
Пуқаралар өним ҳәм ислеп шығарыўшыны таңлаў ҳуқықы менен Фондтың https://energymarket.uz/ онлайн платформасы арқалы дизимнен өтиў ҳәм сатып алыў ушын арза тапсырыў имканиятына ийе.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Президент қарарына тийкар аймақларда халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў жумыслары жеделлик пенен даўам етпекте.
Тақыятас районында хызмет етип атырған электр тармақлары тараўы пидайылары.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Тақыятас районында хызмет етип атырған электр тармақлары тараўы пидайылары.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы басламасы менен биринши мәрте Тақыятас районындағы балалар үйи тәрбияланыўшыларына есап бетлери ашылып, аманат пуллары салып берилди.
Балалар 16 жасқа толғаннан соң усы арнаўлы есап бетинде жыйналған пулларды өзлериниң мүтәжлигине жумсаў имканиятына ийе болады.
Бул ҳаққында депутат Умирова Анжелла Жоқарғы Кеңестиң қырық биринши сессиясында атап өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Балалар 16 жасқа толғаннан соң усы арнаўлы есап бетинде жыйналған пулларды өзлериниң мүтәжлигине жумсаў имканиятына ийе болады.
Бул ҳаққында депутат Умирова Анжелла Жоқарғы Кеңестиң қырық биринши сессиясында атап өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Республика прокуроры Э.Таджиев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ қырық биринши сессиясындағы шығып сөйлеўинде өткен 2022-жылғы дәўирде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасына лимиттен зыят ағын суў жеткерип берилгенлигин атап өтти.
Лимиттен зыят ағын суў жеткерип берилгенлигине қарамай аўыл хожалығы тараўындағы өзи боларлық, жер-суў ресурсларын талан-тараж етиў, нызамсыз салы егиў сыяқлы бир қатар унамсыз жағдайларға жол қойылған. Сессияда Республика прокуротурасы тәрепинен бул нызамсыз ҳәрекетлер бойынша тийисли ис-илажлар әмелге асырылып атырғанлығы айрықша тилге алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Лимиттен зыят ағын суў жеткерип берилгенлигине қарамай аўыл хожалығы тараўындағы өзи боларлық, жер-суў ресурсларын талан-тараж етиў, нызамсыз салы егиў сыяқлы бир қатар унамсыз жағдайларға жол қойылған. Сессияда Республика прокуротурасы тәрепинен бул нызамсыз ҳәрекетлер бойынша тийисли ис-илажлар әмелге асырылып атырғанлығы айрықша тилге алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Бос жумыс орынларын жасырыў жағдайлары анықланды ҳәм тийисли тәртипте шара көрилди
Жоқарғы Кеңес Баслығының тапсырмасы менен 2023-жылдың басынан усы күнге шекемги алып барылған үйрениўлер даўамында бир қанша министрлик ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен бос жумыс орынлары жасырылғанлығы анықланды.
Атап айтқанда, Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен Нөкис қаласындағы 19 мектепте бар болған 21 бос жумыс орынлары, Денсаўлықты сақлаў министрлиги районлар кесиминде 182 бос жумыс орынларын, Тоғай хожалығы комитети болса 61 бос жумыс орнын жасырып, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине усыныс етпеген.
Нәтийжеде бар болған бос жумыс орынлары ҳаққындағы мағлыўматтан бәнтлигин тәмийинлеўге мүтәжлиги бар пуқараларымыз бийхабар қалған.
Анықланған кемшиликлер бойынша жуўапкерлерге тийисли тәртипте жаза шарасы қолланылды.

Айырым мектеплерде оқыўшыларға сапасыз азық-аўқат өнимлери берилип атырғанлығы анықланды
Өзбекстан Респбликасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 25-август күнги «Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўалаятында жайласқан улыўма орта билим бериў мәкемелеринде саламат аўқатландырыў системасын еле де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 472-санлы қарары талапларының орынланыўы ҳәм балалардың сапалы азық-аўқатлық затлар менен тәмийинлениўин қадағалаў бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығының тапсырмасы менен Кегейли районында жайласқан Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-8-19- ҳәм 55-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде Санитария эпидемиология басқармасы хызметкерлери тәрепинен алып барылған үйрениў жумыслары нәтийжесинде бир қанша қопал қәте-кемшиликлер анықланды.
Атап айтқанда, балаларға берилип атырған азық-аўқат өнимлери белгиленген нормадан аз муғдарда, сондай-ақ, ишимлик суўы менен тәмийинленбеген ҳәмде ыссы чай менен тәмийинлеў ушын үскенелер толық орнатылмаған.
Ең ашынарлысы азық-аўқат ɵнимлериниң сапасы үйренилгенде, алма мийўеси тутыныўға жарамсыз (ширик) жағдайда, соның менен бирге, қадақланған өнимлер зыянкеслер менен патасланған.
Буннан тысқары, бул азық-аўқат өнимлери арнаўлы автотранспортларда емес, жолаўшы тасыўшы транспортлар арқалы жеткерип берилмекте. Соның менен бирге айырым мектеплерде ҳәр күнлик азық-аўқат өнимлериниң сапасын қадағалап алыўшы комиссия қурамы дүзилмеген.
Бүгинги күнде анықланған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм жуўапкерлерге шара көриў бойынша қадағалаўшы уйымлар тәрепинен тийисли тәртипте жумыслар алып барылмақта.
Соныда айрықша атап өтиў орынлы, балаларды аўқатландырыў талапларының орынланыўы бойынша республикадағы барлық мектеплерде үйрениў жумыслары алып барылады ҳәм бийпәрўа болған мектеп директорлары менен жуўапкерлерге қатаң жаза шара көриледи.

Бир бас малы болмаса да шарўашылық хожалығы сыпатында дизимнен өтип, мәмлекет жеринен мақсетсиз пайдаланып келгенлер анықланды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған илажлар ҳәм тараўдағы машқалалар бойынша өткерген селектор мәжилисинде бүгинги күнде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде шарўашылықты еле де раўажландырыў арқалы халықтың гөш, сүт, мәйек, балық ҳәм таўық гөши өнимлерине болған талабын толық тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпаларымыздан екенлигин атап өтип, бул бағдардағы жумысларды атқарыўда айырым жуўапкерлер тәрепинен жол қойылып атырған қопал қәте-кемшиликлерге тоқталды.
Соннан, үйрениўлер нәтийжесинде анықланған, республикамыз аймағындағы 59 шарўашылыққа қәнигелестирилген фермер хожалықларында бүгинги күнде 1 бас малы болмаса да ис жүргизип киятырғанлығы тилге алынды.
Атап айтқанда
- Тахтакөпирде 11 хожалық;
- Бозатаўда 9 хожалық;
- Төрткүлде 9 хожалық;
- Әмиўдәрьяда 8 хожалық;
- Тақыятаста 6 хожалық;
- Қоңыратта 4 хожалық;
- Берунийде 3 хожалық;
- Хожелиде 2 хожалық;
- Шоманайда 2 хожалық;
- Қанлыкөлде 2 хожалық;
- Кегейлиде 2 хожалықта бирде бир малы жоқ болса да әмелде шарўашылыққа қәнигелескен фермер хожалығы сыпатында дизимнен өтип, бүгинги күнде егислик ҳәм жайлаў майданларынан мақсетсиз пайдаланып келмекте.
Ҳәзирги ўақытта усы мақсетсиз пайдаланып келинген жер майданларынан ақылға уғрас пайдаланыўды қайта жолға қойыў бойынша тийисли ўәкилликли уйымларға анық тапсырма ҳәм мүддет белгилеп берилди.

Район ҳәкимликлери есабында турған резерв жерлер ҳеш бир ҳүжжетсиз пайдаланыўға киргизилген
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың тапсырмасы менен аўыл хожалығы тараўында алып барылған үйрениўлер нәтийжесинде бир қанша нызамсыз ҳәрекетлер анықланған.
Атап айтқанда, өткерилген мониторинг нәтийжесинде район ҳәкимликлериниң резервинде турған 7 157 гектар егислик жерлерге ҳеш бир ҳүжжетсиз аўыл хожалығы егинлери егип келгенлиги анықланған.
Атап айтқанда:
- Шоманайда 2 408 гектар,
Берунийде 665 гектар,
Қанлыкөлде 643 гектар,
Қараөзекте 436 гектар,
Тақыятаста 392 гектар,
Шымбайда 363 гектар,
Төрткүлде 203 гектар,
Бозатаўда 182 гектар,
Қоңыратта 107 гектар ҳәм Кегейли районында 89 гектар жер майданға ҳеш бир ҳүжжетсиз аўыл хожалығы егинлери егилип келинген.
Бул кемшиликлер ҳәкимлердиң ҳәм тараў басшыларының итибарсызлығы себебинен келип шыққан.
Соның менен бирге тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлериниң бири болған картошка ҳәм пыязды жетистириў бойынша ҳеш бир районда қәнигелескен хожалықлар шөлкемлестирилмеген ҳәм бул хожалықларды шөлкемлестириў бойынша ҳеш бир мәселе көтерилмеген.
Анықланған кемшиликлер бойынша жуўапкерлерге қатаң жаза шарасын қоллаў илажлары көрилмекте.

Үйрениўлер даўамында айырым орынларда абаданластырыў ҳәм тазалық жумыслары талап дәрежесинде емес екенлиги анықланды
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтиң тапсырмасы менен Нөкис районы аймағындағы көп қабатлы турақ жайлардың әтирапларының тазалығы, орынлардың абаданластырыў жағдайлары үйренип шығылған еди.
Айтып өтиў орынлы, барлық орынларда да бул бағдардағы жумыслар қанаатландырарлы дәрежеде емес.
«Ақмаӊғыт» посёлкалық пуқаралар жыйынында 22 көп қабатлы турақ-жайлар бар болып, бул турақ-жайларда 364 хожалық жасайды. Көп қабатлы турақ-жайлардың әтирапында жыйналған шығындыларды алып кетиўге Нөкис районы «Таза худуд» мәмлекетлик унитар кәрханасы хызмет етип келмекте. Тилекке қарсы бул көп қабатлы турақ жай әтираплары оғада ашынарлы жағдайда. Басқа орынды айтпаяқ Нөкис районы ҳәкимлиги әтираплары да шығындылар, түрли от-шөплер менен толып, районда абаданластырыў жумысларына итибардың қандай дәрежеде екенлигин көрсетип турыпты.
Тазалыққа итибар қаратыў, үй алдыларын, әтирап-аймақларын азада сақлаў әсирлер даўамында халқымыздың күнделикли турмысы менен сыбайлас бүгинги күнге шекем жетип келген. Бирақ, хәзирги ўақытта айырым мекеме, шөлкемлер менен бирге пуқараларымыз өзлериниң үй алдыларына да итибар қаратпай, я бир түп терек екпей, я шығындыларын тазаламай көше мәденияты, санитар-гигиена талапларын бузып атырғанлығы да сыр емес.
Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде мәҳәлле ҳәм аймақларды абат етиў бойынша қаншама жумыслар әмелге асырылып атыр. Усы ийгиликли жумысларға ҳәр бир пуқара ҳәр бир исбилермен, ҳәр бир мәкеме-шөлкем биргеликте аяқ қосса мақсетке муўапық болар еди. «Абатлық кеўилден басланады» дегениндей, кеўлимиз абатлығы әтирап-аймағымызда да өз сәўлесин тапса нур үстине нур болады.
Толық мағлыўмат