Ибрайым Юсупов
6.26K subscribers
169 photos
620 videos
28 files
332 links
Телеграмдағы рәсмий канал

Ибрайым Юсупов - XX әсирдеги
Қарақалпақ халқының уллы шайыры

Биз Бенен Биргеликте:

@Tolepbergen_Qayipbergenov
Download Telegram
Audio
🎵 Мырзагул Сапаева "Сагыныш"

💾https://t.me/joinchat/AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
Qızıwı ketip doslıqtıń,
Suwısıp barar qatnasıq.
Júzleri turar kúlimlep,
Ishleri turar sotlasıp.
ҲАМАЛ.

Жигит, абайлы бол, бул сондай бийик 
Мингениңди өзиң билмей қаларсаң. 
Мәртебе атының жалын тарарсаң, 
Ойда жоқта ҳәмме қалады сүйип.

Жигит, сақ бол, абайлы бол. Бирақта 
Абайлы бол—журттан емес,... өзиңнен. 
Көзлер үмит пенен тигилген ўақта, 
Көгереңлеп нур қашпасын жүзиңнен.

Алдыңа тартылған ғәлетий тулпар, 
Үстинде өзиңди сезерсең бийик, 
Ҳәм жығып кеткенин аңбай қаларсаң. 

Жүрсе, ҳүрметиңе көплер бас ийип, 
Тек сонда, тек сонда билип аларсаң
Тырнақша ишинде жүргенин "сүйип"...
Апрель, 1982-ж.

📄https://t.me/joinchat/AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
Яр - гүл емес.
Солған гүлзарды -
Егиў мүмкин жылда жаңадан.
Сүйген кеўил шырай таңламас,
Шырай ушын яр сүймес адам.
Ибрайым Юсупов
Шайыр ҳәм Жүрек

Жүрек

Мен саған, шайыр, өкпели,
Сениң өзиң қалайсаң?
Аямайсаң тек мени,
Басқаның бәрин аяйсаң.

Үстимнен бәрҳа күлесең,
Азаплаўды билесең.
Кисиниң атын мингендий,
Қамшылайсаң жүресен.

Сәл жерде тасып толасаң,
Қыйт етсе ашық боласаң.
Күйдирип ышқы отына,
Саў жанға жара саласаң.

Дүньяның барлық қайғысын,
Үстиме мениң артасаң.
Қосық жазып түн бойы,
Уйқыламай шылым тартасаң.

Бир тынбай ислеп тураман,
Сен уйқылаған гезиңде.
Бийрәхим шайыр, жоражан,
Инсап бар ма өзиңде?!
Шайыр

Дәртимди ойтип қозғама,
Жүрегим, саған ырзаман.
Мен де айтайын азғана,
Сен де тыңла бир заман.

Айтарың бар ма қәнекей,
Қолымнан келсе аяр-ем.
Саған ҳеш ҳазар бергизбий,
Шалқақлатып қояр-ем.

Мен саған емес, бәлки сен,
Маған тыным бермийсең.
Адамзаттың дәртинен,
Суўғармасам, шөллейсең.

Жаманлық көрсең демигип,
Жақсылық излеп терлейсең.
Қара суўға семирип,
Қайғысыз шағлап жүрмейсең.

Қайғырғаның ел иси,
Бийпәрўа дәўран сүрмейсең.
Келсе илҳам периси,
Өлгениңди билмейсең.

Даўласпайық, кел қәне,
Айыплап биреў-биреўди.
Өзиңди қолға ал, қане,
Орның сениң гиреўли.

Алма, достым кеўилге,
Суўыспасын арамыз.
Бул бес күнлик өмирде,
Не болсақ, бирге боламыз.

Даўласып енди ҳәлексең,
Көп пенен көрген той, жора.
Жүрекписең - жүрексең,
Қынқылдыңды қой, жора.

Бетиңди қашан қайырдым?
Кисиге тагне етпе дым.
Сонда саған шайырдың,
Жүреги бол деппедим...

📄https://t.me/joinchat/AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
Жайран жүрис жилўа-наз бенен,
Салланысып шығар сулыўлар.
Ийне кирпик, шаҳла көз бенен
Еркеклердиң жүрегин уўлар.

Байғус Тәбият буларды көрип,
Өзи соққан сулыў затына,
Ашық болып, мумдайын ерип,
Өртенермиш ышқы отына.
Ибрайым Юсупов
ЖАҢА ЖЫЛ ТИЛЕКЛЕРИ

Жаңа жылдың босағасын атларда,
Нелер түсип, нелер түспес ядларға!
Былтыр еситкенди, быйыл көз көрер,
Дүнья жақсылықка қарай өзгерер,
Биржыл—уллы қурылыс ел өмиринде,
Жаңа алтын таўы—жер өңиринде,
Адам өмиринде бир жыл дегениң
Бурқытып жумсаған ғәзийнең сениң.
Жыл басында көп шәртке қол қойғансаң,
Ҳәм үш жүз алпыс бес гәўҳар алғансаң.
Соны "кирис", "шығыс" қылыўды санап,
Жыл соңында сеннен етеди талап,
Суммасын сен сол бийҳесап бюджеттиң,
Қәне қандай иске ғәрежет еттиң?
БАМ —ның қурылысына үлес қостын ба,
КамАЗ қурып я космосқа уштың ба?
Көпир болып уллы тарнаўдың үсти,
Қостың ба я "Тахиятас— Нөкисти"?
Мол пахта базасын дүзип Елликте,
Газ аштың ба Үстирттеги шӛлликте?
Я сүздиң бе сары алтынның қырманын,
Бас саны көбейип, өстиме малың?
Я балық суздиң бе Арал теңизде,
Жүрдиң бе я мағлыўматта ең изде?
Республика юбилейи алдында,
Нөкистен мәрмерлеп сарай салдың ба?
Я бир канал, я коллектор қаздың ба,
Илим куўып яки китап жаздың ба?
"Сапалы ис" деген жарлық алдың ба?
Яки тәлли —пәлли жумыс қылдың ба?
Бир жыллық сол ҳасыл капиталды сен
Жумсадың қайсындай "айланыс" пенен?
"Счетыңа" түскен сол сумма қайда,
Планнан тыс қанша түсирдиң пайда?
Жалған акт жасап, сол көп дәўлеттиң
Қаншасын оң—солға исирап еттиң?
"Дебет", "Кредетиң" қайсындай ҳалда?
Есап —шот қыласаң ҳүждан алдында.
Ҳәр жыл жуўмағында Жәмийет ағаң
Соған қарап баҳа береди саған...
Бул сөз —жекке-жарым адам ушын тек,
Халқым, бул сөзимди сен көрме әнтек.
Сен өмирдиң қәдир —қунын билесең,
Ҳәр күниңе жыл мазмунын бересең,
Саған өз хызметин арнаған адам,
Даңқ ҳәм абырайға бөленер мудам,
Уллы азаматлық табысың менен.
Жылды жуўмақладың, тойла енди сен!
Жаңа жылды қарсы алайық қатырып,
Кетсин шампан тығынлары атылып,
Гүллердей долансын Ўатан қызлары,
Жаңласын бахыттың қосық —сазлары.
Жас баҳадыр Жаңа жылды Қарбаба
Сахнаға жетелеп шығар алдыңда
Уллы семья —кең столды айналып,
Бахыт кәсаларын қолларға алып,
Жаңа үмит пенен шәўкилдеп жүрек,
Тилейик ен жақсы, ең сулыў тилек:
Дүньяға-тынышлық ҳәмде парасат,
Жоқ болсын ғаўғалы урыс—арасат!
Дослар жыламасын, душпан күлмесин.
Шӛлде жуўсан емес, бағлар гүллесин.
"Байқоңыр —Ай" түрист жолы ашылып,
Жулдызлар космоста жатсын шашылып.
Бултлар биз айдаған жақларға көшсин.
Буўдай шөрек болып атызда өссин.
Бүлбил ашықларға уйқы бермесин,
Ҳәр үйде аналар бесик тербесин.
Ағашлар мийўаға байып жығылсын,
Баллар шоколадқа тайып жығылсын,
Жаңа жылды қарсы алайық қатырып,
Кетсин шампан тығынлары атылып! 

Ибрайым Юсупов.

@IBRAYIM_YUSUPOV
Ағашлар мийўаға байып жығылсын,
Баллар шоколадқа тайып жығылсын,
Жаңа жылды қарсы алайық қатырып,
Кетсин шампан тығынлары атылып! 
Ибрайым Юсупов.
🎄 Ассалаўма әлейкум ҳурметли каналымыз ағзалары.
Бәршеңизди кирип киятырған жаңа жыл менен шын жүректен қүтлықлайман!

🎄 Жаңа жылда бәршеңизге Бахт , Аўмет ,Мол несийбе,Беккем денсаўлық тилеймен.

🌲 2018-жылы нелерди ойлап , оған ерисеалмаған болсаңыз 2019-жылда артығы менен ерисебергийсиз деп тилеклеспен!

🎄Оқыўларыңызға аўмет,Жүмысларыңызда тасқын табыслар!!!

Ҳурмет бенен: Ислам Хамидуллаев
ҚОЙ, ДАҢҚПАРАЗ БОЛЫЎДАН УЯЛ...

Ҳәй, жас ойшыл, нәсиятым саған:
Болакөрме өйтип даңқпараз.
Болса егер адам даңқпараз,
Жерде жақсы ат қалмас оннан …
Бирақ та сен шайыр болдың да,
Өзиңе аўыр шоқмарды алдың.
Журттан мақтаў дәме қылдың да,
Изинде көп күлкиге қалдың.
«Әкел маған гүлиңди, халқым,
Мен шайырман" демекшисең сен.
Наўайының сөзи емес, даңқың
Мәжнүн болып излемекшисең,
Қой, даңқпараз болыўдан уял,
Неге керек қанатсыз қыял!
Оннан қайта бәҳәр келгенде
Жол бойына көгерт бир түп нәл.
Жыллар өтер, гүжим ержетер,
Сая берер шаршағанларға.
Талай әўлад астынан өтер,
Силтеў болар адасқанларга.
Тәжирийбели жолаўшы турып,
Бунда ойға батар гей күни.
«Раҳмет буны еккенге» деп журт,
Узақ жыллар яд етер сени ...
Ҳей, жас ойшыл, сен маған қара!
Соннан абзал даңқ бар ма сирә?
Қой, даңқпараз болыўдан уял,
Кимге дәркар қанатсыз қыял!

1957-жыл, Нөкис.
📄https://t.me/joinchat/AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
Әзелден дүньяның иси арасат,
Патша - патшаларға келтирер апат.
Тек сени әййемги алтын тахтыңнан,
Тайдырарлық күш жоқ, гөззал Муҳаббат!
Ибрайым Юсупов
ㅤㅤㅤㅤㅤㅤㅤ
Дослық гүлшəнине мегзес бул заман,
Кеўил кеўиллерден суў ишер мудам.
Өзиң дүзиў болсаң, көпдур дос-яран,
Досларың ишинде бир достың болсын.

Саған ҳəмдам болсын өзи жасынан,
Студентлик ўақтың зағарасынан.
«Жанымды берейин» демесин саған.
Берсе айтпай берер бир достың болсын.
Ибрайым Юсупов
А.Досназаров туўралы
<unknown>
​​ҚАРАҚАЛПАҚ ҳаққында сөз

Қара табан, қара пуқара,
Бабам ғайбар киси болған,
Кеўли ақ, қалпағы қара,
Жаў менен көп иси болған.

Аттан қулап атырғанда,
Қан майданда сүйеп оны,
"Бир ўәсият айтып кет онда",
Деп сорапты оннан улы.

Ўәсият екен ал сондағы
Айтып кеткен урпағына:
"Тыр жалаңаш қалсаңдағы,
Бек бол, бала, калпағыңа!...

Қарақалпақлар соннан баслап
Калпағы менен туўылыпты.
Көп заманды изге таслап,
Қалпақ шешпей жуўырыпты.

📄https://t.me/joinchat/AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
БЕГЛИГИНДИ БУЗБА СЕН

Бар билгени аўзында.
Саўдырақ қарақалпағым.
Жан сəўлеси көзинде,
Жаўдырақ қаракалпағым.
Кеўили кең майдандай,
Тамға жулдыз жайғандай.
Писип турған наймандай,
Геўдирек қарақалпағым...
Заман барар өзгерип,
Еситкенди көз көрип.
Арбаның жаман жерлери
Ой-шуқырға гез келип,
«Тартпайды - деп - табанлап,»
Атыңды урма, жаманлап.
Буннан да жаман жоллардан
Жаныўар өткен ҳамаллап.
Аўмастырма ябыңды
Айғырға, қарақалпағым.
Адамсаң ғой сабырлы,
Қайғырма, қарақалпағым.

Тарийхтың талай өткелин
Сал минип кешип өткениң
Ядыңда ма? Сонда да
Аяққа ығып кетпедиң.
Жабығыңды жел түрип,
Үзигиңнен сел кирип.
Аңсағансаң ғой қуяшты,
Булт артына телмирип
Келдиң ғой сөйтип келеге,
Қызба, қарақалпағым.
Беглигиңди еле де
Бузба, қарақалпағым.
Ҳеш қашан сен ҳеш кимниң
Болмағансаң еркеси.
Ҳəмме сеннен үлкенсип,
Гүжирейтер еңсесин.
Инсанның пейли бузылса,
Шошқаның болар гүркеси.
«Аш адам урысқақ» дегендей,
Суў көтермес сиркеси.
Жəн-жақта жəнжəл, арасат,
Қубласы жоқ арқаның.
Бундайда ақыл-парасат
Дəнин ек, қарақалпағым.
Бир көзди бир көз жегендей,
Тəкаббырсып атласып,
«Қай баласаң?» дегендей,
Ағайин кетти жатласып.
Қызыўы кетип дослықтың,
Суўысып барар қатнасық.
Жүзлери күлип жылтырап,
Ишлери турар сотласып.
Ерме журттың сөзине,
Жулма гүлдиң жарпағын.
Бир яратқан өзиңе
Яр болсын, қарақалпағым.
«Алға бас, алға, алға!» деп,
Артымызға қайырды.
«Ақ алтын бер елге!» деп,
Теңизимизден айырды.
Қурырда байғус Аралдың
Дүньяға даңқы жайылды.
Бозторғайдай шырлатты
Шынын айтқан шайырды.
Тар жолға турсаң дус келип,
Дана бол, қарақалпағым.
Өзиңе өзиң күш берип,
Пана бол, қарақалпағым.

Жердиң тилин билесең,
Ҳаслы дийқан халықсаң.
Малдың тилин билесен,
Шарўаға да алықсаң.
Ҳадал мийнет ислеўде
Қашан ҳарып-талыпсаң?
Өзиңди өзиң асырап,
Қол жаймайсаң тарықсаң.
Қонақ көрсең қуўжыңлап,
Суўға кирген балықсаң.
«Ағамлар өтсин деп» жүрип,
Есик бетте қалыпсаң...
Жесир үйдиң қызындай,
Жараспайды жалтағың.
Шыйратып ескен шыжымдай,
Шыйрақ бол, қарақалпағым.
Тартыншақ жолы жиңишке,
Сарсылма, қарақалпағым.
Араласып кир ишке.
Тартынба қарақалпағым!

Ноябрь, 1991-жыл Ташкент.
И.Юсупов

📄https://t.me/joinchat/AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
Суйген айып емес, суйилмек-ығбал,
Қызғаныш қәлўени тырнайды гүлди.
Мениң сазларыма қулағыңды сал,
Бәлким, сергитермен қапа кеўлиңди.

Деп самал жағымлы елпилдеп есер,
Руўхымызды бөлеп бир сырлы сазға.
"Инсан - тәбияттың перзенти" десер,
Неге самал шенли болмаймыз базда?
Ибрайым Юсупов
КАНАЛЫМЫЗ МАЗМУНЫ

Төменден келтирилген қосықлар үстине басып , сол қосықды тез таўып алып , өқыўыңыз мүмкин.
Дизим жаңаланып барылады.Дизимде қәте-кемшиликлер болыўы мүмкин,қәте-кемшиликлер ушын кеширим сораймыз ...


Бир адамды бир адам

Ырым

Қыздың кеўли - қызыл гүл

Аўылдағы кеш

Қарақалпақ ҳаққында сөз

Сағыныў

Және келдим сениң қабириң басына

Сулыўлар ышқында

Мениң үйим

Айт сен Әжинияздың қосықларынан

Пазыйлет

Саллана-долана барар бир жанан

Қыйын ҳәм Аңсат

Раҳмет саған, заманым!

Суў Пери

Қарлығаш

Помада

Бир ҳәмелдар жигитке

Жаңа жыл тилеклери

Еркин Базар

Мен сениң кеўлиңди қабартқан күни

Туўысқанлық

Дала гүли

Ғаррылар

Көл бойында

Пазналар

Ақ алтынды алтын қоллар жаратар

Бир гезлери Бердақ жүрген жерлерде

Хорезмге

Бес Қонақ

Тәрези

Тилек

Гүллер аңламас

Қой, даңқпараз болыўдан уял

Шайыр ҳәм Жүрек

Ҳамал

Сағыныш

Ана тилиме

Ана

Қосық
__________________________________
Ибрайым Юсупов каналына қосылыў ушын төмендеги силтемени басың 👇

https://t.me/joinchat/AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
Jasamag'ı bir Alladan bendenin',
G'a'niymetdur sizdi tanıp bilgenim.
"Xandı da sırttan aytqan", biraq ta,
Sizdi jamanlag'an adam ko'rmedim.

Maqtimqulı, A'jiniyazg'a beyimli,
So'z zergeri edin' ilgir zeyinli,
Ata-anag'a arqa su'yep ketkendey,
Qosiq jetim qalar sizden keyingi.

Da'wrin' o'tti ko'zdi aship-jumg'ansha,
Uyqla ustaz, taliqqansan' birqansha,
Poeziya jasar endi sho'lirkep,
Zaman jan'a Ibrayimin tuwg'ansha.

Muratbay Nizanov
Бул самалдың еспейтуғын жери жоқ!..

"Өсек хәм ғыйбатқа ҳеш қулақ аспа"
Деп билгишлер ақыл айтқан болады.
Бирақ ақыл басқа, өсек сөз басқа,
Ҳәр қайсысы өз жолынан барады.

Өсек сөз дегениң ызғырық самал,
Бул самалдың еспейтуғын жери жок.
Бийдай арасында ийтсийгек болар,
Ҳарам шөптиң өспейтуғын жери жоқ.

Күншиллик—ғыйбаттың бузық анасы,
Дөҳмет—жала менен ойнастан туўған
Жалған менен ыраслықтың арасы
Билинбестей етип шебер тоқылған.

Ғыйбат өз зәҳәрин иширсе езип,
Инсан кеўлин ғаплет думаны басқан
Жигитлер ең жақсы достынан безип,
Патшалар ең садық үәзирин асқан.

"Өсек сөз ийеси қатынлар" десе,
Инанбаң! Өсектиң жынысы болмас
Еркеклер бар, ғыйбат отын үрлесе,
Ҳаял заты оған ерисе алмас

"Аллаңды умытпа" деп жүрип олар,
Ақбайталлық етип өсек тоқыйды
Қус туқымы болған менен қарғалар,
Жеркенбестен патас затты шоқыйды.

2000-жыл.

📄https://t.me/joinchat/AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
"Өсек хәм ғыйбатқа ҳеш қулақ аспа"
Деп билгишлер ақыл айтқан болады.
Бирақ ақыл басқа, өсек сөз басқа,
Ҳәр қайсысы өз жолынан барады.

Ғыйбат өз зәҳәрин иширсе езип,
Инсан кеўлин ғаплет думаны басқан
Жигитлер ең жақсы достынан безип,
Патшалар ең садық үәзирин асқан.
Ибрайым Юсупов