Дүньяда ким мәңгиликке жасайды?
Өмир сени шалқытады, тусайды.
Биреў келип-биреў кетип атырған,
Хожелиниң базарына усайды...
🪄Тилеўберген
Жумамуратов
https://t.me/ibratli_sozler
Өмир сени шалқытады, тусайды.
Биреў келип-биреў кетип атырған,
Хожелиниң базарына усайды...
🪄Тилеўберген
Жумамуратов
https://t.me/ibratli_sozler
👍36💯24❤5👏4
#Ибрат
Жуўмақ шығарыўға асықпаң!
Кишкене қыз қолына еки алма алып жүр еди. Анасы оннан: "Қызым алмаңның биреўин маған бер" - деп сорады. Қыз анасына бираз қарап турды да, кейин қолындағы еки алманы да избе-из тиследи.
Анасы қызының бул исинен бираз қапа болғандай болып, "Меҳир менен өсирген қызым усындай қылса я?", деп ойлады.
Ана өз қызынан бундай мәмилени күтпеген еди. Қызынан узақласып басқа ханаға шығып кетежақ болғанында, қызы: "Анажан, мына алма мазалы екен" - деди де, алмалардың биреўин анасына берди.
Қызы анасына мазалы алма бериў ушын, оны тислеп көрген еди. Анасы қызының қылған исин түсинбей, қызынан быйкарға капа болғанын аңлады.
Жүдә зор, илимли, тәжрийбели, көз-қарасы кең инсан болсаңызда, басқалар ҳаққында пикир билдириўге асықпаң!
Адамларға өз пикирин жеткерип бериўине имкан жаратып бериң. Сонда ғана, сиз еркин сөйлей алатуғын жасларды, келешек әўладқа таярлап берген боласыз.

👍35💯17❤14🔥2🥰2
АНОМАЛИЯ
Шәҳәрде машина зуўлайды,
Ийт өтер пияда жолынан.
Мынаған беденим жуўлайды:
Адамлар гез келген орыннан...
КИМ ШАЙТАН?!
Шайтанның ўасўасына қулақ түрип,
Адам қуўылып еди жǝннетий жайдан.
Ал, бүгин адамның кесири урып,
Жерден қашып кетипти шайтан.
ДОССЫМАҚЛАР
Дǝўлетиң тасқанда досларың көпдур,
Шағал мǝслик қурып асыңды жейди.
Солар туў сыртыңнан атылған оқдур,
Дǝўлетиң тайған күн басыңды жейди.
Пердеғалий Дабылов
https://t.me/ibratli_sozler
Шәҳәрде машина зуўлайды,
Ийт өтер пияда жолынан.
Мынаған беденим жуўлайды:
Адамлар гез келген орыннан...
КИМ ШАЙТАН?!
Шайтанның ўасўасына қулақ түрип,
Адам қуўылып еди жǝннетий жайдан.
Ал, бүгин адамның кесири урып,
Жерден қашып кетипти шайтан.
ДОССЫМАҚЛАР
Дǝўлетиң тасқанда досларың көпдур,
Шағал мǝслик қурып асыңды жейди.
Солар туў сыртыңнан атылған оқдур,
Дǝўлетиң тайған күн басыңды жейди.
Пердеғалий Дабылов
https://t.me/ibratli_sozler
Telegram
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.
Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

❤14👍13💯13
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҲҮРМЕТЛИ ҚӘДИРИ БӘЛЕНТ ХАЛҚЫМ!
Бүгинги екшемби таңы бәршеге қайырлы болсын! Алла ҳәммеге беккем денсаўлық, шаңарақларымызға аманлық, үйлеримизге берекет, жумысларымызға табыс берсин!
Ҳәмийше аспанымыз ашық, суўымыз мол, елимизде парахатшылық болсын!
Екшемби күниңиз жақсы жаңалықларға, қуўанышлы хабарларға толы болып, күниңиз мазмунлы өтсин!!
🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹

🙏28❤19
#КҮН СОРАУЫ#
1. Бел бала(перзент)
2.
3.
4. ...
5. ...
6. ...
7. ...
Жети әўләдыңыздың ким деп аталатуғынын билесизбе?
Жууапларыңызды саат 18ге шекем талқылауда күтемиз!

❤19
КИМДИ КӨРСЕҢ БИЛИП БАРАТЫР
Ҳәмме болып мисли оратор,
Мен айтайын сен деп тура тур,
Әлемде не жаңалық барын,
Кимди көрсең билип баратыр.
Нәресте ақ бесикте жатып,
Үлгерместен буўыны қатып,
Еле тили шықпастан атып,
Телефонды билип баратыр.
Қалай кирип: қалай жабыўын,
Керек затын излеп табыўын,
Япырмай: - басының шағыўын,
Зейни бәрин илип баратыр.
Сорап көр бир нәрсе баладан,
Туўылғандай оқып анадан,
Айнымайды нағыз данадан,
Бәрин, бәрин билип баратыр.
Заманынан арқада қалып,
Жүретуғын бәрҳама налып,
Адамлардың - тасасын алып,
Билмегенге күлип баратыр.
Истиң көзин турғанлар танып,
Парлап ығбал жулдызы жанып,
Өмирден өз үлесин алып,
Дәўран атын сүрип баратыр.
Келешегин алдыннан ойлап,
Таярланып: бес, алты, айлап,
Шет тиллер де, бүлбилдей сайрап,
Кимди көрсең билип баратыр.
Ақшолпан Аманияз 03.09.2026 жыл
https://t.me/ibratli_sozler
Ҳәмме болып мисли оратор,
Мен айтайын сен деп тура тур,
Әлемде не жаңалық барын,
Кимди көрсең билип баратыр.
Нәресте ақ бесикте жатып,
Үлгерместен буўыны қатып,
Еле тили шықпастан атып,
Телефонды билип баратыр.
Қалай кирип: қалай жабыўын,
Керек затын излеп табыўын,
Япырмай: - басының шағыўын,
Зейни бәрин илип баратыр.
Сорап көр бир нәрсе баладан,
Туўылғандай оқып анадан,
Айнымайды нағыз данадан,
Бәрин, бәрин билип баратыр.
Заманынан арқада қалып,
Жүретуғын бәрҳама налып,
Адамлардың - тасасын алып,
Билмегенге күлип баратыр.
Истиң көзин турғанлар танып,
Парлап ығбал жулдызы жанып,
Өмирден өз үлесин алып,
Дәўран атын сүрип баратыр.
Келешегин алдыннан ойлап,
Таярланып: бес, алты, айлап,
Шет тиллер де, бүлбилдей сайрап,
Кимди көрсең билип баратыр.
Ақшолпан Аманияз 03.09.2026 жыл
https://t.me/ibratli_sozler
👍37❤19💯4
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Халқымызда мынадай мақал бар:
-Қызыл жүзли жигиттиң, қыз қарындасы болмасын!!
.... ПИКИР СИЗДЕН.....!!!!
https://t.me/ibratli_sozler
-Қызыл жүзли жигиттиң, қыз қарындасы болмасын!!
.... ПИКИР СИЗДЕН.....!!!!
https://t.me/ibratli_sozler
❤21👍16😍3🥰1
#Келешекте
Жумысым көбейип кешиксем гейде,
Асығып дүканнан зат алсам үйге,
Ағасы аўқатты жейик деп бирге,
Күтип отырмыз деп сөйлесең деймен!
Кешки аўқаттаң соң балларды тыңлап,
Уйқыласа оянып кетер деп ымлап,
Мийир-мириўбеттиң шарабын уртлап,
Мәңги бақый бирге жасасақ деймен.
Анаңды, ағаңды жүдә сағынсаң,
Рухсат бересиз бе? Төркинге барсам,
Еки күн артықлаў, бир күнге қалсам,
Дегенше мыйықта бир күлсең деймен.
Бақырсам балларға базда ашыўлы,
Ойланып турса ол қайға қашыўды,
Ортамызға келип ийип басыңды,
Мен айтып едим деп қарасаң деймен.
Жалғыз иним қалса бир күн ержетип,
Күн бойы қыдырып, келсе кешлетип,
Сен болса қәйнимниң тойын тезлетип,
Жиберсек қәйтер деп дәлкек қыл деймен!
Турмыс ғалма-ғалын изиме ертсем,
Тынбай тыкырлатып столды шертсем,
Айнаның алдында темеки шексем,
Қойың деп ийниме бас қойсаң деймен!
✍Әбдирахман Зергер.
https://t.me/ibratli_sozler
Жумысым көбейип кешиксем гейде,
Асығып дүканнан зат алсам үйге,
Ағасы аўқатты жейик деп бирге,
Күтип отырмыз деп сөйлесең деймен!
Кешки аўқаттаң соң балларды тыңлап,
Уйқыласа оянып кетер деп ымлап,
Мийир-мириўбеттиң шарабын уртлап,
Мәңги бақый бирге жасасақ деймен.
Анаңды, ағаңды жүдә сағынсаң,
Рухсат бересиз бе? Төркинге барсам,
Еки күн артықлаў, бир күнге қалсам,
Дегенше мыйықта бир күлсең деймен.
Бақырсам балларға базда ашыўлы,
Ойланып турса ол қайға қашыўды,
Ортамызға келип ийип басыңды,
Мен айтып едим деп қарасаң деймен.
Жалғыз иним қалса бир күн ержетип,
Күн бойы қыдырып, келсе кешлетип,
Сен болса қәйнимниң тойын тезлетип,
Жиберсек қәйтер деп дәлкек қыл деймен!
Турмыс ғалма-ғалын изиме ертсем,
Тынбай тыкырлатып столды шертсем,
Айнаның алдында темеки шексем,
Қойың деп ийниме бас қойсаң деймен!
✍Әбдирахман Зергер.
https://t.me/ibratli_sozler
👍42❤10
#дәптер_шетиндеги_жазыўлар
ҲӘМЕЛГЕ ҚЫЗЫҒЫЎШЫЛАР
Ешкидей ҳәмелге минген еди, пилдиң үстинде отырғандай өзинен кетти. Ҳәмелден түскенде пилден жығылғандай сүйеклери шашылып кетпесе деп қорқаман!
КӨП АНТ ИШИЎШИ
Көп ант ишиўши бир қолында пал, бир қолында зәҳәр алып жүреди. Антына қосып палды өзи ишеди, зәҳәрин сизге береди...
БАСЫ ҲӘМ АҚЫРЫ
Бул есиктен кирип келгенде ҳеш нәрсеси жоқ еди.
Бир алақан таўарға орап бесикке салды.
Өсти. Үлкейди. Мал-дүнья тапты. Түрли нәрселер алды. Үй салды. Бир қабатлы. Еки қабатлы. Үш қабатлы... Машина алды. "Волга". "Нексия". "Мерседес". "Ягуар"... Дача қурды. Саунасы менен. Бассейн менен. Массажханасы менен. Дүньяға берилди...
Биреўге жақсы көринди. Биреўге жаман көринди...
Ол есикке қайтып баратырғанда ҳеш нәрсе қолында болмады...
Алақандай таўарға орап, "бесик"ке салды-да, соңғы мәнзилине апарып таслады...
ПОЛАТ
Полат сынса сынады, бирақ ийилмейди...
БИР КЕМ ДҮНЬЯ
Бала туўдырғанлардың ҳәммеси де Әке бола бермейди.
Бала туўғанлардың ҳәммеси де Ана бола бермейди.
Баланың ҳәммеси де Перзент бола бермейди...
Ҳикметли сөзлер тг.дан.

🔥24❤15
#НАҚЫЛЛАР МАҒЫЗЫН ШАҒАМЫЗ! #
" БАЯҒЫЛАР БАҒДА ҚАЛДЫ, БАҒ ЖЫҒЫЛЫП СУУДА ҚАЛДЫ"
Усы нақылды еситкенде əлбетте турмыслық уақыялардан мысал келтиретуғын жасы үлкен адамлар көз алдымызға келеди. Əсиресе бул миллий үрп-əдет дəстүрлеримиздиң қолланылыу жағдайларына байланыслыда айтылады. Жаслау пайытларымызда жолда жолаушы болғанымызда,яки бир мереке -лазымларда ,той-тамашаларда жасы уллы адамлардың дəуирди салыстырып отырып" əəйй хəр заманға бир заман, баяғылар бағда қалды, бағ жығылып сууда қалдығо" дегенлерин еситсек еңсемизди гүжирейтер едик. Енди жасымыз үлкейиңкиреп киятырған соңба , бундай нақыллардың өз орнын тауып айтылатуғынына исенип киятырмыз.
Мен бул нақылды балалық дəуиримизде өмиримизде болған уақыялардың , салт-дəстүрлердиң хəзирги дəуир менен салыстырғанда дурыс қолланылыуын енди аңлап атырғандайман.
Ауылда еки тəрепимиздеги қоңсылар нан жауса, дəрриу, "ыссы нанның ийси шықты , бунда қоңсының хақы бар" деп еки шөрек берип жүгиртип жиберетуғын анамды еследим. Жəнеде үйдиң қасындағы жеңгемниң хəр дайым үйине барсам( əкемниң инисиниң хаялы) ушып турып төсек салғаны, ямаса ауылдағы көпшилик жеңгейлердиң атымызды айтпай "ха қыз" деп хүрмет көрсеткенлерин еслеймен, сағынаман. Ауыл бойлап қатық-сүт ортада жүреди, пулға сатылмайды, қамырашытқыда сондай..., тек түнде сорамасаң болды... Бала уақытларымызда анамның изине ерип жүргенде ,ол жас болсын, үлкен жаста болсада ер адам киятырса жол берип туратуғынлары, үлкен адамларды көрсе (ер) дəрриу жеңин түсирип жиберип , еки қоллап сəлемлескенлери бəри- -бəри көз алдымнан өтип атыр. Уақытлар өте ақлықларымызға бизлерде "Баяғылар бағда қалды............." демей , усындай миллийлигимизди əуладларға жетириушилер қатарында болғаймыз деп тилеймен.!
ЗУЛЬФИЯ ЖУМАНОВА.

❤41👍8😁1
Ҳеш қашан "Ўақыт таба алмай атырман" деме!
Бәрше уллы инсанлардың да 24 саат ўақты болған, одан асып кетпеген.
https://t.me/ibratli_sozler
Бәрше уллы инсанлардың да 24 саат ўақты болған, одан асып кетпеген.
https://t.me/ibratli_sozler
💯30👍13❤2
Тоғай талдың шыбығынан ҳәм қызыл жыңғылдан тоқылған, себеттен тереңирек ыдыс?
Anonymous Quiz
21%
Шанаш
53%
Дүўден
26%
Сабаяқ
👍16❤6
👍20❤1
Хәр түрли теңгелерден бириктирилген шашбаўдың түри-?
Anonymous Quiz
21%
Шекелик
14%
Шолпы
65%
Теңгеше шашбаў
👏12
#Миллийлик
<<ШОЛПЫ>> ~ ҳәр түрли теңгелерден бириктирилип исленген шашбаўдың түри.
https://t.me/ibratli.sozler

👏19❤2
Жолдасыңды таўып шық
«Жолға шықсаң — шаўып шық, жолдасыңды таўып шық», — деп бийкарға айтылмаған-аў!
Несийип айдап қоңсылас ел болған Қазақстан Республикасының бурынғы бас қаласы — Алматыға барып қалдым. Нөкистен минген поездим мениң ишимди писирмей, жақсы адамларға жолықтырды.
Сапарласларым бурын Наўайы ўалаятында жасап, ҳәзирги ўақытта Алматы қаласы турғыны екен. Нөкиске — Ташкентте бирге оқыған группалас достысының баласының тойына келген.
Ерли-зайыплылар менен таныслығым былай басланды. Ер адам менен бирден танысып, сөйлесип кетиў бизлерге қолайсызлық туўдырыўы сөзсиз. Олар вагонға минип, жайласаман дегенше, бир-биреўине ғамхор, жүдә сыйласықлы, бахытлы ҳәм мүнәсип жуп екенлигин көргендей, сүйсинип қарап отырдым.
Ҳаялы менен бирге шай үстинде енди таныса баслағаным сол:
— Хожелиденмен, — десем, ҳаялы бирден:
— Бийсенбай, мына келиншек Хожелиден екен, — деди.
Күйеўи жалт қарап, туўысқанын көргендей, әңгимемизге қосылды.
— Пәленшени таныйсыз ба? Базардың ана жериндеги пәленинши қатарда Төленше деген бар...
Билгенлеримди:
— Аўа, таныйман, — деп гәп қосып отырдым.
Соң өзи басып өткен жоллары, басынан өткен қыйыншылықлары ҳаққында айтып берип отырды. Билиўимше, бир ўақытлары саўда ислеп, Хожелиге келип-кетип жүрген екен.
— Хожелиниң адамлары жақсы, миймандос халық, — деп қосып қойды.
Ол заманлары деп айтайын десем, еле сол заманда жасап атырмыз-аў, — деп күлимсиреп, сөзин даўам етти.
Үйде үш баламыз. Үлкени өзиммен. Оқыўымды питкерип, аўылыма келип жумысқа орналасайын десем, жөнли айлықлы жумыс таппадым. Мынаў болса, еки баланы келинге таслап, ҳүкиметтиң жумысына кирип еди, балалар да изли-излинен туўылған соң қаны аз, аўырыўшаң болды.
Соң өзи ақыллы, шаққан келиншегиме бирден идея келип, «Үйде отырып шапан тигемен», — деди. Содан шапанның материалын Ташкенттен әкелип отырдым.
Өзимнен кейинги инимди жақында үйлендирип, еле тойын бере қойған жоқпыз. Бизлерге жай керек, генже иним де ержетип киятыр. Аўырманлық өзиме түсери анық.
Әкем қайтыс болғаннан кейин анамның кеўлине көп қарайтуғын болыппыз. Анамыз үйде бизлерди бағып, тек бала тәрбиясы менен шуғылланған. Өзимнен үлкен төрт қыз апаларым болса, турмыста өзли-өзлери менен кетти. Оған да қудайға шүкир! деймиз. Әкемиздиң қайтыс болғаны болмаса, ҳешкимнен кем болмадық.
Базда ҳаялыма қарасам, анамның қуйып қойған өзи деп қояман.
— Мине, бети жүзи ғо, көзинше -ақ мақтай беремен.
— Әстенирек мақтай бер, анаў күнгидей атып шығарсаң, — деп күлип қойды ҳаялы.
Анамыз бизге дурыс тәрбия берген екен. Әсиресе, бурыннан киятырған гәп бул: балам «Кәсип таңлаўда, өмирлик жолдас табыўда адаспаў керек», — деп қайта-қайта айта беретуғын еди.
Тийе берсин, анам жатқан жери жайлы болсын! — деп кеўилленип айтып отырған әңгимесин бирден тоқтатып, әлле не нәрселерди ойлап узақ отырып қалды.
— Күниге жигирма шапан тиккен күнлеримизди айтса!
Кейинде сени де тигиўши қылып жибердим ғо, — деп күлип қойды ҳаялы.
Келинге де рахмет, сол гезде анам екеўи баламызды бағып, үйдиң кири-қоңы, қазан-табағы бәри соның мойнында болды.
Шапанларымыз да өткиш, өз қарыйдарларын таўып, бизнесимиз раўажланып кетти. Нөкис, Хорезм, Хожели, Қоңырат, өзимиздиң наўайылықлар — барлық жерге тарқатамыз. Әсиресе, Нөкис-Хожели бизлердиң нағыз қарыйдарларымыз болды.
Ол ўақытта миллий нағыс салып отырыў жоқ, ҳәмме жерде бир үлгидеги шапан кете береди.
Сөйтип-сөйтип, демде инимниң тойын берип, өзлеримиз бөлек шығыўдың әнжамына киристик. Үйимизге жақын жерден үйли де болдық. Келин менен анам еле сол бизлерге көмегин аямады.
Инимде де қудайдың берген еки баласы, соның арасында бизлер бир қызлы болдық. Қудай беремен десе, бир майданда екен. Генже инимизди де үйлендирдик, — деп қудайға қайта-қайта шүкиршилик айтып отырды.
— Сизден бир нәрсе сорайын: айыпқа буйырмасаңыз, миллетиңиз не? — деп сораў бердим.

❤42
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
Жолдасыңды таўып шық «Жолға шықсаң — шаўып шық, жолдасыңды таўып шық», — деп бийкарға айтылмаған-аў! Несийип айдап қоңсылас ел болған Қазақстан Республикасының бурынғы бас қаласы — Алматыға барып қалдым. Нөкистен минген поездим мениң ишимди писирмей, жақсы…
Сәўбет барысында көп сөзлери қазақша болғанлықтан, миллети қазақ қусайды, мени түсинсин деп қарақалпақша сөйлеп отырған шығар деп отырсам, анасы қарақалпақ екен.
Туўылып өскен жери Кенимех-Нуратадан көшип, "Есимиз барда елимизди табайық" деген аўыллас ағайинлериниң гәпи менен Алматаға көшеди.
Еки елди де ҳүрметлеймен, әсиресе Хожелиде көп болып нанын суўын иштим,-деп қайта- қайта гәпине қосып отырды.
Узаққа созылған әңгимемизден кейин мениң байқағаным — ол кисилер менен әңгимемиз басында «Хожелиденмен» деген мениң бир аўыз сөзим бирталай жерге апарып таслапты. Хожелиге саўда-сатық ислеп жүрип, шаңарағының жағдайын бирталай жақсыланғанын, Хожели базары олардың қарнын тойдырғанын мен сорамай-ақ, өзи кеўли толып тасып айтып бергенинен билинип тур.
«Хожелиге пияда келген жолаўшы, атлы қайтады» деген ибара сөздиң ҳақыйқатына және бир мәрте әмин болдым.
Бир ярым суткадан аса өткен ўақытым жақсы адамлар менен мазмунлы өткенлигин елеге шекем умытпай еслеймен.
Солай етип, сапарласларым менен Алматыға қалай жеткенимди билмей қалдым.
Гейде сапардың ең үлкен сыйы — барған жериң емес, жолда жолыққан жақсы адамлар екен.
Дилбархан Айтжанова

👍45❤14
✨✨Қайырлы түн Әзиз инсанларым!
~ Аллаға шүкир деймиз, себеби бизди қоллап отырған сизлердей жақсы инсанлар менен жолдас еткенине! 💫
~ Ҳеш қашан, ҳеш кимнен бир аўыз жыллы сөзиңизди аямаң әзизим! 💥
~ Аллаҳым кимниңдур кеўлине азар бериўдей гүнадан сақласын бизди...
~ Умытпаң... себеби кеўил Алланың мүлки! ❤️
✨"Қайырлы түн!"✨

❤29🙏11
🌤Қайырлы таң!
🌈Ассалаўма алейкум, жасы үлкен-киши Қәдирданларым!
⛅️Ҳәптениң дүйшемби таңы мүбәрек болсын!
☀️Сиз ҳәм бизди саў-саламат және бир таңға жеткерген Аллаға шексиз шүкирлер болсын!
❤️Ҳәмийше Алланың панасында болың Қәдирданлар!
✨Күн даўамында жақсылар ҳәм жақсылықлар жолдас болсын!
☀️☀️☀️☀️☀️☀️☀️☀️☀️☀️☀️

❤27🙏18👍5🥰4
❤️🔥🥀🕊️Дүньядағы ең гөззал инам бул, сизге берилген өмир ҳәм пәк кеўлиңиздур...
❤️🔥🥀🕊️Өмирге күле шырай менен қарасаңыз, ол және де гөззалласады....
❤️🔥🥀🕊️Күниңиз қайырлы ҳәм пайызлы өтсин, кеўли шексиз меҳирге толы әзиз инсаным!

🙏40