ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
18.4K subscribers
9.83K photos
5.82K videos
52 files
21.4K links
От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.

Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🪄🪄🪄🪄🪄🪄🪄🪄🪄

18 жасқа толғаныңызда басқалардың сиз ҳаққындағы ой-пикирлерин ойлап түскинликке түсесиз..



40 жасқа жеткениңизде, сиз ҳаққыңызда ким не ойлаўына итибар бермейсиз...



60 жасқа жеткениңизде, тийкары сиз ҳаққыңызда ҳеш ким ҳеш нәрсе ойламағанына, сизиң өмириңиз ҳеш кимге қызық емеслигин түсинип жетесиз.



Келиң әзизим, өзимиз ушын ўақытты қысқартып, 60 жасқа киргенде түсинип жететуғын ҳақыйқатымызды ҳәзир аңлаўға ҳәрекет етейик!



https://t.me/ibratli_sozler
👍22🙏129💯1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❤️❤️❤️❤️❤️❤️❤️
Бир-бириңизге сондай мийрим көрсетиң....
🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺
Қыялыңыз да, өмириңизде, сораў-жуўабыңыз да сол мийрим болсын әзизлерим! ❤️🌺❤️🌺❤️🌺❤️🌺❤️🌺❤️🌺❤️


Күниңиз мазмунлы өтсин!


https://t.me/ibratli_sozler
37👍5
#Халық_жазыўшылары

"Айтыўшы бала болғаны менен, тыңлаўшы дана болыўы керек".

🪄Төлепберген Қайыпбергенов.



https://t.me/ibratli_sozler
👍19💯1510
Дүньядағы ең гөззал жәннет қай жерде билесизбе әзизим?

~ Күлген көзлерде!
~ Шийрин сөзлерде-
~ Бахытлы жүзлерде... ҳәм...
~ Ең тийкарғысы мухаббатқа толы кеўиллерде әзизим! ❤️

https://t.me/ibratli_sozler
💯2716👏9
#Китап_жаңалығы
📖
Бул топлам шебер қалем ийеси Ҳүрлиман Бердиеваның қәлемине тийисли болып, елимизде жаңланыўлар жүз берип атырған бир дәўирде миллий салт дәстүрлеримиздеги айтымлардың заманагөй формаларын халқымыз нәзерине усынып отырған екенлиги әлбетте китап оқырманлары тәрепинен қызғын күтип алынары анық.
Бул китап үрп-әдет дәстүрлеримизге қызығыўшыларға, публицистика басқарыўшыларына ҳәм барлық китап оқыўшыларына усынылады.

Китап сатыўға шығарылды төмендеги номерге хабарлассаңыз болады:
88 0967412

https://t.me/ibratli_sozler
👍238
"Бәхәрде ашылған бир гүлмен ярым".Қурбанбаева Гүлдәсте Өтепбай қызы.
ЖАЙХУН САМАЛЫ
🎤Гүлдәсте Қурбанбаева

🍃🌹Сизлерди ҳәмийше көтериңки кейпият тәрк етпесин.

https://t.me/ibratli_sozler
17
САБЫР

​​Бир алымнан:
- Инсан қалай сабыр етиўи мүмкин? - деп соралды.

Алым былай жуўап берди:

- Ҳәммесин умытып жибересиз, кейин сабыр етесиз. Бул ең шырайлы сабыр.

- Не болса да қабыл етесиз, кейин сабыр етесиз. Бул ең туўры сабыр.

- Ҳәммесинен ўаз кешесиз, кейин сабыр етесиз. Бул ең қыйын сабыр.

- Және биреўи бар, ҳәммесин Аллаҳға тапсырасыз, кейин сабыр етесиз. Бул ең үлкен сабыр.

📔«Ҳикметлер ғәзийнеси» китабынан


https://t.me/ibratli_sozler
23💯21👍13
Өмир маған үйретти жыламаўды,
Жүрегим ҳәр кимге жылымаўды,
Ким кетсе де "қал"деп жалынбастан
Өз қәдиримди аяққа тапламаўды. ..

Өмир маған үйретти қыйын сәтте-
Жаманның қолына қарамаўды,
Көзден жасым көл болсада-
Ертеңги таң бизге бахыт усынарын..


❤️Өзиңизди өзиңиз жоқары баҳалаңыз, егер олай етпесеңиз өзгелер сизди өткел сыпатында пайдаланары сөзсиз әзизим! ❤️


https://t.me/ibratli_sozler
👍29💯86
Ожудым дәрьядай тасты,
Дәрбент жығылды жол ашты.
✍️Бердақ. Ожуд-?
Anonymous Quiz
14%
Ашыў, ыза
46%
Жигер, кеўил
40%
Йош, илҳам
👍23👏102
Өкпесиз, даўсыз мүнәсибет жоқ.
Күшлилер - даўласады, жәнжеллеседи бирақ бирге қалады.
Ҳәлсизлер - басқасын излейди.

https://t.me/ibratli_sozler
💯34👍14😁2
Қайырлы түн Әзиз инсанларым!

~ Аллаға шүкир деймиз, себеби бизди қоллап отырған сизлердей жақсы инсанлар менен жолдас еткенине! 💫

~ Ҳеш қашан, ҳеш кимнен бир аўыз жыллы сөзиңизди аямаң әзизим! 💥

~ Аллаҳым кимниңдур кеўлине азар бериўдей гүнадан сақласын бизди...

~ Умытпаң... себеби кеўил Алланың мүлки! ❤️

"Қайырлы түн!"

https://t.me/ibratli_sozler
🙏3210
АССАЛАЎМА АЛЕЙКУМ!!!

   Алла жаңа күниңизди ўайым - қайғылардан сақласын 🤲

  Аманлықта дийдарласыўды несийбемизге жазғанына шукир!!!

   Таңда тилеген жақсы нийетлериниз Алла дәргайында қабыл болсын🙏

    Дениңиз сау, кеўлиңиз тыныш болыўын тилеймиз 🤲



       Қайырлы таң!!! ❤️


https://t.me/ibratli_sozler
👍25🙏129🥰1
Бир адамды бир адам. Б. Жуматаев
<unknown>
🎼Бир адамды бир адам.
🎤Б. Жуматаев

https://t.me/ibratli_sozler
👏12👍6🔥1
#Таңғы_мотивация



Қәдирлим!
Өмирде әпиўайы нәрселерден заўықланып жасаўды үйрениң!
Қалғанын өмирдиң өзи үйретеди.

https://t.me/ibratli_sozler
👍2213🥰7
#ўақыя

Ананың гәплери

Әкеси қайтыс болғаннан кейин баласы өз ислери менен бәнт болғанлығы себепли анасын бөлек бир үйге шығарып, адам жаллап қойды.
Баласы арасында барып хабар алып турды.
Күнлер өтип ол үйден қоңыраў болды: жағдайы аўыр-анасы өлим алдында турыпты, баласына айтатуғын ақырғы сөзи бар екен.
Баласы тезлик пенен анасының алдына барды.
Әжели жақынласқан ана ҳалсыз төсекте жатар еди, бала анасының соңғы сөзин еситиў ушын оған қулағын жақынластырды.

Анасы:
“Балам сеннен ақырғы илтимасым - мына үйге жақсы бир музлатқыш әкелип қой”, деди.

Баласы анасының бул гәпине ҳайран қалды.
Сонша ўақыттан берли неге айтпадыңыз, деп сорады.


Сонда анасы:
“Мен еплеп шыдай беремен балам!
Бирақ сеннен қәўетердемен.
Ўақты келип сениң балаларың да сени усы жерге таслап кетсе, сен қалай шыдайсаң?!” деп айтты анасы.....


https://t.me/ibratli_sozler
😢5815
Биреўлер таўға минсе, сезбес өз шенин,
Өзин бийик санап, даўырық салады.
Бийик өзи емес, таўлар екенин
Жерге түскеннен соң аңлап қалады.

Биреўлер бүркиттей ушып шыңларға,
Ел-халқының кеўлин бийлеп алады.
Таў оларға емес, олар таўларға,
Бийиклик, сулыўлық берип турады...

🪄Ибрайым Юсупов,


https://t.me/ibratli_sozler
👏25👍166
#Сөз_қаймағы

Жыланның жек көрген асы ғарбыз,
Ол да ининиң аўзынан шығады.

Барды жоқты билмейди,
Пал тилейди тамағым.

Ағаш мийўасы менен танылады,
Адам мийнети менен танылады.

Аўыздың көби асқа жақсы,
Қолдың көби иске жақсы.

Ағаш екпеген саясында жатпас.

Суўсыз жердиң аты ийесиз,
Улсыз ердиң малы ийесиз.

Суўдың жерге синип аққанынан қорық,
Жигиттиң жерге баққанынан қорық.

Қурғақ ағаш жанар-сөнер,
Жас ағаштан ҳасыл өнер.

Ер елден буўаз болса,
Жер ҳәм ерден буўаз болады.

Төгин төкпей егин питпес,
Үйренбесең билим питпес.

Қаўын жесең сәҳәр же,
Сәҳәр жемесең зәҳәр же.

Суў гезегинен қалған,
Он еки ай аш қалады.

Дигирман гезегинен қалған,
Бир күн аш қалады.

Ас арқаў, кийим көрик.
Төгин жер ырысы,
Егин ел ырысы.

Молдеклиге жер берсең,
Өзиңди қуўып шығарады.

Екпеген жерге көгермес.
Гәп унда емес, бийдайда.

Сабағында сайрамасаң,
Қызылында қызарарсаң.

Гөне қырманды қанша суўырсаңда дән шықпас.

Қысы менен жуп шығыр,
Жазы менен тақ шығыр.

Ақырында жоқ шығыр.

Әспеклеп суў ишкен,
Зорығып уў ишкен менен тең.

Гүли ушын тикенекти де суўғарасаң.

Саялық екпеген салқында жатпас.

Сорлы жигитке сортақ жер тап болады,
Егини көгермей ақ жоқ болады.

Азамат ердиң қәдирин,
Ағайин билмес жат билер,
Жақсы жердиң қәдирин,
Хожасы билмес қул билер.

Ағашы аласа болса да,
Мийўасы тамаша.

Қарамық өзин бағ санар,
Төбе өзин таў санар.

https://t.me/ibratli_sozler
👍2623
ӨМИРДИ ШҮКИРШИЛИК ПЕНЕН ӨТКЕРЕЙИК.

Көп жыллар бойы моргте жумыс ислеген бир адам болған.
Ол мыңлаған өли денелерди көрген,жол авариясы,өлтириў,суицид,артық дозадан қайтыс болғанлар.

Оннан сорады;

-Саған ең қатты тәсир еткен нәрсе не?

Ол бираз үнсиз қалды да,былай деди:

-Адамлар ойлағанындай қорқынышлы жарақатлар емес,ең көп есте қалғанлары әпиўайы көринетуғын жағдайлар.

-25 жасар қыз. Денесинде ҳеш қандай жара жоқ,уйқылап жатқандай,қасында кишкене хат. Анажаным кешир!

-40 жасар спортшы ер адам.Қалтасында қызының сүўрети. Әлемдеги ең жақсы әке. Спорт залда жүрек талықсыўынан қайтыс болған.

-Қартайған апа. Қолы әжимге толы,бирақ тырнағында ақлығы бир күн бурын ислеткен сулыў маникюр бар.

-20 жаслы жигит.
Сумкасында китап ҳәм сүйиклисине алған жүзиги.Үйлениўге усыныс жасамақшы болған.

Булардың барлығының ортақ нәрсеси не екенин билесеңбе?
Олардың барлығында режелер болған.
Кино билетлери,врачқа нәўбетке жазылыў,жуўмақланбаған хабарнамалар.

Бир ҳаялдың сатып алыў дизиминде; Нан,сүт,анама туўылған күнине гүл.

Моргта ислеген адам былай деди;

-Ўақыт өте қорқынышлы денелерге үйренесең,бирақ қарапайым адамлардың жуўмақланбай қалған өмирине ашынасаң.

Өмир менен өлимниң арасы бир дем.

Соннан берли ҳәр таң сайын өзиме сораў қоятуғын болдым; Егер бүгин мениң соңғы күним болса ше?
Кимди қушақламадым,кимди өкпелеттим,қандай исти қалдырдым?

Өйткени өлим ескертпейди.
Ол жай ғана бир әпиўайы күнниң,әпиўайы режелердиң ортасында келеди.
Өмир кейинге қалдырыў ушын емес,баҳалаў ушын берилген.
Бүгин биреўдиң кеўилин қалдырмаўға,биреўди қуўантыўға,жақсы көремен деп айтыўға еле ўақыт бар.

Бир демлик өмирди өкиниш пенен емес,шүкиршилик пенен өткерейик.
Шүкиршилик еткен адамға алланың берери көп екен.
Ҳәммеси ушын аллаға шүкир.

🪄Перида Аллекеева.
Интернет материалларынан.



https://t.me/ibratli_sozler
24🙏11💯9👍8🤝2
*     *     *

     – Ақсақал жазыўшылар жасларға ғамхорлық қылмайды, – деп налыды бир жас жазыўшы Шаўдырбай Сейитовқа,
     – Кесент етпесе қуўана бер, – деп жуўап берди ол.

Муратбай Нызанов,
,,Тәңирим маған қәлем берди жазсын деп" поэзиялық топламынан.


https://t.me/ibratli_sozler
👍3812💯3
ЖАНЫМ ЕЛИМ

‎Атларының дойнақларында,
‎Шексиз теңиз қырғақларында,
‎Мәртлик сөзи жазылған әзел,
‎Қара, қара қалпақларында.

‎Дешти қыпшақ далаларында,
‎Дәрўазалы қалаларында,
‎Мәртликлери айтылар мудам,
‎Қарақалпақ налаларында.

‎Нақыраты:

‎Дешти Қыпшақ жеринде,
‎Ушқыр қаназаты бар.
‎Алтын Орда төринде,
‎Қарақалпақ аты бар.

‎Едил, Жайық бойлары,
‎Тулпар болды тайлары.
‎Едигедей мәрт уғлан,
‎Қылыш тутқан жайлары.

‎Алпамыслар қылыш сермеген,
‎Журтын жаўға ҳасла бермеген.
‎Тәрийпиңди жырлайман елим,
‎Тарийхың бар айтсам не деген.

‎Ат кештирдиң талай жылғадан,
‎Күш аларсаң Түркий сағадан.
‎Қарақалпақ бабаларың бар,
‎Ат суўғарған Дунай, Волгадан.

‎Печенегсең, қара бөриксең,
‎Бәрше журтта көрсем өрипсең.
‎Тилиң болса сөйле Қалпағым,
‎Қайсы елде, қайда жүрипсең.

‎Жана бергей жаным ығбалың,
‎Несийбемди келер ақлағым.
‎Жаным елим Қарақалпағым,
‎Айдын болғай жүрер соқпағың.



🪄Абат Крамов.

https://t.me/ibratli_sozler
👍2315💯4🤝2