Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması
19.5K subscribers
21.1K photos
2.95K videos
54 files
6.28K links
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınıń rásmiy telegram kanalı

👉 http://t.me/jaslar_isleri_agentligi
👉 https://www.instagram.com/jaslarnews?r=nametag
👉https://www.youtube.com/channel/UCyvaUe5xpviN-I4ub
👉https://www.facebook
Download Telegram
Жумыссыз 15 жасқа жеңиллетилген кредит алыў ушын сертификатлар берилди

Бүгин, 24-февраль күни Нөкис районында Жаслар 1+1 бағдарламасы бойынша илаж өткерилди. Онда бир ҳәпте даўамында исбилерменликке оқытылған 15 жасқа жеңилликли кредит алыў ушын сертификатлар тапсырылды.

"Мен районымызда Африка балықларын жетилистириў бойынша кәрхана ашыў нийетиндемен. Мақсетим бул арқалы районымыздағы жумыссыз жасларды жумыс пенен тәмийинлеў. Ис-режем районымызда биринши мәрте әмелге асырылмақта буннан алдын бундай балықшылық кәрханасы болмаған"-дейди Аманиязов Айнияз. Сондай-ақ, Сейилханова Әнар "Гоззаллық салоны"н ашыў, "Киши Гербиш завод" ашыў бойынша Дәўлетбаев Султан ҳәм және бир топар жаслар усы сыяқлы ис-режелер тапсырған.

Өткерилген илажда район ҳәкими О.Уснатдинов, Жаслар ислери агентлиги Нөкис районлық бөлими баслығы М.Аметов, Саўда-санаат палатасы районлық бөлими баслығы О.Айымбетов, Мәмлекетлик хызметлери орайы директоры Б.Аўезовлар қатнасты.

Репортёр: Улмекен Курбанбаева

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Шоманай_районы

Оқыўшының бир күни

Бүгин Шоманай районы ХББне қараслы 32-санлы мектепте 5 әҳмийетли басламаның 3-жөнелисине тийкарланып "Оқыўшының бир күни" атамасында слайд ислеў таңлаўы өткерилди. Таңлаўда 10-класс оқыўшысы Тилеўмуратова Мехрибан 1-орынды, Майра Илескенова 3-орынды ийелеўге мияссар болды. Жеңимпазлар Басланғыш шөлкем тәрепинен сыйлықланды

Репортёр: Г. Нургалийева

@jaslar_isleri_agentligi
#Хожели

Хожели районы улыўма билим берыў мектеплери оқыўшылары арасында "Жас қутқарыўшылар" кеўиллилер жарысы болып өтти. Жарыста райондағы 7-санлы мектеп 1-орын, 19-санлы мектеп 2-орын, 27-санлы мектеп командасы 3- орынды ийеледи.

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
Көзәйнек тағыўшы адамлар коронавирусқа аз шатылады- тәжирийбе

Индиялы алымлар коронавирус пандемиясы ўақтында көзәйнек тағатуғын адамлар тақпайтуғын адамларға қарағанда көбирек қорғанған болады деген жуўмаққа келмекте, деп жазады The Sunday Telegraph'қа тийкар aniq.uz.

Изертлеўшилер Covid-19 бенен кеселленген 304 наўқас ортасында сораў өткерди ҳәм олардың 19 проценти тийкарынан көз әйнек тағып жүриўин анықлады. Илимпазлардың атап өтиўинше,  бундай аксессуарларды күнине сегиз саат даўамында алып жүретуғынлар коронавирус инфекциясын кем жуқтырады, сондай-ақ, олар жүз ҳәм көзге кемнен-кем қол менен тийеди.

Соның менен бирге, олар көзәйнеклер силекей қабат арқалы Covid-19 инфекциясының алдын алыўшы қорғаў факторы болыўы мүмкинлигин тастыйықлаған.

Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Қоңырат_районы

Исбилерменлигин баслаў нийетиндеги 50 жасқа оқыў семинарлары шөлкемлестирилди
Жаслардың бизнес басламалары, стартап, идеяларын жүзеге шығарыўға көмеклесиў, бәнт болмаған жасларды мийнет базарында талап жоқары болған қәнигеликлер ҳәм бизнес жүритиў көнликпелерине оқытыў мақсетинде Жаслар ислери агентлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте 18-30 жас аралығындағы окыў қәлеўин билдирген жасларға бийпул 48 саатлық оқыў-семинары басланды.

Район ҳәкимлиги, Жаслар ислери агентлиги ҳǝм район прокуратурасы қатнасында кеше, 23-февраль күни жәми 50 жасқа оқыў семинарларын баслап берди.

Онда тараў хызметкерлери тǝрепинен, исбилерменлик ушын жаратылған имканиятлар ҳǝм жеӊилликлер ҳаққында айтып өтилди.

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Елликқала_районы

Жаслардан бәнтлик, жеңилликли кредитлер алыў бойынша көбирек мүрәжат болды

Бүгин күнниң екинши ярымында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасы, Республикамыздағы 4 сектор, Мәмлекет қәўипсизлик хызмети, Жаслар ислери агентлиги, министрлик ҳәм шөлкем басшылары тәрепинен «Темир дәптер» ҳәм «Жаслар дәптери»не дизимге алынған жаслар менен ушырасыў болды.

Онда жаслардың мәселелери, пикир, усыныслары тыңланып, үйренилди. Жәми жаслардан 43 мүрәжат болды. Бәнтлик, исбилерменлик искерлигин баслаў ушын жеңилликли кредитлер алыў мәселелери көтерилди. Соннан 6 мүрәжат сол ўақыттың өзинде шешим тапты, 11 машқала бойынша түсиниклер берилди, 26 мүрәжат бойынша тийисли қәнигелерге қатаң тапсырма берилди.

Жеңилликли кредит алыўды қәлеўши жасларға жәрдем берилди ҳәм жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жуўапкер басшыларға тапсырмалар берилди.


Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
​​Еки ҳәм оннан артық перзенти төлемли шәртнама тийкарында оқып атырған шаңарақларға жеңилликли кредитлер ажыратылады

Толық

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🇻🇳 Ветнам

Голден Бирдж көпири Дананг қаласы қасындағы Ва Ва таў дизбегинде жайласқан. Көпир алтын реңде болып оны "үлкен қоллар" услап турады. Көпирге кириў пүткиллей бийпул. Көпирден кейин канат болып, канатқа кириў 30$.

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
Қонырат районындағы "Қоңырат" ҳәм "Қанлы" аўыл пуқаралар жыйынында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде фермер хожалықларынан жер ажыратылып берилди.

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
"Australian Post" газетасы карантин шараятында австралиялықларға хызмет көрсетиўде ҳәм оларды даўам еттирген адамларды хошаметлеў ушын жаңа маркалар топламын шығарды. Бул ҳаққында islam.ru дереги хабар берген.

«Усы қорықпас адамлар соңғы 12 ай ишинде аҳўалы қыйын адамларға ғамхорлық етиўди ҳәм бизде коронавирус тәсирин жеңиўде жәрдем берди», деди Австралия Пост орынлаўшы директоры Никол Шеффилд.

Frontline қаҳарманларының естелик маркалары оқытыўшыларға, медицина қәнигелери, Австралия қорғаў күшлери ағзаларына, полиция, супермаркет хызметкерлери ҳәм азық-аўқат жеткерип беретуғын жумысшыларға арналған

Аўдарма: Мухтар Умбетов

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
Forwarded from Xushnudbek.uz
IELTS, TOEFL ва бошқа халқаро имтиҳонларда юқори балл олган ёшларнинг имтиҳон топшириш харажатлари Ёшлар ишлари агентлиги ҳисобидан қоплаб берилиши режалаштирилмоқда

Муҳокама учун эълон қилинган Ҳукумат қарори лойиҳасига кўра, халқаро имтиҳон тизимлари бўйича юқори балл (даража) олган ёшларга имтиҳон топшириш харажатлари тўлиқ қоплаб берилишига оид тартиб жорий этилмоқда.

Ёшлар ишлари агентлиги имтиҳон харажатини қоплаб берувчи ташкилот этиб белгиланади.

2021 йил 1 майдан бошлаб имтиҳон топширувчи:
IELTS – 7 ва ундан юқори;
TOEFL – 95 ва ундан юқори;
GMAT – Имтиҳон натижалари (Verbal/Quantative)
бўйича 75 percentile ва ундан юқори;
GRЕ – Имтиҳон натижалари (Verbal/Quantative)
бўйича 75 percentile ва ундан юқори;
SAT – 1200 ва ундан юқори натижани қайд этганда имтиҳон учун сарфланган Ёшлар ишлари агентлиги маблағлари ҳисобидан қоплаб берилади.

Шунингдек, 2022 йил 1 январдан бошлаб Cambridge Assessment English (CAE, CPE, BEC), Test DAF ва бошқа шу каби Халқаро имтиҳон тизимларида юқори натижа қайд этган ёшларнинг имтиҳон харажатлари қопланади.

Компенсация тўлаб бериш бўйича аризалар давлат хизматини кўрсатиш Давлат хизматлари марказлари ёки Ягона интерактив давлат хизматлари портали орқали рўйхатга олинади.

Ёшларни илмга бўлган қизиқишларини янада рағбатлантиришни кўзда тутувчи бу каби ташаббуслар кўпаяверсин. Ҳужжат лойиҳаси қабул қилингач, ундан фойдаланиш тартибига оид батафсил тушунтиришлар берамиз.


👉 @xushnudbek 👈