ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
18.3K subscribers
9.81K photos
5.81K videos
52 files
21.4K links
От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.

Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw
Download Telegram
#СИЗ БИЛЕРМЕДИҢИЗ? #

БАРСА КЕЛМЕС

Арал теңизинде «Барса келмес» деген атаў бар. Бул туўралы да түрли халық аңызлары тилден-тилге айтылып жүр. «Барса келмес» көлеми жағынан әдеўир үлкен атаў. Онда мал оты ушын жуғымлы от-шөплер, түрли өсимликлер өседи. Бурынлары Арал жағалаўларында отырған байлар, қыс күнлери өзлериниң малларын қыслатыў ушын Барса келмеске алып келип, ерте бәҳәрде муз ериў алды малларды алып кетеди екен. Бир жылы бәҳәр ерте келип, күтилмеген ўақта бирден муз түсип кетип, маллар қайта алмай атаўлап қалған. Бул ҳәдийседен кейин халық бул жерди «Барса кел мес» деп атаған. Бул туўралы халық аңызының басқа бир түринде, бир ўақытта атаўда үлкен сең басыў апатшылығы болған. Онда турған адамлар ҳәммеси набыт болып жан-жаныўарлар қырғынға ушырайды екен.

©Қәлендер Әбдимуратов "Неге усылай аталған" китабы.

... БУЛ ЕНДИ АҢЫЗ. СИЗ БУЛ ТУУРАЛЫ НЕ БИЛЕСИЗ ЗАМАНЛАС????
16
#ўақыя

ҚАРЫНДАСЫМ ҲӘМ ҲАЯЛЫМ


- Ким болыпты өзи ол, қарындасыма қол көтереди?! Еле көрсетип қояман, — ашыўланған әжаға қарындасының көгерген қабағына қарап оннан беттер ашыўланып.
— Қойың... — жылаўда даўам етти қарындас,— Күйеўимниң ашыўы тез... — ҳәзир ғана күйеўинен шикәят етип турған қарындасы әжағасынан қорқып күйеўиниң тәрепин алды, — азырақ ўақыттан кейин кеширим сорап келип қалады.
— Урып болып, енди кеширим сорайма?! Кеширимин писирип жесин! Мен қарындасымды хорлатып қоймайман. Мен де оның маңлайына бир муш урып, кейин кеширим сорайман!
— Ондай қылмасын, — қарындасы көзин мөлтиретип кишесине қарады.
— Ағасы... — тилге кирди ҳаялы да, — шаңарақ болғаннан кейин бундай ҳәдийселер болып турады...
— Сен араласпа!
— Ҳаў... — ҳаялы жерге қарап әсте сөйледи,— мениң әжағаларым топалаң етип келген жоқ қо...

Еркек дәрриў ҳаялының көзине қарады. Еле азырақ изи бар екен. Өткен ҳәпте жумыста ярым түнге шекем усланып қалған еди. Сонда ашыўланып үйге келгенде «Неге кеш келдиңиз?» деп сораған ҳаялын жумыстағы ашыўын баса алай ийтерип жиберген еди. Соннан көзи қапыға тийип көгерип қалды.

Кишесиниң сөзиниң астындағы мәнини түсинген қыз ойнап жүрген баласын жетелеп, уялғанша әсте шығып кетти.


... ПИКИР ЖҮРИТЕЙИК ӘЗИЗЛЕР!!! 👇👇👇

... СИЗГЕ ТАНЫС ЖАҒДАЙМА ӘЖАҒА?!??

.... СИЗ СОНДАЙ ЖОЛ ТУТТЫҢЫЗБА КИШЕ?!??

.... БАСЫҢЫЗДАН ӨТКЕНИ ӨЗИҢИЗГЕ АЯНҒОЙ ҚАРЫНДАС, СОЛАЙ ЕМЕСПЕ??!!

👇👇👇👇

https://t.me/ibratli_sozler
27👍17
Өмирде жақсы жасаў ушын, идеал инсан болыў ушын, жетискенликлерге ерисиў ушын қандай ис-ҳәрекетлер қылыўым керек деп ойланып жүремиз.
Бирақ, жоқарыда санап өтилген жетискенликлерге ерисиў ушын не қылмаўымыз керек екенин анықластырып алыўды ойлап көрмеймиз.

Ойлаған нәтийжелерге ерисиў ушын "Не ислеўим керек?" деп емес "Не ислемеўим керек" деп өзимиз ушын сораў қоя алсақ барлығы өз-өзинен жақсы тәрепке өзгерип, сизди күтилмеген нәтийжелер қарсы алады.


https://t.me/ibratli_sozler
💯2110👍8
#мәнили сөзлер#

"ИЙТ БАСЫНА ИРКИТ ТӨГИЛГЕН ЗАМАН"

  ... Бул гәп әсиресе жасы үлкен ғаррылардың тилинде көп қолланылады.

   Иркит
- сөзи бизиң тилимизде қатық дегенди аңлатады. Бул гәптиң келип шығыў дереги төмендегише болған деседи: Өткен заманларда ағарған бизиң халқымыздың тийкарғы күн көриси болған. Ағарғанды бийдарық (жөнсиз) жерге төкпеген. Халқымызда ағарған қатқан аўқатты ийтке қуймайтуғын дәстүр еле бар.
Ертеде хешким ағарғанды пулға сатпаған. Хәтте түн болса ағарған хешкимге берилмегенде, хешким буған өкпелемегенде....

   Ҳәзирги заманда ҳәмме нәрсе молшылық болып кетти. Нан да, ағарған да табылады. Ҳәтте керегиңнен аўысып, төгилип-шашылып атырған заман. Соның ушын халық тилинде "ийт басына иркит төгилип атырған заман" дейди.




Дерек: Әбдисайыт Пахратдинов. Мәнили гәплер ҳәм халық әпсаналары. Ред. А. Қарлыбаев - Нөкис "Қарақалпақстан" 1989, 116 б

https://t.me/ibratli_sozler
15💯7👍5
"ЕРКИН БАЗАР"

Ергенекли бул дүньяның
Ҳәзир еркин базары көп. 
Жер жәҳәннен дүнья малдың
Келип турған гүзары көп.

Ҳәр ким оған барын салған, 
Ҳәтте намыс-арын салған. 
Биреў сәтли саўда қылған,  Биреўлерге ҳазары көп.

Ҳасыл гәўхар. зери де бар, 
Аптекте жоқ дәри де бар, 
Пулың болса бәри де бар. 
Пулсыз көзиң қызары көп.

Импорт этикети керек, 
Кимге қустың сүти керек. 
Кенгурийдиң ети керек, 
Хәўес етсең мазалы деп.

Арақ-шараплар базары, 
Қурал-жарақлар базары. 
Тест ҳәм сынақлар базары, 
Компьютерди бузары көп...

Қымбат қағазлар базары, 
Сәўбет ҳәм сазлар базары, 
Жилўа хәм назлар базары, 
Арқа-мойын жазары көп...

Алып-сатарға мал керек, 
Биреўлерге ҳамал керек. 
Керекке жығылар терек, 
Аллергияң қозары көп.

Бул базардан инсап күтпе, 
Бағынбас өл ҳүкиметке. 
Арзанлар деп дәме етпе,
Жүрегиңниң сазары көп.

Қиянет көп, мириўбет аз, 
Болды десең ҳәммеси саз, 
Доллар деген бир "көк қағаз
Бәрин пыт-шыт бузары көп...

Көлденең әўмет базары, 
Кәҳәтли хүжжет базары, 
Жумыс ҳәм мийнет базары, 
Табаныңның тозары көп.

Ҳәр ким пайдасын гөзлеген, 
Ырас-жалғаннан сөзлеген. 
Бирақ бунда мен излеген, 
Муҳаббаттың базары жоқ.

Сондай базар болғанында, 
Сен базарлап барғаныңда, 
Шасәнемдей баяғыда —
"Мен Ғәрипти сатып ал" деп, 
Жығыларем аяғына

Ибрайым Юсупов.

👉https://t.me/ibratli_sozler
36👍15
ЖУМБАҚТЫҢ ЖУУАБЫ:

Жигит мингестирип киятырған қыз, қарындасы болады.

https://t.me/ibratli_sozler
11👍1🔥1
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍30
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍195
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍225
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
КЕШКИ ДЕМ АЛЫС УШЫН.

"КЕЛ ПАХТАКЕШ"

Сөзи: Т. Қабулов
Намасы: Ғ. Аманиязов
Тийкарғы атқарыушы: Т. Дошумова.

Жасалма интеллекттен:
👍172
https://t.me/ibratli_sozler

Ақыллы адам, әлбетте, өзин-өзи сораў қылады, өзинен есап сорайды ҳәм гүнәларын умытпайды.

📖 Ғаззолий
🌿🌿🌿

Алланың нурлы таңына  аман-есен саў-саламат жетиў бәршемизге несип етсин әзизлер!

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ҚӘДИРДАНЛАР!
🌠🌠🌠
https://t.me/ibratli_sozler
29🙏18
#Таңғы_тилек.                                            
АССАЛАУМА АЛЕЙКУМ ХАЛҚЫМ!!!

🌺🌱🌸🌿🌼🌺🍀🌸🌾🌼💐
           
      
Бугинги жана куниниз мүбәрек болсын!

🌼 Бугинги куннен үмит еткен барлық жақсы нийетлериңиз әмелге ассын!

🌼 Күниңиз мазмунлы ҳәм жақсы хабарларға толы болсын!

🌼 Ҳәр бир қайырлы исте Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

🌼 Күниңиз қуўанышта ҳәм ийгиликли ислер менен және де мазмунлы өтсин!

🌼 Жақсылық ҳәм жақсылар мудамы жолдасыңыз болсын!
        


https://t.me/ibratli_sozler
29🙏11👍4
Baxitli ómir [t.me/qosiq]
Berdax Qalbaev
Бахытлы өмирден дәме берип көр!!!

Жигитти сынасаң ҳәмел берип көр,
Желқомлы кемеге самал берип көр,
Халқының алдында өзин жойтпаса,
Бахытлы өмирден дәме берип көр.

Ҳаялды сынасаң шырай берип көр,
Алтын-гүмис, дүнья, сарай берип көр,
Нәпсиге қул болып өзин сатпаса,
Бахытлы өмирден дәме берип көр.

Жораңды сынасаң жаўға шығып көр,
Төбеси көринбес таўға шығып көр,
Оққа өзин тутып қалқаның болса,
Бахытлы өмирден дәме берип көр.

Иниңди сынасаң кесел болып көр,
Атыңнан жығылып мешел болып көр,
Қол қанатың болып сүйеўге келсе,
Бахытлы өмирден дәме берип көр.

Турғанбай Қарлыбаев.

🎤Бердах Қалбаев.

https://t.me/ibratli_sozler
👍2513👏5🤝1
ОРАМАЛ.

Орамал ҳаялдың сәни еди -ол,
Әдепке, ийбеге толы еди ол,
Нағысы сөйлейди тарийхымыздан,
Мисли әжелерим басып өткен жол!!!

,Мың сым" орамаллар заман үрдиси,
Кишем тартар еди: ҳәм "бес гүлли"ни,
Күнде озгерттирип таза "стиль"ди,
Сандықтан шығарар  сары "төрт гүлди...

Ал анам басында "шерсть"орамал,
Он еки шереклик гежи таўланар,
Ал мен алкымымнан тартқан орамал,
Төрт шерек "шәтленки"күнге жаркырар.

Кай бирин айтайын: японскийме?
Яки өзимиздиң ак гежиниме?
Көздин жаўын алар ,тартсам кай бирин?
"Таксимотор," "квадрат" "изаурама я,..?

Жасасын миллийлик, жибек орамал,
Ойланба заманлас, дәрриў тартып ал,
Келешек әўладка мийрас болып сен,
Ҳаяллар басында мәңги жасап кал!

        ЗУЛЬФИЯ ЖУМАНОВА.

🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹

  Ҳаял көрки-  О Р А М А Л  ҳаққында,  сондай-ақ ҳәзирги ўақыттағы айырым  динди нықап кылып орамалды бәнелеп ораныўға  (қара хижаб) қа көз-қарасыңыз қандай???
36👍19🔥2🥰2
#КҮН СОРАУЫ#

ТӨМЕНДЕГИ ҚОСЫҚ ҚАТАРЛАРЫ ҚАЙСЫ ҚАРАҚАЛПАҚ КОМЕДИЯСЫНАН АЛЫНҒАН  ХӘМ ҚАЙСЫ ҚАХАРМАН АТҚАРҒАН???

Көзиме шықса да терискен,
Жазбайман мен сени көристен.
Кеўлимде даўылды турғызып,
Жаслықты еслеттиң, периштем.

Қәйтейин, келсе де ашыўың,
Сыртыңнан алайын ашырым.
Муҳаббат қосығын айтқызып,
Изиме қайтардың, ашығым.

Көрмесем қурыйды дийдарым,
Геўдемде таўсылар димарым.
Өзиңнен оншама сескенбей,
Көзиңнен қорқаман, нигарым.

Қайтып бер жаслықтың қарыўын,
Керек ғой қасыңда қалыўым.
Еле ҳеш ким айтпаған сырларды,
Мен саған айтайын, арыўым.

Ойлама өтти деп заманың,
Тынды деп жигитлик самалын.
Муҳаббат тулпарын желдирип,
Алдыңда турыппан, жәнаным!...

Жууапларыңызды  саат 18 ге шекем талқылауға жолласаңыз болады.

https://t.me/ibratli_sozler
24
Көп жасаған ғаррыдан сорапты:
-Ата,сиз жүз жас жасап өмирден қандай мәнис аңладыңыз?
-Ҳәй балларым-әй! Несин айтасыз:
-Анау есиктен кирип,мына есиктен шыққандай болдым.
  Ет кетти,сүйек қалды.
Тис кетти, ийек қалды.          Алысқа көз   жетпейди, қаттыға тис өтпейди.
   Жылтырақ мәси кийдим, төрге шыққаным жоқ.
Сулыўдың бетин сүйдим, ерниме жуққаны жоқ.
Жақсы ат миндим, тақымыма жуққан жоқ.
Ҳасылдан кийим кийдим, ыйығыма жуққан жоқ.
   Мына жалған дүньяда сыйласық пенен татыўлықтан артық ҳеш нәрсе жоқ екен! - деген екен...



Ҳикметлер булағы.

https://t.me/ibratli_sozler
👍576
📣📣📣ДЫҚҚАТ, ДЫҚҚАТ !!! 📣📣📣

.... АРНАМЫЗДА ЖӘРИЯЛАНҒАН "КҮН ЖУМБАҒЫ" НА ДЕРЛИК 100%ПАЙЫЗ ДУРЫС ЖУУАПЛАР КЕЛГЕН....
БӘРШЕ - БӘРШЕ АРНАМЫЗҒА БИЙПАРЫҚ БОЛМАҒАН ЫҚЛАСБЕНТЛЕРГЕ, АРНАМЫЗ АҒЗАЛАРЫНА АДМИНИСТРАЦИЯМЫЗ АТЫНАН
М И Н Н Е Т Д А Р Ш Ы Л Ы Қ
БИЛДИРЕ ОТЫРЫП ЖУУАПТЫ ЖӘРИЯЛАЙМЫЗ ХӘМ КӨП САНЛЫ ЫҚЛАСБЕНТЛЕР СОРАУЫНА ТИЙКАР БИРАЗДАН КЕЙИН екинши ЛОГИКАЛЫҚ ЖУМБАҒЫМЫЗДЫ ЖӘРИЯЛАЙМЫЗ👏👏👏

ЖУУАП: К. РАХМАНОВТЫҢ "ЫНЖЫҚТЫҢ МУХАББАТЫ" КОМЕДИЯСЫНДАҒЫ ҒАРРЫБАЙ ОБРАЗЫНЫҢ ҚОСЫҒЫ ЕДИ....

https://t.me/ibratli_sozler
👍1511
📣📣📣ДЫҚҚАТ, ,ДЫҚҚАТ!!!📣📣📣ЕКИНШИ 👇👇👇

*КҮН ЖУМБАҒЫ* (логикалық)

90 ҚОЙДЫ
9 ҚОРАҒА ТАҚТАН КАЛАЙ ЖАЙЛАСТЫРАМЫЗ???


Жуўапларыңызды талқылауда күтемиз,!!!

https://t.me/ibratli_sozler
9
#Неге_усылай_аталған

Х Ә Т Е П.

Хожелиниң батыс тусында Хатеп деп аталған ески жаптың үлкен аңғары жатыр. Ол бурынлары Қара көл, Қара терең көллерине қуйып турған ири өзек болган. Бирақ соңғы жылларда Хатептин суўының жайылмалары егислик жерлерди өзлестириўге әдеўир кесент берген. Соның ушын 1937-жылы Хатеп Әмудәрьяның тусы нан байланып, буннан кейин бурын көл асты болган
Шоманай, Гөне Үргенч жерлери өзлестириле баслайды. Хатеп сөзин сыртқы түринен алғанымызда ҳәзирги тилге тусиниксиз сезиледи. Анығында бул араб сөзи, оның мәниси араб тилиндеги «хотф», «хатиб» сөзлериниң инфинитив тийкарына бир қанша уқсас келеди. Бул сөзлердиң түсинигин анықлағанымызда бизиң тилимизде бурқасынлаў, ҳәўжириў усаған сөзлердин мәнисин аңлатады. Усыған қарағанда Хатеп бурынлары ҳәўжирип, бурқасынлап аққан дәрья болыўы мүмкин. Ал халық жырларындағы: ндағы: «кәтептей аўыз ашасаң, омыраўдан көбик шашасаң» деген сөзлерде ҳайўанатты тулпар киби жүйрик, әжайып, қәҳәрли, күшли нәрсе менен теңлестиреди. Халық аузында «кәтептеги нарым едиң» деген сөз де бар. Бунда қәтептеги нар деп, бурын кәрўан басы түйени атайтуғын болған, ол саўдагерлердиң кәрўанындағы күшли, айбатлы жол баслаўшы нар болады. Усы пикирлерди жуўмақластырғанымызда Хатеп сөзиниң мәниси дәслепки айтылған түсиникке әдеўир жақынласады ҳәм бул сөздиң бурын араб тилиниң тәсири арқалы бизиң тилимизге сиңисе баслағанлығынан бир қанша дерек береди.


©Қәлендер Әбдимуратов "Неге усылай аталған" китабынан..

https://t.me/ibratli_sozler
20👍14
ЫРЫМ.

Қышыды оң алақаным,
Сүйип, бастым маңлайыма,
Киятыр қай қәдирданым?
Я Ол жолға атланды ма?

Айнанайын, халқым сениң,
Ойлап тапқан ырымыңнан,
Сүйген ярым келгей мениң,
Ырым кетпей қырынынан.

Исенейин бәрине де,
Жақсылыққа жорып көрип,
Поезда я самолётте,
Кеше жолға түскен, дейип.

Екинши күн мине бүгин,
Қышыйды оң алақаным.
Дәруазамыз қағылғанда,
Тыпыршылап қалды жаным.

Тез-тез тарап шашларымды,
Жөнлестирип үсти-басты,
Наз бенен есик ашқанымда
Келип тур бир қара атлы.

-Мәтекениң үйи қайсы?
Сорайды ол асығыслы.
Адастыңыз, эй жолаушы,
Излегениң жоқ бул манда.

Қышығанды қойды алақан,
Кеуил үйим болды уайран.
Не себептен күткен жанға,
Адасқанды жолықтырған?

НЕСИЙБЕЛИ МӘМБЕТИРЗАЕВА.


..... СИЗ ҚАНДАЙ ЫРЫМЛАРҒА ИСЕНЕСИЗ???

👉https://t.me/ibratli_sozler
17👍13😁7
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
19