#Халық_шайырлары_мийрасы
Өмирдиң де болар мәўсим-мәҳәли,
Жарқын жаслық гүл өмирдиң бәҳәри,
Бәҳәриңде таярлансаң гүзиңе,
Мүдиртпейди ғаррылықтың қәҳәри.
🪄Тилеўберген Жумамуратов,
"Миндим бийик асқарды".
https://t.me/ibratli_sozler
Өмирдиң де болар мәўсим-мәҳәли,
Жарқын жаслық гүл өмирдиң бәҳәри,
Бәҳәриңде таярлансаң гүзиңе,
Мүдиртпейди ғаррылықтың қәҳәри.
🪄Тилеўберген Жумамуратов,
"Миндим бийик асқарды".
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архив фонды дереклеринен.
https://t.me/ibratli_sozler
👍13👏7❤6😁1
💫Ҳаял бахытлы болса шаңарақ бахытлы болады. Шаңарақ бахытлы болса ел бахытлы.
Ел бахытлы болса әлем бахытлы болады.
https://t.me/ibratli_sozler
Ел бахытлы болса әлем бахытлы болады.
https://t.me/ibratli_sozler
💯41❤12👍5
Тәўбе
Бәри жумыс орнына тазадан жумысқа кирген қыз келгеннен басланды.
Ержигит шаңарақлы еки қызы бар, тазадан келген келиншек Азиза да шаңарақлы оның да еки қызы бар еди.
Түсликке шыққанда сәўбетлесиўлер изи телефонда даўам етти.
Қулласы шайтан араласып олардың мүнәсебетлерин өзлерине хақ етип корсетер еди.
Биреў сезип, биреў сезбей қыянет әлеминде жасай баслады олар.
Алдын Азизаның күйеўи сезип қысқыға алды, ол соны бәне етип төркинине кетип қалды, ол жерде және де еркин сезди өзин.
Кешке шекем наўқас ата-енесине қарап, келди кетти қонақлар ҳәм еки қыздың тәрбиясы менен әўере болған Ержигитти хаялы да олардың қатнасын сезбей қалмады әбетте.
Анасының жүрек аўырыўы бар, ата-енеси баласының тәрепин алары сөзсиз..
Нигара әкесине айтыўды мақул корди, ҳәм қоңыраў етип кошеде ушрасыўды усынды әкесине. Әкеси ақлықларын да айланыўға алып шығыўын айтты.
Нигара хеш нәрсе дуз татпады, әкеси болса ишлей қыйналса да сыртқа билдирмеди.
-Ҳәзир мениң менен үйге кетесең, деди қатаң.
-Мен, өмирлик жолдасымды жақсы коремен әкежан-жылады Нигара
-Сол ушында мениң менен кетесең.
Бәринен хабар тапқан наўқас ата-енеси алып кетиўге келди, әкеси бермеди.
Арадан бир ҳәпте өтип қайын атасы Ержигитти үйине шақырды.
Дәрўазадан кирип келген әкесин көрген қызлары алдына жуўырып шықты.
Бөлмеде Нигара, Ержигит ҳәм әкеси қалды.
-Гәп былай деди, Нигараның әкеси... ҳәзир қызымның талағын бересең... жақын жорамның бийперзентликтен ажрасқан баласына узатпақшыман деди... сизди соған шақырдым күйеў бала.
Нигара әкесине қарап аң-таңы шықты, Ержигиттиң реңи ағарып кетти... ишинде бир нәрсе ортенген сыяқлы...
-Аўқат таярлаң аўқатланып кетсин күйеў балам деди келинлерине.
Қайын атасының "күйеў балам" деп атаўы сәўбет жақсылық пенен тамамланғанын аңлатар еди.
Ержигит өзин жеңил сезди.
Ерли-зайыплы уйқлап қалған қызларын бирме-бир көтерип машынға апарды.... бағана атам сени узатаман дегенде жүрегим өртенип кетти деди Ержигит Нигараның қолынан услап. Нигара көзинде жас айланып турсада қолын тартып алмады.
Ержигит ертеңине жумыс орнын басқа бөлимге өзгертти.
Бирақ, ҳаялдың қыянети кеширилмейтин жәмийетте Азизаның күйеўи де оны кеширмеди.
Ақыбетте тири жетимлерге толы жәмийетте бир жесир ҳәм және еки қыз жетим қалды...
🪄Феруза Салходжаева

😢32❤26
#Сүўретли сораўдың жуўабы.
Сүўреттеги инсан Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан халық артисти Мырзагүл Сапаева.
Дурыс жуўаплар ушын рахмет бәршеге!
https://t.me/ibratli_sozler
Сүўреттеги инсан Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан халық артисти Мырзагүл Сапаева.
Дурыс жуўаплар ушын рахмет бәршеге!
https://t.me/ibratli_sozler
❤7🔥5👏5
Mirzagul Sapaeva - Sag'inaman (Lyrics/Text). Мырзагул Сапаева -…
<unknown>
САҒЫНЫШ
Мудам сени ойлай берип,
Билгенимнен жаңыламан.
Айсыз түнде айдай көрип,
Дийдарыңды сағынаман.
Көрип сени түслеримде,
Оянғанда жабығаман.
Жалғыз қалып кешлеримде,
Өз дәртиме шағынаман.
Жулдызлардан сорап сени,
Ескен желге жалынаман.
Журтқа сениң кимлигиңди,
Айталмасам нағыламан?
Жалбарынып мен табынсам,
Муҳаббатқа табынаман.
Сен қол жетпес әрманымсаң,
Сени бәрха сағынаман.
🪄 И. Юсупов
Июнь. 1990-жыл
https://t.me/ibratli_sozler
Мудам сени ойлай берип,
Билгенимнен жаңыламан.
Айсыз түнде айдай көрип,
Дийдарыңды сағынаман.
Көрип сени түслеримде,
Оянғанда жабығаман.
Жалғыз қалып кешлеримде,
Өз дәртиме шағынаман.
Жулдызлардан сорап сени,
Ескен желге жалынаман.
Журтқа сениң кимлигиңди,
Айталмасам нағыламан?
Жалбарынып мен табынсам,
Муҳаббатқа табынаман.
Сен қол жетпес әрманымсаң,
Сени бәрха сағынаман.
🪄 И. Юсупов
Июнь. 1990-жыл
https://t.me/ibratli_sozler
❤30🔥4👍3
Сизиң ўақтыңыз шегараланған, оны биреўлердиң өмирине сарыпламаң.
🪄Стив Жобс
*Биреўге мин тағыўға, биреўди айыплаўға, биреўди өсек етиўге, биреўдиң изин қазбалаўға, биреўди аңлыўға сарыпламаң.
https://t.me/ibratli_sozler
🪄Стив Жобс
*Биреўге мин тағыўға, биреўди айыплаўға, биреўди өсек етиўге, биреўдиң изин қазбалаўға, биреўди аңлыўға сарыпламаң.
https://t.me/ibratli_sozler
👍19🙏12
Дүньяда ким мәңгиликке жасайды?
Өмир сени шалқытады, тусайды.
Биреў келип-биреў кетип атырған,
Хожелиниң базарына усайды...
🪄Тилеўберген
Жумамуратов
https://t.me/ibratli_sozler
Өмир сени шалқытады, тусайды.
Биреў келип-биреў кетип атырған,
Хожелиниң базарына усайды...
🪄Тилеўберген
Жумамуратов
https://t.me/ibratli_sozler
👍36💯24❤5👏4
#Ибрат
Жуўмақ шығарыўға асықпаң!
Кишкене қыз қолына еки алма алып жүр еди. Анасы оннан: "Қызым алмаңның биреўин маған бер" - деп сорады. Қыз анасына бираз қарап турды да, кейин қолындағы еки алманы да избе-из тиследи.
Анасы қызының бул исинен бираз қапа болғандай болып, "Меҳир менен өсирген қызым усындай қылса я?", деп ойлады.
Ана өз қызынан бундай мәмилени күтпеген еди. Қызынан узақласып басқа ханаға шығып кетежақ болғанында, қызы: "Анажан, мына алма мазалы екен" - деди де, алмалардың биреўин анасына берди.
Қызы анасына мазалы алма бериў ушын, оны тислеп көрген еди. Анасы қызының қылған исин түсинбей, қызынан быйкарға капа болғанын аңлады.
Жүдә зор, илимли, тәжрийбели, көз-қарасы кең инсан болсаңызда, басқалар ҳаққында пикир билдириўге асықпаң!
Адамларға өз пикирин жеткерип бериўине имкан жаратып бериң. Сонда ғана, сиз еркин сөйлей алатуғын жасларды, келешек әўладқа таярлап берген боласыз.

👍35💯17❤13🔥2🥰2
АНОМАЛИЯ
Шәҳәрде машина зуўлайды,
Ийт өтер пияда жолынан.
Мынаған беденим жуўлайды:
Адамлар гез келген орыннан...
КИМ ШАЙТАН?!
Шайтанның ўасўасына қулақ түрип,
Адам қуўылып еди жǝннетий жайдан.
Ал, бүгин адамның кесири урып,
Жерден қашып кетипти шайтан.
ДОССЫМАҚЛАР
Дǝўлетиң тасқанда досларың көпдур,
Шағал мǝслик қурып асыңды жейди.
Солар туў сыртыңнан атылған оқдур,
Дǝўлетиң тайған күн басыңды жейди.
Пердеғалий Дабылов
https://t.me/ibratli_sozler
Шәҳәрде машина зуўлайды,
Ийт өтер пияда жолынан.
Мынаған беденим жуўлайды:
Адамлар гез келген орыннан...
КИМ ШАЙТАН?!
Шайтанның ўасўасына қулақ түрип,
Адам қуўылып еди жǝннетий жайдан.
Ал, бүгин адамның кесири урып,
Жерден қашып кетипти шайтан.
ДОССЫМАҚЛАР
Дǝўлетиң тасқанда досларың көпдур,
Шағал мǝслик қурып асыңды жейди.
Солар туў сыртыңнан атылған оқдур,
Дǝўлетиң тайған күн басыңды жейди.
Пердеғалий Дабылов
https://t.me/ibratli_sozler
Telegram
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.
Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.
Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw
❤14👍13💯13
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҲҮРМЕТЛИ ҚӘДИРИ БӘЛЕНТ ХАЛҚЫМ!
Бүгинги екшемби таңы бәршеге қайырлы болсын! Алла ҳәммеге беккем денсаўлық, шаңарақларымызға аманлық, үйлеримизге берекет, жумысларымызға табыс берсин!
Ҳәмийше аспанымыз ашық, суўымыз мол, елимизде парахатшылық болсын!
Екшемби күниңиз жақсы жаңалықларға, қуўанышлы хабарларға толы болып, күниңиз мазмунлы өтсин!!
🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹

🙏28❤19
#КҮН СОРАУЫ#
1. Бел бала(перзент)
2.
3.
4. ...
5. ...
6. ...
7. ...
Жети әўләдыңыздың ким деп аталатуғынын билесизбе?
Жууапларыңызды саат 18ге шекем талқылауда күтемиз!

❤19
КИМДИ КӨРСЕҢ БИЛИП БАРАТЫР
Ҳәмме болып мисли оратор,
Мен айтайын сен деп тура тур,
Әлемде не жаңалық барын,
Кимди көрсең билип баратыр.
Нәресте ақ бесикте жатып,
Үлгерместен буўыны қатып,
Еле тили шықпастан атып,
Телефонды билип баратыр.
Қалай кирип: қалай жабыўын,
Керек затын излеп табыўын,
Япырмай: - басының шағыўын,
Зейни бәрин илип баратыр.
Сорап көр бир нәрсе баладан,
Туўылғандай оқып анадан,
Айнымайды нағыз данадан,
Бәрин, бәрин билип баратыр.
Заманынан арқада қалып,
Жүретуғын бәрҳама налып,
Адамлардың - тасасын алып,
Билмегенге күлип баратыр.
Истиң көзин турғанлар танып,
Парлап ығбал жулдызы жанып,
Өмирден өз үлесин алып,
Дәўран атын сүрип баратыр.
Келешегин алдыннан ойлап,
Таярланып: бес, алты, айлап,
Шет тиллер де, бүлбилдей сайрап,
Кимди көрсең билип баратыр.
Ақшолпан Аманияз 03.09.2026 жыл
https://t.me/ibratli_sozler
Ҳәмме болып мисли оратор,
Мен айтайын сен деп тура тур,
Әлемде не жаңалық барын,
Кимди көрсең билип баратыр.
Нәресте ақ бесикте жатып,
Үлгерместен буўыны қатып,
Еле тили шықпастан атып,
Телефонды билип баратыр.
Қалай кирип: қалай жабыўын,
Керек затын излеп табыўын,
Япырмай: - басының шағыўын,
Зейни бәрин илип баратыр.
Сорап көр бир нәрсе баладан,
Туўылғандай оқып анадан,
Айнымайды нағыз данадан,
Бәрин, бәрин билип баратыр.
Заманынан арқада қалып,
Жүретуғын бәрҳама налып,
Адамлардың - тасасын алып,
Билмегенге күлип баратыр.
Истиң көзин турғанлар танып,
Парлап ығбал жулдызы жанып,
Өмирден өз үлесин алып,
Дәўран атын сүрип баратыр.
Келешегин алдыннан ойлап,
Таярланып: бес, алты, айлап,
Шет тиллер де, бүлбилдей сайрап,
Кимди көрсең билип баратыр.
Ақшолпан Аманияз 03.09.2026 жыл
https://t.me/ibratli_sozler
👍37❤19💯4
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Халқымызда мынадай мақал бар:
-Қызыл жүзли жигиттиң, қыз қарындасы болмасын!!
.... ПИКИР СИЗДЕН.....!!!!
https://t.me/ibratli_sozler
-Қызыл жүзли жигиттиң, қыз қарындасы болмасын!!
.... ПИКИР СИЗДЕН.....!!!!
https://t.me/ibratli_sozler
❤19👍16😍3🥰1
#Келешекте
Жумысым көбейип кешиксем гейде,
Асығып дүканнан зат алсам үйге,
Ағасы аўқатты жейик деп бирге,
Күтип отырмыз деп сөйлесең деймен!
Кешки аўқаттаң соң балларды тыңлап,
Уйқыласа оянып кетер деп ымлап,
Мийир-мириўбеттиң шарабын уртлап,
Мәңги бақый бирге жасасақ деймен.
Анаңды, ағаңды жүдә сағынсаң,
Рухсат бересиз бе? Төркинге барсам,
Еки күн артықлаў, бир күнге қалсам,
Дегенше мыйықта бир күлсең деймен.
Бақырсам балларға базда ашыўлы,
Ойланып турса ол қайға қашыўды,
Ортамызға келип ийип басыңды,
Мен айтып едим деп қарасаң деймен.
Жалғыз иним қалса бир күн ержетип,
Күн бойы қыдырып, келсе кешлетип,
Сен болса қәйнимниң тойын тезлетип,
Жиберсек қәйтер деп дәлкек қыл деймен!
Турмыс ғалма-ғалын изиме ертсем,
Тынбай тыкырлатып столды шертсем,
Айнаның алдында темеки шексем,
Қойың деп ийниме бас қойсаң деймен!
✍Әбдирахман Зергер.
https://t.me/ibratli_sozler
Жумысым көбейип кешиксем гейде,
Асығып дүканнан зат алсам үйге,
Ағасы аўқатты жейик деп бирге,
Күтип отырмыз деп сөйлесең деймен!
Кешки аўқаттаң соң балларды тыңлап,
Уйқыласа оянып кетер деп ымлап,
Мийир-мириўбеттиң шарабын уртлап,
Мәңги бақый бирге жасасақ деймен.
Анаңды, ағаңды жүдә сағынсаң,
Рухсат бересиз бе? Төркинге барсам,
Еки күн артықлаў, бир күнге қалсам,
Дегенше мыйықта бир күлсең деймен.
Бақырсам балларға базда ашыўлы,
Ойланып турса ол қайға қашыўды,
Ортамызға келип ийип басыңды,
Мен айтып едим деп қарасаң деймен.
Жалғыз иним қалса бир күн ержетип,
Күн бойы қыдырып, келсе кешлетип,
Сен болса қәйнимниң тойын тезлетип,
Жиберсек қәйтер деп дәлкек қыл деймен!
Турмыс ғалма-ғалын изиме ертсем,
Тынбай тыкырлатып столды шертсем,
Айнаның алдында темеки шексем,
Қойың деп ийниме бас қойсаң деймен!
✍Әбдирахман Зергер.
https://t.me/ibratli_sozler
👍42❤10
#дәптер_шетиндеги_жазыўлар
ҲӘМЕЛГЕ ҚЫЗЫҒЫЎШЫЛАР
Ешкидей ҳәмелге минген еди, пилдиң үстинде отырғандай өзинен кетти. Ҳәмелден түскенде пилден жығылғандай сүйеклери шашылып кетпесе деп қорқаман!
КӨП АНТ ИШИЎШИ
Көп ант ишиўши бир қолында пал, бир қолында зәҳәр алып жүреди. Антына қосып палды өзи ишеди, зәҳәрин сизге береди...
БАСЫ ҲӘМ АҚЫРЫ
Бул есиктен кирип келгенде ҳеш нәрсеси жоқ еди.
Бир алақан таўарға орап бесикке салды.
Өсти. Үлкейди. Мал-дүнья тапты. Түрли нәрселер алды. Үй салды. Бир қабатлы. Еки қабатлы. Үш қабатлы... Машина алды. "Волга". "Нексия". "Мерседес". "Ягуар"... Дача қурды. Саунасы менен. Бассейн менен. Массажханасы менен. Дүньяға берилди...
Биреўге жақсы көринди. Биреўге жаман көринди...
Ол есикке қайтып баратырғанда ҳеш нәрсе қолында болмады...
Алақандай таўарға орап, "бесик"ке салды-да, соңғы мәнзилине апарып таслады...
ПОЛАТ
Полат сынса сынады, бирақ ийилмейди...
БИР КЕМ ДҮНЬЯ
Бала туўдырғанлардың ҳәммеси де Әке бола бермейди.
Бала туўғанлардың ҳәммеси де Ана бола бермейди.
Баланың ҳәммеси де Перзент бола бермейди...
Ҳикметли сөзлер тг.дан.

🔥24❤15
#НАҚЫЛЛАР МАҒЫЗЫН ШАҒАМЫЗ! #
" БАЯҒЫЛАР БАҒДА ҚАЛДЫ, БАҒ ЖЫҒЫЛЫП СУУДА ҚАЛДЫ"
Усы нақылды еситкенде əлбетте турмыслық уақыялардан мысал келтиретуғын жасы үлкен адамлар көз алдымызға келеди. Əсиресе бул миллий үрп-əдет дəстүрлеримиздиң қолланылыу жағдайларына байланыслыда айтылады. Жаслау пайытларымызда жолда жолаушы болғанымызда,яки бир мереке -лазымларда ,той-тамашаларда жасы уллы адамлардың дəуирди салыстырып отырып" əəйй хəр заманға бир заман, баяғылар бағда қалды, бағ жығылып сууда қалдығо" дегенлерин еситсек еңсемизди гүжирейтер едик. Енди жасымыз үлкейиңкиреп киятырған соңба , бундай нақыллардың өз орнын тауып айтылатуғынына исенип киятырмыз.
Мен бул нақылды балалық дəуиримизде өмиримизде болған уақыялардың , салт-дəстүрлердиң хəзирги дəуир менен салыстырғанда дурыс қолланылыуын енди аңлап атырғандайман.
Ауылда еки тəрепимиздеги қоңсылар нан жауса, дəрриу, "ыссы нанның ийси шықты , бунда қоңсының хақы бар" деп еки шөрек берип жүгиртип жиберетуғын анамды еследим. Жəнеде үйдиң қасындағы жеңгемниң хəр дайым үйине барсам( əкемниң инисиниң хаялы) ушып турып төсек салғаны, ямаса ауылдағы көпшилик жеңгейлердиң атымызды айтпай "ха қыз" деп хүрмет көрсеткенлерин еслеймен, сағынаман. Ауыл бойлап қатық-сүт ортада жүреди, пулға сатылмайды, қамырашытқыда сондай..., тек түнде сорамасаң болды... Бала уақытларымызда анамның изине ерип жүргенде ,ол жас болсын, үлкен жаста болсада ер адам киятырса жол берип туратуғынлары, үлкен адамларды көрсе (ер) дəрриу жеңин түсирип жиберип , еки қоллап сəлемлескенлери бəри- -бəри көз алдымнан өтип атыр. Уақытлар өте ақлықларымызға бизлерде "Баяғылар бағда қалды............." демей , усындай миллийлигимизди əуладларға жетириушилер қатарында болғаймыз деп тилеймен.!
ЗУЛЬФИЯ ЖУМАНОВА.

❤40👍8
Ҳеш қашан "Ўақыт таба алмай атырман" деме!
Бәрше уллы инсанлардың да 24 саат ўақты болған, одан асып кетпеген.
https://t.me/ibratli_sozler
Бәрше уллы инсанлардың да 24 саат ўақты болған, одан асып кетпеген.
https://t.me/ibratli_sozler
💯29👍13❤2
Тоғай талдың шыбығынан ҳәм қызыл жыңғылдан тоқылған, себеттен тереңирек ыдыс?
Anonymous Quiz
21%
Шанаш
53%
Дүўден
26%
Сабаяқ
👍16❤6