ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
18.4K subscribers
9.79K photos
5.81K videos
52 files
21.4K links
От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.

Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw
Download Telegram
ЫРЫМ.

Қышыды оң алақаным,
Сүйип, бастым маңлайыма,
Киятыр қай қәдирданым?
Я Ол жолға атланды ма?

Айнанайын, халқым сениң,
Ойлап тапқан ырымыңнан,
Сүйген ярым келгей мениң,
Ырым кетпей қырынынан.

Исенейин бәрине де,
Жақсылыққа жорып көрип,
Поезда я самолётте,
Кеше жолға түскен, дейип.

Екинши күн мине бүгин,
Қышыйды оң алақаным.
Дәруазамыз қағылғанда,
Тыпыршылап қалды жаным.

Тез-тез тарап шашларымды,
Жөнлестирип үсти-басты,
Наз бенен есик ашқанымда
Келип тур бир қара атлы.

-Мәтекениң үйи қайсы?
Сорайды ол асығыслы.
Адастыңыз, эй жолаушы,
Излегениң жоқ бул манда.

Қышығанды қойды алақан,
Кеуил үйим болды уайран.
Не себептен күткен жанға,
Адасқанды жолықтырған?

НЕСИЙБЕЛИ МӘМБЕТИРЗАЕВА.


..... СИЗ ҚАНДАЙ ЫРЫМЛАРҒА ИСЕНЕСИЗ???

👉https://t.me/ibratli_sozler
16👍13😁7
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
19
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍273
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍184
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍14
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍21
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍223
Түн кейнинен атады таңлар...
Дәрт артынан келер бахыт бар...
Арзыўлар менен жасаңлар ҳәр дем...
Қайырлы түн, әзийз инсанлар...

Жалалатдин Румий.

Мине , қәдирданлар, көрпесин жамылып түнде кирди....
  Алла шебер жаратыўшыдур, жасы уллылар:
-Түнди бергениңеде мың шүкир, болмаса тири бенде таң атқанша  гүйбеңлеп жүре берермедик өмир тәшўишлерине бүркенип.,!..деп шүкирлик кылады, тәўбе етеди ....Сол айтқандай ҳәммеге
Қ А Й Ы Р Л Ы    Т Ү Н!
тилеймиз!

Шийрин түслер көрип, ертеңги күнди жигерлилик , ден-саўлык, баўыры пүтинлик пенен карсы алыў НЕСИЙП етсин!!!🤲🤲

https://t.me/ibratli_sozler
🙏3219
ЛОГИКАЛЫҚ ЖУМБАҚТЫҢ ЖУУАБЫ👇👇👇

(Т) ( О)  (Қ ) (С)  (А) ( Н ) 
(Қ)  (О ) (Й)

Гәп хариплер хаккында еди...
👍292
ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ  ӘЗИЗЛЕР!
АССАЛАУМА АЛЕЙКУМ!!!

      Аманлықта және бир пайызлы күнниң гүўасы болдық. Жеткергенине шүкир.🤲

      Аман-есен таң аттырған ҳәр бир мөмин-мусылман адамға, таңда ояныудай нағметти  инәм еткен бүгинги күнге шексиз шүкиршилигимизди билдире отырып,  күнди ийгиликли, пазыйлетли ислерге ҳәм жоқары мақсетлерге сарплаўды тилеймиз!
  Жумыс күниңиз сәтли өтсин!
үй бийкелерине, нураный инсанларға, бизди гүзетиуши ықласбентлерге мазмунлы күн тилеймиз!

https://t.me/ibratli_sozler
🙏359👍7🤝3
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Күниңиз кеўилли өтсин!!

https://t.me/ibratli_sozler
👍305👏4
#Халық_шайырлары_мийрасы

Өмирдиң де болар мәўсим-мәҳәли,
Жарқын жаслық гүл өмирдиң бәҳәри,
Бәҳәриңде таярлансаң гүзиңе,
Мүдиртпейди ғаррылықтың қәҳәри.

🪄Тилеўберген Жумамуратов,
"Миндим бийик асқарды".


Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архив фонды дереклеринен.


https://t.me/ibratli_sozler
👍13👏76😁1
💫Ҳаял бахытлы болса шаңарақ бахытлы болады. Шаңарақ бахытлы болса ел бахытлы.
Ел бахытлы болса әлем бахытлы болады.

https://t.me/ibratli_sozler
💯4112👍4
Тәўбе

Бәри жумыс орнына тазадан жумысқа кирген қыз келгеннен басланды.
Ержигит шаңарақлы еки қызы бар, тазадан келген келиншек Азиза да шаңарақлы оның да еки қызы бар еди.
Түсликке шыққанда сәўбетлесиўлер изи телефонда даўам етти.
Қулласы шайтан араласып олардың мүнәсебетлерин өзлерине хақ етип корсетер еди.
Биреў сезип, биреў сезбей қыянет әлеминде жасай баслады олар.
Алдын Азизаның күйеўи сезип қысқыға алды, ол соны бәне етип төркинине кетип қалды, ол жерде және де еркин сезди өзин.

Кешке шекем наўқас ата-енесине қарап, келди кетти қонақлар ҳәм еки қыздың тәрбиясы менен әўере болған Ержигитти хаялы да олардың қатнасын сезбей қалмады әбетте.
Анасының жүрек аўырыўы бар, ата-енеси баласының тәрепин алары сөзсиз..
Нигара әкесине айтыўды мақул корди, ҳәм қоңыраў етип кошеде ушрасыўды усынды әкесине. Әкеси ақлықларын да айланыўға алып шығыўын айтты.
Нигара хеш нәрсе дуз татпады, әкеси болса ишлей қыйналса да сыртқа билдирмеди.

-Ҳәзир мениң менен үйге кетесең, деди қатаң.

-Мен, өмирлик жолдасымды жақсы коремен әкежан-жылады Нигара

-Сол ушында мениң менен кетесең.

Бәринен хабар тапқан наўқас ата-енеси алып кетиўге келди, әкеси бермеди.

Арадан бир ҳәпте өтип қайын атасы Ержигитти үйине шақырды.
Дәрўазадан кирип келген әкесин көрген қызлары алдына жуўырып шықты.
Бөлмеде Нигара, Ержигит ҳәм әкеси қалды.

-Гәп былай деди, Нигараның әкеси... ҳәзир қызымның талағын бересең... жақын жорамның бийперзентликтен ажрасқан баласына узатпақшыман деди... сизди соған шақырдым күйеў бала.

Нигара әкесине қарап аң-таңы шықты, Ержигиттиң реңи ағарып кетти... ишинде бир нәрсе ортенген сыяқлы...

-Аўқат таярлаң аўқатланып кетсин күйеў балам деди келинлерине.

Қайын атасының "күйеў балам" деп атаўы сәўбет жақсылық пенен тамамланғанын аңлатар еди.
Ержигит өзин жеңил сезди.

Ерли-зайыплы уйқлап қалған қызларын бирме-бир көтерип машынға апарды.... бағана атам сени узатаман дегенде жүрегим өртенип кетти деди Ержигит Нигараның қолынан услап. Нигара көзинде жас айланып турсада қолын тартып алмады.

Ержигит ертеңине жумыс орнын басқа бөлимге өзгертти.
Бирақ, ҳаялдың қыянети кеширилмейтин жәмийетте Азизаның күйеўи де оны кеширмеди.
Ақыбетте тири жетимлерге толы жәмийетте бир жесир ҳәм және еки қыз жетим қалды...


🪄Феруза Салходжаева

https://t.me/ibratli_sozler
😢3226
Сүўретли сораў:

Бул инсан ким?
Жуўаплар талқылаў бөлимине. 👇👇

https://t.me/ibratli_sozler
👍31
#Сүўретли сораўдың жуўабы.

Сүўреттеги инсан Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан халық артисти Мырзагүл Сапаева.

Дурыс жуўаплар ушын рахмет бәршеге!

https://t.me/ibratli_sozler
7🔥5👏5
Mirzagul Sapaeva - Sag'inaman (Lyrics/Text). Мырзагул Сапаева -…
<unknown>
САҒЫНЫШ

Мудам сени ойлай берип,
Билгенимнен жаңыламан.
Айсыз түнде айдай көрип,
Дийдарыңды сағынаман.

Көрип сени түслеримде,
Оянғанда жабығаман.
Жалғыз қалып кешлеримде,
Өз дәртиме шағынаман.

Жулдызлардан сорап сени,
Ескен желге жалынаман.
Журтқа сениң кимлигиңди,
Айталмасам нағыламан?

Жалбарынып мен табынсам,
Муҳаббатқа табынаман.
Сен қол жетпес әрманымсаң,
Сени бәрха сағынаман.

🪄 И. Юсупов
Июнь. 1990-жыл

https://t.me/ibratli_sozler
30🔥4👍3
Сизиң ўақтыңыз шегараланған, оны биреўлердиң өмирине сарыпламаң.
🪄Стив Жобс

*Биреўге мин тағыўға, биреўди айыплаўға, биреўди өсек етиўге, биреўдиң изин қазбалаўға, биреўди аңлыўға сарыпламаң.

https://t.me/ibratli_sozler
👍19🙏12
Дүньяда ким мәңгиликке жасайды?
Өмир сени шалқытады, тусайды. 
Биреў келип-биреў кетип атырған,
Хожелиниң базарына усайды... 
              
🪄Тилеўберген
Жумамуратов

https://t.me/ibratli_sozler
👍34💯245👏4
#Ибрат

Жуўмақ шығарыўға асықпаң!


Кишкене қыз қолына еки алма алып жүр еди. Анасы оннан: "Қызым алмаңның биреўин маған бер" - деп сорады. Қыз анасына бираз қарап турды да, кейин қолындағы еки алманы да избе-из тиследи.
Анасы қызының бул исинен бираз қапа болғандай болып, "Меҳир менен өсирген қызым усындай қылса я?", деп ойлады.
Ана өз қызынан бундай мәмилени күтпеген еди. Қызынан узақласып басқа ханаға шығып кетежақ болғанында, қызы: "Анажан, мына алма мазалы екен" - деди де, алмалардың биреўин анасына берди.
Қызы анасына мазалы алма бериў ушын, оны тислеп көрген еди. Анасы қызының қылған исин түсинбей, қызынан быйкарға капа болғанын аңлады.

Жүдә зор, илимли, тәжрийбели, көз-қарасы кең инсан болсаңызда, басқалар ҳаққында пикир билдириўге асықпаң!
Адамларға өз пикирин жеткерип бериўине имкан жаратып бериң. Сонда ғана, сиз еркин сөйлей алатуғын жасларды, келешек әўладқа таярлап берген боласыз.


https://t.me/ibratli_sozler
👍33💯1713🔥2🥰2