Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması
19.5K subscribers
21.1K photos
2.95K videos
54 files
6.28K links
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınıń rásmiy telegram kanalı

👉 http://t.me/jaslar_isleri_agentligi
👉 https://www.instagram.com/jaslarnews?r=nametag
👉https://www.youtube.com/channel/UCyvaUe5xpviN-I4ub
👉https://www.facebook
Download Telegram
#Елликқала_районы
#тайынлаў

Өзбекстан жаслар аўқамы Елликқала районлық Кеңеси баслығы лаўазымына Эргаш Комилжанович Аллабергенов тайынланды.

Мағлыўмат ушын: 2020 -жылдан берли Эргаш Комилжанович Аллабергенов Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Елликқала районлық бөлими қәнигеси лаўазымында ислеп келген.

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Қоңырат

Бүгин, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, сенатор А.Данияров Қоңырат районындағы Жасларға тийисли мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын қадағалаўшы штаб ушын белгиленген орынды барып көрди ҳәм ол жердеги шәраятлар менен танысты.

-Бул штаб тек ғана қадағалаўшы емес, жаслар мүрәжатлерин қабыллаўы да керек. Қоңыраттағы бул штаб барлық қала ҳәм районлар ушын Қарақалпақстандағы үлгили штаб болыўы керек, - деди сенатор А.Данияров.

Билдирилген усыныстан соң, район орайындағы бул штабта пуқаралар мүрәжатлери де қабылланатуғын болды ҳәм барлық шәраятларға ийе штаб бүгин кешке шекем таяр ҳалға келтирилетуғын болды.

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
Болажақ исбилерменлер менен сәўбет өткерилди

Бүгин, 15-февраль күни Нөкис қаласы ҳәкимлигинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июнь күнги “Жаслар - келешегимиз” Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққындағы 5466-санлы пәрманына тийкар, қаладағы бос турған жерлерди ажыратыў бойынша 15 жеке исбилерменлер менен ашық сәўбетлесиў өткерилди. Онда ҳәр бир жас исбилермен Нөкис қаласы ҳәкими У.Панаевқа алдағы ўақытлар әмелге асырмақшы болған бизнес жойбары, оны әмелге асырыў механизми ҳаққында мағлыўмат берди. Бул ҳаққында ҳәкимлик мәлимлеме хызмети хабар берди.


Репортёр: Азизбек Дабылов


👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
#Онлайн
#Қанлыкөл

Әйне ўақытта, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, сенатор А.Данияров Қанлыкөл районындағы Жасларға тийисли мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын қадағалаўшы штабта болып, ол жердеги штаб ағзалары менен сәўбетлеспекте.

Қанлыкөлде бүгинги күн ҳалатына 5 жасқа 106 млн сўм кредит, 121 жасқа 74,5 гектар жер ажыратылды. Жумыссыз 40 жас жумыс пенен бәнтленди. 19 жас кәсип-өнерге оқытылмақта.31 жас исбилерменликке оқытылды.

Сәўбетте райондағы пробация дизиминдеги 3 жасты кәсип-өнерге оқытыў илажлары усыныс етилди.


Каналға ағза болыў👉 @jaslar_isleri_agentligi
Facebook “ақыллы” саатлар ислеп шығарады

Американың Facebook компаниясы 2022-жылда “ақыллы” саатлар ислеп шығарып, оларды базарға шығарыўды жобаластырмақта. Бул ҳаққында “Тhe information”ға таянып qalampir.uz хабар бермекте.

Дәреклерге қарағанда, саат өз ийелерине Facebook хызметлери арқалы хабар жибериў, фитнесс ҳәм денсаўлықты сақлаў мүмкиншиликлеринен пайдаланыўға жәрдем береди.

Соның менен бирге, “ақыллы” саат Android операцион системасында ислеўи күтилмекте. Бирақ Facebook келешектеги аппаратлары ушын өз операцион системасын ислеп шығыўды да режелестирген.

Facebook 2012-жылда Инстаграмды 1 миллиард долларға сатып алған еди. Сонда программа 30 миллионға жақын пайдаланыўшыға ийе болған. Еки жылдан кейин, Facebook WhatsApp мессенжерин сатып алды.

Дәрек: @KRuzuz

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
Жаслар аўқамының гезектеги Кеңес мәжилиси өткерилди

Бүгин, 15-февраль күни Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.
Кеңес мәжилисин Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы П. Махсетбаев ашып берди ҳәм алып барды.


📌Кеңес мәжилисинде:
✔️2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслардың есабаты тыңланды.

✔️Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси мәжилис қурамына өзгерис қиритилди

✔️Жаслар аўқамы қала ҳәм районлық Кеңеслериниң 2020-жыл жуўмағы бойынша мониторинг нәтийжелери еситтирилди

✔️Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм қала, районлық Кеңеслериниң 2021-жыл ушын әмелге асырылыўы керек болған тийкарғы мәселелер белгилеп алынды.

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
⚡️Кегейлиде жаўынгер-ветеранларға ҳүрмет көрсетилди

Бүгин, 15-февраль күни Аўғанстандағы әскерий ҳәрекетлердиң жуўмақланғанына 32 жыл толыўы мүнәсибети Кегейли районында байрам илажлары өткерилди.
Илажды район ҳәкими Д.Утемуратов қутлықлаў сөзи менен ашып берип, Аўғанстандағы әскерий ҳәрекетлерде белсене қатнасқан жерлеслеримиз ушын байрам дастурханы жайылып, оларға көкирек белгилери тапсырылды.

Бундай илажлар арқалы жерлеслеримиздиң батырлығын қәдирлеп, олардың көпке өрнек боларлық исин кейинги әўладларға жеткериў мақсет етилген, деп хабар берди Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Мағлыўмат ушын, 1979-1989-жыллар аралығында Аўғанстан аймағында болып өткен әскерий ҳәрекетлерде 3580 ер-азаматымыз қырағылық пенен қатнасып, олардан 89 жаўынгер өз әскерий миннетин өтеў ўақтында қайтыс болған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi